Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Мираддин Мириад

Description
Republic of Qaraqalpaqstan

Мираддин Оралбай улының азы-кем
қәлем қозғалысын жарыялаўшы арна

Miraddin Miriad's personal creative
Telegram channel and more
@miraddinbot

https://hipolink.me/miraddin
https://www.instagram.com/miraddinmiriad?igsh=MXA1dDR6d
Advertising
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 6 days, 15 hours ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 2 weeks ago

1 month, 1 week ago

*🔰 Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы
📜 Пенсиялар, напақалар, социаллық жәрдемниң басқа да түрлери рәсмий түрде белгиленген күнелтиў зәрүрлигиниң ең кем муғдарынан аз болыўы мүмкин емес.*
📌 Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 37-статьясы 2-бөлими
🔗 *Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Нызам шығарыўшы жоқары мәмлекетлик ҳәкимияты уйымы рәсмий сайты —https://joqargikenes.uz/qar-res-konstituciyasi

Күнелтиў — күн көриў, өмир сүриў, күн кешириў, өмир кешириў, тиришилик етиў, оңысыў.*
📚 Дерек:** Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 3-том. К—Н. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1988, 72-бет.

#Qaraqalpaqstan #Konstituciya #Túsindirme_sózlik

1 month, 1 week ago

*🔰 ТҮСИНДИРМЕ СӨЗЛИКТЕН*

❗️ДӘЛИЛ ат. 1. Бир нәрсениң дурыслығын сыпатлаў, тастыйықлаўға келтирилген тийкар. 2. Себеп, сылтаў. Әлбетте. Рәўшан бул ислерди айтып, дәлил етип отырмады (Ж. Аймурзаев).

❗️ДӘЛИЛЛЕМЕ ат. 1. Қандай да бир нәрсени тастыйықлайтуғын аргумент, айғақ. Буннан басқа дәлиллеме жоқ еди (Т.Қайыпбергенов). 2. Жаңа қәделер дөретип шығаратуғын ой жуўмағының системасы.

❗️ДӘЛИЛЛЕУ ф. Бир нәрсениң анықлығын, дурыслығын тийкарлы етип дурыслаў, тастыйықлаў, анықлаў. Теореманы дәлиллеў.

❗️ИСПАТЛАЎ ф. гөнерген сөз. Дәлиллеў, тастыйықлаў. Ғәлле таярлаў жойбарының орынланыўының рабочий жамайы* ушын, партия ушын зор маңызы** бар екенлигин испатлаўдың қәжети жоқ (Қ.Ирманов).

📚 Дерек: Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 2-том. Г—К. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1984, 62, 280-бетлер.

#Túsindirme_sózlik

Дадымал – исеним, исендириўшилик, тақ турыўшылық. Заман күшлиники, жыққандики болса, оларға екеўимиз-ақ дадымал айтар едик-аў (К.Султанов).

Жамай = Класс*
Класс (1)жәмийетте тутқан орны, алға қойған мақсети, өндирис қураллары бирдей болған тарийхый жәмийетлик қатлам, топар. Совет жәмийети бир-бири менен маўаса татыў, еки класстан рабочийлар менен дийханлардан турады («Қыз. ққ.» г.). Үстем класс болған эксплуататорлардың тутқан жолы қыйсық болса да, олардың тутқан жолы да үстем болып өмир сүрип келген еди, ... («Қыз. муғ.» ж.).

Маңыз – мәнис, мазмуны, негиз, пәтиўа, тийкар.**
Пәтиўа – 1. Жоқарғы әмелдарлар, дин баслықлары тәрепинен мақулланып халыққа усынылыў. Мақтымқулының косықларына пәтиўа басылмаған деди ғой (Қ.Султанов). Қазырейис пәтиўа берип хақтан, өлтирмек лазым деп рәўият тапқан (С. Нурымбетов). 2. Мақуллаў, жөнлеў. Қемпири оның сөзин пәтиўаға алмады (Қ.Султанов).
Пәтиўасыз кел. Орынсыз көп сөйлеўши адам, мәниссиз сөйлеўши адам, турақсыз. Пәтиўасыз хәм умытшақ, суў көтермес ол ашыўшақ, еллиде болар мақтаншақ (Әжинияз). Дүнья десең, Қара жумбай көзиңди, Зулматлары отқа таратар өзиңди, Пәтиўасыз етер залым сөзиңди, Заман маған зиндан киби көринди (Бердақ).

Маламат ат. Хәдийсе, ўақыя, ғаўға, ала-сапыран. Көрсеңизлер қәрамат, Душпапларға көп маламат, Шығарғанға рахмет, Үлкеп қурал доңыз қабақ (Күнхожа).

Маламатлаў ф. 1. Ҳәлеклеў, ҳәрекетлеў, ҳәлекке түсириў. 2. Жамаплаў, урысыў, сөгиў.Халық ушын ис қылып кеўлин шадлаған, Әдилсиз патшаны маламатлаған (С.Нурымбетов).

1 month, 1 week ago

Турмыс тарларын шертип үйреткен.
Өмир ғәрдишлерин кешип көрсеткен.
Сынақлардан өтиўге жазып қолланба,
Ҳәр сөзи шексиз билим-тәрбия, әкем.

Мираддин Оралбай улы
@miraddinmiriad
07.04.2024

3 months ago

🔰 Түсиндирме & аўдарма сөзликтен

📞 Кейинги ўақытлары телефонға келген қоңыраўға жуўап бергенде, сәлемлесип, ҳал-аўҳал сорасып болғаннан кейин бир сораўды еситемиз (айтамыз): "бийзәта (безаўта, бийзаўта) етпедим бе?", "беспокоить етпедим бе?; ...беспокоить еттим".

ℹ️ Бул сөздиң анығына қарағанда, өзбек тилинде "безовта" сөзи екенлиги белгили, бирақ бул сөздиң аўдармасына, мәгәр* итибар берилмейди. Ал, айтылажақ жағдайға қолланылатуғын сөз, "безовта қилмоқ".

📚 1989-жылы "Ўқитувчи" баспасында О.Азизов ҳәм Ж.Ризаева авторлығында шығарылған "Ўзбекча-русча луғат" (Өзбекше-русша сөзлик)тиң 31-бетинде аўдармасы төмендегише баян етилген: Безовта неспокойный, беспокойный, обеспокоенный; безовта бўлмоқ - беспокоиться; безовта қилмоқ - беспокоить; кечиринг, сизни безовта қилдик.

📚 Ал, 1967-жылы Москва қаласында "СОВЕТСКАЯ ЭНЦИКЛОПЕДИЯ" баспасында Николай Александрович Баскаковтың редакторлеўинде 47 000 жақын сөз бар "Русша-қарақалпақша сөзлик"те

Беспокоить 1. тынышын кетириў, тынышын алыў, биймаза етиў, селтең бериў; беспокоить занятого человека - қолы бос емес адамға селтең бериў; извините, что я беспокою вас - кеширесиз, мен сизиң тынышыңызды алдым; 2. тынышсызландырыў, кәўиплендириў, қорқытыў; меня беспокоит отсутсвие писем - хаттың жоқлығы мени тынышсызландырып тур; 3. (раздрожать) азар бериў, аўыртыў; больного беспокоит свет - жақты аўырыўдың тынышын кетирди. Беспокоиться 1. (тревожиться, волноваться) тынышсызланыў, кәўиплениў, қорқыў, 2. аўызекиде, әўерелениў, қыйналыў; не беспокоитесь, я сам сделаю - әўеренленбей-ақ қойыңыз, өзим ислеймен.

"Бийзәта (безаўта) етпедим бе?", "беспокоить етпедим бе?; "...беспокоить еттим" емес, "тынышыңызды алдым", деген мақул болар.

🔹Алғәрез*, "бийзәта (безаўта, бийзаўта) етпедим бе?", "беспокоить етпедим бе?; ...беспокоить еттим"ниң орнына не деўди енди билесиз, деп ойлайман.

  • Мәгәр — мүмкин, итимал, шығар, егер.
    * Алғәрез — сөздиң қысқасы, тоқ етери, жуўмағы.

Miraddin Miriad
TelegramInstagram

#Túsindirme_sózlik

3 months, 2 weeks ago
Бир сулыў бар нағыслайды әлемимди,

Бир сулыў бар нағыслайды әлемимди,
Көркемлейди көзи мөлдир өмиримди.
Даўысы сазлы, сөзи тәўир етер бойымды,
Бир маргия, бийҳуўш етер ойымды.

Мираддин Мириад
@miraddinmiriad

3 months, 2 weeks ago

Ойымды думан басып, бойым бумаланды.
Жай дем алып шығарыў да сынаққа айланды.

Мираддин Мириад
@miraddinmiriad

3 months, 3 weeks ago

Бой жеткен сайын ой да жетилип,
Көпке араласып, жығылып сүрниктик.
Жол үлкейген сайын жан да желинип,
Түнлери күн болып, тикейип кеттик.

Көз айнасы менен ой саҳнасында,
Өмир дәптерин жазып басладық.
Кеўил арнасы менен айлы ақшамда,
Еки жүректиң сазын шертип басладық.

Мираддин Мириад
TelegramInstagram

#miriad

3 months, 3 weeks ago
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 6 days, 15 hours ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 2 weeks ago