Билимлендириў жаңалықлары

Description
Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз.

Байланыс ушын: @bek_ilkhomovich
We recommend to visit

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

? Мүрәжат жоллаў: @kk24bot

? Реклама: @kk24_reklama

Last updated 3 months, 2 weeks ago

"Қазақша кітаптар" телеграм арнасы, қазақ және әлем авторлардың кітаптары, сандық нұсқада, тегін.

Жарнама мен Ұсыныстар: @Marat_Kaisarov

Last updated 1 year, 4 months ago

Last updated 1 month, 2 weeks ago

3 weeks, 4 days ago
3 weeks, 4 days ago
***👨‍🏫*** **Кимлер класс басшысы болыўы мүмкин?**

👨‍🏫 Кимлер класс басшысы болыўы мүмкин?

📑 Класс басшысы төмендеги критерияларға тийкар, мектеп директоры тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи:

🟢кеминде 3 жыллық педагоглық жумыс стажына ийе болған;

🟢мектепте тийкарғы жумысшы ретинде жумыс ислеп киятырған;

🟢басқарыўшылық қәбилетине ийе болған;

🟢оқыўшылар менен ислесиў процессинде жуўапкершилик пенен жантаса алатуғын;

🟢баслаўыш класларда класс басшылығы баслаўыш классқа бириктирилген оқытыўшыларға жүклетиледи.

Мектеплерде саатлы график (сондай-ақ, еки жумысты қатар ислеўшилик) тийкарында жумыс ислейтуғын оқытыўшылардың классқа басшылық етиўине жол қойылмайды.

🥇 Бир оқытыўшыға тек ғана бир класс басшылық етиў ушын тапсырылады. Директор орынбасарлары, психологлар класс басшысы болыўы мүмкин емес.

💻 Класс басшылары жумысын руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары қадағалайды ҳәм муўапықластырады.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

3 weeks, 4 days ago
2 months, 2 weeks ago

? Мектеплерде сатылыўы қадаған етилген өнимлер ҳәм аўқатлар дизими

? Улыўма билим бериў мәкемелеринде рухсат етилмейтуғын 38 түрдеги азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамларының дизими менен танысың.

? Бул дизимдеги өнимлерди сатыўға жол қойыў нызамшылық шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

? Постты жақынларыңызға тарқатың.

?‍? @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

2 months, 3 weeks ago
***?‍?*** **Қарақалпақстанда билимлендириў тараўына байланыслы вакант …

?‍? Қарақалпақстанда билимлендириў тараўына байланыслы вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәрияланды

? Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәрияланды. Олар:

▪️ Нөкис қалалық бөлими баслығы — силтеме;
▪️ Шымбай районлық бөлими баслығы — силтеме;▪️ Елликқала районлық бөлими баслығы — силтеме.

? Арзаларды қабыллаў 14-январь күни саат 23:59 да өз жуўмағына жетеди.

? Постты жақынларыңызға тарқатың.

?‍? @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

2 months, 4 weeks ago
5 months ago
*****⚡️******⚡️***Магистратураға қосымша қабыллаў ушын рухсат берилди**

*⚡️*⚡️Магистратураға қосымша қабыллаў ушын рухсат берилди
? Мəмлекет комиссиясының тийисли протоколы менен 2024-2025-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының магистратура қəнигеликлерине қабыллаў процесинде талап дəрежесиндеги шет тили сертификатына ийе болып, қабыллаў квотасы шеңберинде студентликке усыныс етилмеген талабанларды жоқары оқыў орынлары тəрепинен белгиленетуғын базалық төлемли контракт муғдарының 2 есесинен артық болмаған муғдардағы төлемли контракт** тийкарында қабыллаўға рухсат берилди.

☑️ Қосымша қабыллаў тийкарында оқыў тилегин билдирген талабанлар тиккелей жоқары оқыў орнының қабыллаў комиссиясына мүрәжат етиўи соралады.

? Постты жақынларыңызға тарқатың.

*?‍? @bilimlendiriw_uz *— билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

5 months ago
5 months ago
[​](https://telegra.ph/file/32a0446905de3ab4a917c.jpg)***?‍?*** **Мектеплерде педагоглардың кийиниў мәдениятына қойылатуғын …

?‍? Мектеплерде педагоглардың кийиниў мәдениятына қойылатуғын талаплар бар ма?

? Әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бола, мектептиң педогикалық кеңеси тәрепинен руўхый-этикалық тәрбияға қайшы келмеген ҳалда оқытыўшылардың кийиниўине қойылатуғын талаплар белгилениўи мүмкин.

? Егер мектеп уставында оқытыўшылардың кийиниў мәдениятына болған талаплар белгиленбеген болса, төмендегилер усыныс етиледи:

? еркеклер мәўсимге қарай — классикалық шалбар, костюм-шалбар (илажы барынша қара, басым көк реңдеги), көйлек (ақ, ашық көк), галстук, аяқ кийим (қара реңде болыўы усыныс етиледи) кийиўи, сақалы алынған болыўы;

? ҳаяллар мәўсимге қарай — классикалық юбка, костюм-юбка (илажы барынша қара, басым көк реңдеги), ҳаўа температурасына қарай классикалық шалбар (илажы барынша қара, басым көк реңдеги), денени ашық көрсетип турмайтуғын жуқа болмаған кофта (ақ, ашық көк), көйлек, төмен өкшели ямаса өкшесиз аяқ кийим (қара реңде болыўы усыныс етиледи) кийиўи;

? денесиниң ашық жерине татуировка түсирилмеген ямаса пирсинг исленбеген болыўы, шашы тәртипке келтирилген ҳәм жақты (биртүрли) реңлерге боялмаған болыўы;

? қулақ ҳәм бармақлардан басқа денениң түрли жерлерине сырға ямаса металл буйымлар тағып жүрмеўи керек.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

5 months, 1 week ago
***?‍?*** **«**[**emaktab.uz**](http://emaktab.uz/)**»да оқыўшылардың қатнасын белгилеў бойынша …

?‍? «emaktab.uz»да оқыўшылардың қатнасын белгилеў бойынша еслетпе

S – себепсиз сабақта қатнаспады;
DQ – кеширимли себеп пенен сабақта қатнаспады;
K – кесел болғаны ушын сабақта қатнаспады;
KQ – сабаққа кешигип келди;
M – үзликсиз сабақ қалдырыў.

Пән оқытыўшылары тәрепинен қойылатуғын талаплар!
S – себепсиз сабақта қатнаспады;
KQ – сабаққа кешигип келди;

? Еслеп қалыў аңсат болыўы ушын төмендегилерди усыныс етемиз:

N – белгисиз;
DQ – сабақ қалдырды;
K – кесел;
KQ – кеш қалды. (#)

➡️ Постты танысларыңызға тарқатың.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

We recommend to visit

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

? Мүрәжат жоллаў: @kk24bot

? Реклама: @kk24_reklama

Last updated 3 months, 2 weeks ago

"Қазақша кітаптар" телеграм арнасы, қазақ және әлем авторлардың кітаптары, сандық нұсқада, тегін.

Жарнама мен Ұсыныстар: @Marat_Kaisarov

Last updated 1 year, 4 months ago

Last updated 1 month, 2 weeks ago