Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Toqpaq_ata_uz

Description
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago

3 weeks, 3 days ago

#ораза_2024
#әҳмийетли

🔹 Тема: «Шәўўәл айындағы оразаның пазыйлети»

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

3 weeks, 3 days ago

​​#оразаның_пазыйлети
#мағлыўмат

Жыл бойы ораза

*Рамазаннан кейин Шәўўәл айында 6 күн ораза тутыў жыл бойы ораза тутқанның саўабына жеткереди.

Әбиў Айюб Ансарий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәлдан алты күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады», деди.
(Имам Муслим рәўияты).

Рамазан оразасының отыз күниниң он барабары он ай (300 күн), Шәўўәл айының алты күн оразасы болса (60 күн) еки ай болады. Барлығы болып 360 күн (бир жыл)ди қурайды. Нәтийжеде, адам пүткил жыл бойы ораза тутқандай болады. Аллаҳ таала Қураны Кәриймде мынандай дейди: «Ким бир жақсылық қылса, оның ушын (ислеген жақсылығының) он есеси (көбейтип) бериледи»* (Анъам сүреси, 160-аят).

Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәл айында алты күн ораза тутса, тап анадан туўылғандай гүналардан тазарады»,* деген.
(Имам Тобараний рәўияты).

Уламалар: «Шәўўәл айының оразасын ай басында избе-из алты күн ямаса ай даўамында бөлип-бөлип тутса да дурыс болады», деген.

Имам Аҳмад раҳматуллаҳи алайҳ айтады: «Шәўўәл айының оразасы избе-из алты күн тутылса да, бөлип-бөлип тутылса да пазыйлети бирдей».

🤲 Аллаҳым, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлеринде даўамый қыл ҳәм бизлерди мәғфират ет!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍*Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

[​​](https://telegra.ph/file/c1cadeb1ce3352b99562c.jpg)[#оразаның\_пазыйлети](?q=%23%D0%BE%D1%80%D0%B0%D0%B7%D0%B0%D0%BD%D1%8B%D2%A3_%D0%BF%D0%B0%D0%B7%D1%8B%D0%B9%D0%BB%D0%B5%D1%82%D0%B8)
3 weeks, 3 days ago
[#Сораў\_жуўап](?q=%23%D0%A1%D0%BE%D1%80%D0%B0%D1%9E_%D0%B6%D1%83%D1%9E%D0%B0%D0%BF) ******🙄*** ШӘЎЎӘЛ АЙЫНДАҒЫ АЛТЫ КҮНЛИК …

#Сораў_жуўап **🙄* ШӘЎЎӘЛ АЙЫНДАҒЫ АЛТЫ КҮНЛИК ОРАЗА

Сораў: Шәўўәл айындағы алты күнлик ораза қашаннан баслап тутылады?💬 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Шәўўәл айындағы алты күнлик ораза Рамазан ҳайытының ертеси күнинен баслап тутқан абзал. Сондай-ақ шәўўәл айы даўамында бөлип-бөлип тутса да болады. Ўаллоҳу аълам.*

Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

1 month ago

Пайғамбарлар қандай ораза тутқан?Бир адам Расулуллаҳ алайҳи ўассаламның саҳабасы ҳәм жақыны Ибн Аббас р.а дан ораза ҳаққында сорады. Ол: "Егер қәлесең Даўыт (а.с ) оразасы ҳаққында айтып беремен. Даўыт (а.с) көп ораза тутатуғын жүдә күшли адам еди,душпанға дус келсе қашпайтуғын,бир күн ораза тутып,бир күн тутпайтуғын,яғный күн ара ораза тутатуғын еди"-деди. Егер қәлесең,оның улы Сулайманның (а.с) оразасы ҳаққында айтайын. Ол айдың басында үш күн,ортасында үш күн ҳәм ақырында үш күн ораза тутып айды ораза менен баслап,ораза менен жуўмақлар еди. Егер қәлесеңиз,Мәрьям улы Иса (а.с) оразасы ҳаққында айтып беремен. Ол мудамы ораза тутып,тапқанда аўқатланар,егер тағамы болмаса,адамлардан сорамас еди. Оның аш қалатуғын баласы,ўайран болар үйи жоқ еди. Билгиңиз келсе,оның анасы Имран қызы Мәрьямның оразасы ҳаққында айтайын. Ол бир күн ораза тутып,еки күн тутпас еди.Егер қызықсаңыз, Пайғамбарымыз Муҳаммед саллалаҳу алайҳи ўассалам оразасы ҳаққында айтып берейин: рамазан айының парыз оразасынан тысқары ҳәр айда үш күн ораза тутып : "Бундай ораза жыл даўамында үзиликсиз ораза тутқан менен тең"- дер еди. Набий (с.а.ў) рамазан айынан тысқары мудамы ораза тутып журген. Ҳәр дүйшемби,пийшемби күнлери ҳәм де айдың 13,14,15-күнлери ораза тутыўды әдет еткен.

Рахимжан Тлеўбаев
Мойнақ районы, "Тоқпақ-ата" жәмәәт мешити имам-хатиби,район бас имам-хатиби

https://t.me/Toqpaq_ata_uz

1 month ago

Мойнақ районында ХАЖЫ хәм УМРА сапарын әмелге асырған нураный ата хәм аналарымыз Өзбекстан көлеминде әмелге асырылып атырған жасыл мәкән шеңбериндеги  жойбарына өз үлеслерин қоспақта.

https://t.me/Toqpaq_ata_uz

1 month ago
**Рамазан — қайыр-сақаўат айы**

Рамазан — қайыр-сақаўат айы

Мойнақ районы "Тоқпақ-ата" жәмәәт мешити ѳзлериниң ишки имканиятларынан келип шығып ҳәм қәўендерлер кѳмегинде Рамазан айы мүнәсибети менен мәҳәллелердеги 20 жәрдемге мүтәж, кем тәмийнленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм жалғыз баслы кекселерге азық-аўқат ѳнимлери берилди. Әлбетте мүтәжлерге жәрдем бериў, олардың ҳалынан хабар алыў да саўап әмеллерден.
Аллаҳ таала усы айда қылып атырған барлық ибадатларымыз, атап айтқанда, қайыр-садақаларымызды Ѳз дәргайында қабыл етсин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың

https://t.me/Toqpaq_ata_uz

1 month, 1 week ago
[#рамазан\_2024](?q=%23%D1%80%D0%B0%D0%BC%D0%B0%D0%B7%D0%B0%D0%BD_2024) [#ораза\_ўақты](?q=%23%D0%BE%D1%80%D0%B0%D0%B7%D0%B0_%D1%9E%D0%B0%D2%9B%D1%82%D1%8B)

#рамазан_2024 #ораза_ўақты
**28.03.2024 жыл

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйт**у ән асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».

МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.

☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».

МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир

МОЙНАҚ Р**АЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН

АЎЫЗ ЖАБЫЎ 05:32
АЎЫЗ АШЫЎ 19:32

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Telegram** https://t.me/Toqpaq_ata_uz

1 month, 1 week ago
[#рамазан\_2024](?q=%23%D1%80%D0%B0%D0%BC%D0%B0%D0%B7%D0%B0%D0%BD_2024)

#рамазан_2024
#зәкат #сораў_жуўап

Сораў: Зәкатты Click арқалы берсе бола ма яки нақ пул көринисинде бериў керек пе?
*💭 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм.
Зәкат, фитир садақасы ҳәм басқа садақаларды мүтәж адамның пластик картасына өткизип берип, ада етиў жайыз. Себеби, пластикке пул түскенде де мүтәж адам оған толық ийелик қыла алады ҳәм қәлегенинше пайдаланады.
Ўаллоҳу аълам.*

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси

✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!https://t.me/Toqpaq_ata_uz

1 month, 1 week ago
[#рамазан\_2024](?q=%23%D1%80%D0%B0%D0%BC%D0%B0%D0%B7%D0%B0%D0%BD_2024)

#рамазан_2024
#зәкат #сораў_жуўап

Сораў: Ҳаялымның алтын тағыншақлары зәкат нисабына жеткен. Бирақ, қолында пулы жоқ. Ол зәкатты қалай береди?
*💭 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм.
Мүлик кимдики болса, зәкат төлеў де оның мойнына болады. Ҳаял адам тағыншақларынан зәкат муғдарыншасын сатып, зәкат төлейди. Егер, ҳаял адам күйеўинен мениң зәкатымды төлеп бериң деп илтимас қылса ҳәм күйеўи оның атынан төлесе, ҳаялының мойнынан зәкат ада болған болады. Егер буның имканы болмаса, қарыз алып болса да, зәкатты төлеўи лазым болады.
Ўаллоҳу аълам.*

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси

✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!https://t.me/Toqpaq_ata_uz

1 month, 2 weeks ago
21—МАРТ 2024—ЖЫЛ

21—МАРТ 2024—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ:

🕌 ТАҢ — 05:46

🕌 ҚУЯШ — 07:05

🕌 ПЕСИН — 13:11

🕌 НАМАЗЛЫГЕР — 17:27

🕌 ШАМ — 19:23

🕌 ҚУПТАН — 20:37

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉 https://t.me/Toqpaq_ata_uz

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago