Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

Теңиз хаққында баллада🌊

Description
Теңиз ҳәм аспан...
- Шексизликтиң еки көриниси.

Сарбиназ Айтмуратова
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago

1 month, 3 weeks ago

Аллаҳым!
Маған қыйын болғанлары саған жүдә аңсат.
Нийетлеримди несийбем қыл...🌙

@sen_haqqinda

1 month, 3 weeks ago
***

Сен ҳәм сениң татыў шаңарағың!
Айт, буннан артық саған не керек?!.

@sen_haqqinda

1 month, 4 weeks ago

#каналымыз_ағзасынан *
Sen menenmen, ketpegenmen jıraqlap,
Áynegińnen juldızlarǵa qarap al,

Dım saǵınsań qızǵaldaqtı qushaqlap,
Jamǵırlardıń astında bir jılap al.
☔***

Men báhárgi samallarda qaytaman...🍃**

📝Sárbinaz Aytmuratova

🎤 🌹Gúlfiya, Biybisara 🌹

@QR_BILIMLI_EL | Oyaw qálbler mánzili 💫****

@sen_haqqinda

1 month, 4 weeks ago

#бирге_тыңлаймыз

..сени кутип мен алжаспадым...💞*🙃*

@sen_haqqinda

2 months ago

#диалогтан

– неден қорқасаң көбирек?
– мени жақсы көрмей қалыўыңнан.
– бул ең қорқыпышлысы ма?
–яқ.
– ?
– ең қорқынышлысы мен жақсы көрмей қалыўым. Сени. Билесең бе, мен мухаббатсыз өмирде жасап көргенмен, кимдидур жоғалтыўдан қорқпай жасағаным ушын ҳәр тәреплеме әўметке ерискенмен. Бирақ, енди, қайтқым келмейди.
– әўметли өмириңе ме?
– мухаббатсыз өмирге))

@sen_haqqinda

2 months ago

Қәдирлим..
Өмиримизде басланажақ бәҳәрдиң биринши күни мүбәрек
🌷
@sen_haqqinda
**

3 months, 3 weeks ago

~ Хазрати Али (р.а) айтады:
Фотимаға қарағанымда дәртлеримди умытаман..

@sen_haqqinda

4 months ago

Мениң хәуесимди келтирер бәрха,
Хешкимге суйенбей тик турған таулар.....

Г. Асқарова

@sen_haqqinda⚘️

4 months, 1 week ago

Адамлар сен ҳаққыңда не айтып атырған болса бәршеси өзлери ҳаққында болады.

@sen_haqqinda

5 months, 3 weeks ago

НАЛЫШ

Бир теректи еки жақтан,
Ойнап бизлер қушар едик.
Айрылыўды әўел бастан,
Тап сезгенге уқсар едик.

Өте берди жыллар жылжып,
Сен қыз болдың ҳүрден зыят.
Ал мен болса ишим жылып,
Сақлар едим дым муқыят.

Сонша ўақыт бирге жүрип,
Айталмадым сүйемен деп.
Ашыўлансаң жүзиң бурып,
Кешир деўге жарадым тек.

Турмыс жүги аўыр түсип,
Өзге елде жүрдим ислеп.
Ойламаппан сонда сирә,
Қаламан деп тилим тислеп.

Бир күн қайтсам аўыл тәреп,
Бәрше еди шады-қорам.
Мен изледим сени дәслеп,
Табарман деп ески жолдан.

Жолда ағаң маған қалай,
Ойда-жоқта ушырасты.
Сөйледи ол тыныш турмай,
Узаттық деп қарындасты.

Мен ўаҳ дедим зәррем ушып
Тилиме сөз келмей қалды.
Жалғыз өзим талды қушып,
Атырар-ем талай таңды.

Шыдай алмай бундай муңға,
Мен қалаға кеттим көшип.
Кетпек болдым ҳәтте сонда,
Сол теректи түптен кесип.

Соннан берли жыллар талай,
Ҳәп заматта өтип кетти.
Жүзге әжин берип шырай,
Бул қол қанша нәлше екти.

Шәрт етип мен соннан берли,
Бармай қойдым аўыл тәреп.
Барсам сени сорай ма деп,
Тал қайда ол бер деп дәрек.

*
Бир күн барсам ески бағқа,
Бир қыз ойнап жүрген екен.
Келдик дейди дайы журтқа,
Кимниң қызы едиң десем...

Мен отырман қыял менен,
Тал бизлерди күтипти көп.
Хабар айта алмай сеннен,
Хош бол деўге жарадым тек.

Әбдирахман Зергер
ноябрь 2023-жыл

@zergerqosiqlari

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago