Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

БАХТЫЯР ГЕНЖЕМУРАТОВ

Description
Генжемуратов Бахтыяр Алламбергенович
Филология илимлериниң кандидаты, доцент.
«Шуҳрат» медалы (2002),
«ϴзбекстан Республикасына хызмет кɵрсеткен мәденият хызметкери» атағы (2017-жыл) менен сыйлықланған.

Бул канал Шайырдың шәкиртлери тәрепинен ашылған.
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago

3 weeks ago
**ЗООПАРКТЕ

**ЗООПАРКТЕ

Темир тордың ишинде — айыў,
Темир тордың ишинде — қасқыр.
Маймылдики — бәрҳә қол жайыў,
Кийиклердиң көзинде жас тур...

Темир торда ыңыранады шер,
Темир торда — дәртли арыслан.
Ушыў бахты талақ бүркитлер,
Темир торда — муңлы барыслар.

Жатса — темир, сүйенсе — темир...
Муш көрсетер «батыр маймыллар»...
Темир менен қоршалған өмир,
Төрт мүйешли темирдей жыллар.

Езип кеткен төрт мүйеш усы —
Төрт мүйешлик руўхын сындырған.
Енди — бәҳәр, жаз, гүзи, қысы,
Төрт мүйешли темир шынжырдай...

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ**@b_genjemuratov

1 month, 3 weeks ago
2 months, 3 weeks ago

***Ким дос, душпан?! Билмедим парқын.
Көзсизликтиң зәҳәрин таттым.
Мениң саған өкпем жоқ, халқым,
елиў жаста өзимди таптым…

Жүрек, баўырым – қәлбимди төсеп,
отқа түсип, қозларды көсеп,
ылақтырса мен болдым кесек?! –
суўға түсип, қурдымда баттым…

Төмен кетти қәдрим баҳасы –
шортан шалды гүжим шақасын.
Ақыйрзаман келди – шамасы:
исенгенлер сыртымнан атты…

Яқ!... заманға гийнем жоқ мениң,
қәлбим пықсыр – жанған шоқ мениң.
Тек өзиме өкпем көп мениң,
«доңызлығым» жаныма батты…

Ақ ғарғаман – қараларда мен,
себилген дуз – жараларға мен,
өгей доспан – жораларға мен,
олар мени мың мәрте сатты.

Аппақ кеўлим көшти шашыма,
тик минезим жаўдур басыма.
Жолдың қалтыс бурылмасында
мен өзиме қапаман қатты…

2016-жыл, январь

© Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ ***

@J_Aneteev

3 months ago

**БАХТЫЯР ГЕНЖЕМУРАТОВ

"Сүйемен!"деп айтпа қызға, сен,
қасақана исле барлығын.
Беглигиңди сирә бузба, сен,
лаўласа да интизарлығың.

Қәддиң қанша тик болған сайын,
ыңғайына сонша берилер.
Түндей болсаң қушағын жайып,
тәғдириңе тәғдири өрилер.

Жаны нәзик гүлдей, ал бирақ,
"урныққыр" ды сүйеди олар,
тас минезли жигитке қулап,
пинҳамы бас ийеди олар…

Ҳәм киноға мирәт етпе көп,
ал, көбирек қыдырт тоғайды.
Төсегиңиз жасыл гилем – шөп,
жамылыңлар жулдызды, айды…

Ийттей жалтақ жигитти олар,
жек көреди жини тырысып,
ҳә дегеннен бултыйып қалар,
ҳә дегеннен қалар урысып.

Сағынады қасқырдай алғыр,
жигитлерди – лашын қанатлы.
"Мәрт еркекти ушырастыр Тәғдир –
мәрт жигитти омыраўлы, пәтли…" –

деп тилейди Алладан жалғыз,
йошлыларды сүйеди олар,
бул дүньяда әрманлы ҳәр қыз –
мәртке кеўлин ийеди олар.

"Сүйемен!" деп айтпа қызларға,
ҳәм салқынлаў сақла өзиңди.
Булттан бәлент ушқан қуслардай,
бәлентлеў тут ышқың – сезимди…
1988-жыл**https://t.me/b_genjemuratov

3 months ago
БАХТЫЯР ГЕНЖЕМУРАТОВ
3 months ago
БАХТЫЯР ГЕНЖЕМУРАТОВ
3 months ago
БАХТЫЯР ГЕНЖЕМУРАТОВ
3 months ago
БАХТЫЯР ГЕНЖЕМУРАТОВ
3 months ago
**Магистратура басқышы Қарақалпақ тили қәнигелиги магистранты

Магистратура басқышы Қарақалпақ тили қәнигелиги магистранты
А.Алимбаева
Бахтыяр Генжемуратов шығармаларының лингвопоэтикалық өзгешелиги бойынша илимий жумысын ислеп атыр.
Устазымызға арналған бул илимий жумыс келешекте докторлық диссертация болыўына тилеклеспиз...

https://t.me/b_genjemuratov

3 months, 1 week ago
**Шүкир, өмириме ыразыман,

**Шүкир, өмириме ыразыман,
Адамлардан көрсем де жапа.
Қудайлығын айтсам, ырасынан
Мен ҳеш кимге емеспен қапа...

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ**

https://t.me/b_genjemuratov

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago