МЕРЎЕРТ

Description
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago

2 weeks, 2 days ago
**Х А Б А Р Л …

Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў❗️****

Усы жылдың 19-апрель күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде, уллы шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланған «Сазын самал ядлап, сөзин ел билген шайыр» атамасындағы ǝдебий кеше  болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.

Бәрше Ўатанласларымызды ǝдебий кешеге  мирәт етип қаламыз!

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1 жай. (Бағдар Қарақалпақ мәмлекетлик университети)

@adebiyatmuzeyi

*💎@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал

2 weeks, 5 days ago

Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен төмендегилер сыйлықланды

“Қарақалпақстан Республикасы халық артисти” ҳүрметли атағы менен:
Марҳум  -  Каипов Дауытбай Утеулиевич

Мийнет нураныйы - Мамбетмуратов
Далибай Жумағалиевич

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген кѳркем ѳнер ғайраткери” ҳүрметли атағы менен:

Өзбекстан Көркем-өнер академиясы көркем дөретиўшилер аўқамы ағзасы  -  Қутлымуратов Сабур

“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген
мәденият хызметкери”
ҳүрметли атағы менен:

Нөкис районы Мәденият бөлими жанындағы «Ақманғыт таңы» фольклор-этнографиялық ансамбли музыка басшысы  -  Толегенов Шамурат Базарбаевич

«Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен:
Мойнақ районы Мәденият бөлими рубаб бойынша дөгерек басшысы  -  Нуржанов Сарсен Шарибаевич

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының оркестр артисти  -  Алиев Қаллибек Жумағалиевич

Нөкис қаласы 1-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң концертмейстери  -  Нажимов Унгарбай Жарылкаганович

Нөкис қаласы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң оқытыўшысы  -  Қутлымуратов Кенесбай Турсунович

«Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен:

Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Қосық ҳәм ойын» ансамбли сазендеси  -  Тилеумуратов Рахат Сейтмуратович

Нөкис қаласы Мәденият бөлимине қараслы Имканияты шекленген шахслар мәденият орайы дөгерек басшысы  -  Примбетова Зухра Юсуповна

Нөкис қанигелестирилген мәденият мектеби оқытыўшысы  -  Ерниязов Базарбай Қалбаевич

Әмиўдарья районы Мәденият бөлимине қараслы «Офарин» фольклор-этнографиялық халық жәмәәти балетмейстери  -  Хабибуллаев Хайрулла  Ибадуллаевич

«Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли ойыншысы  -  Кинбаева Айшолпан Мақсетовна

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актёры  -  Толегенов Пазылбек Жумабаевич

Өзбек миллий «Мақом» көркем-өнер орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими қосықшысы  -  Абдикаримова Рисолат Салаевна

«Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен:

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры балет артисти  -  Абатова Манзура Бахытбаевна

Нөкис қаласы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқытыўшысы  -  Сейтимбетов Қуўаныш Хожабаевич

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти  -  Байниязов Алишер Азиз улы

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти, "Муза" театрының актрисасы  -  Бозорбоева Азиза Бахтиёр қызы

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
*💎@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал

3 weeks, 4 days ago

9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенин аңлатады.«Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық:

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик герби элементлериниң мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды;

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң тәрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарылып ямаса реализацияланып атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткериў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мүмкин емес;

- Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербине уқсас болыўы мүмкин емес.

@karinformuz

*💎@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал

2 months, 1 week ago

*⚡️*⚡️ПРЕМЬЕРА ⚡️⚡️
МАМАН БИЙ!!!**

Сахибжамал Сырғабаева сөзи,
Бахтыяр Жуматаев намасы,
Султан Зыяев хәм Арыслан Исмайылов аранжировкасы.

Жаңабаев Маманбий Нурмухаммедович деген кишкене баламызға арнап исленген буйыртпа қосық

Маманбийди атасы Жаңабай аға халқымыздың тарийхый тулғасы Маманбий бабамыздай батыр, елге пидайы азамат болсын деген үмит пенен атын қойыпты (бизде қосықты бала Маманбийге арнап, бабамыз Маманбий қандай инсан болғанын билдириўге хәрекет еттик). Маманбий баламыз бахытлы-дәўлетли, бабамыздай ел перзенти болғай🤲

@baxtiyarjumataev

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
👉 💎****@Merwert_uz

2 months, 1 week ago
22-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нөкис …

22-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нөкис филиалы симфоникалық оркестриниң концерт бағдарламасы болып өтеди

Манзил: Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби, бағдар - Бердақ атындағы академиялық музыкалы театры жанында

Басланыў ўақты саат 15.00деКонцертке кириў бийпул

@kar_anons

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
👉 💎****@Merwert_uz

2 months, 2 weeks ago
**Хабарландырыў!**

Хабарландырыў!

*🔊*🔊🔊 ҚОҢЫРАТТАН СӨЙЛЕЙМИЗ *Қоңырат районлық Мәденият бөлими жанындағы Әбдираман Өтепов атындағы халық театры жәмәәти усы жылдың 21-февраль күни саат 16:00 де халқымызға "Ынжықтың муҳаббаты" спектаклин усынады.

Барлық театр ықласбентлерин премьераға мирәт етемиз.

Мәнзил: Қоңырат районы Мәденият орайы.
*Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
👉 💎****@Merwert_uz

4 months, 3 weeks ago

ҲАЛИЛА ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

МЕНИҢ, БАЙРАҒЫМ!...(Сүренлер ҳаққында Сүрен)

(Қарақалпақстанымыздың бирден-бир Мәмлекетлик Нышанлары – Конституциямыз, Гимнимиз, Гербимиз ҳәм Байрағымыздың қабыл алыныўындай уллы ислерде ат салысқан ел перзентлерине арнайман.) АвторӘдалаттың алтын пуўы берилген,
Озық ойлы, ҳәр сөз шебер ерилген,
Ақыл ҳәм даналық елгезеринен,
Еленген дүр киби мениң Нызамым!

Ҳәр тал қаўырсында – илаҳий нуры,
Қумай қус – бахыт ҳәм еркинлик жыры,
«Қарақалпақстан» – алтын туғыры,
Жақсылық нышаны мениң Гербим!

Халқым кɵзлериниң сүртеди жасын,
Ел-журт таўап етип ийеди басын,
Бинят – әрман, жегир, сезимнен ҳасыл,
Қәстерли-кийели мениң Байрағым!

Ҳәр бир ырғағында мың-мың ушқын бар,
Сөзлерине липас сезимтал нурлар,
Әўладлар тилинен төгилген жырлар,
Ўатанды улығлар мениң Гимним!

Қуяш-тиришилик, көгис нур-әлем,
Зер шуғла-дүньяға, өмирге сәлем,
Таў-әрман, қорғаны-әзелден бар Ел,
Та, Адам-Атадан мениң Тарийхым!

Шежире, Даналық, Өтмиш, батырлық,
Бунда мәртлер өткен мыңға татырлық,
Кўн туўмағай қылыш-қалған, шатырлық,
Еркин қуслар ели Мениң Аспаным!

Дәрья-мийрим, теңиз-ашқылтым өмир,
Қос төбе артында мәнзиллер не бир…
Байрақлы гүл шеңбер айлана-өңир,
Талаплыға берер мениң Заманым!

Салы масақлар ҳәм пахта ханалар,
Байлық булағының көзи саналар,
Суверенлигимди дүнья тән алар,
Жолы айдын мениң Мәмлекетим!

Халқым жан-тәнине гүмис мөр киби,
Ушыға қыйқымлы, алтын-зер киби,
Ҳәм нәзик, ҳәм айбындырар шер киби,
Сүренлер ишинде мениң Сүреним!

Ҳасыл – сегиз қырлы, бир сырлы болар,
Жарты пүтинленер, тɵгилген толар,
Тәнҳалық журтына жарасар олар,
Ўатаным, Анам, Жерим, тәнҳә Қуяшым!

Үшинен туўған Ай, бир жарық Жулдыз,–
Дәўри-дәўран басы деп билермиз биз,–
Ҳақ қәлеп, бақ-дәўлет салған екен жүз,
Мәңги-бақыйлықдур мениң Жолларым!

Дәўирлер даўрығы, ɵтмиш сазасы,
Әрманлар баўлығы, өмир тазасы,
Татыўлықтың таңлайда татыр мазасы,
Дослық-бирадарлық мениң Тәрийпим!

Ашық ҳаўаз бенен шарлаған елди,
Кɵзлеринде шақмақ, кеўли жеделли,
Сүренлер ишинде даўысы белли,
Жаңғырып жаңлаған мениң Ураным!

Сыйынтқан пир киби кɵзиңе тийер,
Қайсарлықтың темир саўытын кийер,
Асқар таўдай айбат, сүдиндей сүйер,
Жол басшы сәркарда мениң Байрағым!

Ўатанымның исми-жɵнин танытар,
Жигерлер қайралар, жанды жанытар,
Көз тояты тояр, мийри қанысар,
Шадлықтай жарқырар мениң Нышаным!

Толмаган жарты Ай әрманға мегзер,
Бес-бес жулдыз ығбал-дәўранға мегзер,
Тойғын сары гүзге, қырманға мегзер,
Көк, жасыл-бәҳәр жаз мениң Тәбиятым!

Жүреклер шыныңда турар желбиреп,
Пүткил ел кɵз болып бағар мөлдиреп,
Уллы сапарларда таяныш-тирек,
Қалыңда қалдырмас мениң Байрағым!

Муқәддес топырақ берген реңлер,
Жерден, Көктен усындай бес түр енген,
Ҳәр бири данқ, уллылықтай сүренлер,
Мәдеткар, мәрдана мениң Байрағым!

Үлкен-киши бәрше теңдей жүгинип,
Арзы-ҳалын айтып, тыңлап, уғынып,
Журтынан кɵз алмай бағар тигилип,
Қылды қақ айырған әдил Нызамым!

Еркин өмиримиздиң нәўпир сағасы,
Ығбал дәрьямыздың нурлы жағасы,
Елдиң кәтқудасы, халықтың ағасы,
Мәсләҳәт-кеңесши мениң Нызамым!

Ҳеш кимге бас ийип, я ойлап сумлық,
Мәртебе дәмем жоқ бир қара пуллық,
Саған қол қаўсырып әйледим қуллық,
Мәрдана ҳүким сүр мениң Нызамым!

Та, Адам-Атадан халқымның жасы,
Ҳаўа-Ене туўған арғы анасы,
Ҳақыйқаттың гәўҳар тәрезиси-тасы,
Қалтқысыз сɵйлейди мениң Нызамым!

Оңланып өмирдиң қәте-кемиси,
Наҳақлық үстинен мудам жеңиси,
Бул бағдың ада болмас жемиси,
Сарқылмас нур киби мениң Нызамым!

Тили жәўҳар киби, өткир жанары,
Жүректе ақыл-ой, белде мәдары,
Ўатынмның буўған алтын Кәмары,
Мениң дин-ийманым, Мениң Нызамым!

Алыс дәўирлерге салғаныңда из,
Не дүркин әўладлар кɵриседи жүз,
Шалғайыңнан сүйип шɵгедурман диз,
Қарақалпақстан – Мениң Байрағым!

@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
👉 💎****@Merwert_uz

4 months, 3 weeks ago

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 31 жыл толды
1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигиниң нышаны есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы аспан көк, тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып, ортасындағы сары реңли бөлек ақ ҳәм қызыл сызықлар арқалы ажыралып турады.

Байрақтың аспан көк реңи бәҳәр жасыллығы ҳәм өмир дәреги – суўдың мәңги тымсалы болып есапланады.

Сары рең болса Қарақалпақстан аймағының үлкен бөлегиниң саҳрадан ибарат екенлигин аңлатады.

Жасыл рең болса тәбияттың жаңаланыўы, руўхый жасарыў, исеним ҳәм қуўаныштың нышаны.

Байрақтағы жаңа туўылған ай мусылманлардың муққаддес тымсалы болса, бес жулдыздың сүўрети Қарақалпақстанның әййемги ҳәм наўқыран бес қаласының – қарақалпақстанлылардың турмыс ҳәм исеним қорғанларының тымсалы болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының рәсмий ўәкиллериниң сырт елге сапарларында, халықаралық әнжуманларда, көргизбелерде ҳәм спорт ойынлары жарысларында Қарақалпақстан Республикасын дүняға танытады. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы халықаралық майданда басқа мәмлекетлердиң байрақлары менен тең желбиреп турады.

Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ҳәм бул жерде жасайтуғын басқа адамлар Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағын ҳүрметлеўи шәрт.

@nmpi1934

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
👉 💎****@Merwert_uz

4 months, 3 weeks ago

🎼🎼Шыңғыз Айтматов шығармасы тийкарында сахналастырылған "Жәмийла" спектаклиниң табыслы шығыўында үлкен роль ойнаған музыка.

🎶🎶Спектакль сахналастырыўшыларының усынысы менен бул қырғызша қосық Баҳадыр Разымбетов тәрепинен қарақалпақша атқарылды ҳәм сахнада да усы кейинги варианты пайдаланылып киятыр.

*🎤🎧 Салыстырып, баҳа бериң.*

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
👉 💎****@Merwert_uz

6 months, 2 weeks ago
*****🔥***Дыққат! Сиз пәрўаз етиўге тайынсыз ба?**

*🔥Дыққат! Сиз пәрўаз етиўге тайынсыз ба?
🕊*Онда 24-октябрь күни саат 10:00де Нөкис қаласы Жаслар орайында биз бенен әдебият аспанына пәрўаз етиң.

🎶Пәрўаз даўамында сизге лирикалық поэзия, жағымлы музыка жолдаслық етеди.

🗯Және күтилмеген мәўритлер де болыўы мүмкин.

*💫Пәрўазда көрискенше!*

@QRjas_doretiwshiler

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago