Atabek Kdirbaev

Description
Жеке раўажланыў бойынша блог.

Илимиңиз ҳәм әмелиңиз зияда болсын!
Advertising
We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 3 weeks, 5 days ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 2 weeks, 3 days ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 1 month, 2 weeks ago

11 months, 3 weeks ago

Жолда жүриўди басласаң, жол көринеди.

©️Румий

11 months, 4 weeks ago

Устаздың разылығы

Бул бойынша алдын пост жазаман деп жүр едим, бирақ, еле өзим әмел ете алмай жүрдим, устаздан еситкен гезде, кеўлиме түйип қойдым.

Расын айтсам, англискийден меннен көп адам жоқ шығар көп мүғаллимге барып көрген, жораларымда “Нөкистеги ҳәмме англиский мүғаллимлерди таныйтын шығарсаң” деп көп ҳәзиллеседи. Барып көресең онша унамайды, сабақ өткени яки характери, әйтеуир бир нәрсе оншамес болып, тартпай турады. Ақыры Азамат ағаға таярландым.

Жақында, IELTSқа төлеген пулымды қайтарып алғаннан соң, таярлық төлемин толық төлеген жоқ едим(студенттиң стипендиясына толатын тесиклер көпқо, түсинесиз), соны төледим, сүйтип пәтиясын алып, разылығын алдым.

Қулласы, айтажағым сизлерде бир жерге, бир еки күнге болса да таярлыққа барсаңыз, сол устазыңыздың ҳаққысын ада етиўге ҳәрекет етиң.

Мен алдын барып, пул төлей алмаған бир-еки жер бар, соларды төлеймен. Өзимиздиң тараў бойынша устазым бар, барыўға қысынып жүрмен.

Мен басладым, сизлерде баслаң!

Усы дүньяда сизлерден тек ғана ақша алынды, ал Ол дүньяда сол адам сизден ҳаққысын талап етиўи бар. Бендениң бендедеги ҳақлары, Аллаҳтың бендедеги ҳақларынан аўыр келеди.

Сизлерде де усындай жағдай болған ба, болған болса, төлеў нийетиңиз бар ма?

@atabek_kdirbaev

1 year ago

Ассалаўма Алейкум бәршеге!

Бүгин биринши ҳәм үшинши орынды алғанларға китаплар берилди, екинши орын алған жорамыз үйине келген соң беремиз.

Кейинги конкурсымыз мәсләҳәтлесип, кең көлемде өткериўге ҳәрекет етемиз.

Қатнасыўшыларға рахмет!

1 year ago

Илим - нур, нурыңызды китап пенен зияда қылың! Сизди китап оқыў бойынша кишигирим конкурсымызға мирәт етемиз. Қатнасыў шәртлери: 1. @atabek_kdirbaev каналына ағза болыў. 2. Усы постты кеминде 3 адамға яки группаға жибериў. Скрин етилип маған жибересиз.…

1 year ago

Жолдасың жақсы болса жолыңның болғаны

Жақында тест тапсырыуға Самарқандқа бардым. Негизи басқа такси менен келисип қойыбем. Олар адамларды бир-биреуине берип, алмасады екен. Қулласы жүрип баратырған таксидеги басқа биреўдиң орнына мени алған екен.

Кешке қарай жолға шыққан соң ҳәм алдын онша көп узақ жол жүрген тәжирийбе болмаған соң намазларымды қалай оқысам екен, мен ушын таксиди иркип қоятын болдым деп ойлап едим.

Таксиде бир муғаллим жигит жолдас болды, сөйлесип, таныссам намаз оқыйды екен, бирге аўыз аштық, хәр намаз ўақытларында оқыў имканы бар жерлерде тоқтап, оқып алдық.

Көп сөйлейтин маған мас адам екен, көп темаларда сөйлесип бардық, хеш бир жалықпайсаң тыңлап.

Және түсингеним үйленген бәрибир басқаша екен, биз бойдақ пақырға хешким қоңыраў етпейди, ал оған болса келиншеги тез-тезден қоңыраў етип сөйлесип атырғаны. Расы ҳәўес еттим.

Жолда жолдасың жақсы болса жолыңның болғаны дегендей, англискийден IELTS тест тапсырып, Аллаҳқа шүкирлер болсын, жақсы нәтийже қылыўға қәдир қылды.

Сол менен сондай гәплер, Аллаҳқа таўаккул етип жолға шықсаңыз жақсы жолдас болың, жолыңыз болады!

@atabek_kdirbaev

1 year ago

Мени төмендеги сораўлар ойландырып атыр?

  1. Конкурс ушын қойған шәртлер аўыр ма?
  2. Адамлар китап оқымай ма?
  3. Берилген китап қызық емес пе?
  4. Неге илим ушын қылынған жарыста азшылықпыз?
  5. Неге қайсыдур бир материаллық нәрселер ушын болған конкурсларда белсендимиз?
  6. Мүмкин кемшилик менде шығар?

Неге?

1 year ago

Рамазан Ҳайыты мүбәрек болсын! Аллаҳ таала илимиңизди ҳәм әмелиңизди зияда қылсын!

@atabek_kdirbaev

1 year ago

Мениңше түсиникли болған шығар ҳәммеси.

- Неге шолыў жазыў шәрти бар?

- Адам оқыған, еситкен нәрсесин аңсат ғана айтып бериўи мүмкин. Бирақ жазып түсиндирип бериў салыстырмалы қыйын болады. Жазған гезде адам ойланып, анализ қылып жазады. Бул жазыў көнликпесин раўажландырыўға жәрдем береди. Сол ушын бул шәртти қостым.

1 year ago

Постты максимал тәризде көбирек адамға тарқатың, мүмкин сиз себепли бир адам китап оқыса.

Китаплардың бәри өзбек тилинде, тек өзимде бар китапларды утысқа қойдым. Келесиде көбирек китап қойыўға ҳәрекет етемен.

Voice chat қыламыз ба? Сораўлар яки усыныслар бар ма?

1 year ago

Илим - нур, нурыңызды китап пенен зияда қылың!

Сизди китап оқыў бойынша кишигирим конкурсымызға мирәт етемиз.

Қатнасыў шәртлери:
1. @atabek_kdirbaev каналына ағза болыў.
2. Усы постты кеминде 3 адамға яки группаға жибериў. Скрин етилип маған жибересиз. @ak_atabek
Өзиңиздиң аты-фамилияңызды жазып жибересиз.
3. “Имамның маникен қызы” китабын оқып, сол китап бойынша шолыў жазыў ҳәм тест шешиў.

- Тест гугл форм арқалы исленеди. Китапқа шолыў болса қәлеген усылда, телеграм арқалы яки қағазда жазып жиберсеңиз де болады. Онда не ушын бул китапты оқыў керек екени, унамлы ҳәм унамсыз тәреплери, китаптан не үйренсек болатуғыны жарытылған болыўы керек.

- Бөлек жабық канал ашылады, оған тек регистрациядан өткен соң линк бериледи. Жазылыўдың ақырғы сәнеси 23.04.2023 00:00 ге шекем.

- Оқып болған соң шолыў жазып жибереберсеңиз болады, бирақ тестти ҳәмме бир күнде ислейсиз. Тест 29.04.2023 сәнесинде болады. Нәтийже 30.04.2023 те каналда жәрияланады.

- Енди саўғаларға келсек:
1-орынға - “Сиз қандай яшамоқчисиз?”
2-орынға - “Улуғлар шундай яшаган”
3-орынға - “Солиҳлар гулшани” китаплары.

Ҳүрмет пенен Атабек Кдырбаев!

We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 3 weeks, 5 days ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 2 weeks, 3 days ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 1 month, 2 weeks ago