Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

Өмир сабақлары.☘

Description
@omir_sabaqlari

Байланыс ушын

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Advertising
We recommend to visit

⚡️Тек тастыйықланған мағлыўматлар, ең соңғы жаңалықлар ҳәм оператив хабарлар берип барылатуғын Telegram канал

📬 Байланыс @KKLIVE_admin

↪️Қарақалпакстан Онлайн Магазин👉🏻 https://t.me/OnIine_Sawda

Last updated 5 days, 21 hours ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
abaibolkz@gmail.com

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

www.shyngys.kz
www.abaibol.kz

Last updated 1 month, 1 week ago

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Last updated 1 month, 1 week ago

1 week, 1 day ago
Ҳеш кимсениң сениң жаныңда турғанына исенбе. …

Ҳеш кимсениң сениң жаныңда турғанына исенбе. Қарсыңа шығыўы  ушын бир қәдем (адым), душпан болыўы ушын бир аўыз сөзиң жетер...

@omir_sabaqlari

1 week, 5 days ago
1 week, 6 days ago
2 weeks, 2 days ago

**Өкпесиз өмир сүрейик.

Шəкирти устазына айтыпты:
- Сиз бәрҳама кеўилли жүресиз. Ҳешкимге ашыўланбайсыз, өкпелемейсиз. Мениң де сиз сыяқлы болғым келеди. Жәрдем бериңизши.
Шəкиртиниң өтинишине келисим берген устазы картошка менен қалта əкелиўин буйырыпты.
- Егер биреўге ашыўланып, ызаланып, өкпелесең, бир картошканы ал да, соған ренжиткен адамның атын жаз.
- Тек сол ма? - дейди шəкирти.
- Жоқ, сол қалтаны бәрҳә өзиң менен бирге алып жүриўиң керек. Биреўге ренжиген сайын бир картошкадан қосып отырасаң.
Шəкирти келиседи.
Бираз ўақыт өткен соң қалтасы картошкаға толып, өзи менен бирге алып жүриў қыйынлайды. Дәслепки салған картошкалары ширип, сасый баслайды.
Шыдамай кеткен шəкирти устазына келип:
- Устаз, мына қалта аўыр болып кетти. Және ширигенлериниң сасық ийисине шыдаў мүмкин емес. Ашыўланбаўдың басқа жолын үйретиңизши, - дейди.
- Буны саған не ушын ислеттим? Биреўге ренжиген сайын ишки жан-дүньяңда да усы қубылыс болады. Жүрегиң аўырлап, таза ниетиң бузылып, жаман ойларың сасый баслайды. Оны сен сезбеўиң мүмкин. Бирақ, исиң - əдетке, əдетиң - минезге айналады. Биреўге ашыўланбастан бурын яки биреўдиң зейнине тийместен бурын "ҳәрдайым өзиң менен бирге артық жүк арқалап жүриў" керек пе, керек емес пе, ойлан, - депти устазы.**@omir_sabaqlari

2 weeks, 2 days ago
2 weeks, 2 days ago

#ЖУЎАПЛАР

🌱5 ер адам тири қалсын дегенлер ушын.

Этикалық ҳәм инсаныйлық тәрептен туўры. Бирақ философиялық ҳәм нызамлы тәрептен дурыс емес. Өйткени егер поезд 5 адамды басса сиз араласқаныңыз жоқ еди. Егер сиз араласып оны 1 адам тәрепке бурып жиберсеңиз, онда бул адам өлтириўшилик болып есапланады. яғный сиз себеби қандай болыўына қарамастан адам өлтириўшиликти таңладыңыз. Солай екен сиз эмоционал инсансыз яки инсанларға исениў мүмкин деп есаплайсыз. Бес адамды сақлап қалыў ҳәм бир кисини өлтириў бул кейинирек ҳүжданды да қыйнаўы мүмкин. Солай екен инсаныйлық тәрептен жақсы адамда көбинесе оны соңын ойламай етиўи мүмкин екен.

⚡️Мәсләҳат. Сезимге берилмең. Сезимге берилген инсан көбинесе утылады. Бир сөзлилигиңиз, қатаңлығыңыз сизге жақсы жеңислер алып келеди.

🌱 1 ҳаял адам тири қалсын дегенлер болса көбирек ақыл ҳәм қайсарлыққа сүйенген инсанлар болып табылады. Олар қаттылаў болып көрингени менен айырым ўақытлары көп ойлап қарар қабыллаўға қыйналыўы мүмкин.
5 адамның өлиўи ақыбетинде сизиң ҳүжданыңызды қыйнайды. Әсиресе қутқарылған бир адам ақ кеўил болмаса ше (адам өлтириўши, нәшебент). Сол себепли көбинесе саналы қарар да зыянлы ақыбетке алып келиўи мүмкин.

⚡️Мәсләҳат. Көп затларды дым терең ойлай бермең. Бул бара бара қыялшыллыққа алып келеди. Қысқа ойлаң ҳәм истиң посгеллесин ислең.

@omir_sabaqlari

3 weeks, 1 day ago

#Жумбақ

Жаўрағанды күйдирер,
Аяғы жоқты жүрдирер,
Өз еркине жиберсең,
Дуйым журтты бүлдирер.

ОТ (Жалын)

3 weeks, 2 days ago

Сулайман алайҳиссәләм бир қумырысқаны көрип оннан:
- "Бир күнде қанша бийдай жейсең...?", деп сорапты.
Қумырысқа:
- "Бир дана", деп жуўап берипти.
Сулайман алайҳиссәләм оның алдына бир дана бийдайды қойыпты да, үстине бир кесени төңкерип:
- "Күнлик несийбеңди мен келтирип тураман..!", депти. Ертеңине келип, кесени көтерип қараса қумырысқа бир дана бийдайдың ярымын жеп, қалған ярымын услап отырған екен. Сулайман алайҳиссәләм қумырысқаға:
- "Маған бир дана бийдайды бир күнде жеймен, деген едиң! Ярымы аўысып қалғанғо?!" - депти.
Қумырысқа:
- "Ырысқым Аллаҳтың қолында екен, Ол маған күнлик ырысқымды жеткизиўди умытпайды. Бирақ күним саған қалғаннан кейин, есиңнен шығып кетсем не болады, деген уўайым менен ярымын алып қойдым.
Себеби бендеге исеним жоқ! Ырысқы тек Аллаҳтан" - деп жуўап берипти.

3 weeks, 2 days ago

*Адамның жақсы өмир сүриўи ушын ол пүткил адамзатты сүйиўи шәрт емес, бир адамды шынтлап сүйиўи менен ҳәм жан сезимин қәнәәтлендиреди....

©Т.Қайыпбергенов
"Қарақалпақнама"*

1 month ago

@omir_sabaqlari

Интернет жәрдеминде қалай пул ислеўге болады?

Сизлерге тегин еки мәсләҳәт:

  1. Интернетти өширемиз;
  2. Ҳәм басқа исленбей жатырған жумысларымызды ислеп таслаймыз.

P.S.: Тек " @omir_sabaqlari " каналына кирип турсаңыз болады😊

We recommend to visit

⚡️Тек тастыйықланған мағлыўматлар, ең соңғы жаңалықлар ҳәм оператив хабарлар берип барылатуғын Telegram канал

📬 Байланыс @KKLIVE_admin

↪️Қарақалпакстан Онлайн Магазин👉🏻 https://t.me/OnIine_Sawda

Last updated 5 days, 21 hours ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
abaibolkz@gmail.com

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

www.shyngys.kz
www.abaibol.kz

Last updated 1 month, 1 week ago

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Last updated 1 month, 1 week ago