Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Last updated 1 day, 7 hours ago
Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы
Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]
📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz
Last updated 1 month ago
Жеке канал
Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған.
Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий
🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Last updated 2 days, 21 hours ago
Интернет тармақларында базар ҳаққында негатив мақалаларды оқысам яки видеоларын көрип қалсам өзимниң балалығым ядыма түседи.
Менда пайтахтта туўылдым, өстим, оқыдым ҳәзир болса жумысым себеп районлардың биринде жумыс ислеп келмектемен. Қалада турсақ да жаслығымыз мийнет пенен тығыз байланыста еди. Бизлер туратын жерде инсанлар жерсиз дем ала алмайтын дәрежеде жерге мийрим қойған. Бәҳәрде жердиң тоңы кеткеннен жети жастан жетпис жасқа шекем ҳәмме атызда жүреди. Сол ядымда еле 4-5 жас ўақытларым болса керек қолымнан келгенше жазда анамның қасында бақлажан, бүриш теретин болса қалтаның аўзын қайырып қарықлардың ишинде сүрнигип жүретин едим. Базарға апарып сататын затлары көбейип кетсе қасында бирге бараман. Қудайға шүкир әкем менен анам сол мийнеттиң арқасында бизлерди оқытты, үйли-жайлы қылды.
Енди базар ҳаққындағы мақалалар шығарып атырғанларға айтарым базардың нанын жеп ол жерде қыста суўықта тоңып, жаздың +50 градус ыссысында өзиниң затын сатып үйине жеткенше асығып туратын адам ғана түсинеди ол жердеги сатыўшылардың жағдайын. Буннан нешше жы бурын бизлер сол Нөкистеги Орайлық базардағы машиналар тоқтайтын бәндиргиде жаз басланғаннан атызда шыққан көк пияздан тартып, жаңа жыл кирип келемен дегенше атызда не зат болса сатып, шаңарағымыз қазанын қайнаттық. Үйде анамда әкемда мәмлекет жумысында ислейди бирақ, дәраматымыз атыздан еди. Сол ҳәммеге белгили машиналар тоқтайтын бәндирги бизлер ушын ең жақсы сатыў орны еди. Себеби ол жерде қарыйдар көп және ол жерде алып-сатарларға қарағанда дийханлар болатынынан көпшилик хабардар.
Мектеп ўақытларымда да досларымызды базарда сабақтан бос ўақытларында анасы яки әкеси менен атызынан шыққан затларын сатып атырғанының гуўасы боламыз. Ертесине мектепте ҳеш ким бир-бириниң үстинен күлмейди. Ҳәммемиз сол мийнеттиң арқасында тәрбияландық десек алжаспаған боламан. Блогерлерге айтарым базар темасын шығарып көбирек адам жийнаў яки тезирек танымалы болыў нийетиңиз болса басқа жерден баслағаныңыз мақул. Себеби нешше мыңлаған адамлар ол жерде қара қазанын қайнатпақта. Сизлердиң бир ғана негатив мақалаңыз ол жердеги инсанлар турмысын өзгертип жибериўи мүмкин. Дүзетемиз деп ҳәммесин бүлдирип алмаң! Раўажланыў бирден болмайды. Әсте-ақырын базарларымыз да жақсыланып келмекте. Ҳәзир инсанлардың өзилери не жақсы екенин бизлер айтпасақ та түсинеди.
Каналға ағза болыў
?@qr_haqiyqat?
Депутатлыққа талабанларды көрсетиўде ҳаял-қызлардың үлеси кеминде 40 процент болыўы белгиленди
Сайлаў нызамшылығы алдынғы демократиялық стандартларға муўапық түп-тийкарынан жетилистирилди. Соның ишинде, сайлаў уйымларының Орайлық сайлаў комиссиясы басшылығындағы жаңа системасы енгизилди, сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанларды көрсетиўде ҳаял-қызлардың үлеси кеминде 40 процент болыўы белгиленди.
Каналға ағза болыў
?@qr_haqiyqat?
Блогер шантаж жолына өттима?
Вангадай көзи ашық болмасам да кешеги мақалада айтқаным 100% дурыс келетиндей. Бизлер өзи қашан бир-биримиздиң изимизди шуқлаўды қоямыз. Апамыздың қайсыдур прессаға жумысқа өткиси келгенлиги мәлим болды. Жақын саатлардағы жазған мақаласы буның айқын дәлийли. Мениң блогерлик яки журналистика тараўына улыўма жақыншылығым болмаса да буны сездим. Оны ҳәр қандай инсанда байқағаны анық. Районлардың прессаларының маманлығын изертлеп неге еристиңиз яки журналист емес деген жерге өзиңиз бармақшысыз ба? Мениң инсайдерлерим берген мағлыўматқа қарағанда сизиң саўатыңыз маманлығыңыз Пресса болыўға улыўма жақынламайды. Бәрше районлардың жумысын гүзетпесем да көпшилигин көрип бараман. Олар өз жумысының усталары. Сизиң кейинги мәнзилиңиз министрлик болған болса ол жерди тышқандай болып тынтып неге ериспекшисиз? Яки шантаж жолына өтип бирар бир мәп гөзлеп турсыз ба? Бирақ және бир гәп "Ешек сыйпағанды, жаман сыйлағанды билмес". Сыйыңыз питтима дедим? Сизиң да баратын мәнзилиңиз жақынладыма дедим? "Бузаўдың жүгиргени сабанханаға шекем".
Каналға ағза болыў
?@qr_haqiyqat?
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Last updated 1 day, 7 hours ago
Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы
Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]
📹 Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
📲Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz
Last updated 1 month ago
Жеке канал
Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған.
Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий
🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Last updated 2 days, 21 hours ago