Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
? Байланыс: @baylanis24_bot
? Реклама: @ne_janaliq_reklama
Last updated 2 months ago
Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов
Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup
Last updated 3 days, 9 hours ago
Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы
Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]
? Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
?Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz
Last updated 3 months, 1 week ago
⚡️**Әзиз ўатанласлар!
✅ «Жыл мектеби–2024» таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып** жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.
🏆Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 27-январь саат 11:00 жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.
1. 35-санлы мектеп (Хожели) – 8814;
2. 19-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 8635;
3. 27-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 5274;
4. 2-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 5246;
5. 21-санлы мектеп (Қараөзек) – 3529;
6. 14-санлы мектеп (Шымбай) – 2599;
7. 4-санлы мектеп (Мойнақ) – 2468;
8. 12-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 2315;
9. 2-санлы мектеп (Қараөзек) – 2214;
10. 36 ИДУМ (Шымбай) – 2111;
11. 31-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1715;
12. 37-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1661;
13. 23-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1584;
14. 1-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1483;
15. 26-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1380;
16. 3-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1309;
17. 19-санлы мектеп (Кегейли) – 1259;
18. 11-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 1112;
19. 38-санлы мектеп (Шымбай) – 983;
20. 24-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 933.
☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Моноблок, принтер ҳ.т.б.) бериледи. Таңлаў 2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.
Музыкалық тәнепис
⚡️️Миллий гвардияға оқыўшыларға байланыслы ҳуқықбузарлық ушын ҳәкимшилик жаза қоллаў ўәкиллиги берилмекте
▫️Сенатор Рустам Калоновтың пикиринше, Миллий гвардия инспектор-психологларының ҳәрекетлери менен мектеплерде оқыўға қатнас өткен жылдан берли 50 проценттен 95 процентке көтерилген.
▫️Енди Миллий гвардия уйымларына балаларға билим бериў миннетлемелерин орынламаў, жәмийетлик орында сигарет шегиў ҳәм спиртли ишимлик ишиў сыяқлы ҳуқықбузарлықлар бойынша жаза қоллаў ўәкиллиги берилмекте.
❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
❓ Қандай жағдайларда жумыс бериўши хызметкерге ис ҳақы сақланбаған мийнет дем алысын бериўге мәжбүр?
✅ Мийнет кодексиниң 242-статьясына муўапық, хызметкердиң қәлеўине көре:
➖ 1941 — 1945 жыллардағы урыс қатнасыўшыларына ҳәм имтиязлары бойынша оларға теңлестирилген шахсларга;
➖ I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға;
➖ еки жастан үш жасқа шекем болған баланы күтимине қарап атырған баланың ата-анасынан бирине (қәўендери), апасы, атасы яки басқа туўысқанларына;
➖ он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланы яки он алты жасқа толмаған майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ата-анассының бирине (ата-ананың орнын басыўшы шахсқа) — ҳәр жылы он төрт календарь күнге шекем мәжбүрий тәртипте ис ҳақы сақланбаған мийнет дем алысы бериледи.
❇️ Каналға ағза болыў ???
https://t.me/adillikadvokati
My.gov.uz порталы арқалы мәмлекетлик хизметлерден онлайн пайдаланың!
? my.gov.uz/oz/service/308 — Такси айдаў ушын лицензия алыў;
? my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў;
? my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;
? my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўға ўақтыншалық шеклеў қойылғанлығы жағдайын анықлаў;
? my.gov.uz/uz/service/491 — Өз-өзин бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;
? my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған ис ҳақы сўммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;
? my.gov.uz/uz/service/486 — Напақа тайынлаў ушын арза бериў;
? my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;
? my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors AJ арқалы автомобил сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;
? my.gov.uz/uz/service/418 — Сырт елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;
? my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;
? my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;
? my.gov.uz/uz/service/743 — "Темир дәптер"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;
? my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;
? my.gov.uz/uz/service/654 — Aвтотранспорт қуралларының тыйымды тексериў;
? my.gov.uz/oz/service/938 — Кредит тарийхы үйренилгенлиги бойынша ескертиўши «СМС-хабарнама» алыў.
? Oilakredit.uz — шаңарақлық исбилерменлик бойынша кредит алыў ушын арза бериў;
? online-mahalla.uz — бул дизимде көрсетилген жөнелислер ушын субсидия алыў мүмкин;
? ipoteka-bozori.uz— жаңа тәртиптеги ипотека кредитлери;
? Subsidiya.mf.uz — субсидия рәсмийлестириў бойынша;
?smart-market.uz — ири ислеп шығарыўшы, көтере саўда, жеткерип бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын өз өним ҳәм хызметлерин еркин сатыў және кредит алыўшылар ушын өним жеткерип бериўши фирманы еркин таңлаў имканияты бар.
? talim-krediti.uz яки talim-krediti.mf.uz—тәлим кредитин алыў ушын;
? Infokredit.uz ёки my.gov.uz — кредит тарийхын билиў ушын;
? bank-kredit.uz —"20 исбилермен - 500 мың маман қәнийге" дастүри шеңберинде кредитге арза бериў;
? portal.infokredit.uz — Юридик шахслар кредит тарийхы ҳаққындағы мағлыўматты алыў ушын.
?my.gov.uz қосымшасын жүклеп алыў: Google Play яки App Store
?Бул постты жақынларыңызға тарқатың.
❇️Каналға қосылыў ???
https://t.me/adillikadvokati
⚡️**Әзиз ўатанласлар!
✅ «Жыл мектеби–2024» таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып** жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.
?Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 19-январь күнги жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.
☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Моноблок, принтер ҳ.т.б.) бериледи. Сондай-ақ, таңлаўда даўыс бериўде белсенди қатнасқан пуқараларға да саўғалар қойылған. Таңлаў 2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.
❓Турмыс қурыў ўақтында өмирлик жолдасының үйине берилген қалыңмал пулын (некеден ажырасқанда) қайтарып алыўга болама...
☑️Шаңарақ кодексиниң 44-статьясына көре, суд тәрепинен некеден ажырасыў туўралы иси көрилип атырғанда той өткериўге кеткен қәрежетлерди өндириў ҳаққындағы талаплар қанаатландырылмайды.
◾️Бул жерде ҳеш қандай жуўапкерлик жоқ. Қалыңмал ҳеш қандай нызам менен тәртипке салынбайды.
◾️Пуқаралық Кодексиниң 234 ҳәм 235-статьяларына бола, ҳәр еки тәреп арасында шәртнамалық миннетлемелер болса, ис даўа тәртибинде көрип шығылады ҳәм суд жуўмағында усы миннетлемелерди орынлаў ҳаққында шешим шығарады.
◾️Бирақ қалыңмал берген ямаса алған еки тәреп арасында ҳеш қандай миннетлеме жоқ еди. Қалыңмал - бул саўға. Соның ушын, оның "ақланыўы яки ақланбаўы" - бул саўғаны берген адамның тәўекели.
❇️Каналға қосылыў ???
https://t.me/adillikadvokati
❔️Айдаўшылық гүўалығы паспорттың орнына жүреме
Министрлер Кабинетиниң "Ишки ислер уйымлары системасында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын буннан былай да жетилистириў ҳәм тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары 6-бәнтине муўапық,
Пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары ямаса миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.
Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусына ийе болғанлығы себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процессинде паспорттың орнын баса алады.
❇️Каналға қосылыў ???
https://t.me/adillikadvokati
Дүнья жүгин арқасына тийеген,
Инсан деген уллы атқа ийемен.
Базбиреўлер адамлықты умытып,
Ҳайўан исин ислегенге күйемен.
✍Тилеўберген Жумамуратов
❇️Каналға қосылыў ???
https://t.me/adillikadvokati
⚡️**Әзиз ўатанласлар!
✅ «Жыл мектеби–2024» таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып** жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.
?Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 18-январь күнги жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.
☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Моноблок, принтер ҳ.т.б.) бериледи. Сондай-ақ, таңлаўда даўыс бериўде белсенди қатнасқан пуқараларға да саўғалар қойылған. Таңлаў 2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
? Байланыс: @baylanis24_bot
? Реклама: @ne_janaliq_reklama
Last updated 2 months ago
Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов
Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup
Last updated 3 days, 9 hours ago
Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы
Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]
? Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
?Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz
Last updated 3 months, 1 week ago