Мираддин Мириад • Miraddin Miriad

Description
Republic of Qaraqalpaqstan

Мираддин Оралбай улының азы-кем
қәлем қозғалысын жарыялаўшы арна

Miraddin Miriad's personal creative
Telegram channel and more
@miraddinmiriadbot

https://hipolink.me/miraddin

Барқулла алдыңызда жақсы адамлар болсын
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months ago

@TayyorBiznesBot

Бизнес ва стартаплар
Тайёр бизнеслар
Тижорий объектлар

Бизнесингизни сотмоқчимисиз?
Ёки соф даромадда ишлаб турган бизнес сотиб олиш истагингиз борми?
@adm_tbizness

Last updated 1 month ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

?Website: https://www.azattyq.org

?Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 3 weeks ago

1 month ago

*? Нормативлик ҳуқықый акттен үзинди*

?Сарсаң, сарсаңшылық

? Нормативлик актлерде бекитлиўи

Бул түсиник, уғым Өзбекстан Республикасының 2017-жылғы 11-сентябрдеги ӨРН-445-санлы Нызамы менен тастыйықланған "Физикалық ҳәм юридикалық шахслардаң мүрәжатлары ҳаққында"ғы Нызамының 4-статьясында бекитилген принциплерден бири.

*? Мәниси ҳәм әҳмийети*

Мүрәжатларды көрип шығыўда сарсаңлыққа жол қоймаў – бул пуқаралар ҳәм шөлкемлердиң арзалары, шағымлары ҳәм басқа да мүрәжатларының өз ўақтында ҳәм сапалы көрип шығылыўын кепиллеўши принцип. Оның мақсети – арза бериўшилердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң бузылыўына алып келиўи мүмкин болған тийкарсыз кешигиўлерди сапластырыў.

Сарсаңшылық мүддетлердиң созылыўы, рәсмий қатнас ямаса лаўазымлы адамлардың ҳәрекетсизлигинде көринеди. Бул тек ғана мәмлекетлик уйымларға болған исенимге зыян жеткерип қоймастан, шешим күтип атырған пуқаралар ҳәм шөлкемлер ушын реал унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

Бул принципти әмелге асырыў ушын төмендегилер әҳмийетли:
1. Мүрәжатларды көрип шығыўдың анық мүддетлерин белгилеў ҳәм оларға әмел етилиўин (дурыс орынланыўын) тәминлеў.
2. Лаўазымлы адамлардың ўазыйпаларды орынлаўы үстинен қадағалаўды күшейтиў.
3. Мүрәжатлар бойынша ислеў процесслерин автоматластырыў ушын заманагөй технологияларды енгизиў.
4. Сарсаңшылыққа жол қойған жеке адамларды, соның ишинде, интизамлы (дисциплинарлы) шараларды өз ишине алған ҳалда, жуўапкершиликке тартыў.

Бул принципке әмел етиў ҳуқықый тәртипти беккемлеў, мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў, пуқараларға ҳәм олардың ҳуқықларына ҳүрметли қатнасты қәлиплестириўге хызмет етеди.

#uzindi

@miraddinmiriad

1 month ago

? Канал оқыўшысына жуўап

? Jańabaev Dilshadbek'ке сораў жоллағаны ушын (https://t.me/c/1630366700/883) миннетдаршылық билдирип, жуўап қалдырсам.

Сораўда, қарақалпақ тилиндеги, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 48-статьясында қолланылған "итиятлы" сөзи менен 2020-жыл Нөкис қаласы "Bilim" баспасыннан баспадан шыққан "Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi"ниң (Дүзиўшилер: Мәденбай Дәўлетов, Шамшетдин Абдиназимов) 152-бетиндеги "ıqtiyatlı" (ықтиятлы) сөзлериниң мәниси соралған.

? Қарақалпақ тилиниң төрт томлық түсиндирме сөзлигине қарағанда:

? ИТИЯТ (атлық)— сақ, пухта, берк. Ядлап ҳәм оларды терең муҳаббат пенен итиятлап сақлады (Б.Исмайлов).
*? Дерек:* Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 2-том. Г—К. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1984. 281-бет

? ЫҚТИЯТ (атлық) — берк, сақ, пухта, ?ықтыят болыў — сақ болыў, аңлы болыў, пухта болыў. Суў жүретуғын қарыққа ықтыят болыў зәрүрлиги, шалпайтып та, узайтып та жибермеў дәркар (Ө.Айжанов).
? ЫҚТЫЯТЛЫ (атлық) — аңлы, сезимли, пухталы. Атын айтып шақырса жат кисиниң еситип қойыўы итимал, — деп ықтыятлы болатуғын еди (Қ.Айымбетов).
? Ихтият (келбетлик) = ықтият
*? Дерек:* Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 4-том. О—Я. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1992, 574-бет.

? Демек, бул еки сөздиң мәниси бир. Кейин, тилшилерден анықластырыплып, қосымша мағлыўмат бериледи.

? Түсиндирме сөзликтен

? Итияжтаяр, тақ, пухта, купыя. Усы жағына итияж болыў керек (Т.Кайыпбергенов).
? Итияжлаў1. Пухталаў, қупыялаў. Есикти илип тағы да итияжлап тәмби басып шешинип жатты (Ж.Аймурзаев). 2. Бежериў, таярлаў.

? Бул сөзлердиң мәниси бойынша жеке пикириңизди комментарийде қалдырың.

@miraddinmiriad

1 month, 1 week ago

? https://t.me/ne_janaliq/27226

Кеўил тарланып, қапаланды бир күни,
Билим берген баллары еслеўди қойды.
Байтерек шақалары қуўрады, сынды,
Шәкиртлер устазын жоқлаўды қойды.
<...>
Әзелден болып келди үйрениўши,
Тасты қалап, сүўрет салыў, сызыўшы.
Өткеннен бир елес алып өтиўши,
Өмир сынап, дизгинине дизиўши.

Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
11.09.2024

3 months, 3 weeks ago

Ойлы жоллар, оңлы-соңлы ойлар,
Тум-тустан келеди бойлар.
Самлы сөзлер, бозлы жанлар,
Дилгир, жуўаҳалық қыяллар.

Жақын-жуўықлар жырақ-жуўыққан,
Жуўҳалықта гүжип, жеңилдиң астында.
Шық жуўытпаў, адамлықтан жүдеген,
Жүдәма жүйрик тиллер жүўенсиз кеткен.

  • бойлар, жанлар - адамлар мәнисинде

Мираддин Мириад
@miraddinmiriad

3 months, 3 weeks ago

Ўақытшалық ўайымның өзи де,
Бир дад салып, күлип ертең жүреди.
Гәрдиш, ғалаўаттың көзи де,
Бир қарасаң бәри сағым өтеди.

Мираддин Мириад
@miraddinmiriad#miriad

3 months, 3 weeks ago

? Аўдарма сөзликтен❗️UZ: Жиловлаш
❗️QQ: Жүўенлеў, суўлықлаў, бағындырыў, тыйым салыў

?#Awdarma_sózlik----- --- ----- -- ----- -

*? Түсиндирме сөзликтен*

❗️Жүўен —дизгиниқайыстан исленилип, суўлық орнатылған ноқтаға усаған көлик мүлки, зат, буйым. Аттың басында ноқтасы да, жүўени де жоқ (А.Бекимбетов).

❗️Жүўенлеў1. Жүўен салыў, жүўен тағыў.
2. Аўыспалы. Бағындырыў, бойсындырыў, көндириў, қараслы етиў.
Совет қурылысшылары көплеген дәрьяларды жүўенледи.*❗️Дизгин — жүўендеги суўлыққа бекитилген, услап отыратуғын жип ямаса узынша қайыс. Мүширип дизгинди қайта тартып, кекшийип қалша қатты да қалды (К.Султанов)*. *Дизгинин тартыў — а) аўыспалы: тәртипке шақырыў, жөңге салыў; б) аўыспалы: иркиў, тоқтатыў.

❗️Ноқта — ҳайўанлардың басына кийгизетуғын зат, ертурманлардың бир түри, қурал, әсбап.
Жалын тарап, салып ноқта,
Жүйрик атқа мин қазықта,
Ақ көбик болып узаққа,
Алып ушар ол арғымақ (И.Юсупов)*.
❗️Суўлық — жүўенниң төменине темирден исленип илдирилген аўызлық зат. Ат басына күн туўса, суўлығы менен суў ишер, Ер басына күн туўса, етиги менен суў кешер ("Қарақалпақ халық намалары"). *❗️Нобай — бир нәрсени шама менен алғандағы улыўма көлеми, мол, көп. *Ақ кеўил Айдос бул сапары салғыртты нобай жыйнады (К.Султанов).*
Нобай = Номай**

*❗️Суўмаңлаў — орынсыз суғылысыў, суғанақлық қылыў, жылмаңлаў. Бизлер жатайын деп атырғанда, суўмаңлап молла кирип келди (Ж.Аймурзаев).*?#Túsindirme_sózlik

@miraddinmiriad

3 months, 3 weeks ago

Мағанасыз мағрип жолға түскендей,
Өмир жолым неғайбыллыққа толы.
Мәдарыма мәдаркар, мажал қалмай,
Мажырап қалсам қасым бослыққа толы.

Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
03.10.2024

3 months, 3 weeks ago

*? Аўдарма және түсиндирме сөзликтен*

*? Тирбанд
(UZ) Тирбанд(лик) = (QQ) Тығылыс, баса-бас, қысылыспа, тығызлық
Тирбанд – киши ёки нарсалар билан лиқ тўлган, бутунлай банд, бўш жой йўқ (адамлар ямаса нәрселер менен лық толы, пүткиллей бәнт, бос жер жоқ) [1].
Тығылыс – жийи, қалың [2].
Сондай-ақ,
топланыў, үйме-жүйме болыў.
*? Денгиз сатҳи
(UZ) Денгиз сатҳи = (QQ) Теңиз қәдди
Жер жүзилик океанының еркин бетиниң жағдайы болып, ол белгили бир шәртли есаплаўныў ноқатына қатнаслы тик сызық бойынша өлшенеди. Бул жағдай тартысыў нызамы, Жердиң айланыў моменти, температура, суў көтерилиўи ҳәм басқа факторлар менен белгиленеди. Теңиздиң оғада тез, тасқын, орташа суткалық, айлық орташа, жыллық орташа ҳәм көп жыллық орташа қәддилери бар. [3]

*? Уровень воды в реке = Дәрьядағы суўдың қәдди [4]*

?Қәдди – турпаты, турқы, қәдди-бойы. Енди оны мың қарасаң да қәддиниң болғаны сол (Ш.Сейтов).
?Қәддибойы – түр-түси, келбети, турқы. Лақабын сорасаң айпарша сулыў, Қәддибойы батырларға миясар. [5]
?Дүркин – бир тутас, топар, көпшилик. Солай етип, бурынғы бир дүркин аұыл еки дүркинге бөлинип, ақ отаў менен қара шаңараққа айырылып шыға келди (К.Султанов). [6]

*? Дерек(лер):*
1. Ўзбек тилининг изоҳли луғати. А.Мадвалиев таҳрири остида. Тошкент: “Ўзбекистон миллий энциклопедияси” Давлат илмий нашриёти. 109-бет.
2. Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 4-том. О—Я. Нөкис.: «Қарақалпақстан», 1992, 373-бет.
3. ВикипедиЯ. URL: https://ru.wikipedia.org/wiki
4. Н.А.Баскаков. Русша-қарақалпақша сөзлик. Москва, 1967. 1052-бет.
5. Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 3-том. К—Н. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1988. 152-бет.
6. Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 2-том. Г—К. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1984. 91-бет.

#Awdarma_sózlikten#Túsindirme_sózlik

3 months, 3 weeks ago
Мираддин Мириад • Miraddin Miriad
7 months ago

*? Түсиндирме сөзликтен*

*❗️Жампақ — ақсақ.*

❗️Жампаңлаў — 1. Аяғын сылтып, ақсаңлап басыў, жүриў. 2. Аўыспалы. Жағымпазланыў, жағынып хызмет етиў. Алламберген емек тастай Жарылқасынның жанынан жампаңлап қалмайды.

*❗️Жампық — қыйсық аяқ, ақсақ, маймақ, шойнақ.*

? Дерек: Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 2-том. Г—К (к — көзсизлик). Нөкис. Қарақалпақстан, 1984, 166-бетлер.

#Túsindirme_sózlik

We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months ago

@TayyorBiznesBot

Бизнес ва стартаплар
Тайёр бизнеслар
Тижорий объектлар

Бизнесингизни сотмоқчимисиз?
Ёки соф даромадда ишлаб турган бизнес сотиб олиш истагингиз борми?
@adm_tbizness

Last updated 1 month ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

?Website: https://www.azattyq.org

?Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 3 weeks ago