Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Description
Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!!

28.01.2023 жыл
саат 19:00 де
канал ашылды

Инстаграм канал
instagram.com/tariyxqa_nazer
Ютуб канал
https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413
Телеграм
@tariyqa_nazer
Advertising
We recommend to visit

𝙲𝚘𝚗𝚝𝚊𝚌𝚝 𝚠𝚒𝚝𝚑 𝚊𝚍𝚖𝚒𝚗 ➵ https://telegram.me/BChatBot?start=sc-1152322-UA9ntzE

➖➖➖➖➖➖➖➖➖
Привет @durov
Этот канал не нарушает закон.
И в нем нет порнографических и грубых постов. пожалуйста, обратите
➖➖➖➖➖➖➖➖➖

Last updated 2 weeks, 6 days ago

🔶 ХIокху чуьра шайна луург схьаэца, аша уьш яржа мел йо а хаза хета вайна.

Дикадерг даржаде, ял хир ю хьуна инша́ АллахI

islamanserlo.org

Last updated 2 weeks ago

Гачелайфер

Last updated 5 months, 1 week ago

1 month, 1 week ago

#Тарийхый_тулғалар

КӨКПАР — «ЫЛАҚ ОЙЫНЫ» —
ҚАЙДАН КЕЛИП ШЫҚҚАН?!

*Қарақалпақ халқы әййемги даўирлерден баслап-ақ атты тек көлик ретинде пайдаланып қоймастан, жүрмел — шапқыр жылқылар жәрдеминде ҳәр түрли ат спорт жарысларын өткериўде үрдиске айландырған. Халқымыздың жылқы - атларды серелеп, көбейтип, тәрбиялап өсириўге болған қызығыўшылығы бүгинги күнге шекем сөнген жоқ. Ғәрезсизлик нәтийжесинде миллий қәдириятларымызға, өзлигимизге қайтыўымыз — миллий ат спортын қайта жанландырыўға, беккем тийкар салып, кең имканиятлар есигин ашып берди.
Көкпар (ылақ ойыны) - тек бизиң халқымыз арасында емес, қоңсылас өзбек, қазақ ҳәм басқа түркий тиллес ханласлар арасында да кең тарқалған ат спорты болып табылады. Тийкарында бул ойын — турмысының зәрүрликлердей нәтийжесинде жүзеге келген.
Ерте заманларда шарўалардың дүзде жүрген малларына, қой-жанлықларына жыртқыш қасқырлар шаўып күн бермеген. Оларға қарсы шабандозлар атқа минип қарсы шығып, даладан тайғанша ат пенен қуўып, шоқмар менен урып, өлимши қылған, өлтирген.
Раўиятларда айтыўынша бир сапары усындай жол менен аўлаған қасқырды бир топар шабандоз жигитлер бир-бири менен ат үстинде тартысып ойнап, соннан көкпар ойыны пайда болған екен деген гәплерде бар. Соңынан қасқырдың орынға, ешки, ылақ яки өгиздиң ишек қарынын алып таслап, тулыпты көкпарға пайдаланып, ол шабандоздың алдына тасланатуғын болған.
«Ылақ ойыны»нда «бүриў» деген атамада бар. «Бүриў»де - ылақтың қарыны, бетеке ҳәм баўыры алып тасланады. Жиликти буўыннан кеседи. Еки жамбас пенен еки қол қалады. Ишине арқан
салады. Төрт жип өткереди. Ол қарынға, териниң арасындағы дөңгелек арқанға байланады. Жип ис пенен өткериледи. Мойын ҳәм бир омыртқа қалдырылып соған байланады. «Бүр» (бүрил қояды) өткен әсирдиң отызыншы жыллары пайда болып, өткен әсирдиң алпысыншы жылларына келип «Теке» - «Ылақ» пайда болған .
Шабандоз ылақты шаққанлық пенен бүрип алып, тақымына басып, ҳеш кимге бермей белгиленген орынға - қурға әкелип таслаўы шәрт. Әлбетте буған аңсатлық пенен ерисиў қыйын.
Себеби басқа шабандозларда қурыалақан қалғысы келмейди. Бәри-бир айланып келгенде, шабандоз дан шаққанлық, күш-ғайрат талап етиледи. Қурға таслаған «олжа» ушын шабандозды баҳалы сыйлық, ел-журттың алғысы, ақ пәтиясы күтеди.
Ойынның тәртиби бойынша шабандозлар Қытай-Қоңырат дегендей еки тәрепке бөлинип ылақ шапқан. Шабандозлар ел-журт арасында үлкен абырайға ийе болып, көпшиликке белгили
адамлар болған. Сонлықтан да шабандозды шабандоз дүньяның қайсы мушында болса да таныйды. Олар ойында бир-бирине дослық қатнаста болмағаны менен былайынша бир-бирине мүнәсибети жудә жақын болып, иззет ҳүрмети жоқары болады. Олар арасында бир-бирин мийманға шақырып, қонақ асы берип сыйлаў әййем заманнан берли үрдиске айланған. Асаматдин мақсым— шабандоз,
Жуманазар дәў, Узақберген дәў, шақаманлы «Сапарбай гегирдек», «Жолдасбай егиз» - деген шабандозлар өмир бойы бир-бири менен усындай мүнәсибетте болған.
Сондай-ақ, шабандозлар арасында қолың менен тартсақ ҳадал есапланып, аттан, адамнан услаў, асылыў қадаған етилген. Бирақ, Қарақалпақстаннан басқа жерлерде басқаша. Гей бир жерлерде шабандозлар ылақты артқы сыйрағынан услап, ердиң басынан өткерип, бир қолы менен услап тақым таслап отырады. Ал, бизде ылақ тек ғана тақымға тасланады. Ҳақыйқый шабандозлар атқа қызыққаны соншелли, аттың ер-турманын да жүдә сәнли етип безеген. Олар ақ баслы ер, ала қайыс, жүўен, тебинги, шынықап, қамшы, аткөзлик, қосбаў, қынап — усаған ат мингенде зарур нәрселерди көз қарашығындай қәстерлеген.
Ат шабысы ҳәм көкпар ойынлары халкымыздың ең ерте дәўирлерден киятырған миллий ойынлары болғанлықтан, халқымыздың бай аўыз-еки дөретпелеринде, сондай-ақ, терме-толғаў дәстанларында да көркемлик пенен шебер сәўлелениўин тапқан. «Алпамыс» дәстанында:

Ат белине минеди,
Аттың басын бурады,
Өзи ойын қурмаға,
ортаға кирип барады.*

1 month, 1 week ago

Ассалаўма Әлейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары. Каналымызда нәўбеттеги тарийх бойынша даўыслы сәўбет ертең 31-март күни саат 23:10 басланады! Бизге келген усыныслар бойынша сәўбет темасы: "Ерте дәўир тарийхы, саклар ҳәм оған шекемги ўақыялар" Сизлерди даўыслы…

1 month, 1 week ago

Ассалаўма Әлейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары.
Каналымызда нәўбеттеги тарийх бойынша даўыслы сәўбет ертең 31-март күни саат 23:10 басланады!

Бизге келген усыныслар бойынша сәўбет темасы: "Ерте дәўир тарийхы, саклар ҳәм оған шекемги ўақыялар"

Сизлерди даўыслы чатта күтип қаламыз!!!

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

3 months, 1 week ago

Моңғол халқының келип шығыўы, Шыңғысханның негизги халқы.

Ең әййем дәўирлерден баслап уллы далада (Кореадан Қара теңизге шекемги жайлаўлар) ҳәр түрли көшпели урыўлар жасаған, бул урыўлар бир-биринен парқлы тиллерде сөйлескен, ханзу (қытай) дереклеринде оларды улыўмаластырып "ху" халықы дейди.
Көшпели урыўлар биринши мәрте б.э.ш 209-жылы Мөде Қаған басқарған Хун мәмлекети қол астына жыйылды.

Шығыста Хун мәмлекети ыдрай баслаған соң 93-жылы Сянбей басшылығында көшпели урыўлар аўқамы пайда болды.
Сянбей конфедерация қурамында ҳәр түрли түрк, моңғол тунгус-манжур тилли урыўлар болған.

330-жылы Уллы далада Жужан Қағанлығы көтерилди, олар сянбейлердиң урпақлары еди, бирақ Жужанлар жыллар даўамында ханзу ели (ҳәзирги қытай) менен урысып ҳәлсиреп барды.

555-жылы Алтайдағы Түрклер жужанларды жеңип Түрк Қағанлығын дүзди. Жужанлар еки бөлимге ажралып бири батысқа авар аты менен, екиншиси шығыста тантан (татар) аты менен түрклерге бағынышлы болып қалды.

Тантанлар шығыстағы таўларда жасап Шиўей атлы бирлеспе қурды. Бирақ шиўей халқы ҳеш қашан еркинше жасаған емес, олар түрклерге, хийтанларға, ханзуларға (қытай) избе-из бағынышлы болып келген.
Хунзулардың Тан Империя (7-10-әсирлер) дәўиринде 20 қәўимнен турған шиўей халқына "меңгу" аты қолланыла басланған.
Ханзу (қытай) дереклеринда шиўей халқы хийтанлар менен бир тилде сөйлескен, ҳәтте хийтанлардың бир бөлими деп те мағлыўмат береди.
Шиўей халқында да хийтанларда да ел басшылары "моҳефу" деп аталған.

Шиўей халқы урыўлары дәслеп бесеў болған олар: Нан, Бей, Да, Бо, Шенмода еди. Тан дәўиринде олардың урыўлары: Ўусугы, Йисаймо, Саиежи, Ҳежие, Ўулуоҳу, Даруже, Хиаоруже, Поўо, Небежи, Луото, Доң, Хий, Меңшу, Хуозу, Дагуилар еди.
Шиўейлер түрк питиклеринде тоғыз татар, отыз татар деп аталған.
Шиўей халқы 8-9 әсирлерде уйғырларға бағынышлы болды. Уйғыр Қағанлығы қулағаннан соң шиўей халқы екиге ажралып бири хийтанлардың Ляо Империясына қосылды, бир бөлими батысқа кеткен түрклерден босаған арқадағы жайлаўларға кетти.
11-әсирде Меңгу шиўей халқы хийтанлар менен аўқамлас еди, ҳәм оларға жүршенлерге қарсы урыста турақлы жәрдем берип турған.
Хийтанлардың Ляо мәмлекети 1124-жылы қулағанға шекем татарлар (шиўей) оларды қоллап турған, сол ўақытта Шиўей халқының баслығы Хобулхан еди, ол Шыңғысханның бабасы.

Биринши бөлим жуўмақланды.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

3 months, 1 week ago

Екеўи де Бухарадағы сынақтан өтеди ҳәм пәтек-жолламаны алып ауылына қайтады. Мәкке-Мәдийнаға барыўшылар өзлери менен бирге азық-ауқат затлар алмай қуранын қойнына салып, ел халқы менен ырзаласып кетеди екен. Солай етип, еки зияратшы жолға шығады. Неше жыллар жол жүрип Мәккеге жақынлаған жерде иниси Исмайыл сырқатланып, жол жүриўге шамасы келмей қалғанлықтан бир арабтың үйине келисим бойынша қалдырады да өзи дийдилеген орынға жетеди. Каабаға барыўшылар ең алды менен үлкен бир асырымлы таўға шығып, сол таўдың басына салынған «Зияратшылар мешити» деген жерде Арафат таўында бир ҳәпте
болып,- өзиниң кийип барған липасларын таслап, жаға-жеңсиз (көйлек етип тигилген емес, метрлей ак таўарды ийнинен баслап дизесине шекем орайтуғын) көйлек кийип Каабаға барған. Сол жердеги зиярат бир ҳәпте болады екен, оннан кейин және бир неше кунлерге иркилип туратуғын болған. Сол бир ҳәптениң ишинде барып үш рет қолын созғанда еки рет ҳалқаға қолы тийеди, оның екиншиси иниси Исмайыл ушын болады. Инисине келип, зияратының қабыл болғанын айтып қуўандырып аўылына айланады. Тоғыз жыл да аўылына келгенде ағайинлери менен туўған-тууысқанлары куўанғанынан жыласып көриседи. Булар екеўиде Қәндекли руўынан шыққан дәслепки Ҳажылар еди. Оның Хамид қарый, Әбдисалам ҳәм Әбдиғаний атлы балалары да ағасы Сүйин ҳажы-ийшанның қолында тәрбия алып, мешитте оқып моллалық дәрежесине келтериледи. Сүйин ийшан ҳажыдан қайтып келгенде Хийуаның ханы Мухаммед Әмин инақ қайтыс болып, оның орнына Абылғазы хан болған. Абылғазы қайсақтан шыққан қарақалпақ ханларының бири Ғайып ханның баласы еди. Хийуа ханының ҳаслы қарақалпақ болғанлықтан Сүйин ийшан Хийуаға барып қарақалпақлардың қоңырат арысы Қусхана тауының орта белиндеги жазықлыққа мешит салыўға рухсат сорайды ҳәм уста ҳәрежетлер менен тәмийинлеўди өтинеди.
Абылғазы хан қоллап-кууатлайды ҳәм
рухсат береди. Мешит салыўға Қостамғалы, қәндекли, қолдаўлы ҳәм баска да руўлар қатнасады. Он еки қатар мешит ылайдан
салынып, оның алды бетлери ҳәм кишкене мәзин минары хан усталары тарепинен салынып, қоңыратлылар ушын үлкен оқыў орны болып қалады. Усы тәрепте қанша руўлар болса, оның инталы жаслары келип окыйды. Бул жерде қыз-келиншеклердиң оқытылыўына да жол ашылады. Сол мешиттиң үш жайы қыз-келиншеклерге ажыратылып бериледи. Қызлардың оқып, билим алыўына, саўат ашыўына басшылық еткен Тасҳапыздың баласы
Абдулазиздиң Саҳипжамал исмли қызы болған. Бул жерде билим алыўшы қыз-келиншеклердиң саны жигирмаға жеткен, олар үйлерине бармай мешит қаржыларынан пайдаланған.
Ҳажы Сүйин ийшанның мешит моллалары арасында еки бәшири болып оқытылып атырған сабақлықларда қәте-кемшиликлер ямаса баспа тәрепинен кеткен кемшиликлер болса, гейпара уақытларда Қураани Кәримнен жеңил аўдарма етип баспаға таярлағанда ямаса даўыс ғыраҳәтине байланыслы айтылатуғын ҳәриплик белгилер өз орнын таппай қалғанда сол тусиниксиз сөзлерди қайтадан жаздырып сабақлыққа қостырып отыратуғын еди.
Сүйин ийшанның үйи мешиттен әдеўир қубла батысырақ Тақыя таудың шығыс түбиндеги қубласы көк липасқа бөленген кеңисликтиң тау баўрайын ала жайласқан. Мешитке ара-арасында келип, оқып атырғанлардың жағдайлары, ҳал-аўҳаллары менен танысып, олар менен гүрриң өткерип туратуғын болған. Сон да бир шәкирти мусылманлардың орайы болған Каабатулла ҳаққында айтып бериўди сораған. Тәрбияланыўшылардың кеўилин қалдырмай жуўап берген:
— Кааба-Ислам дининиң ең сүйикли ибадатханасы болып, ол Мәкке қаласының орайлық майданшасында жайласқан»
Тәреплери теңдей төрт мүйешлик, барлығын қоса есаплағанда 1800 аршын өлшеминде күл реңдеги жылтыр тастан жасалған халқа.
Оны Исламда Байтуллах, (Алланың үйи) ямаса Байтул Ҳаран (Ислам дининдегилердиң үйи) деп атайды екен. Қуранда ал-Масшид
ал-Ҳаран (сүйикли Масшид) деп аталған. Ибадатхананың дөгереги сулыу-санлы дийўал менен қоршалғанлықтан оның кең ҳәўлиси де Кааба деп аталады. Каабаның сыртқы тәрепинен де «Қара тас»

3 months, 1 week ago

— Анаў киятырған шабақ оның кереги жоқ дейди де, узағырақда қарап, бекире киятыр деп шанықысын сабына жиңишке шыжым байлап бекирени түйрейди. Туўлап кеткен бекирени жайына жиберип-жиберип жуўасытып сыртқа шығарды. Ауыл жас үлкенлери Баймураттың көз ашықлығына тәсийин қалады. Баймураттың еки баласы болған. Биреуиниң аты Мухаммед Сүйин, екиншисиниң аты Исмайыл Мухаммед Сүйин жас ўақытларынан баслап-ақ мешитке қәдем таслап, бар ықласын китабий сөзлерге аударған ҳәм оннан мәни шығара алатуғын, узын бойлы, ақ сарыдан келген, күлимсиреп сөйлейтуғын бет алдына Карағанда адамды өзине тартып туратуғын, жузинен нуры тамған жигит болып жетиседи. Иниси Исмайыл оннан төрт жас киши болса да, ағасына теңлесиўди мақсет етип қойған.
XVII—XVIII әсирлерде Бухара ҳәм Хийуа мәденияты өсип раўжланған қалалардан есапланатуғын еди. Ең жақсы, дунья жузилик көркемликке ийе болған үлкен-үлкен сулыў жайлар, Самарканд, Бухара, Хийуа, Ташкент қалаларында салынды ҳәм олардың даңқы пүткил ханлықларға жайылды. Сондай-ақ, әдебиятшылар менен сарай тарийхшыларының «Ҳайўанатнама»,
«Тарийхы Мукимханы» («Балық тарийхы»), «Убайдулланама», «Тарийхы Абдулфаизханы» (Бухара ханларының тарийхы), «Шежирай Түрк» (Хорезм тарийхы) кусаған шығармалардың дөрелгени Мухаммед Сүйинди қатты аўаландырды. Мухаммед Сүйин ауылдары мешитлердиң (атасы Тасҳапыз салдырған) биреўин питкергеннен кейин Бухараға кетеди. Бул ўақытларында бир патшалықтың талабанлары, екинши бир ханлық ел басшысынан рухсатсыз алмайтуғын болған. Усыған байланыслы Хийуаны басқарып турған Мухаммед Әмин инаққа алдына адам салып келип, оннан жарлық қағаз алып барып Бухарадағы Абдулазизхан медресесине оқыуға киреди. Жүдә жақсы оқығанлықтан Мухаммед Сүйинге өз алдына жай ажыратып қойып, оны шет елли сабақ бериўшилер менен
Қураани Кәримнен мәни айттырып қатнастырады.
Арадан 4—5 жыл өткеннен кейин Хийўадан Ташҳәўли атлы үлкен медресе салынады. Хийуа ханы Мухаммед Сүйинди ҳәм басқа да шет елли адамларды шақыртып алып сабақ бергизеди ҳәм мешитти аштыртады. Сүйин усы жерде ҳәм оқыйды ҳәм оқытады. Арадан төрт жыл өткеннен кейин (барлығы сегиз жыллық оқыў) ахунлық дарежеге жетиседи ҳәм өз елине қайтыўды,
қарақалпақтың тийкарғы орайы болған Шымбай шаҳәринен үлкен медресе ашыўды соранады. Мухаммед Әмин инақ әўеле хош көрмесе де, кейнинен сөзин итибарға алып, Шымбайдан медиресе салыўды мақуллайды ҳәм оған өзи басшылық етип турады. 1775-жыллары Шымбайдағы медресе питкерилип, оған хан мешити деген атақ бериледи. Солай етип, Мухаммед Сүйин Хан мешитиниң биринши оқтыўшысы ҳәм басқарыўшысы болады. Оннан бир неше жаслар тербияланып шығып, Хийуа мешит-медреселеринде тәрбия алды.
Сүйин ахунның атағы ҳәм көрегенлиги тек Шымбайға емес, пүткил қарақалпаққа, Хийўа арасына таралып, ханға жетеди.
Хан Мухаммед Сүйинди сарайға әкелип сарай ахуны етип қоймақшы болып ҳәм өзиниң кызына уйлендириу нийетинде Хийуаға шақыртады. Хан өзиниң алдына қойған мақсетин айтқанда Сүйин ахун: «Мениң келиншегим, бала-шағам бар, тақсыр. Еки некели
болыўға нызам-шәрият-жол қоймайды», деп жуўап қайтарады. Хан: «Шәрият хан қолында болады, еки-үш некели болыўға рухсат етиледи», деп зорлаңқырайды. Сонда Мухаммед Сүйин: пайғамбарымыз тәрепинен көрсетилгенлерди мусылманлардың орынламаўы путкиллей гунә болар, тақсыр. «Соннан баслап Мухаммед инаҳ Сүйин ахунға қарсы болып, Хан мешитинен босатып жибереди. Соның менен бир қатарда Мухаммед Әмин инаҳ соңғы уакытларда қарақалпақлардан Хийуа медреселерине талабанлар қабыллаўды бир неше мәртебе қысқартырылғаннан-соң қарақалпақлардан санаўлы ғана адамлар ахунлық дәрежесине келтире алған.
Сүйин ахунның иниси де Хийўаға барып оқыйды. Медресе талабанларының ең алдынғысы болғанлықтан оның медреседе оқыўына да рухсат бериледи. Питкергеннен кейин өзи оқыған медреседе сабақ берип қалады. Бирақ оған хан тәрепинен қолайсызлықлар болғаннан кейин аўылына келип ези оқыған мешитте сабақ береди. Көп узамай бәринде қойып ағасы Сүйин менен бирге Мәккеге зияратқа кетпекши болады. Сол уақытларында араб елине барыў ушын Бухара медреселериниң биреўинде сабақ беретуғын арабиялы саўатханлардан қағаз-жоллама алынады екен.

3 months, 2 weeks ago

Қарақалпақлардың Сырдәрияны таслап Жаңадәрияға келгеннен кейинги дәўири.

Жаңадәрия бул Сырдәриядан бөлинип қублаға қарай ағып Аралдың қубла-шығысына қуятуғын канал. Яғный Сырдәрия менен Әмиўдәря арасында.

1740-жыллардағы шабыўыллар себеп төменги қарақалпақлардың бир бөлими жоқары қарақалпақларға барып қосылған, айрымлары Миянкөлге қарай көшкен.

Төменги қарақалпақдың қалған бөлеклери Сырдәрияның шеп жағасындағы қубла тәрепке қарай ағатуғын салалары Қуўандәрия менен Жаңадәрия, ҳәм Әмиўдәряның шығыстағы саласы Көкөзек атрапларында топланаған баслады.

1748-жылы Абулхайрхан дүниядан өткен соң оның улы Нуралы Киши Жүз ханы болды, ол қарақалпақлар менен тыныш жасаў тәрептары еди.
Бирақ Нуралының ҳәкимятын ҳәмме де тан алмаған. Киши Жүздиң шекти урыўындағылар Батыр султанды хан етип көтерди.
Одан тысқары Нуралының иниси Ералы султан Сырдәрия Аралға қуяр аўзында ғәрезсиз бийлик жүргизип атыр еди.
Усылайынша Киши Жүз ҳәкимияты болекленип кеткен еди.

1750-жылы Киши Жүзден Айшүўек Султан ҳәм Өтетилеў тархан, Орта Жүзден Жәнибек тархан басқарған 3 мың нөкер, Сырдәрияның шеп жағасына өтип, қарақалпақларға шабыўыл жасаған, қарақалпақлар бул шабыўылды табыслы қайтара алған ҳәм қазақлар шегинген.
Бул хабар Ералы султанға жетип барған соң, ол да ләшкери менен қарақалпақларға шабыўыл еткен, ҳәм жеңилиске ушрап өзи қарақалпаққа тутқынға түскен, оны қарақалпақлар үлкен төлем есесине азат еткен. Сол жылы Орта Жүзлик арғын-қыпшақ урыўы да қарақалпақларға шабыўыл жасаған, олар да саўашта жеңилип басшысы Сярқанддан айрылған.

1760-жылы қарақалпақлар менен қазақлар ортасында урыслар ҳәўиж алған.
Сол жыллары қазақ урыўлары арасында жайлым жерге болған талап күшли еди, далада қытшылық болған. Нуралыханның Орысят жазған хатында қазақлар жайлым жерге мүтәж екенлиги ҳәм маллары қалмағанлығын айтқан.

Биз усыған қарап қазақ ақсүйеклери не себеп қарақалпақларға топаўшылық атланысларын шөлкемлестиргенин шамалай аламыз.
Сол жылы Ерали султан басшылығында 20 мыңға шамалас киши жүзлилер қарақалпақларға шабыўыл еткен, оларға орта жүздегилер де қосылған. Олар Сырдәрия бойында қалған қарақалпақларды Жаңадәрияға ҳәм одан ары қарай Арал ийелиги (Хийўа ханлығының арқа аймақлары) жерлерине көшиўге мәжбүр еткен.
Қарақалпақлар 1760-1761-жылларға келип пүткиллей Сырдәрия бойларын тәрк етти. Қарақалпақлардан босаған жерлерге 1762-жылы Орта ҳәм Киши жүз қазақлары қонысланды.

Қарақалпақлар болса Жаңадәрияның дийханшылыққа қолайсыз шараятын өзлерине қолайластырыў ушын жаңа арналар ҳәм бөгетлер қура баслады, буларды жолға қойыўға қарақалпақлар машақатлы мийнет еткен.
Жаңадәрия бойларында қарақалпақлар 1715-жыллардан бери жасап атырғаны туўралы Хийўа дереклеринде мағлыўматлар бар.

Тарийхтың және бир қызық тәрепи Хийўа дереклерине көре Харезмде ҳәкимият ушын болып атырған гүреслерде Мухаммед Амир Инақ Киши Жүзден ҳәм Қарақалпақлардан әскерий жәрдем сорайды. 1763-жылы Киши Жүз ҳәм Қарақалпақ ләшкерлери биргеликте Хийўадағы Қоңырат инақлары тәрепте турып түркменлерге қарсы саўаш жүргизген.

Қарақалпақлар Сырдәрияны таслап кеткен болсада Жаңадәрияға келген соң бәрибир қазақ ханларының хәм султанларының ҳәкимятын мойынламай еркинше қалды.
Деген менен де сол ўақытта қарақалпақлар арасында қазақ төрелеринен ҳәм қарақалпақ төрелеринен сайланған ханлар болған, айрым ўақытлары қарақалпақлар бир-неше ханды көтерген, бирақ ол ханларда реал ҳәкимят болмағанын шамалаў мүмкин.
Қарақалпақлардың қазақлар төрелеринен хан сайлаў себеби қазақлар менен жарасыўды тезлестириў нийетинде болған.

Хийўа дереклеринде жазылыўынша 1757-жылы Хийўа тахты босаған ўақытта Жаңадәрия қарақалпақлары өзлериндеги Қарабай атлы ханын Гүрлендеги өзбеклерге алып келип берген.

1770-1780-жылларда Бөлекей атлы төре әўел Хийўада хан болып одан түсирилген соң Сыр бойы қазақлары ҳәм Жаңадәрия қарақалпақлары арасында хан болған.
1790-1800-жылларда қарақалпақларда Абулғазы атлы хан болған.

Бул дәўиринде қарақалпақлардың сыясий турмысына Қазақ жүзлери ҳәм Бухара Әмирлиниң тәсири болыўына қарамай қарақалпақлар 1810-жылға шекем ғәрезсиз жасаған.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

3 months, 2 weeks ago

Киши Жүз ханы Абулхайрдың соңғы тәғдири.

Уллы Жүздеги қазақ-жалайырларынан 20 адам шамасында жасы үлкен ўәкиллер 1748-жылы Сырдәрия бойындағы қарақалпақ-жалайырларға келип оларды өз жайлаўымыздан жер беремиз, деп Уллы Жүзге көшип өтиўге шақырады. Қарақалпақ жалайырлары Сырдәрия бойларыннан көшип қазақ ағайинлерине қосылыўыға баратырғанда, Түркистан қаласынан бир күнлик Олқаяқ деген жерде, оларға Орта Жүз ханы Күшик пенен Барақ-султан топылып, тонайды тутқынға алады. Усы ўақытта бул жерге Киши жүз ханы Абулхайр келеди. Қарақалпақлар Абулхайрхан менен сөйлесип, егер ол Орта Жүз басшыларынан малларын қайтып алып берсе, оның қол астына төменги Сырдәрияға қайтыўға ўәде береди. Ҳәм қарақалпақлар Абулхайрханды қоллап турғаны ушын ортажүздегилер тартып алған малларды қайтарады. Бирақ Абулхайрхан қайтарылған малларды қарақалпақларға бермей, Киши жүздиң жайлаўына алып барыўды буйырады. Сол гезде қарақалпақлар Орта жүз басшылары тәрепке өтип алады. Еки ортада болған саўашта Орта Жүз султаны Барақ Абулхайрханды өлтиреди. Аман қалған 1500 хожалық қарақалпақ жалайырлары Уллы Жүздеги қазақ жалайырларына барып қосылады.

Дерек: Сағынбай Ибрагимов Бердақтың Шежире дастаны ҳәм Қарақалпақлар тарийхы.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

3 months, 2 weeks ago

Қазақ Қарақалпақ келиспеўшиликлери. Қарақалпақ ҳәм Қазақ халқы тарийхый дереклерги көп орынларда аўқамлас, дос ретинде көрсетиледи. 17-әсирде Абулғазы Баҳадирхан қарақалпақларға тәрип бергенде, оларды қазақлар менен бирге атланысларға шығатуғынлығын айткан.…

3 months, 3 weeks ago

Қыпшақтың батыр қызы Туркан Ҳатун.

Өткен Қыпшақлар туўралы постымызда Түркан Ҳатун туўралы бираз сөз еткен едик. Бүгин толықлаў мағлыўмат беремиз. Туркан Ҳатунның келип шығыўы бойынша версиялар көп, ең исенимлиси ол қыпшақ ханының қызы болған.

Харезмшах Текеш пенен некеленген. Патша Текеш дүниядан өткен соң тахтқа оның улы Алаўиддин Мухаммед отырды. Оның дәўиринде Туркан Ҳатун да мәмлекетлик ислерге жий араласқан.

Харезмшах Алаўиддин Мухаммед Иранға аталанысқа кеткен ўақытты олардың душпаны Гүрий ели Харезмге бастырып кирип пайтахт Үргеништи 1204-жылы қамал еткен. Харезмшах елдеги әскерлердиң бәрин Иранға атланысқа алып кеткен еди, сонлықтан пайтахтты қорғайтуғын адам қалмаған.
Сондай аўыр жағдайда Туркан Ҳатун қаланың қорғанысын өз қолына алады, ҳәм қаладағы бәрше адамларға, ҳаяллар ҳәм ғаррыларға қағаз ҳәм басқа да нәрселерден жалған саўат кийдирип қала дийўалы үстине сапқа тартқызып қояды.

Буны көрген гүрийлер қалада ләшкер бар деп ойлап, оны қамал етип әтрапында шатыр тигип отырады. Бираз ўақыттан соң Харезмшах Алаўиддин Мухаммед елге қайтып кеткен гурийлерди саўашта жеңип, оларды қуўып жибереди. Бул жеңисте Туркан Ҳатунның ўақыттан утқаны шешиўши болған.

Туркан Ҳатунның өмириниң ақырғы мәўритлери кыйыншылықта өткен. Моңғоллар Харезмге басып киргенде Туркан Ҳатун ақлықлары ҳәм туўысқанлары менен Үргеништен шығып кетип, қубладағы Илал қаласына барған, моңғоллар ол қаланы да ийлеп Туркан Ҳатунның ул туқым ақлықларын қырып таслап, қыз туқым ақлықларын Шығысханның улларына сийға береди. Туркан Ҳатунның өзи Моңғолстанға тутқын етип алып кетилип сол жақта хорлықта дүниядан өтеди.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

We recommend to visit

𝙲𝚘𝚗𝚝𝚊𝚌𝚝 𝚠𝚒𝚝𝚑 𝚊𝚍𝚖𝚒𝚗 ➵ https://telegram.me/BChatBot?start=sc-1152322-UA9ntzE

➖➖➖➖➖➖➖➖➖
Привет @durov
Этот канал не нарушает закон.
И в нем нет порнографических и грубых постов. пожалуйста, обратите
➖➖➖➖➖➖➖➖➖

Last updated 2 weeks, 6 days ago

🔶 ХIокху чуьра шайна луург схьаэца, аша уьш яржа мел йо а хаза хета вайна.

Дикадерг даржаде, ял хир ю хьуна инша́ АллахI

islamanserlo.org

Last updated 2 weeks ago

Гачелайфер

Last updated 5 months, 1 week ago