Өмир сабақлары.☘

Description
Жеке канал
Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған.

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
We recommend to visit

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Last updated 2 months, 2 weeks ago

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов

Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup

Last updated 2 months, 4 weeks ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]

? Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
?Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

Last updated 6 months, 1 week ago

2 months, 2 weeks ago
**Әкениң дуўасы аспанға жетер,

Әкениң дуўасы аспанға жетер,
Ананың наласы Аллаҳға жетер,
Ким қылса екеўиниң аяғын таўап,
Әне сол перзент мақсетке жетер.!

@omir_sabaqlari

2 months, 2 weeks ago

@omir_sabaqlari

Azanǵa ájayip qosiqlar sizler menen

2 months, 2 weeks ago

Ҳақыйқый ер адам:

• ата-анасын разы етиў ушын барын береди;

• шаңарағын өзи тәмийинлейди, өзи бағады;

• шаңарақтағы ер адам ететуғын ислерди қатаң өз мойнына алады;

• керек ўақытта салдаманлы, керек ўақытта ҳәзилкеш бола алады;

• сөйлеген сөзине жуўап бере алады;

• айттыма-орынлайды, ўәде бериўи шәрт емес;

• ата-анасын алақанында абайлап-асырайды;

• ҳаялы ҳәм перзентлерине мийирбан болады;

• ҳаялын жат ер адамлардан қызғанады;

• мийирди де, қәҳәрди де өз орнында ислетеди;

• ҳаяллардың жумысына мурнын тыға бермейди;

• ҳәр нәрсени сөйлей бермейди;

• нашар адамға аўыр жүк көтертпейди;

• ҳеш қашан өсекке жақынламайды, өсек сөзлерди еситпейди;

• көше қапысы қағылса, өзи барып ашады. Ҳаялына яки қызына барып қапыны аш, демейди.

• ҳаялының шаңарағынан ҳеш нәрсе дәметпейди.

• ҳаялының ақшасын жумсамайды;

• тек ғана ҳаялы менен емес, бәлким ҳаял заты менен гәп таласып, отырмайды...

@omir_sabaqlari

5 months, 1 week ago
5 months, 1 week ago

Мына нәрсени ядыңда сақла! Сен еркектен ақыллы емессең! Еркектен күшли емессең, оннан артық емессең! Сен басқаша инсансаң! Сен ҳаялсаң, сен ҳешқашан еркек бола алмайсаң! Егер турмысқа шыққан болсаң – күйеўиңниң ҳәрбир  қәдемин аңлығанды тоқтат! Турмысқа шықпаған болсаң - жигит излегенди қой! Есиңде болсын - еркектиң территориясына қәдем басқан екенсең, енди оған бағыныўың керек. Бийликте ҳешқашан ҳаял биринши болмайды, еркекти ертип жүрмейди. Егер солай болса, бийдиң сәни кетеди,  бул бир унамсыз көринис болар еди. Көз алдыңа елеслетип көрдиң бе? Сениң өмириң де сондай унамсыз көринисте болып турғанын шамала. Бул сениң дурыс роль таңламағаныңды билдиреди. Бул рольде сен еркектен басым болып турсаң. Оны аяғаныңнан, менсинбегениңнен яки исенбегениңнен,  оннан артық болыўға бар күшиңди салғаныңда. Сен оған бойсынып жүрип бар бахытты табыўдың орнына еркек атаўлыдан өзиңди артық көрип, үстем болыўды қәлейсең. Сол ушын да сениң исиң алдыға жүрмеди. Еркек сөзиниң өтимли болғанын қәлейди. Оның шешимин булжытпай орынлаған маңызлы. Пикири ҳүрметленип есапқа алыныўы шәрт. Ал сен не қылдың? Қайта-қайта даўласасаң. Өзимдики дурыс дегеннен ары кетпейсең. Енди сен оның менен тартысып оған жүз жуўап қайтарғың келген гезде тоқта да, «Сен не десең, сол болады» деп гәпиңди қысқарт. Оның көз-қарасы қалай өзгеретуғынын сезесең. Сениң бойсынғаның – өзиң ушын бахыт.  Бас ийиў – ҳаялдың күши.  Қадағалап үйренип қалған адамға исениў қандай қыйын? Өзиңе ҳаял болыўды мүнәсип көрмейсең. Шын мәнисинде қандай екениңди ашып көрсетиў қыйын – ғәрезли болыў ҳаялдың жолы. Әсиресе, өзиңниң шаңарағыңда  бийликти  анаң жүргизгенин көрип өссең – бул дым қыйын мәселе. Ямаса, әкеңди ҳешқашан көрмесең – ол да қыйын. Өзгениң сценарийине бағыныў, жол түспеген қыйын жол менен жүриў қыйын. Түсинемен. Бирақ сен солай жүрип көр. Қадағалаўдан барынша қутыл. Өзиңди раўажландырасаң. Еңсеңди басып турған қорқынышыңды басасаң. Түсинбеўшилик деген ойды жеңесең. Оған исен. Ериңниң изинде тур. Айтқанын орынла. Ҳешнәрсеге қарамастан оған исениўди үйрен.

@omir_sabaqlari

5 months, 1 week ago

**Сизиң ҳақыйқый минезиңиз қандай?
(психологиялық тест)

Қайсы есикти таңладыңыз?

№1 Есик

Егер сиз биринши есикти қаққан болсаңыз, сиз тәбиятыңыздан жүдә шыдамлы адамсыз. Өзгелердиң жағдайын жақсы түсинесиз. Жаныңызға жақын адамлардың басына түскен қыйынлық сизди итибарсыз қалдырмайды. Сизде бос уақыт деген болмайды. Болған күнниң өзинде де сизден көмек сорап келген адамның жумысын шешиўге бос уақытыңыздың барлығын арнайсыз. Айналаңызда болып атырған уақыялардың ҳешбири сизиң қатынасыўыңызсыз өтпейди. Бир сөз бенен айтқанда сиз өзиңиз ушын емес, өзгелер үшын жаратылған жансыз. Сизиң жүрегиңиз нәзик. Минезиңиз ашық, жарқын кеўилиңиз бенен адамларды тез өзиңизге қаратып алатуғын күшке ийесиз. Бәлким, бир сәтке болса да өзиңизге кеўил бөлерсиз? Сизге айтар кеңестмиз, бир күниңизди өзиңизге арнаңыз. Саяхатқа шығыңыз, дем алыңыз, китап оқыңыз, жақсы фильм көриңиз.

№2 Есик

Екинши есикти ашқан болсаңыз, сиз әпиўайы, қарапайым адам емессиз. Бойыңызда дөретиўшилик қәсийет бар. Айналадағы болып атырған ўақыялардың барлығы сизди итибарсыз қалдырмайды. Кишкене өзгеристиң өзи сизге айрықша күш береди. Сизиң айрықша талантыңыз бенен көп қырлы қәбилетиңизге өзгелер қызғаныш пенен қарайды. Олардың қатарында досларыңыз да бар. Шырайлы кийинесиз, соңғы модадағы кийимлерди үйлестире билесиз. Дөретиўшиликтен бөлек артислик қәбилетиңиз болғанлықтан, айналадағы адамларға айрықша тәсир қалдырасыз. Сизди аңсат умытыў қыйын. Егер ҳәзирги маманлығыңыз театр, кино, шығармашылық тараўына байланыслы болмаса, ойланып көрерсиз. Өйткени өзгеше, айрықша талантты туншықтырыўға болмайды.

№3 Есик

Үшинши есикти шөлкемлестириўшилик қәбилети күшли адам ғана аша алады. Сизиң ишки сезгиңиз жақсы раўажланған. Соның арқасында өмирлик жолыңызды жаңылмай таўып келесиз. Есапқа ҳәм қунлы қағазлар менен жумыс ислеўге шаққансыз. Ири жойбарларды аяғына дейин жеткизип, жеңиске жетиў сиз ушын аңсат.Алдыңызда отырған адамның ойын тез оқып қоясыз. Сол себепли сизди алдап, тақырға отырғызыў жүдә қыйын. Өзгелерге не керек екенин жақсы билесиз. Мақсетиңиз анық. Тіпті сәтсизликлердиң өзин, қәддиңизди тик услап жеңил қабыллайсыз. Досларыңыздың өзи сәтсизликке ушыраса сизиң қоллаўыңызға зәриў. Өйткени сиз ҳәрдайым «Достым, еңсеңди түсирме! Қыйынлықтың барлығын бирге жеңемиз» деп рухландырасыз. Сизге кеңесимиз, усы қәлпиңизден айнымаңыз.

№4 Есик

Төртинши есиктиң ийеси жүдә қупыя адам. Өзиңиз туўралы өзгелердіиң сөз тасығанын дым унатпайсыз. Сиз ағыс пенен жүриўге көнбейсиз. Өмирде өз жолыңызды анық анықлаған болсаңыз, ағысқа қарсы жүзиўге де тайынсыз. Әтираптағыларға сын көзқарас пенен қарайсыз. Сизиң жетискенликке жетисиўиңизге тосқынлық ететуғын адамлар менен бирден хошласасыз. Досларыңыздыда саралап, сынақтан өткергенсиз. Өйткени сиз мотивация беретуғын адамлар менен жолдас болғанды унатасыз. Ишки сырыңызды көп аша бермейсиз. Сизиң жақсы қәсийетлериңиздиң бири қасыңыздағы адамлардың қәтеликке урынарын алдын ала сезип отыратуғынлығыңызда. Және олардың қәтелик ислеўине жол бермейсиз. Олар сизиң ескертпеңизди елестире бермесе де, сизиң ҳешқашан қәтелеспейтуғыныңызды биледи. Сол себепли сизди тыңлаўға мәжбүр. Өйткени сиз туўрысын айтатуғын, бирбеткей адамсыз.**

5 months, 1 week ago

Xatlar...

5 months, 1 week ago

**Психологиялық тест:

Жүрек түбиндеги қорқынышыңыз қандай екенин анықлаң

Бул – бес жасар кишкене қыздың түси. Кишкене қыздың анасы оны жетеклеп жүрип киятыр. Қыз анасының қолынан шығып кетип, жол шетиндеги гүлди аламан деп қолын соза бергенде, анасы оннан алыслап кетеди. Қыз жан даўысы менен анасының кейнинен жуўырады. Неликтен екени белгисиз, оның еки аяғы өзине бағынбайды. Дәл сол ўақта кишкентай қыз: «Мама!» деп қатты бақырды. Ал енди, қыздың түсиндеги анасы қандай ҳәрекет ислеўи мүмкин?

А. Қыздың бақырған даўысына назер аўдармай, алыслап кете берди.

В. Дәрриў артына бурылып, қызының қасына жуўырып келип, оның басын сыйпайды.

С. Жүрисин тоқтатып, қызға қарап қолын былғайды. «Балам, тезирек жүр!» деп дауыслайды.**

5 months, 1 week ago

*?*??Өмир
(Қарақалпақша варианты)

Бесик. Ҳәййиў, Жылаўық.
Жөргек. Каша. Быламық.
Тай-тай. Еплеп. Бастай.
Қәне Әптчку. Наспай.
Сүннет той. Белсебет.
Дизе. Жара. Мурын. Бет.
Мектеп. Парта. «2» «5»
Класс. Футбол. Төбелес.
Күнделик. 2. Өшириў.
Контроль. Билгиш. Көшириў.
Насбай. Сигарет. Мен емес.
Телефон. Сельфи. СМС.
Прическа. Айна. Тарақ.
Китта-киттай. Пиво. Арақ.
Ютуб. Уят. Инстаграмм.
Жигитсеңбе. 100 грамм.
Репетитор. Абитуриент.
Тест. Контракт. Студент.
Оқыў. Пахта. Сессия.
Жатақхана. Стипендия.
Дослық. Муҳаббат. Кафе. Пул.
Романтика. Кафе. Гүл.
Ўәде. Аспан. Ай. Жулдыз.
ЗАГС. Той. Роддом. Ул-қыз.
Метрика. Жора. Арақ.
Қайын журт. Шаңарақ.
Бесик. Бала. Ақлық. Жылаўық.
Памперс. Каша. Быламық.
Сериал. Пульт. Телевизор.
Реклама. Ҳәмме бийзар.
Холодильник. Жылытпа.
Айлық. Базар. Гөш. Умытпа.
Айлық. Қарыз. Айлық. Жумыс.
Шыдам. Күн көрис. Турмыс.
Қағаз. Отчёт. Жыйналыс.
Романтика. Байланыс.
Жигитшилик. Дийўана.
Нерв. Телефон. Дийўалға.
Қатын. Түйиншик. Төркин.
Бмр ҳәпте. Бойдақ. Еркин.
Номер. СМС. Өшириў.
Қайын журт. Соңғы кешириў.
Айлық. Қарыз. Айлық. Жумыс.
Шыдам. Күн-көрис. Турмыс.
Комиссия. Кафе. Шай.
Левый. Баслық. Пай.
Басқа шығыў. Бурылыс.
Фундамент. Гербиш. Қурылыс.
Айлық. Кредит. Қарыз.
Байлык. Қоңсы. Жарыс.
Той-мереке. Көк дәптер.
Ағайин. Қоңсы. Көп гәплер.
Зияпат. Қаратаў. Айдынлар.
Ағасы ерте қайтыңлар.
Уйқысызлық. Түс. Шелпек.
Мурт. Сақал. Тақыя. Телпек.
Келин. Қуда. Қалың мал.
Қарыз. Давление. Қыйын ҳал.
Бесик. Ақлық. Жылаўық.
Памперс. Каша. Быламық.
Ақ шаш. Пенсия. Той-Ақша.
Ақлық. Әне. Бала бақша.
Ғарбыз. Дәри. Хлор. Суў.
Кесел. Бәри. Дене. Уў.
Дәри. Укол. Бел-аяқ.
Көз әйнек. Ҳаса таяқ.
Укол. Палата. Емлен.
Өкпелеў. Ағайин. Пельмен.
Ырзаласыў. 80 жас.
Намаз. Қәбир. Қулпы тас.

Өмир усыма....**

8 months, 2 weeks ago

music time...

We recommend to visit

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Last updated 2 months, 2 weeks ago

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов

Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup

Last updated 2 months, 4 weeks ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]

? Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
?Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

Last updated 6 months, 1 week ago