📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.
📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация
Dalanews экосистемасына кіреді
Стоимость рекламного поста 25 000 тенге
📍Реклама @dalareklanabot
Last updated 3 months, 1 week ago
🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы
Last updated 2 months, 1 week ago
QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı
Isenim tel: (61) 222-94-45
Official website: https://kk.uzedu.uz/qr
Múrájat ushın: @QRmshmbministrligi_bot
Last updated 3 months, 1 week ago
**ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам 1993-жыл 24-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХIV сессиясында қабыл етилди.
И. Юсупов сөзи
Н. Мухаммеддинов намасы
Жәйҳун жағасында өскен байтерек,
Түби бир, шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.
Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм мийрибан,
Еркин жайнап-жаснап, мәңги бол аман.
Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.*❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️*
Сырласымсаң ана тилим
Меҳрине бөленип ата-анамның
Туўылған уямда таныдым сени.
Төрине жайғасып кеўилханамның,
Жақын сырласыма айландың мениң.
Еситкен сөзлерим сиңип қулаққа,
Басладым сөйлеўди ана тилимде.
Үлкен бахыт ата-ананы қуўантқан,
Алақанда аймалады күлимлеп.
Ана мектеп бизге ашқанда қушақ,
"Әлипбе"ден ашып басладық саўат.
Билим суўсынына қандырып булақ,
Бойда қәлиплести ақыл-парасат.
Жақсы көрип ана тили сабағын,
Билдик сөз мәнисин, сөзлик қурамды.
Мениң жан сарайым, өмир соқпағым,
Билимниң шуғласы менен нурланды.
Әдиўли устазым бергенде сабақ,
Тилдиң хызметинен шебер қолланды.
Мәртлиги сүйсинтип түргенбиз қулақ,
Айтып берсе "Алпамыс"ты, "Қоблан"ды.
Меңгериўим ушын пәнлерди басқа,
Әзиз ана тилим үлкен жол ашты.
Билгеним ойылып жазылды тасқа,
Билимниң өзеги жақын жолдасым.
Пикирлесип ана тилим арқалы,
Баўыр басып дослар арттырдым садық.
Кеўлимдегин айтып шерим тарқады,
Ойыңды жеткериў бағышлар шадлық.
© Автор Бахытлы Сарыбаев 1-декабрь, 2024
Дерек: @BaxitliSaribaev
❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️
Ана тилим --дана тилим
Орыс тили десе талып қаламыз,
Инглис тилинде ақыл санамыз,
Сондай ҳасыл дана тилди умытып,
Халқым аў ,ойланың қайда барамыз?!
Өзге тилди үйренбеңлер демеймен,
Неге ана тилге ықлас кемейген?!!!,
Ана тилин билмегенди көргенде,
Нан түўели суў өтпейди көмейден.
Алтынға қаплайын ана тилимди,
Нақыл, мақал толы дара тилимди,
Нанның қыйқымындай қадир тутаман,
Сол адам аталық дана тилимди.
Көп тиллер ишинде тилим шырайлы,
Ҳақ кеўил халықпыз жүдә ырайлы,
Өзлериңше байытамыз тилди деп,
Шар тәрептен әкеп қоспаң ""ылайды"",
Тилимиз бай ушырма сөз, нақылға,
Көп нәсият берген нәкас, бақылға,
Дәстанларын оқып ҳайран қаласаң,
Мақаллары ақыл қосар ақылға.
Усы тилде даўды шешкен даналар,
Бесик шайқап ҳәййиў айтқан аналар,
Жалғыз улын ат сүйретип келгенде,
Усы тилде жоқлаў айтқан мамалар
Балаң бастан сиңирмесе тилиңди,
Терең меңгермейди ертең илимди,
Пәнди текте ана тилде үйретиң!!!,
Сонда жақсы ийелейди билимди.
Түсинбесе Ибрайымның қосығын,
Мақтаныш па, жүрегимди осыдың,
Тил билмесе түсине ме дилиңди?!,
Турыпты алдыңда улк.е.е.н тосығың.
Мампыс болар басы топқа кирмеген,
Маңқурт болар сөз мәнисин илмеген,
Өзге тилде шүлдирлесе қуўанба,
Ким болады Ана тилин билмеген?!
Сен болмасаң қызыл тилим сайрамас,
Кеўил аспанымда жулдыз жайнамас,
Айтар сөзим жебирине жетпесе,
Кеўилим абыржып, шерим тарқамас.
Неге керек бул дүньяға келгеним?!,
Өз ана тилимсиз өмир сүргеним,!!!
Егер тилим кетер болса жоғалып,
Онда мениң тирилей ақ өлгеним.
Ермен дейип елдиң ғамын жесеңиз,
Шайпалмасын ығбал,ырыс кесеңиз,
Тилди сақлаң!! Руўхы шырлап бабамлар,
Қәбиринде тик турмасын десеңиз.!
Сен арқалы сөздиң палын татайын,
Ел көксине қуяш болып батайын,
Қарақалпақ тилим мәңгиге жаса,
Сен турғанда ушардан сөз атайын.
Көз жазып қалмайық ана тилимнен,
Нақыл, мақал толы дана тилимнен,
Ҳәр сөзи қамырдан қыл суўырғандай,
Түркий тил ишинде дара тилимнен.!
@ Автор Гулистан Даўлетова 21 октябрь 2022 жыл.
❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️
ҚОСЫҚТАН ҚУРАЛҒАН МЫНА ЖЕР ШАРЫ
Қосық – сөздиң патшасы,
сөз сарасы.
Абай
Желдей уйытқыр поэзия тулпары,
Мен бараман жалын қармап жармасып.
Қосықтан қуралған мына Жер шары,
Ол силкинсе қалар мени жыр басып.
Жыр – океан, жығып кетти ырашын,
Сезим суўсынына қанар жүрегим.
Жағыс узақ, қайтыў жоқ, жоқ илажым.
Ақыр көптен сезимсиреп жүдедим.
Сөздиң бағын аралайман бағмандай,
Сайлап үзсем ең мазалы жемисти.
Бүгин сөз қәдирсизленип қалғандай,
Сөзистан болып кеткендей жер үсти.
Ҳасыл сөзге бар дүньямды бартерлеп,
Ҳасыл адамларға үлеским келер.
Базда бул сөз дегенди де номерлеп,
Қатар тәртип пенен сөйлеским келер.
Сөзмоншақ алып турса көздиң жаўын,
Тек ҳасыл сөз сүйсиндиргей халықты.
Ҳәзир шоу ҳәм подкастта сөздиң жаўы,
Ҳәр билгиш былғап жүр бир быламығын.
Азайды ма ҳасыл сөздиң жериги,
Ўарсақылық орнар жүрек төриңе.
Егер көмилгенде сөздиң өлиги,
Жерде орын жетпес сениң гөриңе.
Ҳасыл сөз, ҳадал адам – ол туўғаным,
Жасы үлкеннен сөзи үлкенди сыйлайман.
Сөз қуны да доллардай бир, әрманым,
Тез-тезден көтерилип турғай да.
Сөз ҳасылын тапсаң баладай жайнап,
Тыңлар қулақ таппай шығар ар-сарың.
Тек шайырлар ғана қайғырар ойлап,
Қосықтан қуралған мына Жер шарын…
© Автор Аллаяр Дарменов,
08.07.2024.
Дерек: @Allayar_Darmenov
@ADEBIYAT_QR ❤️
ҚАРЫЗЫМ КӨП
Устаз Ибрайым Юсупов Жерге берилген күни жазылған қосық ямаса достым Қуўанышбай Оразымбетов пенен сырласыў
Бир Алладан бийжуўап жақсы қосық жазылмайды.
Деми таўсылмағанша бендеге Жай қазылмайды.
Жүректен жақсы қосық жан менен бирге шығады.
Ол – тәнге жанды жетелеген Тәңримниң сазындайды…
Бахтыярда қосық жоқ. Қарақалпақтан жыр кетти…
"Тирилер"ден түңилип, бул дүньядан Тири кетти.
Енди ғана ер жеткен Поэзия жетим қалды.
Шайырларды жылатып Уллы Ибрайым пийрим кетти…
Ўаҳ!.. Жоражан, қәйтейин жүрегим музлап атыр.
Әлле нәрсе сызлатып ҳәм тилкимлеп дузлап атыр…
Өзим ғана аңлайтуғын, өзим ғана түсинген,
Асқар таўын жоғалтқан бир әлем бозлап атыр…
Сум әжел, бул қара жер жақсыларға тоймады бир.
Адамлар Сорша көксин ойғанын ҳеш қоймады бир.
Жүреклердиң төрлеринен орын алған Ағамлар,
Ўаҳ!.. Жоражан! Кең дүньяға неге,неге сыймады бир?!.
Мен бүгин бул Соршада бир кәрамат – Сезим көрдим.
Ағамның Жер Жайында Ҳақыйқаттың Көзин көрдим.
Аршы Әлем Ағласына Периштелер алып ушты,
Пийримди қушағына қолым менен өзим бердим…
Бул дүньяға, жоражан, айтатуғын арызым көп.
Өзим билген ҳәм билмеген өтеўим шәрт парызым көп.
Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар:
Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп…
© Автор Бахтыяр Генжемуратов
Нөкис. Сорша. 2008-жыл, 27-июль
Ашық Аяз - Ибрайым туўылған жерде.
(Ибрайымның жолына)
Шүкиранаға толы кеўил ханамыз,
Созсақ қолды космосқа ҳәм барамыз,
Гүўлеген жабайы самаллар еспес,
Кирге қарсы Тумариса анамыз,
Белин батырларша буўынған жерде.
Сезип жүрмен бул жердиң бар кийеси,
Саҳрайы ҳақ кеўил халық ийеси,
Умыт болды тар жол тайғақ кешиўлер,
Сулайман атамыздың минген түйеси...
Шөгип мен жеттим деп бақырған жерде.
"Қой үстинен бүгин торғай жумалар",
Шағала шарқылдап, шөлди суў алар,
Бердақ руўхлары Жайхундай тасып,
Әпши қуўырылған халқым қуўанар,
Шайыр жалаң аяқ жуўырған жерде.
Шығып қарар болсаң Үстирт үстинен,
Жулдыз жымыңлайды бәлент көшкиден,
Бағынан зағ ушып, бүлбил сайрайды,
Ишлери кир душпанлардың дәстинен,
Әжинияз наҳақтан қуўылған жерде.
Зиялы болған соң сырттан сатылып,
Қасым, Избасарлар иске шатылып,
Кеткен менен олар умыт болмайды,
Келгиндилер тәрепинен атылып,
Қанлары жамғырға жуўылған жерде.
Ҳақкеўил халықпыз еңсемиз бийик,
Түркий халықларға беремиз кейип,
Шегарам бар, ана тилим сөйлеп тур,
Аллаярым: "Хош қал Бозатаў" дейип,
Шыбын жаны наҳақ қыйылған жерде,
Булақты бағдарлап жолға салады,
Билим дәрьясынан шөлиң қанады,
Елде уллы алым Әл Берунийдиң,
Даңқлы жулдызлары парлап жанады,
Илим көкирегине қуйылған жерде.
Бәс байлассаң шақыраўық ғазым бар,
Қус салмаға келсең алғыр базым бар,
Жыраўларым дәстан дизип айтқанда,
Бабалардан мийрас қобыз сазым бар,
Қорқыт бабасына сыйынған жерде.
Билимсиздиң сөзи қырға қайырлар,
Ябыға жол бермес қарабайырлар,
Ушығаның қыйқымындай қәстерли,
Сөз патшасы Ибрайымдай шайырлар,
Киндик қаны тамып туўылған жерде.
Ийнимизге қумай қусы қонып тур,
Бахыт шарабына кесең толып тур,
Туристке қонақ жай қара үйлериң,
Аспан астындағы музей болып тур,
Дузлы шаңғытларды суўырған жерде.
Мың шүкир ел болдық жәннет дегендей,
Елге бир, жерге бир нәўбет дегендей,
Нәжиматдин, Абадан сазгерлерим бар,
Халқыма таланттан әўмет келгендей,
Дузлы суўдан аўзы уўылған жерде.
"Қара жорға" аттың шабысларындай,
Зада қыздың уғрын бағысларындай,
Халқымның көксинде мухаббат болып,
Әмиўдиң талўаслы ағысларындай,
Ибрайым мәңги жасар туўылған жерде.
© Автор Гүлистан Дәўлетова
30.04.2018
📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.
📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация
Dalanews экосистемасына кіреді
Стоимость рекламного поста 25 000 тенге
📍Реклама @dalareklanabot
Last updated 3 months, 1 week ago
🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы
Last updated 2 months, 1 week ago
QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı
Isenim tel: (61) 222-94-45
Official website: https://kk.uzedu.uz/qr
Múrájat ushın: @QRmshmbministrligi_bot
Last updated 3 months, 1 week ago