Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Алпысбай Султанов

Description
Қарақалпақ әдебиятында өзиниң тәкирарланбас дөретиўшилик жолына ийе Өзб. ҳәм ҚҚ. Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алпысбай Султановтың (Алп Султан) шығармалары каналы.
Пикир ҳәм усынысларды @is_juritiwshi_bot жолласаңыз болады.
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 12 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 month, 2 weeks ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 1 month, 1 week ago

3 weeks, 4 days ago
3 weeks, 4 days ago
3 weeks, 4 days ago
4 months, 3 weeks ago

Муҳаббат аталмыш сезимниң қулы болып мени де, өзин де усы аўҳалға салғаны ушын өзинен бетер мени көбирек аяйды, ал истиң ақыбетин ойламағыны ушын мениң оған қатты ғәзебим келеди, оның жүзин көрмейин, умытсын мени, деп көпшилик биле бермейтуғын усы санаторийға жоллама алып келдим. Енди қайдан билгенин билмеймен, кеше ол маған телефон соғып тур, «қоңыраў етип атырған үйдегилер шығар» деп, абайламай телефонды тыңлап қойдым. Маған жоллама берген кәсиплик шөлкемдегилер санаторийдиң атын, мәнзилин айтып қойған болса керек, енди «кейниңнен келемен» деп атыр. Мен бул жерден тезирек кетиўим керек. Болмаса, ол келсе, оны унататуғынымды жасыра алмайман, бояў бослығым бар, оның айтқанына көнип, оның менен тағы ушырасып қояман.
«Дәриханаға барыўым керек» деп Динара орнынан турып кетти.
Еситкен гәплеримниң тәсиринде сам-саз болып отырсам туўры алдыма бир жигит келип тур. «Қырғызстаннан келген Динара деген нашарды танымайсыз ба», деп меннен сорайды.
Негедур өзимди тута алмай қалдым:  − Танымайман!−  деп жекириндим мен.
− Ҳаў, әстерек, аға!− деди ол мени өзинен жасы үлкен көрип.Ол жигит келди. Скамейкада бир өзим отырған меннен сорамасы бар ма.
− Мен ондай нашарды танымайман! Бул жерде бурынғы аўқамнын барлық жерлеринен келген емлениўшилер бар, қайсы бирин билип боласаң,− дедим мен.
Ол оғыры мәдениятлы жигит екен.
− Кеширерсиз, қайда екенлигин қабыллаў ханасына барып сорарман, деп ол меннен алыслады.
Негедур мениң кейпиятым қашып кетти. Не қыларымды билмей, терең тәшўишке түсип, үнсиз отыра бердим. Бир ўақытта еситилген шаўқымнан төмен түсип кеткен басымды көтерип, даўыс шыққан жаққа қарасам, меннен Динараны сораған жигит, оның қызы Жамийланы қолында көтерип киятыр! Қыз оның мойнынан  қатты қушақлап алған!
Анасы:
− Жамийла! Түс жерге! Түс жерге!− деп бақырады.
Қызы оны тыңламайды. Қалай тыңласын, әкесин сағынып қалған. Әкениң аты әке-дә! Динара оның жүзин көрмеймен, деп қанша қашқаны менен тәғдир оларды қайта дусластырды.
Мен аты-затын билмейтуғын жигит сүйиклиси Динара ҳәм оннан туўылған айдай қыз Жәмийланы алып санаторийден шығып кетти…
Олар енди қайда барады? Туўмаған ҳаялы буларды көрсе, не қылады, қандай аўҳалға түседи? Оны бир Қуда биледи!
Адасқанның айыбы жоқ, қайтып жолын тапқан соң.
Енди түрли ойлар мени тәшўишке сала баслады. Ол жигит туўмайтуғын ҳаялы менен сот арқалы ажырасып келди ме екен?
Негедур қалған жағында мениң де санаторийде болғым келмей қалды.
Санаторийдиң емин мисе тутпадым ба? Маған  не керек өзи? Билмеймен, ақылым ҳайран.
Арадан айлар өтип, енди өтмишке ой жуўыртып, ақылға салып билсем, жүрегим менен сырлассам, гәптиң ырасы, о ессиз басым, маған Динараның мени унатып қалғаны керек екен- ғо!…

7-январь 2024-жыл.

https://t.me/alp_sultan

4 months, 3 weeks ago

*− Болады, атыңызды айтсаңыз жан деп көрсетемен,− дедим мен.
− Атым, Динара! Қәне, көрсет!
− Өзим оқып бермесем қарақалпақшаға түсинбейтуғын шығарсыз
− Яқ, түсинемен. Поэзияны өзим оқымасам, ләззет ала алмайман.
− Бопты.
Мен оған қосык дәптеримди создым, ол ҳәрбир қатардың үстинен бармағын жүргизип оқыды. Даўысының жағымлысын айтсаш. Тек көринис-келбети емес, сыңғырлаған сести де, адам сүйсинерлик дәрежеде әжайып екен. Негедур қыймыл-ҳәрекети маған унап баратыр, жүрегим ҳәдден тыс қатты соғып, өзимди устай алмай баратырман. Буншама не болған маған? Тап бир Айтматовтың қаҳарманы алдымда отырған сыяқлы тәшүишке түсе басладым. Көзлерим жаўтаңлап, оны нәпеси менен қоса жутып қоймақшыман.

МОҲИ ХОСА

Бухарада небир әмирлер өткен,
Ҳәр бири тарийхқа из салып кеткен,
Солардан бул күнге мәрдана жеткен,
Теберик мәкансаң  сен Мохи Хоса!

Сәрўан өтер еди кәрўаны менен,
Кеўлинде сән әлўан әрманы менен,
Әмир Әлимханның пәрманы менен,
Бой тиклеген сарай− сен Моҳи Ҳоса!

Бухараның шар тәрепин айланып,
Сарай қурыў нийетинде ойланып,
Ақырында бул мәканнан жай алып,
Биният болғансаң сен  Мохи Хоса!

Шыпалы ҳаўасын билмекши болып,
Бул шәҳәрдиң төрт жақ тәрепин шолып,
Ең соңында усы мәнзилге қонып,
Сени сарай еткен о Моҳи Хоса!

Пәрман менен бирнеше қой сойдырып,
Гөшин илип, төрт тәрепке қойдырып ,
Бузылмаған еттен улкен той қылып,
Сени мәкан еткен о Мохи Хоса!

Қәнитзек− перийлер шомылған ҳаўыз,
Айтсаң арзыр қанша толтырып аўыз,
Ышқы отында Әмир болған ба жаўыз?
Сезимлер гуўасы о Мохи Хоса!

Неге бунша көзге ысық бу кәра?
Бир көриўге ынтық болған пуқара,
Сен арқалы даңқ таратқан  Бухара.
Муқәддес-ҳүр мәкан  о Моҳи Хоса!

Әмир салтанатын әўләдлар көрер,
Ҳәрким несип еткен дәўранын сүрер,
Пәрлери мың рең таўыслар жүрер,
Сен бейиш мәкансаң о Моҳи Хоса!

Шүкирмен, қолыма алмадым ҳаса,
Сени мақтадым ба мен жүдә аса?
Журтың тарийхында сен мәңги жаса,
Теберик қәдем жай о Моҳи Хоса!

Әллен ўақытта ол қосықты оқып болды.
− Неге бунша үнсиз үңилип қалдыңыз маған?− деди ол бир ўақытта.
− Сизге қырғыздың кинорежиссер қызының атын қойыпты дә!− дедим мен қәддимди тиклеп.
− Аўа, Динара Асановадай болсын, деп ата-анам кино өнерине ықласымды аңлап атымды солай атаған. Бирақ орта мектепти питкерип, ВГИК ке тапсырған мен киноға қызығыўшылығым болғаны менен тәжирийбем, актирисалық шеберлигим жеткиликсиз болғанлықтан мандаттан қулап, Бишкекке қайтып келдим,
− Енди не қылып атырсыз?
− Өзимиздеги көркем-өнер институтына кирген едим, мына қыздың дүньяға келиўи себепли биринши басқышты питкерип, академиялық өтпуска алғанман.
− Мен оның тәғдирине қызығып кетип, оған тағы да сораў бермекши болдым. Бирақ ол мени тоқтатып таслады:
− Тилиңиз қырғызшадан көре қазақшаға жақын қусайды, өтиниш, мен ҳаққында көп нәрселерди билиўге де урынбаңыз-шы, кеўлим бузылып кетеди, маған өзиңиз ҳаққында да айта бермең, себеби мен өзи сондай адамман, сумлығым жоқ, исенгиш, бояў боспан ба, танысқан кисини сынап билмеймен бе, сөйлеген сөзине, жүрис-турысына қарап, бирден унатып қаламан. Мына кызымның әкеси менен ушырасқанымда сондай аўҳалға дус болғанман, соның ушын Қырғызстанның, Қазахстанның курортларынан алыс жүрейин, деп Өзбекстанның аты айтыўға қыйын усы «Моҳи Ҳоса»  деген санаторийин таңлаған едим. Қазак, қырғыз жигитлеринен аўлақ жүрейин десем, енди қарақалпақ сиз маған тап болып турсыз, асханадағы орнымды өзгерсем бе екен, деген ойым да жоқ емес. Шынында да, адам сыр сақлап билиўи керек қусайды. Мен гейде өзимди түби жоқ шелекке мегзетемен. Әңгимелескен адамыма ишки дүньямды төгип таслайман. Москвадан сақтым сынып, Қырғызстанға көркем-өнер институтына келдим. Мына қыздың әкеси сол институтта оқытыўшы екен, мениң менен танысқан гезлеринде үйленген адам екенлигин маған айтпады. Кейин бир-биримизди унатып, ашық-машық болып қалдық. Соң некесиз усы қыз дүньяға келди. Ол: «менде шаңарақлық бахыыт жоқ, бийперзентпен, ҳаялым туўа алмайды, оның менен ажырасып, сени аламан» деп ант ишкени менен берген ўәдесинен шыға алмады, сот олардың некесин бузбады.*

4 months, 3 weeks ago

Алп СУЛТАН
Қарақалпақстан халық жазыўшысы

АЛДАНҒАН АРЫЎ
(новелла)

«Моҳи Ҳоса» санаториясының люкс бөлмесине кирип, затларымды орналастыра баслағаным да сол еди, дәлизди сыпырып жүрген хызметши ҳаял маған:
− Асханаға барын, түслик ўақты болды. Ийелери бул бөлмени жаңа ғана босатқан еди, гилтти таслап кете бериң, сиз аўқатланып келемен дегенше бөлме ишин тазалап қояман,− деди.
Онша аш емес едим, сонда да санаторийдиң тәртибине көнбеўге болмайды ғой. Асханаға бардым, диетолог мийрибийке мени төрт отырғыштан ибарат бир столға жайластырды.
− Бир өзим бир столда отыраман ба?− дедим мен.
− Ҳаўлықпаң, бүгиннен баслап дем алыс күни питип, бурынғылар кетип, тазадан емлениўшилер санаториймызға келип атыр, столыңыз еле толысады,− деди ол.
Қолдымдағы шанышқыны салатқа жаңа урғаным да сол еди, диетолог қыз столымызға жап− жас бир нашар менен кишкене қызды ертип әкелип отырғызды.
− Салат жеймен!−  деди кишкене қыз тақылдап.
Оған сүйсингеним соншелли «мә» деп тарелкамды оған қарай созыппан.
− Өзине тийислисинен алып жейди,− деп нашар мениң орынсыз ҳәрекетлеримди тоқтатып таслады.
Мен енди мәдениятсызлығыма, ойсызлығыма өкине басладым, бул мениң балажанлы инсан екенлигимниң мени қолайсыз жагдайға түсиргенлигиниң ақыбети еди.
Соның арасында мийрибийке төртинши адамды столымызға әкелип отырғызып, столымыз толды қалды. Ол жигит жүдә сөйлемшек екен, бирден гәпке араласып кетти:
− Танысып отырайық, мен Қазақстаннан, Алматы қаласынанман, кәсибим журналист,− деп ол мени дәрҳал сораўға тутты:
− Сиз қай жерлик боласыз?− деди ол.
− Қарақалпақстаннан,− дедим мен
− Кәсибиңиз қандай?− деди ол тағы.
− Киностудияда ислеймен. Редакторман,− дедим оның тергеўши қусап сорай бергенин жақтырмай.
Қазақ жигит енди нәзерин нашарға қарай аўдарып, оны сораўға тута баслады.
− Бишкектенмен,− деди нашар.
− Демек, кырғыз екенсиз-дә?!− деди журналист жигит.
− Солай,− деп қысқа жуўап берди нашар.
− Шыңғыс Айтматовтың шығармаларын русшадан қарақалпақ тилине аўдарған едим, сизлерди ушыратқаныма қуўанышлыман,− дедим мен.
Нашар мени мақтаншақ адам екен, деп пәмледи ме, мениң гәплериме итибар бермеди.
− Ал мына кишкентай қуўыршақ ким болады,− деди қазақ жигит гәпин қазбалап.
−Қуўыршақ емеспен!− деди кишкентай қыз тақылдап.− Мениң атым Жамийла!
Нашар журналисттиң сораўына жуўап бергиси келмеди.
− Сиңлиси шығар,− деп гәпке араластым мен.
− Сиңлим емес. Қызым! Тынышымызға аўқатымызды жесек қәйтеди!− деп шоршынды енди нашар.
Ҳәммемиз жым болдық.
− Соның менен танысыў өз жуўмағына жетти. Нашар қызын жетелеп бизлерден бурын орнынан турды.
Қызық, емлеўханаларда түсликтен кейин «тийхий час» деген ўақыт болады. Оны да инсан саламатлығы ушын шыпакерлер ойлап тапқан шығар. Бул дәстүр санаторийларда да бар екен. Бирақ мен күндиз уйқылаўды үрдис етпейтуғын болғанлықтан қолыма қалың дәптеримди алып, дөретиўшилик пенен шуғылланбақшы болып, салқын саяманлы скамейкаға барып шөктим. Өзимше қыялыма келген бир нәрселерди шыжбайлаған болдым. Дәптер бетлерине түскен дәслепки қатарлар санаторий жайласқан мәкан ҳаққындағы  туңғыш тәсирлер болып, оны «Моҳи Хоса» деп атаған едим.
Қәпелимде қырғызша сөйлеген кишкене қыздың даўыуысы еситилди:
− Мама, буяққа қара, бизге таныс аға отыр! Жүр сол жаққа барайық!− деди ол.
Ол анасының қолынан жетелеп, оны мен тәрепке әкелмекши. Анасы болса, келгиси келмей, қарсылық көрсетип атыр. Қызы сыңсып жылағаннан кейин ол нәйиләж оның атқанына көнди.
− Сен ағаң менен отыра бер, мен дәриханаға барып келейин,− деди сонда қыздың анасы.
«Яқ», дегенине қарамай қызы оны айтқанына көндирди.
− Неге дәптериңизди жаўып қойдыңыз, салған сүўретиңизди бизлерге көрсетиң,− деди қыз.
− Сүўрет емес, ол қосық, қызым,− дедим мен.
Ол мениң гәпиме әбден ҳайран қалды.
− Сиз мениң әкемсиз бе?− деп сораў берди ол маған тосаттан.
− Мен не деп жуўап береримди билмей албырап қалдым.
Анасы оған:
− Биймәни сөзлерди айта бермей тыныш отыр!− деп ескертиў берди.
− Яқшы,− деди қыз, сөйтти де бизлерден нан усағын тилеп, қасымызга жақын келген кептерлерди қуўалап кетти.
Асханада бизлерге атын айтпаған нашар енди негедур мениң қолжазбама қызығып қалды.
− Қосығыңызды көрсем бола ма,− деди ол.

5 months, 1 week ago

Gúrrińshi

Танысың, қарақалпақша китапларды аудио вариантта тыңлаў имканиятын бериўши Gúrrińshi жойбары. Бүгиннен баслап Android системасының пайдаланыўшылары Gúrrińshi мобил қосымшасын өз қурылмаларына орнатып, қарақалпақша аудиокитапларды тыңлаўды баслаўы мүмкин. Қосымшаның iOS ушын арналған варианты да ҳәзирде таярланыў басқышында болып, жақын келешекте жәрияланыўы күтилмекте.

Соңғы 4‑5 жылда подкастлар, аудиокитаплар дүняда қайтадан ен жая баслады. Буған тийкарғы себеплердиң бири, аудиокитапларды тыңлаў адамнан актив дыққатты талап етпейди. Мысалы, текст варианттағы китапты оқысаңыз, дыққатыңыз тек ғана китапта, ондағы текстте болыўы керек, басқа ҳеш нәрсе ислей алмайсыз, ал аудиокитапларды болса басқа да жумысларыңызды ислеп жүрип, параллел тыңлаў имканияты бар.

Буннан он жыл алдын бизиң командамыз қарақалпақша китапларды электронластырыў мақсетинде, Kitapxana.com жойбарын баслап еди. Лекин, ол бизге күтилгениндей нәтийже алып келмеди. Ал, Gúrrińshi болса бизиң екинши урынысымыз, бул сапары аудио форматтағы китаплар бабында.

Жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет қарақалпақ тилиндеги китапларды аудио форматқа өткизиў, оларды бир жерге жәмлеў ҳәм басқаларды да бул ҳәрекетлерде белсенди қатнасыўға шақырыў. Сондай‑ақ, бул арқалы жәмийетимиздеги көзи әззи инсанлардың қарақалпақ тилиндеги әдебий шығармалар менен жақыннан танысыўына үлкен мүмкиншилик жаратып бере алған боламыз.

Улыўма алғанда, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты ушын арналған жойбарлар қанша көп болса, сонша жақсы. Тилекке қарсы, бул тараўда елеге шекем ислениўи керек болған жумыслар оғада көп. Ең актуал машқалалардың бири бул қарақалпақ тилиндеги материаллардың электрон форматта аз ушырайтуғынлығы. Усы машқала қарақалпақ тилиниң интернет әлемине кирип келиўине биринши тосқынлық есапланады ҳәм бул мәселе елеге шекем өз шешимин тапқан жоқ.

Усы контент жетиспеўшилиги мәселеси Kitapxana.com жойбарының раўажланыўына да өзиниң кери тәсирин тийгизип еди. Gúrrińshi де болса, әўел басында, тек ғана 3 аудиокитап-ақ бар. Бул сапары контентти көбейтиў ушын, краудсорсинг усылын сынап көрмекшимиз.

Краудсорсинг — бул қандай да бир мақсет жолында адамлардың бирлесип ҳәрекет етиўи. Солай екен, Gúrrińshi жойбарын раўажландырыў, бул арқалы қарақалпақ тилиндеги китапларды аудио вариантқа көшириў ҳәрекетлерине ҳәрбир ўатанласымызды өз үлесин қосыўға шақырып қаламыз.

Ҳәзир, дерлик, бәршениң қолында мобиль қурылма бар. Үйиңизде қарақалпақша китаплар, әдебий шығармалар да табылатуғын болса — демек, сиз жойбарға үлес қосыўға таярсыз: бир китапты алып, күнине ярым сааттан китапты оқып, оны қурылмаңызға аудио көринисте жазып барсаңыз, көлемине қарап бир ҳәптеден бир айға шекемги аралықта бир китапты толық аудио вариантқа өткерип жуўмақлаўыңыз мүмкин. Биз болса пайдаланыўшылар тәрепинен жиберилген ҳәрбир аудиокитапты платформамызда еркин еситиў мүмкиншилигин жаратып бериўге кепиллик беремиз.

Усы сценарий бойынша шамалап көретуғын болсақ, тек ғана Нөкис қаласының ~334 600 турғынының 0,3% и ҳәрбири бир китаптан өз үлесин қосқанда да, 1 000 аудиокитап жыйналып қалыўы мүмкин екен. Бул мақсетке ерисе аламыз ба — енди ол өзимиздиң ҳәрекетимизге байланыслы.

@atabekme

6 months ago
*Сол байрақ деп Гүлайым қыз,

Сол байрақ деп Гүлайым қыз,
"Қырық қыз" бенен жаўға шапқан.
Ерк деп Аллаяр бабамыз,
"Стан" атлы саўға тапқан.

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА

https://t.me/a_blognot

6 months ago

БАЙРАҚ ДЕСЕМ...

*Байрақ десем кетер тасып,
Тамырымда қаным мениң.
Байрақ пенен тур тутасып,,
Геўдемдеги жаным мениң.

Сары реңи бабамлардың,
Сары қумлар кешкен жери.
Жасыл реңи балалардың,
Емин-еркин өскен жери.

Көгис реңи ашық аспан,
Тынышлықтың нышанасы.
Ол бар жерде қушақ ашқан,
Өз үйиңниң босағасы.

Аңласаң бул байрақ сайрап,
Ел тарийхын сөйлеп турар.
Ҳәсиретли өтмиш қайрап,
Жүрегимди түйреп турар...

Ерк деп жан берген гүресте,
Ерназардай батыр бабам.
Жаўдың басын қанлы меске,
Тыққан Тумаристей мамам.

Сол байрақ деп Гүлайым қыз,
"Қырық қыз" бенен жаўға шапқан.
Ерк деп Аллаяр бабамыз,
"Стан" атлы саўға тапқан.

Аллаярды жат жерлерде,
Өзи баққан "ийт"и қапқан.
Ерназарды өз елинде,
Әттең,"баўыр ети" сатқан...

Барлық иске тарийх гүўа,
Бабам жәбир көрген жаўдан.
Кепин етип жамылса да,
Бермеген байрағын қолдан.

Сени қолдан бермейин деп,
Не батырлар жаннан кешкен.
Ерксиз Ўатан көрмейин деп,
Саўашларда қанлар кешкен.

Мийрас етип сол байрақты,
Әўладына берип кеткен.
Ел етип қарақалпақты,
Өз журтына берик еткен.

Бек бол бала қалпағыңа,
Деп нәсият айқан бабам.
Бул сөз бек бол байрағыңа,
Деген  яңлы болар маған!

Ана тилди,елди сүйсең,
Парызыңды ақлағаның.
Өзлигиңди сақлай билсең,
Байрағыңды сақлағаның.

Бул байрақсыз бул әлемде,
Болмас еди қарақалпақ.
Мен ырзаман халқым сеннен,
Өзлигиңди турсаң аңлап.

Бүгин байрақ  намыс-арың,
Аспаныңда желбиреп тур.
Бул ҳал шертип кеўил тарым,
Жүрекгенем елжиреп тур.
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА*
  14-декабрь, 2023-жыл.

https://t.me/a_blognot

8 months, 3 weeks ago

#драббл

Эль МУЭРТО
ӘЎМЕТ

Бир дийўана жолда кетип баратырып, бағанадағы  әжептәўир дағазаға көзи түсти. Онда мынандай деп жазылған еди: «Үш қабатлы имәрат сатылады. Баҳасы − 1 доллар».
−  Биймәнилик!- деп мыңғырлады дийўана.
Көшеде аш-әптада жүрген дийўана көп қабатлы үйлердиң дийўалында илинген дағазаға көзи түсти. Онда да жоқарыдағы сөзлер жазылған еди. «Алжасып жазған болса керек?» деп кеўлинен өткерди ол ҳәм жүрисин даўам етти. Көшениң кесиспесине келгенде, усы сөзлер жазылған дағазаны тағы көрди. Дийўана ойланып қалды ҳәм бундай дағазаны қайсы ахмақ жазғанлығына қызықсынды. Қалтасындағы бир долларынан бөлек жойтатуғын ҳештеңеси де жоқ еди. Баратуғын мәнзилине жеткенинде, ырастан да саўлатлы имаратты көрди. Есиктиң қоңыраўын басты. Қапыны бир гөззал ханым ашты.
− Кеширерсиз, дағаза бойынша келип едим. Бул ҳәзил ме?
− Не деп атырсыз? Ҳешқандай да!
− Бул жайдың баҳасы ҳақыйқаттан да бир доллар ма?
−  Неге таңланасыз? Не, бир долларға жай алыў мүмкин емес пе? Бул өмирде иләжы жоқ нәрсениң өзи болмаса керек.
Қуўаныштан ханасына сыймаған дийўана бир долларды дәрҳал ҳаялға услатты ҳәм салтанатлы үйдиң ийесине айланды. Бахты күлгенине қарамай, ол ақылы терең ҳаялдың бул әжайып имаратты неге тегинге сатып атырғанына таң қалып турғанын жасырмады. Ҳаял болса, оған жымыйыўы менен:
− Бағын сорамай, жүзимин жей бермейсиз бе!- деди, лекин дийўана оны тыныш ҳалына қоймағаннан кейин, былай деди: − Марҳум ерим, қатынпараз адам еди. Оның бул қылығынан қаншама қыйналғанымды айтып отырмайман, лекин солай болса да, еримниң ҳүрметин орнына қояр едим. Өмирлик жолдасым о дүньяға кетер ўақтында да мени күйдирип-жандырып кетиўди умытпаған екен. Марҳумның ўәсиятына бола, бул үйди сатып, пулын оның ойнасына бериўим талап қылынар еди. Дәслебинде жүдә күйдим ҳәм күйиндим. Ақыры еримниң ўәсиятын жерде қалдырмаўға қарар еттим. Бул дағаза ярым жыл илдирилип турды. Оған қызыққан жалғыз адам сизсиз. Солай екен, тәғдирдиң күтилмеген бахтынан миннетдар болып жасай бериң! Қудай әўметиңизди берсин! Әжайып баспана менен сизди қутлықлайман!
Ол гилтлерди үйдиң жаңа ийесине тапсырып, шығып кетти.

"Ең қысқа гүрриңлер" китабынан.
Русшадан
Алп СУЛТАН
аўдармасы.

https://t.me/a_blognot

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 12 hours ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 1 month, 2 weeks ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 1 month, 1 week ago