Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Бала психологиясы

Description
Бала психологиясы, тәрбиясы, раўажланыўы, билими ҳәм басқа да балаларға тийисли пайдалы мағлыўматлар…
Advertising
We recommend to visit

Телеграм канал журналиста Рамины Эсхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 1 month, 3 weeks ago

🥧Татар һәм рус телендәге рецептлар (рецепты)
📌файдалы киңәшләр (полезные советы)
✍️язмалар (истории)
📜шигырьләр (стихи)

📢реклама

Сораулар яки реклама буенча (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 week ago

1 week ago

*❗️Бәрқулла телефонға қарап отыратыуғын адамның пикирлеў қәбилети төменлеп бара береди екен*
Бул мультфильм изертлеўлер нәтийжесине тийкарланған болып балалар ушын түсиникли етип исленген.

Бунда тек телефонға қарап отыратуғын бала менен китап оқыйтуғын баланың мийиндеги парықты ажыратып көрсеткен.

Мультиктен жуўмақ: телефоннан пайдаланыўдың қағыйдаларын белгилеп алыў керек:

1️⃣ Телефоннан пайдаланбайтуғын ўақытты белгилең, мәселен, азанғы саат 09-00 ге шекем, кешки саат 20-00 ден кейин
2️⃣ Күндизги күни пайдаланатуғын ўақытларды белгилеп алыў
3️⃣ Телефондағы хабарландырыўшы сигналларды (уведомления) өширип қойыў, себеби олар телефонға тез-тез қараўға мәжбүрлейди
4️⃣ Үйде ямаса жумыста телефонда қасыңызда алып жүрместен белгили бир жерге қойып үйрениў
5️⃣ Телефондағы экран ўақтын (экранное время) тексерип турыў керек, бул телефоннан күнине қанша ўақыт пайдаланып атырғаныңызды көрсетеди

☝🏻Соның ушын бала китап оқыўды үйренсе, телефонға жиберген ўақтын китапқа жумсайды.

Балаларыңыз бенен бирге кориўди усыныс етемен.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

1 week, 3 days ago

☹️ Өкпелегиш бала менен қандай қатнаста болыў керек?
Айырым бақша жасындағы балалар олардың кемшилигин айтқанды жаман қабыл етеди, ал олардың үстинен ҳәзиллесип күлген олардың кеўлине тийеди. Негизинде булардың барлығы норма.

Сиз сондай ўақытлары олар қәтелессе ямаса қолайсыз жағдайға түскенинде сиз күлсеңиз, ол дәрриў исинип, өзин шетке алып қашады яки бултыйып отырып алады. Бул баланың тәбийий өкпешилиги.

Бундай жағдай баланың 2-5-жасларындағы гиперсезимталлығы себепли келип шығады. Бул дәўирде баланың шахсы қәлиплеседи, яғный ол инсан ретинде санасы толық қәлиплесип болады.

Психологлардың пикиринше, балалар күлкили ҳәм қолайсыз көриниўден қорқады екен. Ҳәттеки жасы үлкенлердиң күлкиси баланың ҳәрекетлери менен байланыслы болмаса да, олар баланың үстинен күлди деп ойлайды.

Және мектепке шекемги жастағы балалар ҳәзилди дурыс баҳалай алмайды, бул қәбилет оларда шама менен 7-8 жасларында қәлиплеседи.

Сонлықтан, баланы қапа етпеў ушын баланың қолайсыз ҳәрекетиниң (мысалы, көрсетип мақтанбақшы болғанда ҳәрекети уқсамай қалғанда) үстинен күлмең, егер күлип қойған жағдайда да дәрриў оған оның үстинен күлмегениңизди айтып түсиндириң.

Әлбетте оны қушақлап оның ҳәрекети сизде унамлы тәсир қалдырғанын айтың.

Бундай жағдайларда баланың қапа болыўы негизинде оның қорқынышын билдиреди. Ол көрсетпекши болған ҳәрекетти еплей алмағанынан, «тамашагөйлер»де унамлы көз қарасты пайда ете алмағанынан қорқады.

Не ислеў керек?

Әдетте өкпешилик өз өзинен өтип кетеди. Бала мектеп жасына келгенде онда әтираптағы ўақыяларды дурыс қабыл етиў қәбилети қәлиплесип баслайды.

Жаслаў балалар дүньяны эмоциялары менен үйренеди. Ал үлкенирек балалар болса, ўақыяға яки жағдайға дурыс баҳа бериўде эмоция менен бирге ақылды да ислетеди. Яғный, олар қайерде ҳәзил болғанын ҳәм бирге күлиўге болатуғынын, ал қайерде итибар бермеўге де болатуғын жағдай екенин түсинип баслайды.

Ата-ананың бул процессте роли жүдә әҳмийетли, олар ҳәр дайым балаға жағдайды дурыс баҳалаўда жәрдем берип барыўы керек.

Ең баслысыбалаға ол қандай болса, солай жақсы көриўиңизди ҳәр дайым көрсетип турың.

Соның менен бирге ҳәдден зыят мақтап яки еркелетип жибериўден де өзиңизди тыйың, себеби ол кейининде жаман қәсийетке – ҳәр дайым мақтаўды талап етип турыўына алып келиўи мүмкин. Ондай балалар келешекте әйтеўир ҳәрекети де баҳаланбағанына түскинликке түсип қалыўы мүмкин.

Бундай жағдай болмаўы ушын баланы өзине сыртанан қараўға үйретиң. Оны жақсы сүўрет салғаны ямаса жақсы ислерди ислегени ушын мақтаң, сондай-ақ, қәтелерин де айтып турың.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

1 week, 4 days ago

Бир рет сүйиуим перзентимди өзгертти *Балам ҳуқықтаныўшылық факультетинде талаба еди. Бизлер бир-биримиз бенен оғада көп тартысатуғын едик. Бир күним де оны кейиўден, ол менен гәп таластырыўдан бос өтпейтуғын еди. Ақырында баламды көргенимде жек көретуғындай болып қалдым. Оның да маған минези кеминде сондай болмаса, оннан беттер еди. Балам менен арамызда суўықшылыққа себеп болып атырған нәрсе ол сабақларына итибарсызлығы еди.

Бир күни түнде бөлмесиниң есигиниң қасынан өтип атырғанымда қыя ашық есигинен балама көзим түсти. Ол үсти ашық ҳалында уйқылап атырған екен. Барып көрпесин әсте жаўып изиме қайттым. Бирақ есикке жетип үлгермей және балам тәрепке жүрдим ҳәм оның маңлайынан сүйдим.

Азанда баламның кейпияты оғада жақсы еди. Алдынғы қабақ үйиўи, қопаллықлары жоқ еди. Мениң қасыма келип отырды. Бирге шәй иштик. Соннан кейин балам күннен күнге мениң менен жақсы мәмиле қылатуғын ҳәм сабақларын ўақтында бежеретуғын болды. Минези де жақсы болды. Мен бул жағдайдан таңланып, мүмкин Аллаҳ таала бийшара ҳаялымның дуўаларын ижабат қылған шығар деген жуўмаққа келдим. Лекин бир күни бул өзгеристиң себебин ҳаялымнан еситтим.

Балам анасына айтқан сөзлерин қалай болса солай айтып беремен: "Сол түни әкем бөлмеме кирген гезде уйқыламаған едим. Тек, ол менен сөйлеспеў ушын өзимди уйқылағанға салып жатып қалған едим. Әкем қасыма әсте келип, мени уйқылап атыр деп ойлап әсте көрпемди үстиме жапты. Кейин есикке қарай жүрди. Кетип баратырған аяқ даўыслары мени қәтережам қылды. Себеби сол гезде әкемди көриўди де, ол менен сөйлесиўди де қәлемейтуғын едим. Ол да мени тап солай жаман көреди деп ойлайтуғын едим. Лекин әкем изине қайтып мениң маңлайымнан сүйгени, мениң сезимлеримди пүткиллей өзгертип жиберди. Мен әкем мени улыўма жаман көрмеўин түсиндим. Мен ақмақ солай ойлап жүрген екенмен. Мен сол түнди қәтелеримди аңлап жылап өткердим. Жылайды екенмен, ендиги жағында жақсы тәрепке өзгериўге, әкеме болған мәмилемди гөззал қылыўға қарар қылдым".📚Доктор Абдуллаҳ Муҳаммад Абдулмуътидиң "Перзент тәрбиясынан 700 сабақ"* китабынан.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

2 weeks ago

☝️Гейде өзимизге сырттан қарағанда ғана қәтелеримизди көре аламыз
Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

2 weeks ago
***❗️*** **Жүзге урыў мийдеги 300-400 клеткаларды …

❗️ Жүзге урыў мийдеги 300-400 клеткаларды өлтиреди

Ал, басты сыйпаў болса мийдеги жаңа клеткаларды пайда етеди.

Сонлықтан, ҳүрметли ата-аналар, перзентлериңизди әйтеўир қәтелери ушын жүзине урып ямаса ақыретлеўши сөзлерди ислетпестен жақсы сөзлер менен түсиндириўге ҳәрекет етиң. Себеби жақсы сөз ҳәм жақсы ҳәрекетлер келешекте өзиниң жемисин береди.

Ҳәм әлбетте тез-тез басынан сыйпап турың!

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

2 weeks, 1 day ago
***🌟*** **Балаға түсиндириўге еринбең**

🌟 Балаға түсиндириўге еринбең
«Болмайды дедимбе, болмайды!»айтқанды қылмай атырғанда ата-ананың балаға айтылатуғын надурыс түсиндириўи.

Илажы барынша бала менен (түсинеди деп қабыл етип) сөйлесип, егер ол айтқанды қылмаса ақыбети не болыўы мүмкинлигин ҳәм не ушын ол айырым нәрселерди ислемеўи кереклигин түсиндириў керек.

Түсиндиргенде баланың итибарын келип шығатуғын ақыбетлерге қаратың, сонда бала келешекте жуўмақ шығарыўды ҳәм «жети өлшеп бир кесиўди» үйренеди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

2 weeks, 1 day ago
***❓*****Баланың қәлеўлерин дәрҳал орынлаў нелерге алып …

Баланың қәлеўлерин дәрҳал орынлаў нелерге алып келиўи мүмкин?
Ҳәзирги балалар күтиў ҳәм сабырлы болыўға оншелли көнебермейди. Олар аш болса ямаса зеригип қалса ата-анасы оның мүтәжлигин дәрриў қанаатландырыўға кирисип кетеди.

Ал мүтәжликти кейинге қалдырыў ҳәм сабырлылыққа үйрениў баланың келешекте стресс жағдайлардан аңсат өтиўи ушын ең керекли қәбилет есапланады.

Бирақ, көшпилик ҳәзирги заманның балалары онша үлкен болмаған стресс жағдайлар менен гүресе алмай атыр, себеби олардың мийи олар нени қәлесе соған дәрриў ерисиўге үйренип баратыр.

Зеригиў – гейде пайдалы, мысалы, баланың қыялый пикирлеўин ҳәм фантазиясының раўажланыўына жәрдем береди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

2 weeks, 2 days ago
***☕️*** **Балаларға чай бермеген мақул**

☕️ Балаларға чай бермеген мақул

Балаға чай бериў усыныс етилмейди. Себеби чай аўқат ўақтында яки оннан кейин дәрҳал ишилсе, аўқаттан организмге келип түсетуғын темир элементиниң муғдары әдеўир кемейеди. Темир өсип баратырған организм ушын ең керекли элементлердиң бири.

Тазаланған, минерал яки қайнатылған суў, компот (шекер аз қосылған яки шекерсиз), мийўе ҳәм палызлардың шербетлери чайдың орнын басыўшы жақсы ишимликлер есапланады.

Чайды аўқаттан кейин кеминде 30 минут өткеннен соң ишкен мақсетке муўапық.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
*👉*** @bala_psixologiyasi

2 weeks, 2 days ago
Бала психологиясы
2 weeks, 2 days ago
Бала психологиясы
We recommend to visit

Телеграм канал журналиста Рамины Эсхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 1 month, 3 weeks ago

🥧Татар һәм рус телендәге рецептлар (рецепты)
📌файдалы киңәшләр (полезные советы)
✍️язмалар (истории)
📜шигырьләр (стихи)

📢реклама

Сораулар яки реклама буенча (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 week ago