Кеңесбай Рахманов

Description
Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.
Advertising
We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 day, 5 hours ago

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 month, 3 weeks ago

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 day, 7 hours ago

1 month, 3 weeks ago
[#Архив\_дереклеринен](?q=%23%D0%90%D1%80%D1%85%D0%B8%D0%B2_%D0%B4%D0%B5%D1%80%D0%B5%D0%BA%D0%BB%D0%B5%D1%80%D0%B8%D0%BD%D0%B5%D0%BD)

#Архив_дереклеринен

📜Дәўир мени сомлады,
Қанатымды қомлады.
Еле ушып киятқан,
Мен суңқарман жолдағы.

📜Шадлық күлип, муң жылап,
Жадырап, гә тунжырап.
Жоллар күтер еле де,
Қонатуғын шың жырақ.

Кеңесбай Рахманов,
1986-1988-жыллар.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QRARXIV

1 month, 3 weeks ago
[#Архив\_дереклеринен](?q=%23%D0%90%D1%80%D1%85%D0%B8%D0%B2_%D0%B4%D0%B5%D1%80%D0%B5%D0%BA%D0%BB%D0%B5%D1%80%D0%B8%D0%BD%D0%B5%D0%BD)

#Архив_дереклеринен

📜Жыллар мени алдарқатты, арбады,
Бираз жерге сүйреп жетти арбаны.
Билмей турман: ярым жолдан астым ба?
Я алыс па - барар мәнзил алдағы...

📜Басқалардың нәзеринен тартына
Тигилемен алдыма да, артыма.
Жарты қайыр жараспайды деген бар,
Пүтин қайыр ете алдым ба халқыма?

Кеңесбай Рахманов,
"Мен кәрўанман жүги мудам артыўлы" қосықлар дүркининен. 1986-1988-жыллар.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QRARXIV

1 month, 4 weeks ago

https://youtu.be/ab9Zm4WSh1E?si=PWZF_2ykbzz7FH49

YouTube

Ынжыктын мухаббаты спектакль

Сиз сагынган спектакль авторы Кенесбай Рахманов. Ынжык жигит Гаррыбайдын ашыклык сезимлери

1 month, 4 weeks ago

Қанатым жоқ қырқылған,
Бир затым жоқ қуртылған.
Арал қурып қалса да,
Безикпеймен журтымнан.

Дǝмин татып қойыӯдың,
Усы жерде тойындым.
Усы жерге келеди-
Қǝбир болып қойылғым.

Ким не десе ол десин,
Айта алмас ѳлмесин,
Өзин-ѳзи даӯалап,
Жер аӯырса емлесин.

Тǝғдир жазса маңлайға,
Гүнамыз бар қандай да.
Дозақ пенен бейишти,
Ҳǝзиргилер аңлай ма?

Не айтсада сыртымнан,
Терис нийет жоқ шырпынған.
Журтым меннен кетпесе,
Мен кетпеймен журтымнан.

1 month, 4 weeks ago

Келер мениң бир күним,
Сǝӯле шашып айнамнан.
Сести жетер күлкиниң,
Жетер бахтым байланған.

Бир қуӯаныш атлайды,
Үйим болар тѳркини.
Илинеди сақ қайғы
Сағағынан сол күни.

Шадлығым бар сағынған,
Мени таппай ол дилгир.
Ғарғалар ушып бағымнан,
Сайрай бергей тек бүлбил.

Алыс емес оншалық,
Еки ара тийип тур.
Бирақ шадлық қоршалып,
Қайғы қабақ үйип тур.

Даӯыл болып мен енди
Қайғы бултын серпемен.
Бул қуӯаныш дегенди
Әкетемен көрпеден…

2 months ago
2 months ago
2 months ago
2 months ago
2 months ago

Анасы барлар бахытлысыз, бахытыңызға көз тиймесин. Бахытыңызды қәдирлең!!!
АНАЛАР МӘҢГИ ЖАСАСЫН🤲🤲🤲!!!!
Анасы жоқлар, анасын қатты сағынғанлар менен дәртлесейик....
Кеңесбай Рахманов:
Анамның естелигине.

Пикирлериңизди комментарийди басып қалдырсаңыз болады.
⬇️⬇️⬇️
https://t.me/baxtiyarjumataev
⬆️⬆️⬆️
Телеграм каналымызға ағза болың.
Канал ҳаққында досларыңыз бенен бөлисиң.

We recommend to visit

Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Twitter: twitter.com/joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Last updated 1 day, 5 hours ago

📌nothing except vkook📌

Last updated 1 month, 3 weeks ago

⚡️Байрам сейиллери

🎉Фестиваллар

🔊Концерт бағдарламалары

🎭Театр тамашалары

🎬 Кино премьералары

🏛Музей көргизбелери

🏆Спорт жарыслары

ҳәм басқа да көплеген мәдений, кеўилашар илажлардан алдыннан хабардар болың!

Last updated 1 day, 7 hours ago