Jas dóretiwshiler

Description
Advertising
We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 2 months, 1 week ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 1 month, 1 week ago

QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı

Isenim tel: (61) 222-94-45

Official website: https://kk.uzedu.uz/qr

Múrájat ushın: @QRmshmbministrligi_bot

Last updated 2 months, 1 week ago

1 week, 3 days ago

ТЕБЕРИК ҚОЛЖАЗБАЛАР

Асан Бегимов қарақалпақ әдебиятында роман жанрының биринши баслаўшысы болып табылады. Оқыўшы гезлеримизде оның "Балықшының қызы" романын дәслеп сабақлықларда, соң китап ҳалында сүйип оқығанбыз. Ол соның менен бирге қарақалпақ жазба әдебиятының қәлиплесиўинде ҳәм раўажланыўында белсене ат салысқан азамат еди. Асан Бегимов Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы болып ислеген, сол гездеги пүткил аўқамлық жазыўшылардың биринши съездине делегат болып қатнасқан.
Жазыўшының баласы Полат Бегимов Нөкис телеорайында операторлардың басшысы болып ислейтуғын еди. 1984-жылы ол әкеси ҳаққында бир гәп қозғалғанда "үйде мениң әкемниң он алты томлық қолжазба ҳәм ҳүжжетлер папкасы бар, лекин ағам оны "ҳеш кимге берме ҳәм көрсетпе" деп ўәсият етип кетти" деген еди. Асан аға Сталинлик дәўирдиң қысымынан қорқып, балаларыма зыяны тийип жүреме, деген ой менен солай ўәсият еткен шығар-аў, деп ойлайман өзимше. Бүгин сол қолжазбаларды яки ҳүжжетлерди жүзеге шығарғанда, бир әжайып болар еди.
Жолмурза Аймурзаев китап оқыўшылар менен ушырасыўға барғанда ҳәрдайым:
— Үйде мениң 25 томлық қолжазбаларым турыпты. Олардың ишинде жарияланғанлары да, жәрияланбағанлары да бар, — деген гәпти көп айтатуғын еди.
Тоқсаныншы жыллары Аббаз Дабыловтың үй музейин шөлкемлестириў мәселеси сөз болғанда мен ол ақсақалдың үйине бир-еки мәртебе барғанман. Сонда оның үй архивинде өзи жазған арабша қолжазбалар, ҳүкимет тәрепинен берилген ҳәр қыйлы сыйлықлардың ҳүжжетлерин көрдим. Ўақыттың өтиўи менен бул ҳүжжетлерден нусқа да табылмай қалыўы мүмкин. Соның ушын Асан Бегимовтың, Жолмурза Аймурзаевтың, Аббаз Дабыловтың қолжазбаларын үлке таныў музейине қойғанда көп адамлар танысып, кеўли толған болар еди.
Төлепберген аға Қайыпбергенов өмириниң ақырына дейин ҳәр күни күнделик жазыў менен шуғылланды. Оның өзи бир неше мәрте телевизордан шығып сөйлегенде:
— Мениң бул күнделиклерим өзим өлгеннен кейин жигирма бес жылдан соң жәрияланыўы керек, — деп айтар еди.
Өмириниң ақырғы күнлеринде "күнделигим 28 том болды" дегенин анық еслеймен.
Не ушын оны жигирма бес жылдан кейин жәриялаў керек деди екен, онысын билмеймен. Бирақ, бир нәрсе мени ойлантырады: — жигирма бес жылдан кейин ол қолжазбаларды ҳеш ким сорамай қалса, яки ҳеш кимге қызығы болмай қалса не болады?

© Муратбай Нызанов

Көширген: Баҳадыр Байназаров

Дерек: М. Нызановтың "Қойын дәптерге қайым гәплер" китабы.

Канал: @baxadir_baynazarov

2 weeks, 2 days ago

ЖЫР ДӘРЬЯ

Жыр булақ, жыр булақжан-аў, жыр булақ,
Мениң жыршыл жүрегиме түр қулақ,
Асығаман суўсыныңа қаныўға,
Сарқырамадай шыңдағы қулдырап.

Жыр көли, айланаман о жыр көлин,
Айдынында сезим жатыр, жүр көриң,
Мен балықшы, салдым илҳам қармағын,
Бос қайтыўы балықшыға – бул өлим!

Жыр дәрья, туўлаған толқын жыр дәрья,
Жағыслары әрман толы нур дәрья,
Түсип кеттим ийримине музаның,
Жәрдемге шығарып алар ким бар я.

Даўыл тербеп шайпатылар жыр теңиз,
Теңиз бенен некелестик бирге биз.
Асаў толқын ақ бесикти шайқайды,
Пал уйқыда жатыр Лира бөпемиз.

Жыр океан, туңғыйық жыр океан,
Тереңиңе шуңғыйық, жүр, океан,
Акулалар ирикпең мени, өтиниш,
Йош маржанға толып шықсын тақыям.

Қосығым қәдирлим, сулыўым өзиң,
Жазда сая, кыста жылыўым өзиң,
Әсирлерден соң да даўам етерсең,
Жүрегимниң соғып турыўын өзиң.

Аллаяр Дарменов,
Наманган — Нөкис – Халқабад,
ноябрь, декабрь, 2024.

@Allayar_Darmenov

3 weeks, 6 days ago

#поэзия

Кешир баба

Шешен тилим гүрмелмей лал болып тур,
Бабажан, "Әлип қәддим Дал болып" тур,
"Алдына келгенин жеў ҳайўан иси"
"Аўзына келгенин деп" мал болып тур.

Көп балықлар басынан ширип атыр,
Саўаттан да сорымыз қурып атыр,
Өткен әўлад Аралды қуртқан болса,
Бул әўлад тақыр жерде ирип атыр.

Айыралмай Ибрайымын, Төлегин..,
Күнхожаны "Ерназар" дер.., жүрегимммм,
Алланиязды танымаған урпақтан,
Не күтесең, өкпелесин және ким!?

Әкениң руўхын да салдық саўдаға,
Басым және түседи қай ғаўғаға,
Қайсы тасқа урайын мына басты,
Сонша дәртти айтсаң обал таўға да.

Уфффф, қәйтсем екен...?

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 26.XI.2024

@Poeziya_Abdirashit

3 months, 1 week ago

СОРАНАРЫМ

Қәдирлим! Қой енди гийнелериңди,
Билесең, өзгени сүймегенимди,
Түсинсең өмирден түйгенлеримди,
Жалғанда сүйгиден басқасы жалған!

Қәйтейик, қыснақ жол қылғанда қысқы,
Түсинбедим, түсиниксиз турмысты,
Гейде басты ийип, болып қылмыслы,
Жанымды жегидей жеп барар әрман!

Тас-түнек ақшамда қалмай тақатым,
Азаплайды сенсизлик дер сырқатым.
Тек саған арналған, ышқы хатларым,
Қус болсам, өзиңсиз қанатым талған.

Пәрманаң, пәрўаның болып жаныңда,
Алжастым көп жола өмир бағында,
Исмиң қосық болып ағар қанымда,
Мениң бар ықласым тек сенде қалған.

Кел жаным, қолыңды бер бир сөз демей,
Қас қағып турмайық көрсек өзгедей,
Сениң менен ханман, ал сенсиз гедей,
Жамалы гөззалым болма сен әрман!

Өзиңсиз өмирдиң бәршеси жалған!

Әбдирахман Зергер, сентябрь, 2024-жыл.
@zergerqosiqlari

3 months, 3 weeks ago

**Төлепберген МӘТМУРАТОВ ӨМИРИ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИК ЖОЛЫ:

1939-жылы 1-сентьябрьде Қараөзек районында дүньяға келген.
1963-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин питкерип,
«Совет Қарақалпақстаны», «Жас Ленинши» газеталарында, телевидение ҳәм радио еситтириў комитетинде иследи.
1969-жылдан баслап
«Әмиўдәрья» журналында
> поэзия бөлиминиң баслығы;
>жуўаплы хаткер;
>бас редактордың орынбасары лаўазымларын атқарды.
1984-жыл 25-мартта** 45 жасында тосаттан қайтыс болды.

АТАҚ ҲӘМ СЫЙЛЫҚЛАРЫ:

1969-жыл Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы;
1977-жыл
>"Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери" атағы,
>Қарақалпақстан Республикасы Жаслар Аўқамы сыйлығының лауреаты;
1986-жыл Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреаты болды.

ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫНЫҢ ЖЫЛ БОЙЫНША ИЗБЕ-ИЗЛИГИ:
1964-жыл "Ақ терек пе, көк терек?..." (1996, 2021-жыллары қайта басылым)
1966-жыл "Лирика"
1970-жыл "Гөззаллық оянды..."
1973-жыл "Айсәнем"
1977-жыл "Ашылысыў"
1981-жыл "Арзыў шәмени"
1984-жыл рус тилинде "Говорит сердце" ("Жүрек сөйлейди")
1986-жыл "Жақсылық сарайы"
1988-жыл рус тилинде "Тени белых тополей" ("Ақ тереклердиң саялары")
1989-жыл "Жулдызлар жанар"
2018-жыл "Фауст" (И. В. Гёте дөретиўшилигинен көркем аўдарма)
2019-жыл "Сайланды шығармалары"

АЎДАРМАЛАРЫ:

Александр Сергеевич Пушкин,
Михаил Юрьевич Лермонтов,
Сергей Александрович Есенин,
Уильям Шекспир,
Иоганн Вольфганг фон Гёте
шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарды.

**Төлепберген МӘТМУРАТОВ

Каналымыз:?*????@Tolepbergen_Matmuratov Топарымыз:?????***@T_MatmuratovPoeziyasinaPikirler

3 months, 3 weeks ago

Бүгин Төлепберген Мәтмуратовтың туўылған күни,
85 жыллық юбелейи.

@Tolepbergen_Matmuratov

8 months, 1 week ago

Улым, саған айтаман!

(Дүркиннен)

1. Нәсийҳат

Шәрьярға

Улым!
Шайыр халқы сөйлемес жалған,
Анаң ғыйбат айтса исенбе, жаным!
Тири жетимлик бул – әййемнен қалған, –
Ески жапсағыдур жаңа дүньяның.

Тәғдийр әжиўасы –
Руўҳтың пәслиги –
Кимге – алиментдур,
Кимге – айралық!
Шықлы қара гүлдей көзин жас қылып,
Жәбири жетимлерге жетер айланып.

Жетим: ,,Аға-аа!.." десе, –
Қәлбиң безилдеп, –
Баўырың гириян болып,
Езилмеўи ушын, –
Аҳыў-пығаныңды кимлер сезинди,
Кимлер сезинбеди?! –
Сезимине түсин!

Түсинисип жупласар ҳәтте гүбелек.
Қумыры тақ өтер жойтса жубайын!
Тилсиз түсинисер
Еки гүңелек,
Пәми гүңелектен,
Сақлан удайым!

Жәўҳарың жойтылса – мин емес, –
Мийнет.
Көзиң соқыр болса-ҳәм
Көкирегиң – жақты.
Кеўли соқыр жуптың
Қылса қысыўмет,
,,Жәннет!" деп биле бер
Печин дозақтың!..

Күй сен!
Өртенип күй!
Күл болғанша күй! –
Пысқып жанған шалаң нала келтирер!
Сүйсең –
Сүйгенди сүй,
Күл болғанша сүй! –
Шала ашықлық-ҳәм шала өлтирер!..

2. Бузып өт!
Кеўлим шәшмесинен тамар сағыныш,
Тасты мүжимес ол,
Мени мүжийди.
Сағыныш алдында не болыпты ғыш! –
Күнлер өткен сайын,
Дәртим гүжийди.

Мен сени сағындым улым,
Шырағым!
,,Сағынбайды!.." десе,
Исенбе ҳәргиз!
Сағыныш сарғайтты көзимниң ағын,
Миллион болсамдағы,
Сенсиз мен – жалғыз...

Сонша шарықлайман, –
Жәўланым – мәзи!..
Қамал қус жолынан бәлент,
Мың нәлет! –
Саған жете алмайды мениң пәрўазым,
Онда сен жылайсаң,
Бунда мен ҳәлек!..

Көзим – миллион мениң!
Лазер – қап-қалың!..
Тинтип дәрбедарман саңлақ,
Өткелин!
Меннен ағла болсаң,
Шығар дал-далын! –
Ҳижран дийўалларын,
Бузып өт бери!..

12-август, 1984. Нөкис.

**Шаўдырбай Сейитов

Канал: ?** @shawdirbay_seyitov

We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 2 months, 1 week ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 1 month, 1 week ago

QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı

Isenim tel: (61) 222-94-45

Official website: https://kk.uzedu.uz/qr

Múrájat ushın: @QRmshmbministrligi_bot

Last updated 2 months, 1 week ago