New Muynak City

Description
Новостной канал о Муйнакском районе. Бот обратной связи: @NMuynakCbot
Advertising
We recommend to visit

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Last updated 5 days, 13 hours ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

Last updated 1 month ago

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Last updated 2 months, 2 weeks ago

3 months ago

?Мойнақ районы турғынлары дыққатына!
СИЗ

▪️мүддетли шақырыў резервиндеги әскерий хызмет төлеминиң 50 пайызын шегирме менен төлеўди;

▪️мүддетли әскерий хызметке бириншилер қатарында жеңилликлер пенен жиберилиўди;

▪️Темурбеклер мектебине тест сынақларысыз оқыўға қабыл етилиўди;

▪️көп тармақлы медицина мәкемесинен бир мәртелик бийпул тереңлестирилген медициналық көриктен өтиўди;

▪️перзентлериңизди район аймағындағы билимлендириў ҳәм дем алыў мәкемелерине нәўбетсиз жайластырыўды;

▪️жумыс орныңыз есабынан дем алыў орайлары ҳәм санаторияларға бийпул жолламалар алыўды;

▪️республика дәрежесинде жумысқа яки оқыўға қабыл етилиўинде физикалық таярлық талап етилетуғын имтихан шынығыўларында жеңилликлерге ийе болыўды

ҚӘЛЕЙСИЗ БЕ?

?Бул жеңилликлер Сизиң жас (30 жастан 70 жасқа шекемги ер ҳәм ҳаял адамлар) көрсеткишлериңизден келип шығып,спорт сынақларының арнаўлы талапларын табыслы орынласаңыз бериледи.

?Спорт сынақлары 24-август күни саат 09:00 де Арал стадионында басланады.

?Дизимнен өтиў ушын видеоқолланба

3 months, 2 weeks ago
3 months, 2 weeks ago
5 months, 3 weeks ago

«1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни»

Жаңа жойбар: Бала тили - пал

Перзент - инсан өмириниң мазмуны. Көзимиз қуўанышы, келешегимиз ийеси болған балаларды абайлап-сақлаў, кәмил инсан етип тәрбиялаў ҳәр бир ата-ананың ҳәм шаңарақтың, қалаберсе мәмлекеттиң миннети.

Дүнья балалар күлкиси менен гөззал. Әсирсе, «1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни»нде планетамыз балалардың күлкиси менен және де жайнап кетеди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

5 months, 3 weeks ago

Қазақстанға, басқа шет мәмлекетлерге шыққанды, барғанды қойдық - Қуўаныш Сапаров, Мойнақ районы турғыны

"Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси қоллап қуўатлаўы менен мәҳәлледеги жумыссыз пуқараларға 30 дан аслам мотороллер алып берилди.

Сап тартып жүрип киятырған мотороллер кәрўанындағы пуқаралар Мойнақ ДСП кәрханасына орташа есап пенен бир айда 30-35 тонна қамыс өнимлерин жеткерип бермекте.

Буның ушын кәрхана "Қазақдәрья" аўылы жигитлерине 90-95 млн. сум қаржы төлеп атыр. Бул болса пүткил мәҳәлле турмысының, жасаў шараятының жақсыланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосары анық.

Telegram | Facebook | YouTube | Instagram

5 months, 3 weeks ago

Мийнеттиң көзин тапқан,
Бахыттың өзин табады

Мәҳәллелерге тайынланған ҳәким жәрдемшилери халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың өзин-өзи бәнт етиўи, қайта кәсипке оқыўы, сондай-ақ исбилерменлик жумысын жолға қойыўы ушын жуўапкер ўәкил. Ол бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда тек мәмлекет бюджетинен ажыратылған кредит ямаса субсидия есабынан ғана емес, бәлким басқа да қаржы дереклери арқалы кәмбағаллықты қысқарттырыўға ерисиўи тийис. Мойнақ районы "Ҳәким ата" АПЖ ҳәким жәрдемшиси Әжинияз Абдирасуловтың жәрдеми менен Бирлескен миллетлер шөлкеми Раўажландырыў бағдарламасы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық Траст фонды тәрепинен жәрияланған таңлаўларға қатнасып, грант қәрежетлерин жеңип алып, өзин-өзи бәнт етип атырған пуқаралар көпшиликти қурайды. Атап айтқанда, Қалбаев Илфат Зиятбаевич. Сегиз қырлы, бир сырлы азаматлардың бири. Жойбар тийкарында утып алған мотокультиваторға тиркеме ислеп, тек жер аўдаратын үскене сыпатында ғана емес, буйыртпаға барып, келетуғын көлик ретинде де пайдаланбақта.

Толық видеода?*?*?**

7 months, 3 weeks ago

?Мойнақ районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими район турғынларын бийпул оқыў курсларына мирәт етеди!

Бул оқыў орнында Сиз???

?‍? компьютер саўатқанлығы;
?‍? аспазлық;
?‍♀ ҳаял-қызлар гөззаллық салоны;
? тигиншилик;
? сантехника
? усташылық
? немис тили бойынша ҳәм теориялық, ҳәм әмелий тәрептен билим ҳәм көнликпелерге ийе боласыз.

Оқыў курслары үш ямаса алты ай даўам етеди ҳәм маманлығыңыз бойынша кәсиплик сертификаты бериледи.

☎️Байланыс ушын: +998998311087

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

7 months, 3 weeks ago

Мойнақ аэропортына Silk Avia компаниясының самолёты дәслепки рейсин әмелге асырды

Мўйноқ аэропортига Silk Avia компаниясининг самолёти дастлабки парвозини амалга оширди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызметиКаналға ағза болыў: @joqargikenes

*Telegram ?Website ?Instagram ?Facebook ?***Twitter

7 months, 3 weeks ago

Мойнақ аэропортына Silk Avia компаниясының самолёты дәслепки пәрўазын әмелге асырды

Бүгин авиакомпанияға тийисли ҳаўа кемесиниң дәслепки рейси Нөкис – Мойнақ жөнелисинде пәрўазын әмелге асырып, Мойнақ аэропортына келип қонды.

Биринши рейс салтанатлы түрде күтип алынды.

Жаңадан ашылған «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси апрель айынан баслап ҳәптесине 3 мәрте (дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери) саат 9-00 ден «Нөкис – Мойнақ» ҳәмде саат 10-05 те «Мойнақ - Нөкис» жөнелислери бойынша пәрўазларын әмелге асырады.

Атап өтиў орынлы, жаңа самалёт қатнаўы жолға қойылыўы менен Қарақалпақстанның ең белгили туристлик орынларының бири болған Мойнақ районына шет елли саяхатшылардың келиўи, соның менен бирге халқымыз ушында қолайлы имканият жаратылды.

Мўйноқ аэропортига Silk Avia компаниясининг самолёти дастлабки парвозини амалга оширди

Бугун авиакомпанияга тегишли ҳаво кемасининг дастлабки рейси Нукус-Мўйноқ йўналишида парвозини амалга ошириб, Мўйноқ аэропортига келиб қўнди.

Биринчи рейс тантанали равишда кутиб олинди.

Янгидан очилган «Нукус-Мўйноқ-Нукус» йўналиши апрель ойидан бошлаб ҳафтасига 3 марта (душанба, жума ва Якшанба кунлари) соат 9-00 дан «Нукус – Мўйноқ» ҳамда соат 10-05 да «Мўйноқ - Нукус» йўналишлари бўйича парвозларни амалга оширади.

Айтиш жоизки, янги самолёт қатнови йўлга қўйилиши билан Қорақалпоғистоннинг энг таниқли туристик жойларидан бири бўлган Мўйноқ туманига чет эллик саёҳатчиларнинг келиши, шу билан бирга халқимиз учун ҳам қулай имконият яратилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызметиКаналға ағза болыў: @joqargikenes

*Telegram ?Website ?Instagram ?Facebook ?***Twitter

7 months, 3 weeks ago
**no comment | Мойнақ кеше ҳәм …

no comment | Мойнақ кеше ҳәм бүгин

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

We recommend to visit

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Last updated 5 days, 13 hours ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

Last updated 1 month ago

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Last updated 2 months, 2 weeks ago