Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

AVANGARD - BASPA

Description
"Авангард баспа" ЖШЖ
Сержанов Ислам Исакович - +998913011475
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago

1 month, 2 weeks ago

Кемпир апам ара-тура тәкирарлайтуғын жуп әпсана: Ерте заманларда бир ақыллы адам Шортанбай тоғайының ортасындағы орпаң гүзар жол менен ешегиниң үстинде нан жеп киятыр екен. Абайсыздан нанының бир усағы жерге түсип кетипти. Ол дәрриў ешегинен түсип, сол нанның усағын излейди, табалмайды. Бир күн излейди, еки күн излейди, табалмайды, бир ҳәпте излейди, табалмайды.... Ақыр-соңы, сол нанның усағы адамлардың аяқлары астында қалмасын деп, жақын аўылға ешегин сатып, пулынан нанның бир усағы түскен жердиң айналасын төрт дийўал менен қоршатыпы....
Есиңизде болсын, нанның өзи де нан, усағы да нан,- деп жуўмақлайды ол. Ырастан Шортанбай тоғайының ортасында батыл болып қалған гөне жолдың бойында үсти бастырылмаған төрт дийўал бар еди. Кемпир апам сол гөне дийўалды сол нанның усағының үстине салынған қорған, деп түсиндиретуғын еди. Әллеқайда асығып баратырып нан жесек, сол ешекли киси еске түседи, ҳәтте уйықлағанда да ол түсимизге енип шығатуғын еди.

Және: Әййемги заманларда бир байдың ерке улы бар екен. Бир жола ол саралап болғаннан кейин, жарты нанды кесек орнына пайдаланады да, ҳәжетхананың дийўалындағы жарыққа тығады. Арадан бир ҳәпте өтпей, бирден дүбелейли боран турып, барлық егинлер писпей қалады. Елде ашлық басланады. Адамлар аштан өлиўге қарайды. Байдың ерке улы да аштан өлиўге жақынлап исип жатырғанда, бирден, баяғыда ҳәжетхананың жарығына өзи тыққан нан есине түседи. Түргелип барып жарыққа үңилсе, сол нан еле сол орнында тур екен. Алайын десе, исик қолы сыймай, жарыққа аўзын басып, тили менен алмақшы болып атырғанда аржағынан жылан шығып, оның тилинен ғана шағады. Бала өледи. Соннан кейин ғана елде қайтадан тоқшылық басланады...
...... Бизлер үкелеримиз бенен қолымызға нан усласақ, дәрриў усыны еслеп, оның бир қыйқымын түсириў былай турсын, жолда жатқан нанның усақларын көрсек, терип алып алып жеп кететуғын едик. Елеге шекем мениң қатарларым арасында нанды қорлайтуғын адам жоқ. Қалтасында пулы көплерде, жүрген соқпағы үстинде нанның гүриштей усағы жатырғанын көрсе, еңкейип алып аўзына салады, болмаса, қуслар биймәлел жесин деп, жол бойындағы ағаштың шақасына қойып кетеди.
Т. Қайыпбергенов. Қарақалпақнама. Роман-эссе. 1985 ж.

2 months ago

**Ҳаўа райын бақлаў бойынша мағлыўматлар
(Халық тәжирийбесинен)

Қарақалпақша жыл есабы бойынша Үш ай тоқсан 13-декабрьден 13-март аралығында болады. Бул мәўсимде суўық басланып, дәрьяларымызда муз қатып, барыс-келис қыйынласқан.

Жыл есабымыз бойынша 21-мартта, яғный Наўрыз байрамына араласып жаңа жыл кирип келеди. Бул қыс мәўсими толық тамамланғанын ҳәм жаңа жыл, бәҳәр мәўсиминиң басланғанын билдиреди.

  "Аямәўиз" - 13-19-март күнлери болып, бул күнлери ҳаўаның температурасы әдеўир суўытып, адамлар бәҳәрдиң жыллы күнлерине жаңа-жаңа үйренисип киятырғанда бираз қолайсызлықлар пайда етеди.  Бул күнлерде көбинесе қара суўық болыўы, я жаўын-шашынлы болыўы мүмкин. "Аямәўиз алты күн, алты ай қыстан қатты күн" деген гәп бийкарға айтылмаған.

"Наўрыздың ақша қары" -
19-22-март күнлери күтиледи. Бул күнлери гейде майда қар  ушқынлап, гейде излик қар таслап, изинен бир-еки күн суўық болып өтеди, бирақ күн тез жылып кетеди.

"Жүз" - бизиң ықлымымыздың жағдайына бола дийқанларымыздың есабы бойынша 24-апрельден баслап Жүз келеди. Бул Қарақалпақстанда әйне дийқаншылық жумысларының қызатуғын ўақты. 5-августта Жүз шығады.

"Үш тоғыс" - 18-22-апрель күнлери болып, күнниң орташа ҳаўа температурасы төменлейди. Жаўын-шашын болыў итмалы көбирек болады.

"Бир тоғыс" - 1-2-май күнлери болып, ол көп жағдайларда 5-майға дейин созылады. Бул күнлери самал есип, гейде өткинши, гейде күшли жаўын болатуғыны бақланып келинген.

"Үркердиң батыўы" - 12-15- май күнлери. Бул астрономиялық бақлаўлар болып, ол Үркер шоқ жулдызының батыўы есапланады. Негизинде Үркер  шоқ жулдызы батпайды, бирақ оның өз көшери дөгерегинде айланыўындағы өзгешелиги бойынша жаз айларында белгили дәўирге шекем аспан әлеминде  көзге түспейди. Халқымызда "Үркер қумға түссе алдағы жаз мәўсими шаң-тозаңлы, суўға түссе жаўын-шашынлы болады" деп тәрипленеди.

"Шилле" - 22-июньде басланып, жаздың ең узақ күни болып, ол 40 күн даўам етеди. Бул дәўир усы мәўсимниң ең ыссы болатуғын ўақытлары есапланады.

"Сүмбиле" - 10-12-август. Усы күнлерде ҳаўаның ыссылығы пәсейип, жаплар менен көллердеги суўлар тәўир-ақ суўыйды. Бул қубылысты ата-бабаларымыз өзлериниң есабы бойынша "Сүмбиле түссе суў суўыйды" деп белгилеп өткен.

"Бесқонақ" - көбинесе 17-22-сентябрь аралығында өтеди. Айырым жыллары "Бесқонақ"та бир неше күн суўық болып, қыраў түсиўи ямаса күн суўық болып, топырақтың үстиңги қатламы тоңлаўы мүмкин.

"Ақырап" - 2-5-октябрь күнлери болып, көп жағдайларда ҳаўа райы суўытып, түнде ҳаўа температурасы  5...-7 градусқа шекем төменлеўи көп бақланған. Деген менен, гейбир жыллары "Ақырап"та суўық түспей өтеди. Сол себепли, ата-бабалардан кеш егинлерди "Ақырапта урмаса, ақыретте де урмайды" деген гәп қалған.

Жоқарыда биз халқымыздың бай тәжирийбесинен келип шығып ҳаўа райы ҳаққында мағлыўматларды келтирип өттик. Бирақ, соны да есапқа алыўымыз керек, Қарақалпақстан үлкеси өзиниң ҳаўа райының өзгешелиги бойынша өзгермели климатлы үлкелер қатарына киреди. Себеби, көрип жүрненимиздей, ҳәтте жаз айларында да бир күнниң өзинде ҳаўа райы гә даўыллы ямаса қатты ыссы ҳәм азырақтан кейин тып-тыныш болып өзиниң нормаль жағдайына қайтады. Сонлықтан, айтып өтилген жыл мәўсимлериниң салқын, жаўын-шашынлы ямаса жағымсыз самаллы болып келетуғын күнлери әдеттегиден 3-4 күн, гейде 4-5 күн ертелетип ямаса кешлетип келиўи итималдан қашық емес.

Усыларға қосымша халқымызда ҳаўа райына байланыслы оғада көп жеке тәжирийбелер бар. Мысалы, "Булт қызарса күн жаўмайды", "Ҳәзирети Әлийдиң қылышы" (Радуга) көринсе булт тарқап, күн ашылады, "Айдың бети булт басқандай болып дөңгеленип турса ертеңги күн ыссы болады", "Шымалай (майда қумырсқа) көп болған жыл жаўын-шашынлы болады", "Ғарғалар төменлеп ушса суўық, бәлент ушса ыссы болады" дегенге усаған көплеген бақлаўларды келеси әўладқа қалдырған.

Шийрин Максетовна  таярлаған.**

Telegram

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ҳаўа райын бақлаў бойынша мағлыўматлар (Халық тәжирийбесинен)    Қарақалпақша жыл есабы бойынша Үш ай тоқсан 13-декабрьден 13-март аралығында болады. Бул мәўсимде суўық басланып, дәрьяларымызда муз қатып, барыс-келис қыйынласқан.    Жыл есабымыз бойынша…

2 months ago

КИСИГЕ ҚАРАҒАН КҮНИ
ҚУРЫСЫН...

Өткенлердиң оқып өтмиш сабағын,
Бираз бийтәбиздиң бақтым қабағын,
Зәҳәрқатлы татсаң минлет табағын,
Кисиге қараған күни қурысын.

Жүрермен ҳәркимниң ҳәўкесин қасып,
Өкпем қара қазан қайтып гә тасып,
Жасқаншақ жан әбден қалғанман жасып,
Көсеўиң көгертпес мини қурысын.

Изеп басып болмас жерлерге бардым,
Арғы-тегин қозғап намыстың-ардың,
Әбден ақтарылып «ишимди жардым»,
Елге үн қосалмас үни қурысын.

Көбинше қара халық ерлер ерлесе,
Бардамлы сый талап, төрге төрлесе...
Ҳәркимниң өз маңлайына бермесе,
Басқаға көз сатқан күни қурысын.

Ҳақлық булағынан изледим саға,
Жақсылыққа ердим тутынып аға,
Жаманлық пенен көп жыртыстым жаға,
Кескир қанжарсыз қур қыны қурысын.

Ширенискен ҳәмел тутымын тутып,
Қоқырая түсер қабағын шытып,
Тип-тик, отырғандай тап оқлаў жутып,
Түнерген миз бақпас түри қурысын.

Ҳәр адам мойнында ҳәр қыйлы парыз,
Жүрмен бе садақа я сорап қарыз,
Сөз деп гезип, шырлап айтып-ем арыз,
Гүптикей кеўиллер кири қурысын.

Қолға қайта китап услатса дәўир,
Бираз насазлықтан болар-ек, тәўир,
Мәнаўиятсыз көш қозғалар аўыр,–
Билимсиздиң көрген күни қурысын.

Сентябрь, 2016-жыл. Х.Дәулетназаров

3 months, 1 week ago

Бул кадрды проба ушын сынап көрдик Yutube, Instаgram,Facebook каналымыз ушын. Алдағы уақытта баспамыздан шыққан китапларға усы тәризде шолыу жасап барыу нийетиндемиз

3 months, 1 week ago

TÁSIRLI WAQIYA...

Bir bala altı jasında ákesinen ayrılıp jetim qaldı. Zaman júdá awır edi. Anası balasın baǵıw ushın jumıs izler edi, biraq hesh jerde jumısqa almadı. Onı tek qurılısqa arzımaǵan is haqı tólep, jumısqa alıwǵa ırazı boldı. Hayal ilájsızlıǵınan qurılısta islep perzentin tárbiyalap, kámalǵa keltirdi. Aradan jıllar ótti. Bala er jetip isbilermen boldı. Qalada sarayday úlken bir úy satıwǵa qoyıldı. Isbilermen jigit úy iyesiniń aldına kelip:
- Úydiń bahası kansha?, dep soradı.
- Segiz júz eliw mıń dollar. Jigit diplomatınan dárhal segiz júz eliw mıń
dollardı úydiń iyesine shıǵarıp berdi. Úydiń iyesi quwanıp puldı sanap kórip aldı.
- Úy sizge satıldı. Búginnen baslap úy sizge tiyisli. Biraq siz sawda qılıwdı bilmes ekensiz. Eger azǵana sawdalasqanıńızda úydiń bahasın túsirip beretuǵın edim.
- Siz de sawdalasıwdı bilmes ekensiz. Eger úydiń bahasın bunnan bálent aytqanıńızda da sawdalaspastan satıp alatuǵın edim. Úydin iyesi hayran bolıp soradı:
- Bul úydiń qay jeri sizdi bunshelli ózine tartıp atır? - Sonda, jigit: jigirma jıl aldın bul úydiń qurılısında meniń anam gerbish tasıǵan. Endi bolsa bul úydi anama sawǵa etpekshimen, dedi

3 months, 1 week ago

Күш неде?
-Бирликте.
-Және неде?
-Және бирликте.
-Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи?
-Мен билемен. Адамды басқаларға жақсы көрсететуғын еки ағзаның бири-жүреги,екиншиси-тили !
-Енди,адамды басқаларға жаман көрсететуғын еки ағзаның атын ким биледи?
-Және мен айтаман. Адамды басқаларға жаман көрсететуғын ағзалардың бири-тили,екиншиси-жүреги !
-Дурыс,дурыс !..

Төлепберген Қайыпбергенов "Қарақалпақнама" роман-эссеси.

5 months, 1 week ago
"АВАНГАРД-БАСПА" ДАН КИТАП ЖАҢАЛЫҒЫ!!!

"АВАНГАРД-БАСПА" ДАН КИТАП ЖАҢАЛЫҒЫ!!!

Нөкис районы 21-санлы мектептиң 9-класс оқыушысы Жасурбек Камалатдиновтың бул екинши китабында да жаслық жигер менен жазылған қосықлары тийкарынан Ана Уатан, тууылған жер, ата-ана хәм устазларына арналған. Сондай-ақ, қәлем услатып әдебият майданына баслап барған устазларына арнау қосықлары, гүрриңлери де орын алған.
Келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас талант ийесине баспамыз атынан бәлент пәруазлар тилеймиз.

5 months, 2 weeks ago

Бул дүньяда жасау не деген мүшкил! Былайынша қарасаң, бул жақты əлемниң өзи сонша таңландырарлық дəрежеде гөззал, əжайып! Оннан əллеқандай кəраматлар күтип жасайсаң. Олай болмаса бул жақты əлемде жасаудың өзи қызық түйилмейди. Соның менен бирге, инсанның жан сезими өмирде жүз берип атырған хəр қыйлы ала-сапыран уақыялардан өзине тынышлық пенен гөззаллық қыдырады. Ол күткен тынышлық пенен гөззаллық оның жекке басы ушын апат болып келеме, я қууаныш болып келеме, ол жөнинде онша бас қатырмастан излениуин дауам ете береди. Өмирдиң тийкарғы мазмуны да, гөззаллығы да, əне, усы излениушиликте. Ал, жасы тəуираққа барып, азанғы қуяшқа қарай емес, қартайыуға бет бурсаң күтилмеген кəраматлы жағдайларға дус келиуден үмитлериң үзиле баслайтуғыны да сөзсиз. Өмирдеги ең жаман нəрсе тек бул емес. Саған жас миниу менен бирге, өткен күнлериң ушын өкинишлер мисли искенжеге қысқандай тула бедениңди, ақыл-хуушыңды орап алса, бəринен де жаман сол. Неге тууылдым, неге тири жүриппен, деген сораулар жаныңа егеу болады. Жасыңа жас қосылған сайын хəсиретлериң азайыу орнына көбейип, дəрт үстине дəрт жамалып бара берсе, татлы өмир жоқ. Хəтте сениң Адам деген ат көтерип, басқалардың жүзине тик қарап жасауыңның өзи ауыр мүшкилли хəм зүлмет!

Т. Қайыпбергенов "Қара дəптер" повест 1991-ж 208 б

5 months, 2 weeks ago

#Мыйық_тартар

Бир ҳаял қоңсысының үйине елеўиш сорап кирипти. Қоңсысы ҳәмледар екен.
Ҳаял қоңсысына депти:
- Бир достым ҳәмледар ўақтында "Таҳир ва Зуҳра" китабын оқып егиз перзент көрди. Және бир ағайнимниң келини "Үш ағайинли батырлар" китабын оқып, үш егизекли болды, - десе, қоңсы ҳаялдың түри ағарып кетипти.
- Ҳаў, сизге не болды десе, ҳәмледар қоңсысы:
- Мен "Алибаба ҳәм қырық қарақшы" китабын оқып атыр едим..., - дермиш.😁

5 months, 2 weeks ago

Assalawma áleykum!!! Bayram menen hámmeni qutlıqlayman.

Mártebeń bálent bolsın, ana tilim!!!!

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago