Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Description
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 5 days ago

1 week, 2 days ago

#Нәсият
📚
    НӘПСИНИҢ ҚӘСИЙЕТЛЕРИ

Адамның ҳадал улы боламан десең алды менен өз нәпсиңди тый.

Нәпсиниң күш алатуғын көзи:
- Көп аўқат жеў------- 5%
- Көп уйқылаў -------- 10%
- Наҳақ ислер ---------- 15%
- Бос сөз сөйлеў-------- 20%
- Өзин өзи жақсы көриуў-- 50%

Нәпсиниң белгилери:
- Минин айтсаң ашыўланып кетиў.
- Қарай бериў адамның нәпсисиниң қурты .
- Қонаққа барсаң нәпсиңди тый.
- Нәпсини тыйған султан болар.
Шийки терини ийлесең ултан болар.
- Нәпси деген бәледур,
Жанған отқа саладур.

- Нәпсиңе ерк берсең, өзиңди жутпай қоймайды.

https://t.me/ibratli_sozler

1 week, 2 days ago

# Дүньядағы ең бай адам ким?

Жыйнағаны бар адам емес -
Ийманы бар адам бай.

Ақшасы бар адам емес -ата-анасы бар адам бай.

Сарайы бар адам емес-
Шаңарағы бар адам бай.

Алтыны бар адам емес- ақылы бар адам бай.

Сулыўлығы бар адам емес -ден саўлығы бар адам бай.

Миллионы бар адам емес -мың досты бар адам бай.

https://t.me/ibratli_sozler

1 week, 2 days ago
2 weeks, 2 days ago

ИНСАН БУЛ ДҮНЬЯҒА БЕС КҮНЛИК МИЙМАН

Ҳәр үйде жасаўшы бир үйлик инсан,
Бир-биреўге қонақ, мисли бир мийман,
Тиришиликте бир-бириңди сыйлаң,
Инсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Ата-ана шаңарақ қорғаны, тахты,
Ул-қызы қуўаныш, шадлығы, бахты,
Жақсы тәрбия өмирлик нур берер жақты,
Инсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Байлық деген мисли қолдағы бир муз,
Бахыт деген мысал тойлап келген қыз,
Жақсы перзент артыңдағы қалған из,
ӨИнсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Гейбиреўлер қолы тийсе ҳәмелге,
Кеўли көкте, қолы жетпес сәлемге,
Қайсы адам мың жасаған әлемде?,
Инсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Гейбиреўдиң көзин байлық гөр қылған,
Мал-дүнья деп дос-яраннан айрылған,
Ўақты келип бир күн болар пушайман,
Инсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Гейбиреўлер жасүлкенди сыйламас,
Айтқан ақыл-нәсиятын тыңламас,
Қайтар дүнья екенлигин ойламас,
Инсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Бағ жарат, гүл жайнат, имарат қурғыз,
Халыққа қандай бир пайдаңды тийгиз,
Жақсылықты халқың умытпас ҳәргиз,
Инсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Меҳир нуры жансын мудам көзиңде,
Әлпайымлық болсын ҳәрбир сөзиңде,
Жақсы болсаң исмиң жасар мәңгиге,
Инсан бул дүньяға бес күнлик мийман.

Алия Бекмағанбетова

https://t.me/ibratli_sozler

2 weeks, 2 days ago

Шийрин   сөз   айтың!!!

Бул  ўақыя  балықты  қатыратуғын  компаниялардың биринде  болған.
Бир күни  компания  жумысшыларының  бири  күнниң  соңғы жумысын  аяқлаў ушын
балық музлатқышқа  киреди. Ол музлатқышта  жумыс ислеп атырғанында оның есиги бирден  қулыпланады.
Қанша тырысса да есикти аша алмайды. Ол бар даўысы менен бақырып, басқа жумысшыларды көмекке шақырады. Бирақ жумыс ўақты  жуўмақланып, компанияда ҳешким  қалмады. Бес  сааттай
ўақыт өткеннен кейин, ер адам  суўықтан өлейин деп атырғанда, бирден компанияның қараўылы музлатқыштың  есигин ашып, оны аман алып қалады.
Баслығы қараўылдан: "Жумысшының басқа жумысшылар менен бирге жумыс орнынан шықпағанын, жумыста қалғанын қайдан билдиң?"- деп сорағанда , ол: "Мен бул кәрханада отыз жылдан берли ислеймен. Кәрханаға хәр күни жүзлеген жумысшылар кирип шығады. Лекин бул жумысшыдан басқа бирде  биреўи ҳәр күни мениң   менен сәлемлесип, ҳал-аҳўалымды сорамас еди.
Сол куни кешки ўақыт оннан усы сөзлерди ( яғный, сәлемлесип меннен ҳал-аҳўал сораўын) еситпедим ҳәм жумысшылар шығыў ўақтында , олардың арасынан оны излеп таба алмадым. Усыдан билдим, ол ҳәзирде кәрханада екенлигин. Соң кәрханаға кирип, оны изледим хәм таптым", деп жуýап берди.

Алла Таала Бақара сүресиниң сексен  үшинши аятында: " Адамларға шийрин  сөзли болың!", деп айтқан. Шийрин сөз кеўил мүлкиниң   гилтидур.

Бир-биримизден шырайлы, кеўилге қонымлы сөзлеримизди аямайық.

https://t.me/ibratli_sozler

2 weeks, 2 days ago
3 weeks, 1 day ago
3 weeks, 1 day ago
3 weeks, 1 day ago
4 weeks, 1 day ago

#Билип қойған жақсы

Саналы адам усыны оқып отырып, өзине сабақ алары сөзсиз.
Сизде оқыйсыз, әлбетте өкинбейсиз.

Жақыныңа өкпели болсаңда, аз ғана өмириңди сыйласық пенен өткериң. Өкпелеў, ренжиў, наз дегенди кеўлиңнен өширмесең, ол ҳеш ўақытта питпейди.

Бүгинги адам- ертең топырақ.
Бир үйде қанша инсан бар болсаң, бәриңиз бир бириңизге қонақсыз.
Сыйласаң -тирилигинде сыйлаңыз, өлгеннен соң жыласпа.
Тиришилик етип ўақыт тоқтамай өтеди. Ҳеш нәрсе бүгингидей қайталанбайды.

Ўақыттыңда, инсанның да қәдирине жете билиң.
Тири гезиңде мүмкиншилигиң көп.
Ийискеле, сүй, қушақла ,аймала, баўырыңа бас!
Ҳәр секундларыңды қыймайтуғын инсанларыңа бағышла.
Ҳешким мәңгилик емес.
Сонлықтан мүмкиншилик барда қыймас инсанларыңның баўырында еркеле.
Сезимиңди билдир.Ол адамның саған қымбат екенин сезин.

Қасыңда жүрген адамларды баҳалай бил. Ол туўысқаның, жаныңдағы ярың, достың, сырласың, қурдасың болыўы мүмкин.
Мейли қайсысы болсада, ол адам бүгин бар, ертең де бар болыўы мүмкин, ал арғы күни бар болама яки жоқ белгисиз.

Өмирде ҳеш нәрсе мәңгилик емес. Ақша да. Ол ҳәзир сизде бар болыўы мүмкин, кейин жоқ болмаслығына ким кепиллик бере алады?
Қәдирданым, буны оқып отырған менде, сизде мәңгилик емеспиз.
Туўысқаныңды ,баўырыңды сағындыңба? Онда әлпайым ғана хабарлас, изле.
Сағынып кеттим де.
"Әке, ана сизлерди қатты жақсы көремен",- деп айтыўдан шаршама.
Кейин кеш болмаўы ушын ўақтында айтыўды үйрен.

Ҳеш нәрсе мазмунлы болмайды:атақ, ақша ,әмел, байлық, сулыўлық, менменлик, көкиреклик, машина, қымбат телефон, қымбат кийимиң.

Ҳешкимди өкпелетпей, ҳешкимди жаманламай, ҳешкимге өкпелемей, кек сақламай жүргенге, сағынып көрискенге, ойнап күлип ҳәзиллескенге не жетсин.
Өмиримизде ақшамыз көп болғанша, жығылғанда сүйеў болатуғын, аўырғанда жуўыратуғын, жылағанда жубататуғын, қапа болғанда күлдиретуғын, қыйналғанда көмеклесетуғын жанашырымыз, жанымызда жақсы инсанларымыз көп болсын.

Барында қәдирине жетейик

https://t.me/ibratli_sozler

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 5 days ago