Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

✨ӨжеТ ҚоСықлаРы✨

Description
Advertising
We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 3 weeks, 5 days ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 2 weeks, 3 days ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 1 month, 2 weeks ago

1 year ago

ӘДАЛАТ

*Сен нешше мың рет түстиң қурдымға,
Халқым ушырағанда талай қырғынға,
Ғапыллықта тутқын болып қурдымға,
Хақтан көзиң жаслы болған әдалат...

Халқы ушын не жигитлер әрманда,
«Халық душпаны» деген атқа қалғанда.
Бийгүна Көптилеў жаза алғанда,
Сен қайларда мүлгип қалдың әдалат?!

Бул дүнья дегени ялғаншы дүнья,
Әжелдиң семсери сыймайды қынға.
Бир инсапсыз өзин шайласа сынға,
Жүрегине оқ болдың ба әдалат?!

Бийрәхимлер ис түскенде басыңа,
Қарамады көзден аққан жасыңа.
Тасборан болғанда дөхмет тасынан,
Қәддиң дал, бағрың қан болды әдалат...

Намыссызлар сени көп сегбир етти,
Елим деген ерлер еңиреп кетти.
Ерназар, Аллаярлардай жүрекли,
Мәртлер сен деп шейит өлди әдалат...

Сен жәбир шеккенде сатқын оғынан,
Жәхиллер мардыяр кеўил тоғынан.
Күл астында қоламтаның шоғынан,
Жалын атсаң әрманым жоқ әдалат.

Қорқақлар батырды сатып жүреди,
Хүжданы күйеге батып жүреди,
Бир емес, төрт мәўсим атым түледи,
Бәрине гүўасаң өзиң әдалат.

«Хақыйқат бүгилер, лекин сынбайды»,
Мың бурмалап шерте бериң сырнайды.
Адам бир туўылар, қайта туўмайды,
Сол ушын қәдириң болсын әдалат.

Бүгин суверенлик берип халқыма,
Өзлигимди жайып салдың алдыма.
Қозғаў салып сезимиме қалғыған,
Қәлбимди ояттың өзиң әдалат.

Руўхым түскенде дөхмет, жалғаннан,
Тек өзиңди сорап едим Алламнан,
Бир ақмақ патшаға сарай салғаннан,
Сени қорғап қалған абзал әдалат.

Жақсыларға сениң орның әл-аспан,
Жаманларға жанды алар жәллатсаң.
Жүреклер жай табар сен қарар тапсаң,
Бахытым, мәртебем өзиң әдалат.

Сени қурал етсе елдиң уллары,
Келешегим жарқын болар шуғлалы.
Сен халқымның еркинлиги, ығбалы,
Сүйенер таўымыз өзиң әдалат.*

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
5-май, 1993-жыл

https://t.me/a_blognot
https://t.me/bakhadur92ojet

Telegram

Әдебий БлоGнот

Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.

**ӘДАЛАТ**
1 year ago

......*..

Бир кәрўан киятыр... Кәрўан киятыр!
Кәрўанның үстинде әрман киятыр.
Ҳәр нарға артылған жети дорбада -
-жалғанлар киятыр... Жалған киятыр!

Тәғдийрдиң кеўилге салған инәмы,
Тәғдийрдиң маңлайға жазған сынағы.
Усындай пуш үмит, жалғанлар менен,
Еселеп алмақшы қайсы гүнаны?!

Бир дәўран киятыр қумларды кешип,
Табанға тирелген шеңгелди женшип.
Ол дәўран бизлерге қашан жетеди-
-қашан жетип келип етеди несип?!...

Күтип өтип кетти қаншама тулға,
"Күтиў" мийрас болды қаншама улға...
Қул заты патшаға айланыў гүман,
Айланыў бир сәтте патшадан - қулға...

Бир пәрман киятыр, буйырып Ҳақтан,
Ей, бенде сақлан ҳәм барынша ақлан...
Дәўранға жеткерер сабыр сорайгөр,
Бийнесип қалдырмас Жаратқан Жаббар!

Өжет Байназаров

@bakhadur92ojet

1 year ago

"ҚАЙЫНЛАР"

(Аллаяр Досназаровтың естелигине)

Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа.
Ойлаған жоқ ҳасла  шығарлық жанын
Разы емес жала менен қуллыққа...

Көзин тигер қара бултлы аспанға,
Қыялынан не кешкени белгили.
(Бәрин жазса татырлықтай дәстанға)
Миллетиниң өмири еди ендиги...

Бир неше секундтың ишинде бәри,
Көз алдына келди жас пенен бирге.
Дөҳметлер шашыратқан тилдиң зәҳәри
Арқасына тийген тас пенен бирге...

Қыянетти көрди ҳәтте ярынан,
Кеўили музлады, жүрек сызлады.
Айрылып қалса да мәгәр барынан,
Бүкпеди қәддини, беглик бузбады...

Шыдады, шыдаўға мәжбүрдей болып,
Өзин тыйды өзине зыян етиўден.
Ақыры бул қылық кете алмас озып,
"Дос"лары көрсеткен қыянетинен...

Ол ушын тең еди Қарақалпақлар,
Ғаррысы, баласы, орта буўыны.
Сезилер көзинен, муңлы жалтақлар,
Жоқ болып кетиўден қарқатуғыны...

"Меннен не қалды?!" дер, қарап жән-жаққа,
Кимге айтар еди өкпели зарды?!
(Атам-аў қайғырма, Қарақалпаққа,
"СТАН"ды қостырып кеткениң қалды...)

Жанкешти емес ол, ардың қурбаны,
Көкирек тутты, түтеп турған мылтыққа,
Басылды тепкиси, үзилди жаны,
(Ҳәм сынды есиктен және бир тутқа...)

Неге сес бермейсиз, бәрин көрсеңиз?
Сизлерге өтинип турған жайым бар.
Қәнекей ҳәммесин айтып берсеңиз,
Соңғы демлерине гүўа қайыңлар....

✍️Өжет Байназаров
01.05.2022
@bakhadur92ojet

1 year ago

"ҚУСЛАРДЫҢ САЙРАЎЫ МУҢЛЫ.."

(Ибрайым Юсуповтың естелигине)

Теңселген таллардың шақасындағы,
Сайраған қуслардың даўысы муңлы.
Күтеди... Сен келип поэзия менен -
- тағы да бир мәрте табысыўыңды...

Бул бағдың мийўеси сырқылған менен,
Ҳәз етип дәм татар маза таппадым...
Сендағы жек көрип жүрген шығарсаң,
Бизлердей "Поэзия азаматларын"...

Мақтасам бир гүнә...   Мақтамай қалсам -
- Еки гүнә желкеме түсип қалардай...
Сениң бийиклигиңниң  айтары бар ма?!
Қараған адамның мойны талардай...

(Тоқта Өжет!.. Тоқта! Жолыңнан тайма!
Шығып баратырсаң кем-кем сайызға.
Сен сонша ким едиң, сулыў сөз бенен,
Теңеў айтатуғын Ашық-Аязға...)

"Поэзия бағы"нда сайраған қустың,
Ушыўы димарсыз, даўысы муңлы..
Күтеди... Сен келип қосықлар менен -
- Тағы да бир мәрте табысыўыңды...

✍️ Өжет Байназаров
06.05.2022. Ташкент

@bakhadur92ojet

1 year ago

ЕЛЕ БИЗДИ ПҮТКИЛ ДҮНЬЯ БИЛЕДИ

(Шайыр Ибрайым Юсуповқа)

Сен көрген жерлердиң көрдим көбисин,
Мен бир сөз айтайын көңлиң жибисин,
Көрдим Чирчик, Урал, Кавказ таўларын,
Көп көрдим тәғдирдин дөртли дегишин.

Кавказда «көп ердим сениң изиңе»,
Әмиў суўын алқас еттим сөзиме,
Абхазия алыстағы ағайин,
Кавказды да «көп мақтама көзиме».

Мен ҳәм кешип өттим талай өткелди,
Көрдим Кавказдағы гөззал «Көк көлди»,
Өзиң жазған жаңа «заман ағымы»,
Мени шадлық шәменине әпкелди.

Нәлет айтып азатлықтың жаўына,
«Ғәзеп пенен миндим Машуқ таўына,
«Гөззал Юпшара»ны жубатайын деп,
Кирдим Арицаның ақ отаўына.

«Кеўил айтып» князь қызы — Нинаға,
Көздиң жасын төгип алдым Кураға,
Мцатманда қәсийетли төбешик,
Пушкин ҳәм бул жерге келген ғайбана.

Табаным көп тийди қыйыр-қыяға,
Бардым өзиқ көрген Ливадияға,
Рица көлинде жүздим балықтай,
Мәңги қалсам ба деп Абхазияда.

Деген менен, мени Шымбай арбады,
Қайтыўдан өзгеше илаж қалмады,
Бул дүньянық «бир бейиши» болған жер,
Шахаманнық шаңлағындай болмады.

Туркмен қызларына «айдым тоқыдым»,
Қазақ қызларына өлеқ оқыдым,
Әзбер, ноғай аўылларын гезгенде,
Сениң қосықларың болды нақылым.

Сонда кейпим Мушмуладай гүл атып,
Магнолия мақпал ийис таратып,
«Ушан суўдан» илҳам алып, йош алып,
Қосық жаза бердим қардай боратып.

«Алтын жағыс» жуўса түслик жийегин,
«Ай-петр» алыстан созды ийегин,
«Қарлығаш уясы» турды теңселип,
Қулап кетпегей деп ийин тиредим.

Буның бөри Сизге деген сыйласық,
Пурсат қайда жазатуғын жайласып,
Қосық жазыў «қыл көпирден өткендей»,
Өзиқ-ақ көр қабырғаңа ойласып.

...Исенемен, сондай күнлер келеди,
Еле бизди пүткил дүнья биледи,
Себеп Бердақ, Әжинияздың ўатаны,
Қосық мәңги қонып қалған жер еди.

Сен Бердақсан пүтин үйде туўылған,
Әжиниязсаң сөз сейдинин суўырған,
Сен — Аббазсан поэзия патшасы,
Ал, мен —теңнен үш ықлымның улыман.

©Әскербай Әжиниязов
@bakhadur92ojet

1 year ago
✨ӨжеТ ҚоСықлаРы✨
1 year ago

#Жас_талант_ийеси

2023 - жылы ҳамал айының 8- сәнесинде биймезгил қайтыс болып қалған балаларымыз Дәстанбек ҳәм Әзизбеклердиң жарқын естелигине арнап, Дәстанбектиң өзиниң атқарған қосығын инәм етемиз.

Жас талант ийеси Дәстанбек 2015 жылы Қанлыкөл районы Жаңа қала аўылында дүньяға келген. Қосық айтыўға қызығыўшылығы жүдә жоқары болып, әдебий кешелерде байрамларда қосықлар атқарып келген. Биз канал жәмәәти баламыздың руўҳының шад болыўын тилеп, ата-анасына сабыр-тақат сорап қаламыз.
💻
https://t.me/ibratli_sozler

1 year ago

ТАРЫЙХ

Әсирлер жасырып ҳақыйқатлықты,
Адамлар ақылдан адасып қалмақ.
Биреў кеш биледи, биреў ўақытлы,
Кимге жеңил, кимге түседи салмақ...

Шынлыққа излеў сап шеккен сапары,
Шыншылды жетеклеп әкеткен жоллар -
-билмейди қояды қайда апарып.
Билмейди не берер арзыўлар, ойлар.

Кимлер күшли болса жазады тарыйх,
Әззилер қурбаны жалғанларының.
Ҳәттеки тарыйхын жазады ҳәр үй -
- бахыт-қайғысының, әрманларының...

Айрылған не ушын олар бирликтен,
Ким сатқан?... Ким атқан?... Бизге қупыя.
Елим деп еңиреп еңсе силкиткен,
Батырлардың ҳәр изи көзге тотыя.

Бүгинги қысыўмет, бүгинги сумлық,
Келешекке қәйтип жеткерер дәртин?!
Қағаз - қәлеми жоқ бүгинги шынлық,
Қан менен жүрекке жазылар бәлким...

Өжет Байназаров

@bakhadur92ojet

1 year ago

АСЫҚПА ҲӘМ КҮТ

(Шайыр Абат Крамовқа)

Ўаҳ, "Шор дүмпек", шор дүмпегим, шор дүмпек!
Оған қарап "ўаҳ" тартардай болдым тек...
Мен ҳәзирше аяқ пенен жүриппен,
Төбесине қонарман-аў бир күн кеп.

Бар даўыста сайрайман ғой сол күни,
Өз даўсыма қалғанымша ғылқынып.
Жерде пысып жатырғанын билсем де,
Сайрай бердим, ҳәм ояттым түлкини...

Тапты олар мен паналар уяны,
Мени жейжақ, таслап азық қоянын.
Панжесине басса егер ҳамаллап,
Қыранға да тийгизежақ зыянын.

Мен өзимше көргендеймен узақты,
Көз көреки билип жүрмен бир затты.
Сайраўымды еситкеннен түлкилер,
Ҳәмме қусқа қурып қойды дузақты...

Садаға-дур жаным туўған уяма,
"Шор дүмпек"ти жаслы көзим қыя ма?!
Кишкене қус таслап кетип "ўатан"ын,
Айт, Қыраным, басқа жерге сыя ма???

Ал, ҳәзирше ҳешким ҳақтан күймесин,
Еркин күннен қалмаймыз ғой бийнесип.
Қара да тур, асықпай күт, көресең!
Өзлерине ислетемен ҳийлесин...

Соған дейин меннен сирә из қалмас,
Асыққанның ақыры жөн ис болмас.
Билетура сайрай берсем еле де,
"Шор дүмпек"ке қонатуғын қус қалмас...

Еле талай путазарды жайлайман,
Еле талай түлкиге тис қайрайман.
Төбесине қонып алып дүмпектиң,
Мен сайрайман, ей, Қыраным...
Сайрайман!...

©Өжет Байназаров

Канал: @bakhadur92ojet

We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 3 weeks, 5 days ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 2 weeks, 3 days ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 1 month, 2 weeks ago