@TayyorBiznesBot
Бизнес ва стартаплар
Тайёр бизнеслар
Тижорий объектлар
Бизнесингизни сотмоқчимисиз?
Ёки соф даромадда ишлаб турган бизнес сотиб олиш истагингиз борми?
@adm_tbizness
Last updated 1 week, 1 day ago
Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!
❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.
?Website: https://www.azattyq.org
?Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/
Last updated 1 month, 4 weeks ago
ХУРШИД ДАВРОН
ҚОСЫҚЛАР Атағулла Сатбаев қарақалпақшалади
• ***
Бүгин түнде және тирилдим...
Сен есикти аштың, асықпайсаң.
Сыбырладым: «Мине, мен келдим,
Неге перделерди ашпайсаң?»
Бир нәрселердии изледи көзлер,
Изледим, изледим... шынтлап.
Көрип қалдым дастық үстинде
Жатар еди мен сүйген китап.
КЕЛМЕДИҢ
Сен келер жолларға тигилдим тәкрар,
Тигилдим жапалақлап жаўғанында қар,
Тигилдим гүллерин шашқанда бәҳәр,
Келмедиң, келмедиң, жаным, келмедиң.
«Хош!» деп кеттиң де, қайрылмадың ҳеш,
Бирақ, жүрегимнен айрылмадың ҳеш,
Ўә дарығ, енди кеш пе, аттең, енди кеш,
Келмедиң, келмедиң, жаным, келмедиң.
Ғамлы көзлериңди көңлиме жайлап,
Жолларыңды аңлыдым жүректи қыйнап,
Лекин, бийкар кетти күткеним айлап,
Келмедиң, келмедиң, жаным, келмедиң.
• * * *
Сәўдигимниң көзлери қара –
Дәртим сыяқлы.
Сәўдигимниң кирпиги узын –
Дәртим сыяқлы.
Сәўдигимниң ләблери шийрин –
Дәртим сыяқлы.
Сәўдигимниң көзлери жанар –
Дәртим сыяқлы.
АНА ТИЛИМ
Келип-кетти нешше дүньялар,
Күлди өмир, жылады өлим.
Сен деп қурбан болды бабалар,
Олар кетти, сен қалдың, тилим.
Бесигиң басында Қашқарый,
Жырлап өтти ески наманы.
Наўқыран жапырақларыңа,
Көңил қанын берди Наўайы.
Кетерде Самарқандтан Бабурдың,
Көксин өртеди ҳәсирет сеси.
Алып кетти ана журтынан,
Түркий тилим, бир ғана сени.
Машраб емес, сен асылдың дарға,
Надыра емес, сенсең сойылған.
Ҳозиқтың емес, сениң, ей тилим,
Басың ажыратылып, көзиң ойылған.
Лекин, душпан өлтирген батыр,
Және тирилгендей өш алыўға.
Мәңги барсаң, сенсең ылайық,
Жерди ҳаўазға толтырыўға.
Ўатан ушын арнап жанын,
Өтип өрттен, сүңгип дәрьяға.
Перзентлериң төккен ҳәр қанын,
Симирдиң сен уқсап гияға.
Ана тилим, аман бол мәнги,
Сен бар болсаң мен де өлмеймен.
Тилден қалсам, сени Айбектей
Мен көзлерим менен сөйлеймен.
Сен ҳаққыңда қосығым
Жазылған қағаз
Ушып кетти алыс бағларға
Сайрап атырған қусларды излеп
УЛЫМ ТЕМУРҒА
Улым, бул жер –
Бизиң жеримиз.
Өзимиздиң жеримиз.
Қорқпастан қәдем тасла.
Жер жүдә қатты –
Бабалардың қаны қатырған оны,
Мамалардың көз жасы қатырған.
Балам, бул жер –
Өзимиздики,
Қорқпа, исенгил әкеңе,
Қарай берме изиңе.
Жығылсаң, көтерер,
Сени бул топырақ.
Жығылсаң, турыўды үйренесең,
Турыўды үйрен, улым.
Жығылсаң, еңбеклеме,
Еңбеклегеним жетер, улым.
Қәддиңди тик тутыўды үйрен,
Соның ушын бизге берилген,
Бул жер – бул Ўатан.
ХОШЛАСЫЎ
Мен сеннен кетиўди қәлеймен,
Жаўындай емес –
Жаўын бир күн қайтып келеди.
Самалдай емес –
Самал және қайтып келеди.
Мен сеннен кетиўди қәлеймен,
Муҳаббат киби...
КЕРЕК БОЛСА...
Керек болса қылыш ушында,
жаса, жыла ҳәм күлгил толып!
Сары реңли гүллер ишинде,
ашыл кейин қызыл гүл болып!
Көңлиңдеги сөзди айт тек те,
сүйсең бахытлы ет ҳаялды.
Оған сен алтын-дүрлерди емес,
инәм еткил айды, самалды.
Өшиңди ал жаўдан, сатқыннан,
гүрескил, сеники – майдан.
Санмың тереклер арасында,
ең беккем шынарға айлан.
Әтирап жалғанға толғанда,
ишиңе жут дәртти, наланы.
Кекселер сақаў болып қалғанда,
Қутлықла шын сөз айтқан баланы...
Қорақалпоқдан табрик келди!
Ассалаўма әлейкум!
Аға,туўылған күниңиз бенен!
Сизге ең жақсы тилеклеримди тилеп қаламан.
Сизиң бир қатар қосықларыңызды қарақалпақшалап едим. Рухсат берсеңиз социаллық тармақларда, баспасөзде жәрияламақшы едим.
__________
Ассаламу алейкум!
Оға, таваллуд кунингиз билан!
Сизга энг эзгу тилакларимни изҳор этаман.
Сизнинг бир қатор шеърларингизни қорақалпоқ тилига таржима этгандим. Рухсат берсангиз, ижтимоий тармоқларда, матбуотда эълон қилмоқчи эдим.
Атағулла
Атағулла Сатбаев
19-январь - Патийма Мырзабаеваның туўылған күни
КӨЗЛЕРИМИЗ ТИЛЛЕСКЕН
МӘҲӘЛ
*Көзлеримиз тиллескен мәҳәл
Умытаман өкпе-гийнемди.
Қыс соншелли етсе де қәҳәр,
Кеўлим бәҳәр, жаз киби енди.
Жамғыр тынбай жаўды күн бойы,
Жеңиллетер руўхын аспан.
Тәғдирдики мудамы ойын :
Дәртимди ҳеш төге алмаспан.
Келер бәрҳа сени излегим,
Имканым жоқ сағынбаўға да.
Үй жанында өшти излериң,
Лекин олар өшпес ядымда.
Перделер ҳөл.Жамғыр тынбайды.
Руўхымды сызлатады түн.
Жулдызлар да сырлы ымлайды,
Куўанышың болған-ды пүтин?
Кимде болса мениң ҳалатым -
Тарлық етер аспаныў-зәмин.
Көзи күлип, руўхын жылатып,
Ол да мендей бир дәртлимекен?!
Пәтийма МЫРЗАБАЕВА*
Жапырақтай төгип көзиңниң жасын,
Түнниң мақпал көйлегин етесең ызғар.
Қырсыққандай кийип “жулдыз” либасын
Ақыраб* ақшамы дәртиңди қозғар.
Айралық та айланып ажырыққа,
Аяғыңнан ажыралмай жүриппекен?!
Қашып кеткиң келер көзден жыраққа,
Өз геўдиңди таслап,
тек жүрек пенен.
Кете алмайсаң –
жолың беклеўли,
Сергизданлық саған етпеген несип.
Ҳәр бәҳәрде умытқандай гүллеўди,
Дарақтай дәртиң де бахыттан бийнесип.
Сен кимсең?
Бул – әҳмийетсиз.
Жасай бер!...
Үмитиңди үзбей жасай бер...
Жаса!!!
Өмир деген ҳәмме нәрсеге шебер,
Қорқпастан
ғам көйлегин жыртып тасла!
Октябрь түнинде –
Гүз ортасында
гүллеў тек ғана саған буйырған...
___________
*Октябрь
Атағулла Сатбаев
Дөретпелеримиз "Қарақалпақ әдебияты" газетасында жәрияланыпты
Көкирегиңди аш та, дүзди гезип кет,
Бурқасынлап ақсын жылғалар, сайлар.
Доланың, доланың, жасарың көклеп,
Тараның, тараның, арыў тоғайлар.
Гөззаллық қудайы – әжайып ҳаял,
Суўға сүңгип шығып күлгенге мегзер.
Өмир ҳаққындағы мазалы қыял
Сонда бир нәтийже бергенге мегзер.
ЯДЫМНАН ШЫҚПАЙДЫ О, БӘҲӘР ПАСЛЫ!
Ядымнан шықпайды о, бәҳәр паслы,
Тартыў қуўатына түскен күнлерим.
Бир қурдасым менен класслас жаслы
Жүрек сазын үнсиз шертисиўлерим.
Бәҳәр бултларына артты қумарлық,
Сулыў көриниске таңландық теңнен.
Көк аспан, сары гүл, жасыл далаңлық,
Қандай заўықландық әжайып реңнен.
Көктен сап тартысып өтти тырналар,
Үшкил кәрўанына бирге қадалдық.
Қасымыздан сыңқ-сыңқ ақты жылғалар,
Бирге тамаша еттик, бирге дем алдық.
… Жыллар сапар шегер Барсе келмеске,
Өмир арзыўларға толыпты кимлер?!
Сен бе?
Ағалардың түсирип еске –
«Гөззал жаслығым!» деп жырлаған күнлер.
ДОСЛАР
Дослар, керек емес жалған назланыў,
Ҳақ көкирегиң менен бир күлсең абзал.
Әй, суўқуйды саған тап болса арыў,
Әрманы бир пулдур, ол емес гөззал.
Дослар, гөззаллықтың алтын минберин
Басып жүрмеңизлер ипласлық пенен.
Ҳақ күлиң, ҳақ ойлаң, ҳақ сөйлең,
Шынлыққа кир салмаң билқаслық пенен.
ЛИРИКА
Дүнья гөззал, қосығымды неси менен безермен,
Жылтыраўық әшөкөйлер шаңын қақпас қулақтың.
Толқынлардан, төбелерден бир гөззаллық излермен,
Тута алмай жүўенинен арқыраған пырақтың.
Шайда болып кетким келер лирикалар оқысам,
Дарымайды, дарымайды қәлемиме сол ғана.
Соны көрип илҳам меннен безипти деп аҳ урсам,
Лирикаға қуштарлық деп жүрек берер жоллама.
Сол қуштарлық жетсем деген әрманымды асырар,
Сол қуштарлық айланар ма өмирлик жолдасыма.
Бул қуштарлық тек болғаны лирикаға бас урар,
Талант ғана бул әйямды безер жыр липасына.
Сағынбай Ибрагимов
Ленинабад районы
Ломоносов атындағы орта мектептиң
10 класс оқыўшысы
«Жас ленинши» газетасы,
1-май, 1973-жыл.
Сағынбай ИБРАГИМОВ
ЕЛИЎ БИР ЖЫЛДАН
СОҢҒЫ ТАБЫСЫЎ
1973-жылы оныншы класста оқып атырғанымда сол ўақыттағы
«Жас ленинши» (ҳәзирги «Қарақалпақстан» жаслары») газетасының 1-май күнги санында бир топар қосықларым шықты.
Мениң бул сиясаттан жырақ қосықларымның сиясий байрам күни болған Биринши майда жаслардың сиясий газетасында шығыўы ҳайран қаларлық жағдай еди.
Буннан бирнеше күн бурын жас шайыр ҳәм изертлеўши
Атағулла Сәтбаевқа усы жәрияланым туўралы айтқанымда, оның бул газетаны таба аларына онша исенимим жоқ еди.
Китапханаларда газеталар толық сақлана қойды ма екен, деген гүманым бар еди.
Бирақ Атағулла оперативлик пенен газетаны таўып,
маған пдфсын таслады.
Мине, планшетте усы газетаның қосықларым шыққан төртинши бетин көрип отырман.
Бул – елиў бир жылдан соңғы ушырасыў.
Елиў бир жыл!
Бир адамның өмири.
Күни кеше университет муғаллими Мәдирейим-аға Турсымуратов
«иним, өйтип-бүйтип жүрип сексенди де урып қойыппыз, гейде усы растан-ақ мен бе, деп, ҳайран болып тураман», деп еди. Мен ол кисиге беккем денсаўлық ҳәм қәтиржәмлик тиледим.
Аўа, өтип баратырған өмир.
Мениң усы қосықларымды оқып, Шымбайдың Шахаман аўылында муғаллимшилик етип атырған Әскербай-аға Әжиниязов
маған
«лирика ышқыпазына сәлем» деп хат жазып, бираз жыллар даўамында хат алысқан едик.
Усы қосықларды оқып шымбайлы Жумахан деген қыз да хат жазып еди – оның менен де бираз жыллар хат алысып турдық.
Буннан онлаған жыл бурын марҳум
Барлықбай Алламбергенов (юрист) усы қосықлардың барлығын маған ядтан айтып берип еди.
Ол сол ўақытлары газетадан оқып ядлап алған екен.
Бул қосықлардың қолжазбалары менде сақланбаған.
Бирақ бүгин бул қосықларды оқып отырып, айырым қатарлардың мен айтыўым мүмкин болмаған гәплер екенлигин сеземен.
Мысалы ушын,
«Ядымнан шықпайды о, бәҳәр паслы» қосығында
«Тартыў қуўатына түскен күнлерим» деген қатар маған түсиниксиз, шамасы менде «Ышқы саўдасына түскен күнлерим» болған болыўы керек, редакцияда мектеп оқыўшысының басында неғып жүрген ышқы саўдасы, деп бул түсиниксиз қатарға өзгерткен болса итимал.
Усы бәнттеги
«Бир қурдасым менен класслас жаслы» деген қатар да мен айтыўым мүкин болмаған гәп – бул қатар
«Бир қурдасым менен қыйылған қаслы» болса итимал.
Усы қосықтың соңғы бәнтиндеги «Өмир арзыўларға толыпты кимлер?» деген қатар да маған түсиниксиз,
мениң ол дәўирдеги қосықларым қам болғаны менен, бундай түсиниксиз гәплерди дүзбейтуғын едим.
«Дослар» қосығындағы
«Әй суўқуйды саған тап болса арыў» деген қатарда буўын теңлиги сақланбаған,
мен ол дәўирде ондай еркин қосықлар жазбас едим.
«Лирика» қосығындағы
«Шайда болып кетким келер лирикалар оқысам» деген қатардағы сѳйлем
«йошлы қосық оқысам» болыўы мүмкин.
Усы қосықтағы «лирикаға қуштарлық деп жүрек берер жоллама»,
«Бул қуштарлық тек болғаны лирикаға бас урар» деген қатарлар меники болмаса керек (бүгинги ишки сезимим бойынша).
Әлбетте, буның менен мен бул қосықларды усылай азы-кем редакторлап шыққан редакцияның әдебий хызметкерин айыпламақшы емеспен.
Мениң айырым түсиниўи аўыр қатарларымды түсиниклирек етпекши болған шығар.
Соның менен бирге редакция тәрепинен бул жәрияланымға «Лирика ышқыпазы» деп ат қойылған ҳәм сол айдарды ақлаў ушын үш-төрт жерге мен қолланбаған
«лирика» сөзи қыстырып жиберилгенин шамалайман.
Бирақ, мен бүгин усы газета бети менен табысып отырғаныма қуўанышлыман.
Буның ушын шәкиртим талантлы шайыр ҳәм изертлеўши
Атағулла Сәтбаевқа шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.
ТҮНГИ ТЫНЫШЛЫҚТА ТЫНЫҚСЫН БУЛАҚ
Түнги тынышлықта тынықсын булақ,
Кийиклер суў ишсин, селтең бермегил.
Арыў тәбияттың тынысын тыңлап,
Шәменнен биймезгил, достым, терме гүл,
Бирден тас төбеге түйилсин де булт,
Гүркиреп шақмағын шақсын да кетсин.
Жаўын шелеклесин, жаўсын урда-тут,
Қуйсын, әтирапты гүлли селлетсин.
Шаң басқан таллардың тәни тазарсын,
Илҳам шәшмелери көкти жайласын.
Оттай қызғалдақлар ғумша байласын,
Жабыққан адамның жаны тазарсын.
Бирден жаўын тынсын, таң атып кетсин,
Саз даўысқа салсын ата қоразлар.
Бәҳәр самаллары жүзиңди өпсин,
Тиркес үзбей сапар әйлесин ғазлар.
Атағулла Сәтбаев баламыз
Республикалық китапханадан айналып,
бизиң Сағынның
1973-жыл, "Жас Ленинши" газетасында шыққан қосықлар дүркинин таўып әкелди.
Атағулладан жүдә ҳәм миннетдармыз.
Буннан 51 жыл бурын жазған қосықларын оқып,
кешеден бери, бизиң Сағын ушып-ушып қуўанып жүр.
"Зор қосықлар жазған екенмен" - деп қояды.
Өзиниң жазғанларынан кеўли толып ҳәм мойынлағанын
өмиримде биринши рет еситиўим.
Бир қызық жери,
итибар бериң:
Редакцияның әдебият, мәденият бөлими хызметкери
Сағынның қосығындағы
"қыйылған қаслы" деген сөзди
"класслас жаслы" деп редакторлаған...
Сағынбай ИБРАГИМОВ
ЯДЫМНАН ШЫҚПАЙДЫ, О БӘҲӘР ПАСЛЫ
Ядымнан шықпайды, о бәҳәр паслы
Тартыў қуўатына түскен күнлерим.
Бир қурдасым менен _класслас жаслы (қыйылған қаслы)
Жүрек сазын үнсиз шертиўислерим.
@TayyorBiznesBot
Бизнес ва стартаплар
Тайёр бизнеслар
Тижорий объектлар
Бизнесингизни сотмоқчимисиз?
Ёки соф даромадда ишлаб турган бизнес сотиб олиш истагингиз борми?
@adm_tbizness
Last updated 1 week, 1 day ago
Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!
❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.
?Website: https://www.azattyq.org
?Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/
Last updated 1 month, 4 weeks ago