Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Charjau_Elmuratov

Description
Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago

1 month, 4 weeks ago
**Ҳүрметли Ўатанласлар!**

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Бәриңизди миллий қәдриятларымыздың тымсалы болған, ең уллы байрамымыз – Наўрыз әййямы менен шын-жүректен қутлықлайман!

Наўрыз бул жаңаланыў, жасарыў, тәбияттың қысқы уйқыдан ояныў әййямы. Миллий өзлигимизди аңлаўдың руўхый суўсыны болып табылады.

Байрам мүнәсибети менен ҳәр бирииңиздиң шаңарағыңызға аманлық, қут-берекет, ығбал-бахыт ҳәм алдағы ийгиликли ислериңизде бәрқулла әўмет яр болыўын тилеймен.

Ҳүрмет пенен,
Ч.Елмуратов

2 months ago

Бүгин социаллық тармақларда Қоңырат районы ҳәкиминиң биринши орынбасары, қәдирли ағамыз Бахтыяр Қурбановтың биймезгил дүньядан өткени ҳаққындағы кеўил билдириўди оқып, жүдә қыйналдым.

Себеби, Бахтыяр аға менен буннан бирнеше жыллар алдын Министрлер Кеңесинде бирге ислескен едим. Ол алдын бир сектериатта, соңғылығында болса, Жаңадан ашылған "Юксалиш" улыўмамиллий ҳәрекети ҚР бөлиминиң баслығы лаўазымында жумыс алып барды. Статусы жағынан Министрлер Кеңеси баслығының орынбасарына теңлестирилип, Кабинетлеримиз жақын, бөлимниң жумысларын үгит-нәсиятлаўда дерлик ҳәр күни мәсләҳәтлесип туратуғын едик.

Бахтыяр аға негизинен  кишипейил, туўрысөз, орыстәбият инсан еди. Кел Чаржаў, деп орнынан турып күтип алатуғын, биз жақын сәўбетлес аға-ини болдық.

Сиз буннан былай Юксалиштиң баслығы болдыныз, енди сизди Юксалиш аға, деп шақыраман деп ҳәзиллескен едим сонда. Соннан былай ол мениң Юксалиш ағам болды.

Юксалиштиң атынан 3-4 журналистти алып бийпул семинарға да қатнасып, Хорезм ўәлаятына қыдырып та қайттық.

5 жыллықларда Бахтыяр ағамның анасы дүньядан өткен еди. Ас-абатына барып кеўил билдирдик.

Соңғы жылларда Қоңырат районында ҳәкимниң биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған дәўирде де телефоннан аман-есенлик сорасып туратуғын едик.

Әттең өлимге қыятуғын инсан емес еди. Бенделик екен, қәйтемиз.

Бахтыяр аға топырағыңыз торқа болсын. Бул пайытта анаңыз бенен ушырасып атырған шығарсыз мәгәр.

Сизиң жарқын естелигиңиз көпшилик жақынларыңыз бенен мениң де қәлбимде мәңги сақланып қалады. Жайыңыз жәннет болсын, ағам!

Хош бол, "Юксалиш" ағам!!!

14.03.2024

2 months ago
**Жайыңыз жәннет болсын, "Юксалиш" ағам!!!**

Жайыңыз жәннет болсын, "Юксалиш" ағам!!!

2 months, 1 week ago

#Намалы_қосықлар *🎼Аналар*

Сөзи: Ч.Елмуратов

🎹Намасы: Б.Қәлменов

🎤Атқарыўшы: Дурдана

2 months, 1 week ago

#Намалы_қосықлар

"Анажан" 🎼

*✍️ Сɵзи: Ч.Елмуратов*🎹 Намасы: Қ.Әметов*🎤 Атқарыўшы: Ҳ.Назарымбетова*@charjau_elmuratov

2 months, 1 week ago
Өмиримиздиң мазмуны, тиришилигимиздиң даўамшысы болған әзиз …

Өмиримиздиң мазмуны, тиришилигимиздиң даўамшысы болған әзиз ҳаял-қызларымызды 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Бир ўақыттың өзинде шаңарағымыздың уйтқысы ҳәм соның менен бирге жәмийетлик искер болған Сиз ҳаял-қызларға, соның ишинде, меҳрибан Аналарымыз, жеңгелеримиз ҳәм апа-қарындасларымызға бәрқулла тәжим етемиз!

Неге дегенде, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып, жоқары жетискенликлерге ерисип атырған ҳәр бир ер азаматтың жанында сиздей жанажан ҳаял-қызлар бар.

Ул-перзентлердиң, бизиң ҳәм ели-халқымыздың алдында бәрқулла аман болғайсыз!

АНАЛАР

Эҳ, аналар, аналар,
Ул-қызына паналар.
Меҳрибанды сизлердей,
Ким қаяқтан таба алар?!

Өмир жолы тайғанақ,
Гә муң, гә шад сайрамақ.
Қанатларсыз қус киби,
"Қулыным!"лап аймалап.

"Ана кеўли балада,
Бала кеўли далада".
Өтер екен перзент деп,
Өмири алағада да.

Эҳ, аналар, аналар,
Перзентлерге паналар.
Болмас сиздей меҳрибан,
Сизден өткен даналар.

@charjau_elmuratov

2 months, 1 week ago
Ҳүрметли Аналар, Апа-қарындаслар, бир-биринен шырайлы жеңгейлер! …

Ҳүрметли Аналар, Апа-қарындаслар, бир-биринен шырайлы жеңгейлер! Гүллән Ҳаял-қызлар!

Бәриңизди бүгинги ең қутлы байрамыңыз бенен шын-жүректен қутлықлайман!

Өмиримиздиң даўамшысы, шаңарағымыздың берекети ҳәм елимиздиң көрки болған Сизлерге беккем денсаўлық, ығбал-бахыт ҳәм алдағы ийгиликли ислериңизде тасқын-табыслар тилеймен.

Биз ер азаматлар бәрқулла Сизиң алдыңызда бас ийемиз. Сизиң гөззаллығыңыз, тапқырлығыңыз ҳәм шийрин сөзиңизден илҳам аламыз, алға өрлеймиз.

Бәрҳә аман болғайсыз әзиз Ҳаял-қызлар.

Ҳүрмет пенен Чаржаў Елмуратов

@charjau_elmuratov

2 months, 2 weeks ago
Charjau_Elmuratov
2 months, 2 weeks ago
Charjau_Elmuratov
2 months, 2 weeks ago
Charjau_Elmuratov
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago