Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

New Muynak City

Description
Новостной канал о Муйнакском районе. Бот обратной связи: @NMuynakCbot
Advertising
We recommend to visit

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
abaibolkz@gmail.com

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

www.shyngys.kz
www.abaibol.kz

Last updated 1 month ago

`` @pricesovmmsri

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Last updated 3 weeks, 6 days ago

1 month, 1 week ago

📹Мойнақ районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими район турғынларын бийпул оқыў курсларына мирәт етеди!

Бул оқыў орнында Сиз👇👇👇

👩‍💻 компьютер саўатқанлығы;
👩‍🍳 аспазлық;
💇‍♀ ҳаял-қызлар гөззаллық салоны;
🪡 тигиншилик;
🛠 сантехника
🪚 усташылық
🌟 немис тили бойынша ҳәм теориялық, ҳәм әмелий тәрептен билим ҳәм көнликпелерге ийе боласыз.

Оқыў курслары үш ямаса алты ай даўам етеди ҳәм маманлығыңыз бойынша кәсиплик сертификаты бериледи.

☎️Байланыс ушын: +998998311087

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

1 month, 1 week ago

Мойнақ аэропортына Silk Avia компаниясының самолёты дәслепки рейсин әмелге асырды

Мўйноқ аэропортига Silk Avia компаниясининг самолёти дастлабки парвозини амалга оширди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызметиКаналға ағза болыў: @joqargikenes

*Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱***Twitter

1 month, 1 week ago

Мойнақ аэропортына Silk Avia компаниясының самолёты дәслепки пәрўазын әмелге асырды

Бүгин авиакомпанияға тийисли ҳаўа кемесиниң дәслепки рейси Нөкис – Мойнақ жөнелисинде пәрўазын әмелге асырып, Мойнақ аэропортына келип қонды.

Биринши рейс салтанатлы түрде күтип алынды.

Жаңадан ашылған «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси апрель айынан баслап ҳәптесине 3 мәрте (дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери) саат 9-00 ден «Нөкис – Мойнақ» ҳәмде саат 10-05 те «Мойнақ - Нөкис» жөнелислери бойынша пәрўазларын әмелге асырады.

Атап өтиў орынлы, жаңа самалёт қатнаўы жолға қойылыўы менен Қарақалпақстанның ең белгили туристлик орынларының бири болған Мойнақ районына шет елли саяхатшылардың келиўи, соның менен бирге халқымыз ушында қолайлы имканият жаратылды.

Мўйноқ аэропортига Silk Avia компаниясининг самолёти дастлабки парвозини амалга оширди

Бугун авиакомпанияга тегишли ҳаво кемасининг дастлабки рейси Нукус-Мўйноқ йўналишида парвозини амалга ошириб, Мўйноқ аэропортига келиб қўнди.

Биринчи рейс тантанали равишда кутиб олинди.

Янгидан очилган «Нукус-Мўйноқ-Нукус» йўналиши апрель ойидан бошлаб ҳафтасига 3 марта (душанба, жума ва Якшанба кунлари) соат 9-00 дан «Нукус – Мўйноқ» ҳамда соат 10-05 да «Мўйноқ - Нукус» йўналишлари бўйича парвозларни амалга оширади.

Айтиш жоизки, янги самолёт қатнови йўлга қўйилиши билан Қорақалпоғистоннинг энг таниқли туристик жойларидан бири бўлган Мўйноқ туманига чет эллик саёҳатчиларнинг келиши, шу билан бирга халқимиз учун ҳам қулай имконият яратилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызметиКаналға ағза болыў: @joqargikenes

*Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱***Twitter

1 month, 2 weeks ago
**no comment | Мойнақ кеше ҳәм …

no comment | Мойнақ кеше ҳәм бүгин

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

1 month, 2 weeks ago
[#Күн\_фотосы](?q=%23%D0%9A%D2%AF%D0%BD_%D1%84%D0%BE%D1%82%D0%BE%D1%81%D1%8B)

#Күн_фотосы
#Фотоэтюд

Мойнақта 25-30 килограмлық асқабақ жетистирилмекте

Мойнақ районы "Ҳәким ата" аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Ерназар Жаңабаев биогумус өнимин ислеп шығарыўды жолға қойды. Ол туңғыш биогумус өнимлерин өзиниң атызына пайдаланды. Нәтийжеде асқабақлар 25-30 килограмм салмақ берди. Ол быйылғы жылы да мол зүрәәт алыў мақсетинде шаңарақ ағзалары менен биргеликте қызғын таярлықлар алып бармақта.

Сүўретте: Ерназар Жаңабаев анасы Генжегүл Мәмбетпанаева менен

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

1 month, 2 weeks ago
**Сиз халықаралық дәрежедеги B2 ҳәм C1 …

Сиз халықаралық дәрежедеги B2 ҳәм C1 сертификатларын алыўды қәлейсиз ба?

💥Онда Сиз жаслар ушын әжайып имканият!!!

Мойнақ районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими басламасы менен район жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде шет тилин үйрениўди қәлеўши 16-30 жас аралығындағы жасларды 6 айлық оқыў курсына мирәт етеди.
💰Оқыў курстың қаржылары Мойнақ районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен төлеп бериледи.

☝️Әлбетте оқыў курсына тест арқалы алынады.

Сиз, шет тилин үйренип, жаратылып атырған имканияттан пайдаланыўды қәлейсиз бе? Ондп мәҳәллеңиздеги жаслар жетекшилерине байланыссаңыз болады.

🔈🔈🔈Орынлар саны шекленген .
🕐Егерде шет тилин үйрениўди қәлесеңиз 1-апрель сәнесине шекем 📞944571202 телефон номерине байланысып, дизимнен өтиўиңиз керек.

☎️Қосымша мағлыўмат ушын: +998951009400

Хабарды досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

1 month, 2 weeks ago
New Muynak City
1 month, 2 weeks ago
New Muynak City
1 month, 2 weeks ago
New Muynak City
3 months, 3 weeks ago

Ески шығынды қутылары жаңасына алмастырылмақта

#Күнниң_темасы
#Додалаў_пикирлесиў_ушын

Ҳәр күни район орайы көшелерин сыпырып, терек, гүллерди тәрбиялап атырған абаданластырыў басқармасы жумысларына дус келемиз. Қалаберди, график тийкарында  бәрше мәҳәлледен, көп қабатлы турақ жайлар әтирапынан шығындылар алып кетиледи. Бундай тазалық, азадалық көзди қуўандырады, әлбетте.

Деген менен, көп қабатлы турақ жайлар алдында шығынды қутылары бар болыўына қарамастан сол жердиң айырым турғынлары тәрепинен шығындылар қутының сыртына тасланылғаны аянышлы. Бул тәбиятқа болған итибарсызлық ҳәм биреўлердиң мийнетин қәдирлемеў есапланады.

- Бундай болыўының тийкарғы себеплери - айырым аналар кишкене балаларына шығындыны таслап келиўди буйырады. Тасланды шығынды қутыға жетпей-ақ ылақтырылып кетиледи. Және биреўлери ўақтынша мәҳәллениң турғынлары. Оларда "мениң мәҳәллем емес, мениң көшем емес, маған не?" деген түсиник бар. Айырым турғынларымыз үй ҳайўанларын байлап сақламаслығында - дейди "Таллыөзек" мәҳәллеси баслығы Байрам Дәўлетяров.

Президентимиздиң мәҳәллелерге ажыратылған 500 млн.сўм қаржысы шеңберинде усы мәҳәллениң көп қабатлы турақ жайлар турғынларына жаңа шығынды қутылары алып берилди. Оның ескисинен парқы аўзы жаўылады. Бул үй ҳайўанларының шығындыларды тинтип, шашып кетиўине жол бермейди ҳәм қутының астына орнатылған дөңгелек шығындыны арнаўлы полигонларға апарыўда қолайлық туўдырады.

Енди пуқаралардан буларды таза услаў, әтираптың тазалығына жуўапкершилик пенен қараў ҳәм шығынды таслаў мәдениятына итибарлы болыў талап етиледи. Сондай-ақ, шығындыларды белгиленбеген орынларға таслаў жәриймаға себеп болыўын умытпаў тийис.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

We recommend to visit

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
abaibolkz@gmail.com

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

www.shyngys.kz
www.abaibol.kz

Last updated 1 month ago

`` @pricesovmmsri

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Last updated 3 weeks, 6 days ago