Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Аллаяр Дарменов

Description
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
Қарақалпақ, қаңлы.

Байланыс: @AllayarDarmen
Топар: t.me/AllayarDarmenov
Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago

2 months ago

ӘЛЛЕКИМЛЕР

Жыйналысқа бармайды ол,
Баслығыңа бар, түсиндир.
Пах! Не деген картина зор
Писип тур!

Әй, мәңгүр баслық, билемен,
Еле бираз «молодой»саң,
«Айлығын қырқ, сɵгис беремен»,
Деп оны сен жазалайсаң…

Селекторда не бар оған,
Мәжилиспазлық модасы,
Кɵкирегинде туўлаған
Нотасы!

«Неге қатнаспадың?» деп сен
Жаға жыртыўға шамалайсаң.
«Нотаңды астыңа тық» деп,
ϴзиңше бир жазалайсаң…

Таўсылмайды жыйнағы,
Яшуллысы кɵп илимниң.
Қалды мақала жуўмағы,
Ҳә түриңниң…

Келмесе яшуллың шығып,
Қарның силкип ҳаҳалайсаң,
Илимпазды жерге жығып,
Илимсизлерше жазалайсаң…

Шембиликке шақырмасын,
Тикпесин нәлше кебирге.
Ҳешким қосық жаздырмасын
Қәбирге.

Ол лираға ашық, билсең,
Ал, сен бийжɵн мазалайсаң.
Сәлемнама,
қутлықлаў,
тостлар жаздырып
Музасын қосып жазалайсаң

Күнлер келеди,
Бетонлар қаплап қара жерди,
Буўлығып гүллер бой соза алмай,
Шақырар олар әллекимлерди:
Художник дей ме?
сазгер?
илимпаз?
шайыр керек дейди-аў, япырмай?
Қара жер,
Ана жер,
Қайдағы кɵк шɵп – гүллер,
Аўыстырып алажақ сизлерди
Дүньядағы бар баслықларға.
Келиң қәне, «әллекимлер!»

Жыйналысқа бармайды ол,
Айтып бар баслығыңа…

Аллаяр Дарменов,
2, 3-март, 2024-жыл.

Дөретиўшилик канал: @Allayar_Darmenov

2 months, 1 week ago

ЖУМБАҚ ЖАЗАЙЫҚ!

Келиңлер, миллий тағамымыз жүўери гүртикти кишкене балаларымызға да кеңнен таныстырыў мақсетинде олар ушын жумбақлар жазайық.

Жумбақ қысқа, әпиўайы, ядлаў ушын да жеңил болсын. Жуўабы шәртли түрде жүўери гүртик яки соның дөгерегиндеги затлар болсын. Мысалы, түйетаўық, жүўери ун...

Ең жақсы жумбақларды каналымызда авторы менен қоса жәриялаймыз. Олардың да ишиндеги ең жақсысына каналымыз атынан саўға тапсырамыз.

Жумбақларды төмендеги комментария бөлимине яки @merwertbot мәнзилине жиберсеңиз болады.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
👉 💎****@Merwert_uz

2 months, 2 weeks ago

Жақсылық қыл да...

Ол жән-жағына алаңлап қарады. Ҳешким жоқ екенине исеним пайда еткен соң, көлге қарай жақынлады. Соң томп етип суўға бир нәрсениң түскени еситилди. Сонда мен шыдай алмай бирден түшкирип жибергенимде ол шоршып түсти. Түнде булттың арасынан бирден ай шығып, жүзи ашылып қалған урыдай маған "ҳешкимге айтпайсаң ғо я?" деди. Мен ҳеш нәрсеге түсинбей "нени?" дедим. Ол мениң суўға не нәрсе тасланғанын көрмей қалғанымды билди ме, "әй, ҳеш нәрсе-аў" деди де кетип қалды.

А. Дарменов,
18.02.2024.
@Allayar_Darmenov

4 months ago

#Архив

Ушырасайық

Ушырасайық бул рет мойын ийгил сен,
Нурдан тиккен көйлегиңди кийгил сен,
Ушрасқанда уялшақпан билесең,
Мени күтпей қос ернимнен сүйгил сен.

Шашларыңа қызыл гүллер тағып кел,
Шымшық айбат жүрегимди жағып кел,
Тасқынлатып кеўилимниң кенарын,
Таў басынан булақ болып ағып кел.

Мен күтемен қолларыма гүл тута,
Дилгир атта сабыр суўын сырқыта,
«Мен киммен» деп көзлеримди беркитип,
Сен келесең жаным, мени қорқыта.

Танымасам көзиң менен ат мени,
Ғəрип киби қул базарда сат мени,
Муҳаббеттиң мийтин болып түйилген,
Шешилместей шылбырына шат мени.

ϴкпем күшли келмес болсаң дилбарым,
Зая етпе алтын күнниң нурларын.
Ушрасайық, сөйлесейик көп мениң,
Телефонда айталмастай сырларым.

А. Дарменов,
2015-жыл

@Allayar_Darmenov

4 months ago

САБЫР КӘСАСЫ

Сени шүмпилдетип қуйған оңбағыр,
Сақыйлық сабағын алмапты оңлы.
Төгилсең не болар, билмес ол пақыр,
Мәйли, болары болды.

Сен шайпалсаң шайпалады мына Жер,
Даўыллар уйытқып, тозғыйды қатал.
Журтлар қарсыңда қатара диз шөгер,
Дизеси бүгилмеслерге обал...

Саңғыйды геллесиз денелер дүзде,
Емлетиў керек дә дизесин сонда!
Толтырып қуйма ендигиде бизге,
Уқтың ба?

Сени шүмпилдетип қуйған оңбағыр...

А. Дарменов.

01.01.2024.
@Allayar_Darmenov

4 months, 1 week ago

«Жаслар келешек қурыўшысы!»...
– Журтлар жүр шыңғырып,
Бақырып,
Өтирикти шын қылып.
Тәўир тост айтқанлардың саясына тығылып,
Пенсияға дейин изине түсип арақтың,
Пенсиядан соң намазына жығылып...
Ал, сен я ары емес, я бери,
отырыпсаң гүм болып.

Биреў жай қурып атыр,
Биреў турмыс,
Ана жораң ўай-фай қурдыртажақ,
Ҳәмме жақта қурылыс.
Қайта қурыўлар – (жаңарған) ески сүренлер...
Қарлығашлар ин қурар дәлизиңе,
Қара,
Журтлар Үшинши ренессансты қуражақ!
Сер сал сәл изиңе.
«Жаслар келешек қурыўшысы!»...
Бираз сөйледим оған
Ол да мақуллады сөзимди:
– Қурр-рр, қурр-р-рр...

Аллаяр Дарменов,
27.12.2023.
@Allayar_Darmenov

5 months, 4 weeks ago

Өлиниң туўылған күни
(сатиралық гүрриң)

Өли адам дым бийтақатлана берди: “Булар дым қызық-ай я? Өлди деп умытып кете бериў керек пе? Жаназамнан бир ҳәпте өте сала лаўазымымды басқа биреўге тапсырды. Устаз деп изиме ерген шәкиртлер де басқаның етегине асыла кетти. Ана меннен кейин өлген Өтемис туўралы шәкиртлери китап шығарды. Мениң болса мурным пушық”. Өли қәте өзинен де кеткенин билип ыңырсыды. “Бул болмайды. Быйыл мениң 80 жыллығым, ақыры. Ана 68де өлген Мәтибайдың 70 жыллығын қәйтип белгиледик?! О-ҳо! Қәбирине гүл ушын коллективтен 20 мыңнан, баннерге 40 мыңнан, буклетке 15 мыңнан жыйнадық. Мәтибай-әм бир Тахтакөпирдың төриндеги мазарға, атасының қасына қойың деп айтып кеткенмиш. Өмириң Нөкисте өтти ғо, усы жақта жата берсеш. Оған да 60 мыңнан машын жаллап барып қайттық. Ал, мыналар мени еслерине де алмай атыр, мәңгүрлер-ә. Бир илажын қылайын. О! Бир пикир келди.” Бул пикир өлини қуўандырғаны соншелли, қәбирден ушып тура жазлады. Ол бүгин түнде өзиниң орнына болған таза баслықтың түсине кирежақ. Бәрин түсиндирип, юбилейин белгилетежақ. Бирақ таза баслық түниң менен футбол көрип, саат екиде уйықлады. Оның уйықлаўын телмире күткен өли түсине кирип “мен тынышсызбан, мени умытып кеттиңиз ғой” деп даўыслады. Азанда оянған баслық қатынына шелпек писирткизип, ийис шығартты да қойды. “Ҳә оңбағыр” деп тисленди өли.

Ҳе, ана хаткер келиншектиң түсине кирейин, өзи әлпәйим, ҳәрдайым мүләйимсип кофе демлеп берер еди маған.
-Гүлзар қалайсаң, мени умытып кеттиңиз ғой,-деп енди гәп баслап атыр еди, келиншек шоршынып, мама деп қышқырып жиберди. Даўыстан күйеўи де ҳаўлығып оянды.
-Не болды?
-Бурынғы баслық түсиме кирди.
-Қартайса да жас қыз-келиншеклер менен жүреди дейтуғын еди. Солардың биреўи сен емессең бе, әйтеўир,-деп күйеўи шаўқым көтерди. Қараптан қарап жас шаңарақты ажырастырып аларман-аў деп оны тынышына қойды өли.

Буннан соң есапшының түсине кирди. “Баяғыда қатара алты ай айлығынан билдирмей жәми 500 мыңдай жеп едим. Соған мазамды алып атырған шығар деп қойды ол. Шофёры шоршынып, ҳаялына түсин жорытып еди, “айттым саған, оның туўылған күниңе берген көйлегин кийме, өртеп жибериўиң керек еди” деп шаўлап кетти. Қулласы, ҳеш биринен ис питпеди. Бул болса еки күннен соң сексенге шығады.

Ертеси күни кадрлар бөлиминдеги қыз гөне қағазларды тақластырып атырып, бурынғы баслығының паспорт нусқасын таўып алды. Қараса, ертең 10-декабрде туўылған күни. Юбилей сәне. Баслыққа айтты. Таза баслық бирден шоршып түсип, “жумыста меннен басқа ҳәмме биледи екен, тағы мени өли сыйламайтуғын топасқа шығарып таслар” деп ҳәммеге тапсырма берип шықты.

Түске шекем мирәтнамалар таярланып, ийелерине тарқатылды. Пәлен сумнан ақша жыйналып, гүл алынды, баннер исленди. Шайырсымақ биреўге арнаў қосық жаздырылды.
Ертең азанда жумысындағылар өлиниң қәбир басына гүл қойып зыярат етеди. Телевидение өз алдына еслеў көрсетиўин таярлайтуғын болды. Қалай да, өлиниң туўылған күни — 80 жыллық юбилейи көтериңки руўхта өтежақ. Тек те, қәнекей, баллары Дубайға қыдырамыз деп жыйнап қойған пулынан қыйып, ресторанда ма, бир дәстүрхан жайып, халыққа ас берип жибергенде...

А. Дарменов,
Ноябрь, 2023.

@Allayar_Darmenov

5 months, 4 weeks ago

Әдебияттағы аласапыранлар туўралы ойлар

Пал ширесин сақлар нықлап палаўыз,
Жат жанға да айтқан тий деп нан аўыз,
Палсыз қалған гүл, нансыз қалған ел жоқ,
Тириликтиң туў төркини алаўыз.

Қытай дийўалының қапысын ашқан,
Өз Мәшребин “мәртлерше” дарға асқан,
Жаннаны жалынға күйдирген өртеп,
Иштарлық, алаўыз түби туўысқан.

Күлер гәззап Гандиди атып алып,
Күлер ханлар бийлерди сатып алып,
Толы журттың көзинше тек тон жаўып,
Алакөзди атқан олар жатып алып.

Бирликти ойлап қалдың енди неге?
Жаў кеткен соң түресең жеңди неге?
Оннанша, аўысық мәртлик руўхыңды,
Берип жибер ийтлерге деңгенеге.

Көз жибермек жоқдур ҳеш кеңнен алып,
Бәзим қурдық бирликти жерлеп алып,
Сүйеги сыртта жатыр Аллаярдың,
“Бир қап тары ишерсең меннен қалып”.

Аллаяр Дарменов,
08.11.2023.

@Allayar_Darmenov

6 months, 1 week ago
7 months, 1 week ago

Айлық түссин

Баласы түниң менен жылап шықты. Күйеўи “Уфф, жумыстан шаршап келгенде өзи...” деп басқа бөлмеге кетип қалды. Ҳаял түниң менен уйықлай алмады. Азанда шай қояжақ еди, шырпы таўсылыпты. Еплеп күйеўиниң қалтасынан бир-еки шөп тапты. “Мама, кластың қызлары бүгин ролик ушыўға баражақ, соған пул бер” деди қызы өткен жылы алынып, быйыл аяғына тар болып қалған туфлийин зорға кийип атырып. “Айлық түссин, қызым” деп кеўлин алып шығарып салды қызын. “Кишкенемизди докторға апарайық па?” дегенине күйеўи “бәрибир дәри, укол жазады, биротола айлық түскенде апарарсаң” деди. 2 жастан жаңа өткен баласын ортаншысы менен үйде қалдырып, өзи жумысқа атланды. “Бақшаға бериўим керек сизлерди” дейди өзинше. Ҳаял уйқысызлық, түрли машқаланың таўын ийнинен бир силкип ылақтырып таслады да, жүзлери күлимлеп, класқа кирди.
-Ассалаўма әлейкум, Устаз!

**А. Дарменов.

29.09.2023.**@Allayar_Darmenov

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago