Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev

Description
Жеке меншик каналдағы әдебият ҳаққындағы көзқараслар, пикирлер де жеке меншик. Айтыўдан қорқпаў кереклигин түсиндик. Сөйлеўди басладық...

Байланыс ушын:
@Satbaev95_bot

@oninshi
Advertising
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 6 days, 15 hours ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 2 weeks ago

1 month, 2 weeks ago
Биринши апрел

Биринши апрел

Аспанларға шарлағанда көз
Қанатына исенген руўхым
Ойын түскен жалынлар өшкен.

Ышқы ҳәрибинде жазылған исмим
Шөлин қандырған айдың
Ләбиндеги бояўдан көшкен.

Енди мени алдай алмайсаң.

Гүллеген терек шақасында
Жапырағында, бөртиклеринде
Изи бар самал тислериниң.

Жүрегимди талаған ҳәрре
Шаншып атыр еле тындырмай
Көз жасыма батқан ништерин.

Және келдиң бе, биринши апрел,
Енди мени алдай алмайсаң...

Азиз Саид

Қарақалпақшалаған А.Сатбаев

@atagulla_satbaev

1 month, 2 weeks ago

Шайырлар көбейип, қосық азайып,
Көп китаплар тартып атыр сазайын,
Оған және қыссаханлар қосылса,
Әдебиятқа ким болады хожайын.

Қайдасызлар, әдебиятшы алымлар?
Сизлердиң дәреже, дипломларың бар,
Ең болмаса, ийни келген жеринде,
Жаўмасаңда, бир гүркиреп қалыңлар.

Ҳақыйқатын айтсақ, усы күнлерде,
Көп бүлбиллер қоналмай жүр гүллерге,
Обал-саўап турмаған соң орнында,
Шайыр болып кетти бухгалтерлер де.

Өтинемен, әдебиятшы алымлар,
Қәлем алып, хатқа туўры салыңлар,
Шәртнамадан, коммерциялық баҳадан,
Көркем сөзди арашалап алыңлар.

Шайырлар көбейип, қосық азайып,
Көп китаплар тартып атыр сазайын,
Дүнья бизден соң ҳәм турсын десеңлер,
Ҳақыйқатын айтып, ҳадал жасайық.

ТОЛЫБАЙ ҚАБУЛОВ
Нөкис қаласы, 1994-жыл
19-март

https://t.me/kitap_sawda

Telegram

Kitap sawda

Siz izlegen kitaplar usı jerde! Kitaplar satamız hám satıp alamız. Baylanıs: @bibliofob KITAP SATÍP BAYÍP KETIW - ABSURD, SATÍP ALÍP BAYÍW - HAQÍYQATLÍQ. Biz Sizdi bayıtıwdı qáleymiz!

***
2 months ago

Кимге, неге керек?!

Күннен күнге қорқынышлы хабарлар!..
Күннен күнге шоршынышлы хабарлар!!!
Айралықты,
Ашықлықты сыңсыттырып шертерлик,
Ўақты емес сыбызғының, сырнайдың,
Гегирдегим!
Мың дюмалық мыс гернайға айнал сен! --
Салғым келер айқырық Эльбрустың басында!
Жер жарылсын, келсин Дүнья ләрзеге! --
Мейли, зилдей,
Пилдей-пилдей жумалатып тасларын.
Таў қуласын тең еңтерилип теңизге,
Шүмип музлы асқары,
Қуласын! --
,,Ашығыңман, халқым!!!" деген сазамнан,
Қулай қойсын! -- Не болыпты, ақыры,
Таўлар, таслар, теңизлер!
Айдынында кит аўнаған океанлар,..
Жазийралар, далалар,..
Маймыллары салланысқан джунгли,..
Этажлары жүзден ассын, бар-ә, мыңна-ан!.. --
А-ал,
Не болыпты гүўилдескен қалалар?! --
Кимге керек халықсыз?!
Елеслетиң анық, Сиз! --
Кимге керек қулдыраўы қулынның,
Даңғаралы алтын тойы улыңның
Кимге керек?!

Кимге керек арқарлардың, тулпарлардың шабысы,..
Есаплағыш машинаға сыймай атқан табысың,..
Көкиректеги жақсылықтан елжиреткен сезимлер,
Сезимлерден көкирек ғанаң пөлке нандай езилген,

Ҳәм жас сулыў гөззаллықтан .
Қуўаныштан көзлерге. --
Пәтиўалы сөзлер ме?! --
Кимге керек, кимге?!
Кимге, неге кереги бар ала таяқ --
қулан түслес шегараның,
Ўатанның кереги не халықсыз?! --
Дәрьялардың, жылға менен сайлардың,
Қуяш пенен ГЭСлердиң,
Дәўирлердиң тезлигин, жан-жунларын
Аңлатыўшы шаўқымлардың, сеслердиң,
Самаллардың, жулдызлардың, айлардың
Жыллардың, өмирлердиң кереги не халықсыз?!
Кимге керек, кимге керек қайғы-зар,
Күлкилердиң кереги не?! -- Сорың қурысын шайырлар! --
Әрманларың кимге керек көкирегиңди айырған?!
Кимге керек туннел-туннел складлар,
Планлар ҳәм тонналар, халықсыз?!
Атың өшсин ракеталар, бомбалар!
Қорқынышлы сазалар,
Полегонлар, ғулғулалы базалар
Кимге керек, кимге?!
Қуртың бәрин!
Қуртып кеттиң парықсыз! --
Қуртып кетиң қалдырмай,!
Планета кимге керек халықсыз?!! --
Кимге керек мениң усы сандырағым!
Сандырақ па?!
Қәўетерим, тәшиўишим бул, санам бул!
Санам сонда кимге керек халықсыз?!
Халық емес, -- Планетам бул, -- Налам бул!
Ҳәр гиясын, таўы-тасын, океанларын --,
Қалдырмастан тамшысын,
Қалдырмастан думанларын, жулдызын,
Қалдырмастан бир қызын,
Емиренип қушқым келер ышқынып жаным,
Мынаў ғана мың тәшиўишли галлактиканың!
Әттең, қушағыма сыймайды!
Қалтырайман, қорқаман: ,,Қала ма, деп, -- халықсыз!" --
Ақлығымның, шаўлығымның, шуўлығымның, қуўлығымның,,.
Қулласы,
Нәсилимниң тәғдирлери халық пенен! --
Халық тәғдийри қыйнайды!
Халық емес бул, -- қуўанышым, тәшиўишлерим,.. -- барлығым!
Иләйым,
Мендей болғай гүллан халыққа толайым,
Муҳаббети, мириўбети, инсанның
Планетаға миннетдарлығы!..

11-сентябрь 1984-жыл

Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉**** @shawdirbay_seyitov

3 months, 1 week ago

​​Қыйнамайсаң алып бер деп көктеги айды,
билесең, қолымның келтелигин.
Жымыйып күлиўлериң унайды,
унайды-аў еркелигиң.

Көзиң жасланса, мәгар, тоқтайды жүрек,
болалмадым ба деп сүйер қорғаның!?
Өмир - мың қубылмалы, кетсе түрткилеп,
Унамайды-аў жылағаның.

Атағулла Сатбаев

@atagulla_satbaev

[​​](https://telegra.ph/file/7930a4c0ff3c0eb2b3486.jpg)Қыйнамайсаң алып бер деп көктеги айды,
3 months, 1 week ago
***

Қолларыңда көринбес кисен,
тусаўлар сезилмес аяғыңдағы.
Аўзыңа жабысқан сөзлер ескирген,
бирақ,
үмитиңниң жоқ адағы.

Сыйынып жасайсаң –
басың ийиўли,
бахыт деп уқтырылған саған еркинлик.
Умытқансаң жаныўды, күйиўди,
сонда да гөзлеген шыңларың бийик.

Желкеңе жармасқан дәрт ошағанын
шара таппайсаң жулып таслаўға.
Бар байлығың –
көзлерден қоршағаның,
үмитлерсиз мәжбүрлер жасаўға.

Өзиңе-өзиң шығасаң қарсы
азатпан дейсең –
үмитке қулсаң.
Мүтәжликлердиң жоқ шегарасы,
Мүтәж болмас едиң ғәрезсиз болсаң!?

Қолларыңа тағылған зилдей кисен,
Байланған аяғыңа темир тысаў.
Айтып болмас сөзлерге ийесең,
Үмитке дәмелениў – өзиңди алдаў...

«Ҳәўесим келеди сендей бийғәрезлерге...»

Атағулла Сатбаев

@atagulla_satbaev

3 months, 1 week ago

"RADIO TÁNEPIS"

Men samalǵa etpeymen háwes,
qılsadaǵı tawdı-tastı joq.
Ol mendeyin baxıtlı emes,
onıń menikindey dostı joq.

Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası
Baslawshı: Minara Qalbaeva

Kanalǵa aǵza bolıw:👇
t.me/Moldir_tamshilar 💦

5 months, 1 week ago
Әжәйып заманласымнан.

Әжәйып заманласымнан.
Әжәйып қатарлар…

Жалғызлық пенен жалғыз
отырсақ бийғам
келер жанымызға
жолсыз
Үшинши  адам.

Сәўбет қызыйды және.
Жалғызлық-
шадықоррам.
Шығарылған шетирекке...
Мен–
Үшинши адам...

Инсан инсанға умтылар
Меҳир-
бир тутам.
Жалғызлық  жалғыз қалар.
Емес ол –
(Үшинши)
адам...

Атағулла Сатбаев
@atagulla_satbaev

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler

5 months, 3 weeks ago
Өсек-ғыйбатқа исенген адам, өзине зыян келтиреди.

Өсек-ғыйбатқа исенген адам, өзине зыян келтиреди.
📖

Темирди өзиниң татынан басқа ҳеш нәрсе ширите алмайды.
📃

https://t.me/ibratli_sozler

6 months, 1 week ago

MODERN SHE’R — REBUS EMAS…*

*Shoir Bahrom Ro’zimuhammad bilan suhbat

7 months ago
**Dıqqat! Siz párwazǵa tayınsız ba?**Onda 24-oktyabr …

Dıqqat! Siz párwazǵa tayınsız ba?Onda 24-oktyabr kúni saat 10:00de Nókis qalası Jaslar orayında biz benen ádebiyat aspanına párwaz etiń.

Párwaz dawamında sizge lirikalıq poeziya, jaǵımlı muzıka joldaslıq etedi.

Jáne kútilmegen máwritler de bolıwı múmkin.

Párwazda kóriskenshe!*📲Telegram* | Instagram | You Tube | Facebook

We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 6 days, 15 hours ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 2 weeks ago