Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

Байнияз Қайыпназаров

Description
Мен бир кеўли нәзик, гүлқумар жанман...

"Қарақалпақстан халық шайыры", Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың поэзиялық каналы.
"Гүллердиң шайдасы", "Гүл ашығы".

Байланыс ушын:👉 @Bayniyaz_Qayipnazarov_bot
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago

2 months, 2 weeks ago
**КЕТТИҢ**

КЕТТИҢ

(Мийнет Каҳарманы, аты аңызға айналған врач Оразымбет аға Халмуратовтың естелигине)

Дүньяға келиўдин кетиўи де бар,
Қызықлы күнлердиң өтиўи де бар,
Ойлаған ойлардың питиўи де бар,
Халқыңның хызметин питкерип кеттиң.

Күшиңди сарп етип емлеў исине,
Жеткенше асығып наўқас кисиге,
Машина жоқ жерде елдиң ишине,
Дәри-дәрмағыңды бөктерип кеттиң.

Доктор деген исенимди ақлаўға,
Күшти жумсап кеселликти саплаўға,
Халқымыздың ден саўлығын сақлаўға,
Медик кадрларды жеткерип кеттиң.

Инсанға көпсинип өмир сүриўди,
Әжел пәнже урса қысып жүримди,
Арашалап, узақ созып өмирди,
Гейде өлимге де пәнт берип кеттиң.

Кеселин анықлап, емин бергизип,
Аўыр қәстелерге диңке енгизип,
Бир көринсек болар еди дегизип,
Халыққа қәдириңди өткерип кеттиң!
1981-жыл
Байнияз Қайыпназаров Бүгин, 28-февраль Оразымбет Халмуратовтың туўылғанына 124 жыл толды.

(Сүўрет Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды дереклеринен)

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

8 months, 3 weeks ago
[#Архив\_сүўретлер](?q=%23%D0%90%D1%80%D1%85%D0%B8%D0%B2_%D1%81%D2%AF%D1%9E%D1%80%D0%B5%D1%82%D0%BB%D0%B5%D1%80)

#Архив_сүўретлер

1969-жыл. Ташкент қаласында Қарақалпақстан әдебияты ҳәптелигинде. Жазыўшылар форумы қатнасыўшылары.

"Қарақалпақ тарийхы, этнографиясы, мәденияты" фейсбук бетинен.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QRARXIV

8 months, 3 weeks ago
Қыял жетсе —

Қыял жетсе —
        Ой шыңының,
                  Уша басына,
Илҳам келер — 
        Көзи түссе,
                 Гүл шақасына,
Жағымталлы — 
        Сап ҳаўадай,
                 Ел арасына,
Сөзи тарар,
        Өзи қалар,
                 Байнияз болып.

Байнияз Қайыпназаров

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

8 months, 3 weeks ago
Бүгин, 25-август қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, …

Бүгин, 25-август қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, гүлқумар жан, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың туўылғанына 107 жыл толып атыр.

Шайыр 1916-жылы Шымбай районының шығысындағы Саңмурын аўылында дүньяға келеди.

Каналымыз силтемеси:@Bayniyaz_Qayipnazarov

1 year ago

Байнияз Қайыпназаров пенен ленталарға жазылған сәўбет (шамалап 1995-жыллар)

Окопта жазылған «Көк емен» қосығын шайырдың өзинен тыңлаймыз.

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

1 year ago

​​ЖЕҢИС КҮНИ

Аса қуралланып ләшкерин үйген,
Бизге урыс ашып өзлери тийген,
Тыныш ана жерге бастырып кирген,
Жаўға қарсы турыў мәртке тән еди.

Бузылмас бирликтиң күшине исенип,
Халық коллап бойға қуўат-күш енип,
Жаўды шегиндирип, үстине дөнип,
Қан майданда жүрген солдат мен еди.

Душпан оғы тийип жығылғанымда,
Тура алмай еңбеклеп жылысқанымда,
Қансырап, ҳәлсиреп қысылганымда,
От ишинен алып шыққан сен еди.

Қызыл гүлдей жайнап ысық жүзлериң,
Уллы үмит оты толы көзлериң,
Жазылып кетесен деген сөзлериң,
Жарадарға шыпа, дәртке ем еди.

Топ атылып бомба түсип жарылған,
Ҳәр адым жеңисли алға барылған,
Гүрес пенен жаўдан қайтып алынған,
Бир сүйем жер тәнде жанға тең еди.

Қаша-қаштан жаў өкпеси сығылды,
Ең изинде өз инине тығылды,
Рейхстаг алынды, туўы жығылды,
Бизлер жеңген бул жеңисли күн еди.

**1979-жыл
Байнияз Қайыпназаров

Каналымыз силтемеси:**
@Bayniyaz_Qayipnazarov

[​​](https://telegra.ph/file/ccad895fc8bf533056498.jpg)**ЖЕҢИС КҮНИ**
1 year ago
Байнияз Қайыпназаров, Тәжетдин Сейтжанов, Ғалым Сейтназаров, …

Байнияз Қайыпназаров, Тәжетдин Сейтжанов, Ғалым Сейтназаров, Зоя Акимовна Насурлаева, Исмайыл Қурбанбаев, Узақбай Пиржанов

Сүўрет Б. Зиварованың фейзбукынан алынды

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

1 year ago

КӨРДИҢ БЕ

Сөзи: Байнияз Қайыпназаров
Атқарыўшылар: Динара Айтжанова ҳәм Саҳибжамал Ербаева (дуэт)
Намасы: Ғаний Аманиязов

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

1 year ago

КӨРДИҢ БЕ

Сөзи: Байнияз Қайыпназаров
Атқарыўшылар: Динара Айтжанова ҳәм Саҳибжамал Ербаева (дуэт)
Намасы: Ғаний Аманиязов

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

1 year, 1 month ago

КӨРДИҢ БЕ

Сөзи: Байнияз Қайыпназаров
Атқарыўшылар: Әзима Үсенова ҳәм Гәўҳар Сайтова (дуэт)

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 3 weeks ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 week, 6 days ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 6 days, 5 hours ago