Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

Qaraqalpaq haqıyqatı

Description
🌐 Жаңалықлар
🌐 Сиясый хабарлар
🌐 Машқалалар
🌐 Жеке пикир
🌐 Сын мақалалар

Махсет: Ашықлық ашкаралық

Мағлыуматлар мурәжаатлер ушын
Бот @QRMurajaat_bot
Advertising
We recommend to visit

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
abaibolkz@gmail.com

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

www.shyngys.kz
www.abaibol.kz

Last updated 1 Monat her

`` @pricesovmmsri

Last updated 1 Monat, 3 Wochen her

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Last updated 4 Wochen her

3 weeks ago

Не ушын электроэнергия ҳәм тәбийий газдың классификацияланған тарифлери енгизилиўи керек болды?Бизге мәлим болыўынша, усы ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасында 1 кВт электр энергиясын ислеп шығарыў баҳасы 970 сумды, 1 куб метр тәбийий газди ислеп шыгарыў баҳасы болса 1890 сумды қураған.Бирақ, мәмлекет тәрепинен жеңиллик болыўы ушын электр энергиясы ҳәм де табийий газ халқымызға өзиниң баҳасында сатылмаған. Яғный, усы ўақытқа шекем мәмлекет 1 кВт электр энергиясын халыққа 295 сумнан жеткерип берген болса, қалған 675 сумын бюджет есабынан субсидия тәризинде төлеп келген. Бул жағдай тәбийий газге де қолланылған (1 куб метр газдиң 380 сумын халық, 1510 сумын мәмлекет төлеген)

Мағлыўмат ушын, мәмлекет бюджети бул - халық төлеген салық дегени. Демек, субсидия ушын ажыратылатуғын пулларда халықтың бюджети болып есапланады.

Өткерилген тәжрийбелерге көре, орташа бир шаңарақ, кондиционер, кир жуўыў машинасы, утюг, телевизор пайдаланғанда айына 183 кВт-саат электр энергиясынан пайдаланған болып шыққан.

Ал бассейинин ысытатуғын, сауна қурған бай шахслар болса айына 5 мың кВт-саат электр энергиясы ислеткен.

Әлбетте, 5 мың кВт-саат электр энергиясы өзиниң есабынан емес, мәмлекет бюджети есабынан "төленген". Берилип атырған субсидияның кәмбағалдан да көре, байларға көбирек пайдасы тийген.

Нәтийжеде 85 процент халқымыздан да көре, 15 процент бай шахслар ислететуғын электр энергиясы көлеми кескин асып кеткен.

Ҳүкимет қарарына көре, 2024-жыл 1-майдан баслап болса, бул әмелиятқа шек қойылады.

Ендигиден былай, көп электр энергиясынан ҳәм тәбийий газден пайдаланған шахслар мәмлекет бюджетине көбирек пул төлейди.

Каналға ағза болыў
👉@qr_haqiyqat👈

3 weeks, 5 days ago

Өзбекстанда 1-майдан электр эгнергиясы бир айлық тутыныўының базалық муғдары тастыйықланып, олардың талабына қарап топарларға ажыратыў жолға қойылмақта.
Усы күнге шекем энергетика тараўындағы баҳалар сиясаты кәмбағаллар еледе кәмбағалласыўына, байлардың болса еледе байыўына шәраят жаратып келген. Баҳалардың «турақлылығын» услап турыў болса бюджеттен энергетика секторына миллиардлап доллар субсидиялар ажырытылыўына себеп болған.

*_

Ўзбекистонда 1 майдан электр энергияси бир ойлик истеъмолининг базавий меъёрлари тасдиқланиб, уларнинг эҳтиёжига қараб гуруҳларга ажратиш йўлга қўйилмоқда*.

Шу кунгача энергетика соҳасидаги нарх сиёсати камбағаллар янада камбағаллашишига, бойларнинг эса янада бойишига олиб келадиган бўлган. Нархларни «ушлаб» туриш сиёсати эса бюджетдан энергетика секторига миллиардлаб доллар субсидиялар қилишни талаб қилган.

Каналға ағза болыў
👉@qr_haqiyqat👈

3 weeks, 5 days ago

Электроэнергияға классификацияланған тариф алдынырақ енгизилиўи керек еди

1-майдан электроэнергияның классификацияланған тарифлери енгизилип атырғанлығы ҳаққында оқыған болсаңыз керек.
Яғный өзгерислерге бола енди көп қабатлы үйлер ҳәм жатақханада жасаўшылар:

- социаллық норма шеңберинде, яғный айына 200 kWhқа шекем электр энергиясы 225 сумнан жеткерип бериледи.
- Нормадан асқанда 201 kWhтан 1000 kWhқа шекем 450 сум,
- 1001 kWhтан 5000 kWhқа шекем 675 сум,
- 5001 kWhтан 10 000 kWhқа шекем 787,5 сум,
- 10 001 kWhтан кейин 900 сум.

Қалған тутыныўшылар ушын социаллық норма шеңбериндеги (айына 200 kWhқа шекем) тариф 450 сум болады. Нормадан артса, қанша артқанына қарап көп қабатлы үйде жасаўшылардағы тарифтен еки есе көбирек болады.

Бул неге енгизилип атырғанлығына итибар қаратың, ҳәзирги ўақытта электр энергиясының өзине түсер баҳасы дерлик 1000 сум, тәбийғый газдиң өзине түсер баҳасы болса 2000 сум екен.

Бул салалар ҳәзирде зыянға ислеп атыр, энергетика саламыз субсидияға отырып қалған. Мәмлекетлик бюджеттен субсидия ушын жүдә көп пул ажыратылады, бул жағдай даўам етсе, жақсылыққа алып келмейди.

Өзи тийкарында энергия өз баҳасында сатылыўы керек. Бирақ егер энергия өз баҳасында сатылса баҳалар дерлик 5 есе артып кетеди. Соның ушын тарифлерди киргизген болса керек. Өзбекстан халқының көпшилик бөлими 200-250 киловаттан көп жумсамайды.

Көп жумсайтуғынлар болса қымбатлаў төлейди.

____

Электроэнергияга табақалаштирилган тариф олдинроқ киритилиши керак эди

1-майдан электроэнергияни табақалаштирилган тарифлари киритилаётган ҳақида ўқиган бўлсангиз керак.
Яъни ўзгаришларга кўра энди кўп қаватли уйлар ва ётоқхоналарда яшовчилар:

- ижтимоий меъёр доирасида, яъни ойига 200 kWhгача электр энергияси 225 сўмдан етказиб берилади.
- Меъёрдан ошганда 201 kWhдан 1000 kWhгача 450 сўм,
- 1001 kWhдан 5000 kWhгача 675 сўм,
- 5001 kWhдан 10 000 kWhгача 787,5 сўм,
- 10 001 kWhдан кейин 900 сўм.

Қолган маиший истеъмолчилар учун ижтимоий меъёр доирасидаги (ойига 200 kWhгача) тариф 450 сўм бўлади. Меъёрдан ошса, қанча ошганига қараб кўп қаватли уйда яшовчилардаги тарифдан икки баравар кўпроқ бўлади.

Бу нега киритилаётганига эътибор беринг, айни пайтда электр энергиясининг таннархи деярли 1000 сўмни, табиий газ таннархи эса 2000 сўм экан.

Бу соҳалар ҳозирда зарарга ишлаяпди, энергетика соҳамиз субсидияга ўтириб қолган. Давлат бюджетидан субсидия учун жуда катта пул ажратилади, бу ҳолатни давомийлиги яхшиликка олиб келмайди.

Ўзи аслида энергия ўз нархида сотилиши керак. Аммо агар энергия ўз нархида сотилганида нархлар деярли 5 бараварга ошиб кетарди. Шу учун тарифлар киритишганга ўхшайди. Ўзбекистон аҳолисини катта қисми 200-250 киловатдан кўп ишлатмайди.

Катта миқторда ишлатадиганлар эса қимматроқ тўлайди.

2 months, 2 weeks ago

Президент Шавкат Мирзиёев Әмиўдәрьяға барып көпирди ашып берди

Каналға ағза болыў
👉@qr_haqiyqat👈

2 months, 2 weeks ago
***❗️*****«Қыпшақ понтон» көпири жабылады**

❗️«Қыпшақ понтон» көпири жабылады

Әмиўдәрья районындағы «Қыпшақ понтон» көпиринде усы жылдың 29-февраль күни саат 7:00ден 18:00ге шекем қосымша оңлаў жумыслары алып барылыўы мүнәсибети менен жеңил автомобиллерден тысқары басқа бәрше транспорт қуралларының  (автобуслар, микроавтобуслар, тракторлар, жүк тасыўшы транспортлар)дың ҳәрекетлениўи ўақтынша шекленеди.Усы мүддет даўамында жоқарыда көрсетилген транспорт қураллары Жумуртаў понтон көпири арқалы ҳәрекетлениўине болады.

4 months ago
4 months, 4 weeks ago
**1934 г. Турткул-столица Каракалпакской АССР в …

**1934 г. Турткул-столица Каракалпакской АССР в 1925-1932-г.г.

Төрткүл-Қарақалпақстан тарийхындағы бес қаланың бири. Бес қала дегенде "Ш" ҳәрибинен басланатуғын үш қала-Шорахан (Төрткүлдиң ески атамасы). Шаббаз (Бируни), Шымбай (Сатемир қала), сондай-ақ Хожели ҳәм Қоңырат түсиниледи. Сол себепли Қарақалпақстан елеге шекем парсы тиллес еллердиң тарийхнамасында - "Бес қала" деп жүргизилмекте. Төрткүл қаласына 1873-жылы патша Россиясы тийкар салған ҳәм қалаға Петро - Александровск (1873-1920) деп ат берген. Жергиликли халық оны-Шорахан деп атаған. Қала халқы - 65,4 мың адам (2004).Совет дәўиринде қалада пахта тазалаў заводы, пахта талшығынан жип ийириў ҳәм тоқыў фабрикалары болған. Москвадағы 22-Жазғы Олимпиада Ойынлары (1980, штанга) чемпионы Султан Раҳманов усы қалада туўылып-өскен. Төрткүл-Қарақалпақстан АССРының 1925-1932-жыллардағы пайтахты.
Бирақ, ол туўралы өз алдына гәп қыламыз.**

Каналға ағза болыў
👉@qr_haqiyqat👈

5 months ago

Күн темасы.

Каналға ағза болыў
👉@qr_haqiyqat👈

5 months ago

🇬🇦 1992-жыл 14-декабрь Қарақалпақстан Республикасы байрағы қабыл етилген кун.

Каналға ағза болыў
👉@qr_haqiyqat

6 months, 1 week ago

Экономика ҳәм финанс министрлиги 2024-жылға салық төлемлери бойынша өзгерислерди жәриялады. Солардан:

Өзин-өзи жумыс пенен тәмийинлеп атырғанлардың жыллық дәраматы 100 млн. сумнан көп болса, айланыстағы қаржыдан 4% салық өндириледи. Жыллық айланысы усындай сумманы қурайтуғын жеке исбилерменлер ушын да усындай тәризде салық белгиленеди.

1-апрельден баслап қурамында қант болған газланған ишимлик суўдың литри ушын 500 сум акциз салығы белгиленеди. Акцизден түскен қаржылар Медицинаны раўажландырыў фондына қаратылады.

Каналға ағза болыў 👉 https://t.me/qr_haqiyqa

We recommend to visit

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
abaibolkz@gmail.com

📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

www.shyngys.kz
www.abaibol.kz

Last updated 1 Monat her

`` @pricesovmmsri

Last updated 1 Monat, 3 Wochen her

Реклама ушын 👉 @UyjayAdmin ге жазың.

Көшпес мүлк саўдасы бойынша барлық дағазаларды усы телеграм каналдан көрип барсаңыз болады.

Каналға үй-жай дағаза бериў
https://t.me/c/1174744733/2142👈 шәртлери

Last updated 4 Wochen her