📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.
📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация
Dalanews экосистемасына кіреді
Стоимость рекламного поста 25 000 тенге
📍Реклама @dalareklanabot
Last updated 2 months, 1 week ago
🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы
Last updated 1 month, 1 week ago
QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı
Isenim tel: (61) 222-94-45
Official website: https://kk.uzedu.uz/qr
Múrájat ushın: @QRmshmbministrligi_bot
Last updated 2 months, 1 week ago
Бекназар Ерназаров
Ҳаял сыры
Повесть
Қызлардың сол гәпине де әлле қандай кеўилим көтерилип қалар еди. Себеби, қызлардың ҳәзил гәплерин де шын айтып атыр деп түсиниўге ҳәрекет етер едим. Жолдасты да солай түсинеди деп өзимди исендирип қояман. Классласларым Жолдасты мениң меншикли жигитим деп биледи деген қыял менен жасайман.
Сөзимиз өршимей еле киятырмыз. Мен сөзимиздиң бағдарын пүткиллей бурып кеўлимдеги толқыўларды басыў ушын:
- Жолдас, усы қосықларыңды, гүрриңлериңди қай ўақытлары жазасаң. Қалай жазасаң? - дедим буны билиў онша қызықтырып турмаса да.
- Қәйдем, - деди Жолдас ийнин қысып. - Мен бир белгили жазыўшы емеспен. Жүдә, керилип маған илҳам мынадай ўақытта келеди. Мен күнниң, я түнниң мынаў ўақытында жазаман деўге. Әйтеўир, жаза саламан.
- Аўылымыз, мектебимиз сениң дөретиўшилик пенен айланысатуғыныңды биледи. Ҳәттеки, кешеги байрамда қосық оқығалы берли сени районның көпшилиги таныйды.
- Мени көкке шығарып жибердиң ғой, Қатыйра, - деди Жолдас мыйығын тартып қысыныңқырап. - Усы мақтаўың болса төбеге шығарып алып түсире алмай жүрме.
- Сени төбеде көриў мениң әрманым ғой...
Ишим ғымм ете қалды. Бетим күйип баратырғандай. Бул гәптиң аўзымнан қалай шығып кеткенин де байқамай қалдым.
- Онда мен төбедемен. Әрманыма жеттим деп ойлай бер.
Жолдас бул гәпин мениң қысынғанымды билмегенге салып ҳәзиллесип айтты ма, ол жағын билмедим, мен парқына баратуғын ҳалда емес едим.
- Сондай қылып талантыңды мойынла да...!
Мен ҳәзил етип айтсам да шын кеўлимнен, шын пикиримди айтқан едим.
Артымыздан еситилген ысқырық болмағанда пышық-тышқан ойнаған аңлысыўларымыз қай жерлерге шекем баратуғынын ким билсин.
Екеўимиз де артымызға жалт қарадық. Томпаңлап, пысылдап жортып киятырған аўыллас бала екен.
- Ўай-бой! Ашық-машықлар-әй. Тап бир муҳаббат айтысып киятырғандай мына дүньядан пүткиллей бөлинип қалыпсыз. Гезекпе-гезек атларыңызды айтып шақырып атырман. Ҳеш қайсыңыз еситпейсиз.
Бәрқулла ҳәзиллесип жүретуғын бул бала ойында ҳеш нәрсе болмаса да, "ашық-машықлар" деген сөзди жөн алды айтып салса да маған оғада жағып қалды. Ешейинде сөзин жақтыра бермейтуғын едим, жаңағы гәп ушын ишимнен рахмет айттым ҳәм оның сөзин Жолдастың есине қайта салып қойыў ушын:
- Сениң аўызың керек емес жерден тесилген-аў. Ашық-машығың не, - дедим жағып турған сөзди қайталап.
- Ўәй Қатыйра-әй. Мениң немди елестиресиз. Мен өзи аўзыма келген сөзди қайтармайтуғын адамман ғой. Шынында да тап ашықлардай болып кетип баратырғаннан кейин айта салдым да.
Бирақ мен бундай жуўап күткен жоқ едим. "Сизлердиң бир-бириңизди жақсы жақсы көретуғыныңызды пүткил журт биледи" деген сөзди айтып қасарыса түсиўин қәлеген едим. Үмитимди күл-талқан етти. Сөз арасында бир нәрсениң ушын шығарар деп киятырғанда бул баланың жетип алғанын онша жақтыра қойғаным жоқ.
Шайыр, жазыўшы десе ишкен асын жерге қоятуғын Жолдас район орайындағы үлкен мектепке бир шайыр келип ушырасыў өткерейин деп атыр екен, дегенди еситип муғаллимнен руқсат алып қалаға кетти. Класста отырыў маған дүзде қалғандай сезилди. Басқалар бир төбе, Жолдас бир төбе. Күннен-күнге баўыр басып баратырғанымды байқадым. Жолдастың ашық кеўлин билмесем де қыялымда ол да мени сүйетуғындай. Сол ойыма исенемен де. Маған қай ўақ, бир ўақ Жолдас "Сени сүйемен" деп айтатуғынына исенемен. Ишки сезимлерим ҳәмийше мениң пикиримди мақуллап турар еди.
- Ҳе, жубын жойтқан аққуўдай болып отырсаң ғой, - деди Айпарша қулағыма сыбырлап.
Өзимниң шийрин қыялыма ғарқ болып отырғанда сетем алдырғанына наразы болсам да, суп-сулыў ҳәм жағымлы етип айтқан ҳәзили менен әдеўир кеўлимди көтерип таслады. Оның орынсыз ҳәзилинен ашыўланыўдың орнына Айпаршаны жүдә жақсы көрип кеттим. Қыялымды аңлағанына рахмет айтқым келип кетти. Иштен барлық қызлардың, класстың, ҳәттеки, барлық мектеп оқыўшыларының билгенин қәлер едим. Жолдастың тек жалғыз меники екенин ҳәммениң билиўин қәлеймен. Сонда класслас қызлар, я төменги класстағы қызлар қырынламайды. Мениң Жолдасыма ҳеш қыз үмидиўар көзлерин сүзбейди деп ойлайман. Сол ойыма өзим исенип жасайман.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 04
Бекназар Ерназаров
Ҳаял сыры
Повесть
Ишимнен өз етимди өзим жеп қызғанып та жүрер едим. Қызғаныш пикири мени ҳеш қашан тәрк еткен жоқ.
Әтирап күндизгиден де гөззал, ҳаўасы жанға жағымлы болып кеткендей сезилди. Апамның "еп-ерте қаяққа барасаң, аз-маз шай-пайыңды ишиңкиресең-о" деген сөзине де "ишип болдым, тойып турыппан" деп сыртқа асыққан едим.
Жолдастың күндеги оқыўға шығатуғын ўақтын билсем де, бүгин ол да уйқылай алмай ерте турып оқыўға бир өзи кетип қалатуғындай сезилди де турды.
Шынында да ерте шыққан екенмен. Екеўимиздиң ушырасатуғын жеримизге асығып жетип келген менен күтип қалыўыма туўра келди. Кешеги қол усласқан жер не деген қәдирли ҳәм бир өмирге есте қаларлықтай көзиме жүдә ысық көринди. Жолдас "Қатыйра, қалайсаң" деп күле шырай берип сәлемлесиў ушын қолын созып келип қалатуғындай. Жоқ. Ол еле келген жоқ. Аўырып, я жумысы шығып келмей қалмағай да деп тилей басладым.
Кешеги айырылысқан жерде жолдың шетинде зеңирейип, қаўын қорықшыдай еле турыппан. Еки көзим Жолдастың үй таманында.
Оның не қылып атырғанын көре алатуғын бир илаҳий күш пайда болып қалса екен деймен өзимше.
Бизиң үй беттен сегизинши класста оқыйтуғын еки бала көринди. Олар көбинесе Жолдасты күтетуғынымды билсе де қысынайын дедим. Қыялымды билип алғандай. Ғаўырласып жақынлай баслады. Мен оларға қарата қарсы жүрдим.
- Қатыйра. Бизлер оқыўға баратырсақ, қайтып киятырсаң ба? - деди жыбырлақлаў биреўи.
- Бир китабым үйде умыт қалып қойыпты, - дедим өтирикти қайдан тапқанымды да аңламай.
- Бизлер күтейик пе, - деди олар.
- Яқ, иркилмей-ақ қойың. Үйден китабымды аламан да шығаман. Жетип аламан ғой.
Бундай сылтаўды қалай тапқаныма да ҳайранман. Үйге кетип баратырған болып жылыса басладым. Еки көзим артымда. Терекликлер арасына тасаланса қайтып келип, жолдың ортасында Жолдасты күтежақпан. Олар бир бурылыстан кейин көринбей кетти, ғырра изиме қайттым. Жолдасты күттим. Өзимниң ҳәрекетимнен өзим қысынаман.
Жолдас көринди. Енди мен тәшўишлене басладым. Ҳәр күни бир-биримизди күтип алып, мектепке қатнағанларымыз бийкардай. Менде өзиме түсиниксиз ҳалат пайда бола баслады. Ҳеш қашан өзим сезбеген қолайсыз жағдай. Ынтығып өлип баратырған адамдай. Солай болса да Жолдас сол жағдайымды билип қойғандай болып сезиледи. Өзиме-өзим түсинбей қалдым. Қысыныспа пайда бола ма, қудай-аў. Оны күтпей-ақ жүре берсем бе деймен. Көрип турып күтпей кетип қалыўды қолайсыз көремен. Тийкарында кетким келмей турыпты.
Ол жақынлаған сайын тынышсызлана басладым.
Күндегише сәлемлесип, аўҳал сорасқан болып атырман. Ол мениң жағдайымды байқады ма, жоқ па, билмеймен. Әйтеўир өзимди зорға басқарып турыппан. Ол да күндегиден басқашалаў сезилди. Ушырасқанда ҳәзиллесип кете беретуғын Жолдас мениң ойыма өзгерип, салдамлы болып қалғандай. Қысыныңқырап турғандай сезиледи.
Бизлер қатарласып жүрип киятырмыз. Сөзлеримиз ҳәр күнгидей бүгинги болатуғын сабақлардан ары өте қойған жоқ. Бирақ ҳәр биримиз үнсизликте қалмаўға тырысып, сыр алдырмаўға ҳәрекетленип киятырғандаймыз. Шынында да солай ма, я маған солайынша сезилип киятыр ма, оны да билмеймен.
Мен негедур усындай аўҳалға түсип қалғаныма ҳайранман. Әлбетте, бурын да Жолдасты билетуғын едим. Бир аўылда ойнап-өстик, дерлик балалығымыз бирге өтти. Бир мектепте, бир класста оқыдық. Оннан ҳеш қандай тартыныў дегенди билмес едим. Соңғы ўақытларда оған қатты байланып қалғандайман. Бул ҳәўестиң қашан, қай жерде ҳәм қай күни басланғанын ҳеш есиме түсире алмайман. Қулласы, ашық болып қалдым. Шын жүрегимнен унататуғын болдым.
Бурыннан соң бирге жүрмеген адамдай оннан қысынаман. Оның алдында өзимди жүдә сынайман.
Бурынғы батырлығым, батыллығым болғанда "Мен сени сүйемен. Сени жақсы көрип қалдым" деген гәпти айтыў маған қыйын еместей еди.
Ҳәзир бәри де қуры қыялға айланып қалған.
Набада қызлар менен жүдә жақын болып баратырса ҳақыйқый қызғанышымды жасырып "ҳәй бала, тыныш жүр, мениң қатты қадағалаўымдасаң", деп ҳәзиллескен болатуғын едим. Бундайда класслас қызлар: "Аўа, Жолдас, қорықшың қапталыңда жүргенин естен шығарма", деп ҳәзиллесип қояр еди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
02. 04
Жақсылық етейик Алладан қорқсақ
Пазыйлет саналар тыймақлық тилди,
Шынында, мен буны кеширек билдим,
Етпегей кимниңдур жүрегин тилким,
Аўыр сөйлемейик Алладан қорқсақ.
Туўыламыз аппақ болып анадан,
Азадалық кеўиллерге унаған,
Үлкен мәртлик тыйылмақлық гүнадан,
Ҳағынан келейик Алладан қорқсақ.
Жақсы емес бассынбақлық өзгени,
Әлпайымлық адамзаттың безеги,
Ҳәдден ассақ жақынлар да безеди,
Көкирек кермейик Алладан қорқсақ.
Сынақлар инсанға берилмес бийкар,
Алыўымыз керек болған сабақ бар,
Бахытлы күнлерге салады тийкар,
Тәўбеге келейик Алладан қорқсақ.
Қәўипли болады еки жүзли жан,
Жаўлайды қолланып марапат, жалған,
Сақланып жүрмесек шығарар жолдан,
Нықап тақпайық биз Алладан қорқсақ.
Наҳақлықты сезген ўақта сызлайды,
Ботасы өлген әрўанадай бозлайды,
Шыжғырған саратанда аязлайды,
Жанды аўыртпайық Алладан қорқсақ.
Қәлеў болса бизде табылар имкан,
Қайырымыз тийсе алғыслар ҳүждан,
Басқалардан излей берместен нуқсан,
Жақсылық етейик Алладан қорқсақ!
1-апрель, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Кеңесбай Рахманов
Өмир ҳәм өлим
Повесть
Тиллаханға Елмурат унап қалды, иш десе ишеди, қой десе қояды, артық-аспай сөзи жоқ, әпиўайы, ебетейсиз уста соққандай геўдеси де әрре-тәрре. Шыррыйыў я паңсыныў ядында жоқ, басын төмен салып қымтырылып та отырмайды, иретинде сөйлеп, иретинде тыңлап отыр. Отырыспа арасындағы бир тыныспада олар танысып та үлгерди. Тиллахан көбирек ишкенликтен бе, я шынынан-ақ унатып қалды ма, оны кем-кем жақсы көрип баратыр. Отырыспа ярым ақшамда тарқады. Қутлыбийке қайтарда:
- Бизлер менен жүресең бе? - деди Тиллаханға. Ал, Тиллахан болса екиленип турмады.
- Жақ. Кемпир қорқады.
- Өзиң қорқпайсаң ба?
- Елмурат апарып таслайды.
- Унап қалды ма.
- Соң айтаман.
Былайырақ шыққан соң Елмураттың қолтығына жабысты.
- Тоңып кеттим, - деп сыбырланды Тиллахан. - Қай жерлерде турасаң?
- Гөне қалада... Оқыўды неге қойып кеттиң?
- Кимнен еситтиң?
- Жаңағы жерде жигитлердиң биреўинен. Сорастырдым.
- Жетим болған соң... күн көре алмадым. Сырттан оқырман деп жүрмен... Тоңып кеттим...
- Плащымды жамыласаң ба?
- Қой, өзиң аязлап қаларсаң.
- Үйиңе жақынладық па?
Тиллахан үндемеди, себеби бул ақшамда Елмурат пенен қайда болса да кетиўге бел байлаған еди, бирақ жигити түспегир мурнына буйда өткерген нардай қыздың жетегинде үнсиз келер еди. Я буның сораған жигити Тиллахан туўралы бир нәрсени шатпақлады ма екен? Онда қолтығына кирип ҳәлеклениўдиң кереги жоқ. "Тек жүрген тоқ жүреди".
- Елмурат, нешеге келдиң?
- Жигирма беске.
- Ҳоо, онда ағай екенсең ғой. Отырыспаға жеңгейди неге әкелмедиң?
- Жеңгей? Ол қаяқта?
- Алдамаш, - деди Тиллахан өкпелегендей. - Усы ўақытқа шекем мүмкин емес ғой.
- Үйлениў түўе, қыз бенен сөйлесип те көрмедим. Несип етсе енди көрермиз.
- Таптың ба?
- Аўа.
Тиллахан қолын жулқып оның қолтығынан суўырып алды:
- Қайда?
- Қасымда... Ол - сен!!
- Муҳаббатым... излегеним... - деп Тиллахан оның кең қушағына өзин атты. - Ержеткели сени әрман еткен едим... Таптым... Бәҳәр ақшамында таптым... Бахыт қусым болып ушып келдиң де туғырыма қондың. Әрманым...
Аспан қашшан ашылған, жулдызлар қалғып баратырған арыўдың көзлериндей мүлгир еди...
Олардың тойы аўылда дәбдебеси жер жарған тойлардың бири болып өтти.
Бул сапары Тилеўбай Сапаровичтиң қабыллаўханасы бос екен, Тиллахан кабинетке басын суқты да:
- Мүмкин бе? - деди. Столында бир ислер менен машқул болып отырған врач жигит қәддин тикледи де:
- Келиң, келиң! - деп орнынан турып қолын усынды. - Отырыңыз. Үй-ишлериңиз саў ма? Денсаўлық қалай?
- Жаман емес, балам, - дегенде Тиллаханның даўысы дирилдеп кетти. "Балам" деген сөзди айтыўдың буншама аўыр болатуғынын ойласа керек.
- Иштей қалай? Қәне, тамырыңызды көрейин... Бопты, бопты... Адам аўқатқа қараса қандай кеселиң де төтепки бере алмайды. Дәри деймиз, дәрмақ деймиз, айланып келгенде ҳәммесиниң пири аўқат. Режимди сақлаў керек. Ҳәзир тоқшылық ғой, апа, нени қәлесең де таўып жеўге болады. Бирақ, тоқшылық деп күшли аўқат жей бериўге де болмайды. Ислеп атырсыз ба?
- Аўа. Аўылда муғаллиммен ғой. Балам... - Тиллахан усы "балам" сөзин айтпаўға тырысса да аўзынан шығып кеткенин билмей қалды. - Мениң гүман еткен кеселим жоқ болып шықты. Мың да бир рахмет сизге! Ата-анаңызға... Олар бар ма?
- Әкем тири. Анам еки жыллықта көз жумды.
"Жоқ, анаң тири, - деп ойлады Тиллахан. - Әкең буннан жигирма жети жыл бурын көз жумған..."
- Зыяны жоқ, ақлық сүйип кетсе...
- Сүйди ғой. Жаман емеспен, төрт-бес бала бар.
- Балам... келин бала менен, жораларың менен үйге барып апаңның қолынан дуз-дәм татып кетсеңлер жүдә қуўанып қалар едик.
- Ой-бойй, рахмет, апа! Саўалып атырған наўқасларымыздың еткен мирәтине барып жүретуғын болсақ, биз жумыс ислемей қыдырыў менен-ақ жүрермиз сирә, - деп күлди Тилеўбай Сапарович. - Бизге айтқан рахметиңиз-ақ жеткиликли. "Алтын алма, алғыс ал" деген ғой.
Күлкен ўақта Тохтардың дәл өзи-аў, дәл өзи!
- Сонда да бир ықлас ете қойып едим.
- Мейли... Жазда бир ретин табармыз. Қапа болмаңыз, врач болған соң адамлардың кеўлине тийиўге қорқамыз, - деп тағы күлимсиреди Тилеўбай Сапарович. "Тохтар! Сол! Сол!! Айнымаған сол!!!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
27. 03
Қыйналған демлериңде жаныңда болған дос - ҳақыйқый дос болса керек.
Достың ҳазары
Жақын деп билгениң қалса өзгерип,
Жанға аўыр батар салқын сөзлери,
Жүрек-баўырыңды унтап, езеди,
Қуйқаңды жуўлатар достың ҳазары.
Кем-кемнен алыслап барар арамыз,
Асқынлар кеўилге салған жарасы,
Табылар ма дәртлеримниң даўасы?
Оқтай тийер екен достың ҳазары.
Келалмай өзиме жүрмен жабығып,
Айтып жеңил тартқым келер жарылып,
Бир жыллы меҳирге турман тарығып,
Жан жеримди сөтти достың ҳазары.
Арадағы меҳир жиби кесилди,
Күтпедим жақыннан бундай шешимди,
Исенимим пәнт бергенин кеш билдим,
Жаныңды сызлатар достың ҳазары.
Болмады ма бизиң дослығымыз шын,
Берейин барымды жарасыў ушын,
Татыўлық кептери кетти ме ушып,
Аўыр соққы екен достың ҳазары.
Ортақ нийет айланды ма сағымға?
Сырласқан демлерди жаным сағынған,
Мен гийне етпейин кеўил жақынға,
Умытылса деймен достың ҳазары.
26-март, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Кеңесбай Рахманов
Өмир ҳәм өлим
Повесть
Енди Тиллахан қорққанын қойып тум-тусқа қарады. Тохтардың сыртқы кийимлери орнында, ҳәтте аяқ кийими кирер аўызда. Ол жалғыз шолақ дамбал менен қайда барады? Қоңсы ҳаялдың қойнында, басқа мүмкин емес. Мүмкин емес! Бурыннан ымы-жымы бар шығар, бүгин байы бир жаққа кетсе итимал. Еле Тиллаханды алмай атырып қылўасы усындай болса... "Соқырдың соңына бақ" деген. Соңына бағатуғын жери қалды ма? Жүкли қылыўын қылып болып, енди басын алып қашып атырғаны бул. Қарнын шәмпийтип аўылына алып барса, ол жақтағылар "балам-аў, қыз қапылып қалыппа еди?" десе... Усыннан қашқан ол. Неге Тохтарға бирден бойын таслады, неге? Муғаллим болғанда не? Пальто менен етикке сатылды ма, ар-намысы, ҳүжданы таза болғанда бийбаҳа нәрселер емес пе еди? Неге ашық болып, муҳаббатты тек ғана ләззет бағыш зат деп түсинди? Неге?! Ҳәзир қоңсы ҳаялдың бөлмесине кирип барып, оны қойнынан тартып алса ма екен?... Иши шаншып кетти, тағы бала ядына түсти. Енди не қылыў керек? Бойына ҳәмле питкенде де ҳеш гәп, бунысына да шүкиршилик ететуғын бай табылар еди. Енди әрманларының гүлопат болғаны ма?
- Жақсы жатып турдың ба? - деп Тохтар жарқылдап кирип келди. Тиллахан үндеген жоқ, терис бурылды. Оның көзлерине жас таралған еди. Тохтар оны сыртынан қапсыра қушақлап өзине қаратпақшы болды.
- Жиберсең-ә! - Тиллаханның даўысы шаңқ ете қалды. - Усы ермегиң де жетер!
- Ҳә, не болып қалды?
- Мен қудайдан бала тилеппен бе? Енди баланы да, мени де көре алмассаң! Бүйтип хор болғаннан асылып өлгеним жақсы, - деп Тиллахан еңиреп жиберди. - Бул жетимекти ким сорайды, ким арына шабады, бул да бир ийесиз қаншық деп ойлаған шығарсаң?! Мен гешше, мен ақмақ...
- Не болып қалды сонша?!
- Ҳеш нәрсе болған жоқ, - деп кийине баслады Тиллахан. - Түни менен қойныңда жататуғын қатының бар екен, мени ҳәлеклеп не қылайын деп едиң?
- Кимниң қойнында жатыппан? - Тоқтардың ашыўы келди. - Айт, кимниң қойнында?!
- Қоңсы қатынның!
- Ол - урыўлас апам ғой, ақмақ!
Тиллахан сәл пәсине қайтайын деди:
- Сонда бир сааттан берли қайда жүрсең?
- Билмеймен... Кеткениме бир саат болды ма? Мен саған ҳеш қандай қыянет етпеймен, Тиллашым! Исене бер... Мен сени өмирим деп сүйемен, ҳеш ким, ҳеш ким сени мен қурақым сүйе алмайды.. Исене бер... Еле исенесең... Исендирмей қоймайман!..
Бул таң олардың ең соңғы таңы екенин ким ойлапты сонда, ким?
Ҳеш болмаса, шығарып салыў ушын аэропортқа барғанда, күлип узатып қалғанда... әрманлы кетпес пе еди, қәйтер еди... Тиллахан азмаз жибиссе де, көкирекке түйилген гүман еримеген муздай болып жан дүньясы сиресиўи менен қала берди. Оның муҳаббаты қанша таза болса да Тохтар оның жүрегиндеги сәўлеге ала-көлеңке түсирип кетти. Бул ала-көлеңкениң артынан қап-қара булт дөнип киятырғанын, көз жас нөсериниң дәслепки тамшылары тама баслағанын Тиллахан аңлап па, сирә...
Халқабадқа жеткенде күн еле сәске болған жоқ еди. Елмурат "Москвич"ин сонша қуўып айдады, оның я қуўанып, я асығып киятырғаны биймәлим, екеўиниң де әксери бар еди онда, ҳаялының наўқас емеслиги оның да аяқ-қолын жеңиллетип жиберди, бүгинги совхоздағы жыйналысқа да асықты, йош бар, сөз сөйлеўи де мүмкин. Оның қандай ҳалатта киятырғанын өзинен басқа жан сезбейди. Тиллахан қаладан шыққалы өз ойлары менен бәнт. Жол-жөнекей Елмураттың не айтқаны, не сорағаны ядында жоқ, тек Халқабадқа келген жерде:
- Дүкан-пүкан көремиз бе? - деген даўысын ғана еситти. Буннан жигирма жети жыл, аўа, саррас, жигирма жети жыл бурын "Дүкан аралайық" деген жағымлы даўысты еситкендей болды сонда. Ол... Тохтардың даўысы еди. Тоқтар, Тохтар! Умытқысы келеди, умыта алмайды. Дәслепки муҳаббат ийеси умытылмайды екен ғой. Умытыў мүмкин емес. Сен Елмурат, көкиреги аппақ адам, кеширегөр, кеширегөр, сениң ядыңда ҳеш қандай да ғайры пикир жоқ, сениң ҳаялың сени алдамады, сондай болады деп ойламады... Тек саған ол ҳеш ўақытта да ҳақыйқатлықты айтқан емес, айта алмайды...
Тохтар Ташкентке кеткели Тиллаханда маза болмады. Оның менен хошласатуғын күнниң қолайсызлығы, муҳаббат жолында пайда болған түсиниксиз ҳәдийсе жас қыздың жүрегине жара салып қайтадан жалынлап алыса баслады.
(Даўамы бар)
t.me/BaxitliSaribaev
20. 3
Наўрызым
Уллы күни саналасаң улыстың,
Шадлықларын сезиндирдиң турмыстың,
Инам етип қут-берекет, ырысқы,
Хош келипсең, пазыйлетли Наўрызым!
Мазалы тағамың таңлайда татыр,
Нийетлеп жасадық көриўди татып,
Нәўбәҳәрдиң ырысынан асатып,
Жанымызға азық бердиң, Наўрызым.
Тилеклерин қабыл етип дийқанның,
Алтын гүзде бәлент еткил қырманын,
Сен келгенде келип мениң илҳамым,
Жырға салдым тәрийпиңди, Наўрызым.
Үйренсек ийесең тарийхқа узақ,
Өзиңде илаҳий ҳикмет бар уқсақ,
Сен келсең тәбият қызларға уқсап,
Гөззаллық липасын кийер, Наўрызым.
Миллийлигин, салт-дәстүрин халықтың,
Дүркин-дүркин әўладларға таныттың,
Сағасысаң қут-берекет, шадлықтың,
Қутлы келгей қәдемлериң, Наўрызым!
19-март, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Кеңесбай Рахманов
Өлим ҳәм өмир
Повесть
- Жақсы ғой онда, - деп Айгүл менен Қутлыбийке қутлы болсын айтты. Бирақ, Тиллахан сол ўақытта изинен әшкара болатуғынын ойлаған да жоқ, тәғдирдиң төңкерилип кететуғынын ким билипти сонда. Оның Тохтар Якупов пенен жүретуғынын курсласлары сезбейтуғын еди, екеўи де қолларынан келгенше сездирмеўге тырысты.
- Бир қурдасым туўылған күниниң зыяпатына шақырып еди, соған бараман, - деди бир күни Тиллахан.
- Бара ғой, - деди Айгүл шын кеўлинен. - Абайла, түнде қайтып жүрме.
- Биреўлер алып кетип жүрмесин, - деп қосып қойды Қутлыбийке.
Тиллахан қурдасларын бул сапары да алдаған еди.
Тоқтар ертең Ташкентке ушады, диссертация жақлаўға атланады. "Уллы сапар алдында ушырасайық, кеште кел" деген еди Тохтар. Дурыс ғой, бул дүньяда бирден-бир жақын адамы ийгиликли нийет пенен узақ жолға кетип баратырса, оған бармай қалыўға бола ма?
Кирип барса, Тохтар еки көзи төрт болып күтип отыр екен. Тиллаханға тасланып қушақлап алды.
- Келмей қала ма деп...
- Неге келмейин? Қызларды жалпағына салдым, туўылған күнниң зыяпатына бараман деп. Ҳаў неге зиңирейип турыппыз?...
Олар бүгин ерте жатты.
- Диссертациямды жақлап алған соң сол жақта банкет өткеремен, - деди Тохтар толқынланып. - Көп адамды шақыраман. Қоңыраттан ағайинлер барады. Саған да телеграмма жиберемен, бар.
- Мен бе? Ташкентке ме? Ўай, ақмағым-әй! - деп Тиллахан шақалақлап күлди. - "Әўел өлип алайын, ийман қайда барады" дегендей.
- Ҳмм, сонда мени жақлай алмайды деп ойлайсаң ба? - Тоқтар ашыўланғандай болды.
- Жоқ, мен өй деп атырғаным жоқ, - деди де Тиллахан оның аўзынан шорп еттирди. - Әўел мени алып ал, соннан кейин-ақ арыңа шапқаным жетер деп атырман.
- Қасымда сен болсаң өзимди мәрт сеземен-дә!
- Бир сапарға менсиз-ақ мәрт бол. Әй, Тоқтар, усы күнлери өзимди қолайсыз сезип жүрмен ғой.
- Неге?
- Билмеймен, гейде мийим айланады. Қайтарғым келеди. Қаўын жеўди күсеймен.
- Жериксең...
- Жерик?! - деп Тиллахан орнынан турып кетти. - Сонда жүкли болғаным ба?
Иши қыймылдап кеткендей болды.
- Не болды саған, Тиллаш? - деп Тохтар оны орнына жатқарды. - Қуўаныўдың орнына...
- Енди... енди студентлерге не бетим менен қарайман?
- Ояқ-буяғы бир айдың ишинде қосыламыз. Оған шекем қарның сезиле қоймас. Болды ма?
Олар көпке шекем уйықлай алмады. Ҳәр ким өз ойы менен бәнт еди, бирақ ойлары қайларға шарқ урса да айланып келип бир мақсет соқпағына қонақлар еди, бул соқпақ ағарып көринип қалды, тек бир төбеден асырылып өтсе болғаны, оларды келешектиң гүзарына баслап баратуғын дүзиў ҳәм таза соқпақ күтип турғандай еди. Лекин, сол соқпаққа ҳеш қашан да излери түспейтуғынын бул ақшамда олар қайдан билсин?!
Көзи илинип кеткен екен, бир тасырлыдан шоршып оянды Тиллахан. Қараса, жай ишинде елес урып биреў жүр. Тохтардың орнын сыйпады, жоқ. Сестин шығарыўға қорқты, жаңағы көлеңкедей сүлдер өжирениң есигин зорға таўып сыртқа шығып кетти. Тиллахан ҳайран. Тохтар болғанда есикти бирден таппай ма? Сонда, Тохтар қайда кеткен? Жүреги шапқан аттай дүрс-дүрс, дүрс-дүрс, тап биреў еситип қоятуғындай көрпени қымтанды. Таң атар емес, жайдың қараңғылығы оны искенжедей қысып, бир қысым етип таслағандай болды. Тохтар қайда кетти екен? Я қоңсы үйдиң ҳаялы менен бир бәлеси бар ма? Оның менен де соңғы ақшамы хош аллияр айтысып атыр ма? Әй, яғәй, қойнында жаңа ғана он сегизге қәдем қойған қыз турып, биреўдиң үш-төрт балалы ҳаялын не қылсын? Қәйдем, еркеклерде ес болмайды деўши еди, олардың саўатлысы да, саўатсызы да бир саздың бөзи бола ма екен? Өгей әкеси Қулмурат саўатсыз, мәскүнем адам еди, анасы өлгеннен кейин көп қатынларды әкелип жүрди, олар муҳаббат дегенди түсинбейтуғын адамлар ғой, олардың аңсағаны - бирмайданлық ҳәзлик. Сонда Тохтардики не? Бул да ўақытша ләззет ушын сүйди ме? Он бес минут өтти... ярым саат өтти... неге жоқ? Қайда кетти? "Жетимлигимди жаңа умытқанымда, тағы не дәрдесерге тап болдым, - деп егитилди Тиллахан көзлерин жаслап. - Жети түнде қаяққа барады?"
Таң саз берип, әйнек ағара баслады. Жайдың ишине толық жарық түсти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 03
Әзиз анам қоңыраў етер
Жаралғаным ушын баўыр етинен,
Кеўлиндеги аппақ, пәк нийетинен,
Шадландырып меҳир-мүриўбетине,
Анам бәрҳа маған қоңыраў етер.
Алыста жүрсем де жанымды уғып,
Есинен шығармай сүйикли улын,
Жүректеги сезимлери мәўиж урып,
Әзиз анам маған қоңыраў етер.
Машқаласы ассадағы басынан,
Бир имканын таўып жан ықласынан,
Ҳал-жағдайды билиў ушын асыға,
Әзиз анам мудам қоңыраў етер.
Басқалар етпесе жоқ ҳәргиз өкпе,
Баўырманым жоқлап, қайғырар тек те,
Меҳир-муҳаббаты үлгидур көпке,
Анам кеўил бөлип қоңыраў етер.
Кимниңдур номерин алыўым мүшкил,
Түрли қыялларға барады кеўил,
Аңлармекен жүрек екенлигин гүл,
Ал, анамның өзи қоңыраў етер.
Сездирип ҳәмийше екенин бирге,
Руўхландырып, қулшындырып өмирге,
Аман жүриўимди сорап тәңирден,
Анам умытпастан қоңыраў етер.
13-март, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.
📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация
Dalanews экосистемасына кіреді
Стоимость рекламного поста 25 000 тенге
📍Реклама @dalareklanabot
Last updated 2 months, 1 week ago
🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы
Last updated 1 month, 1 week ago
QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı
Isenim tel: (61) 222-94-45
Official website: https://kk.uzedu.uz/qr
Múrájat ushın: @QRmshmbministrligi_bot
Last updated 2 months, 1 week ago