Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

Каракалпак 24

Description
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT

👉 Реклама: @KARAKALPAKSTANBOT
We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Инстаграм: eskertushii_
Ұсыныс/жарнама: @eskrtshi
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 3 days, 3 hours ago

Құран арқылы Әлемді таны🤍

3 days, 10 hours ago
[#Тайынлаў](?q=%23%D0%A2%D0%B0%D0%B9%D1%8B%D0%BD%D0%BB%D0%B0%D1%9E)

#Тайынлаў

Бозатаў районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына — Сапаров Урынбасар Нийетбаевич тайынланды.

У.Сапаров жаңа лаўазымға тайынлаўға шекем Бозатаў районы “Бозатаў” посёлка пуқаралар жыйынында мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси лаўазымында жумыс ислеген.

👉 @Karakalpak24

3 days, 11 hours ago
***⚡️*****Ертең саат 10:00 ден баслап «DAMAS» …

⚡️Ертең саат 10:00 ден баслап «DAMAS» ушын шәртнама бериледи

❗️23-апрель күни саат 10:00 де «DAMAS» ушын онлайн контрактация ашылады.

*💰Автомобиль баҳалары өзгериссиз қалдырылады*

*📑 «DAMAS» автомобиллери ушын шәртнама дүзиў тек savdo.uzavtosanoat.uz сайты* арқалы әмелге асырылады.

👉 @Karakalpak24

3 days, 12 hours ago
[#Тайынлау](?q=%23%D0%A2%D0%B0%D0%B9%D1%8B%D0%BD%D0%BB%D0%B0%D1%83)́

#Тайынлау́

Қурбанбаев Айбек Муханович Қанлыкөл районы ҳәкимлиги шөлкемлестириў-кадрлар топары басшысы лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем “Жаслар ислери агентлиги” Қанлыкөл районы жаслар ислери бөлими баслығы лаўазымында ислеп келди.

👉 @Karakalpak24

2 months ago

❗️XABARLANDÍRÍW

Ózbekstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar ministrligi Akademiyasında oqıwdı qálewshi talabanlar ushın hújjetler usı jıldıń 31-mart kúnine shekem qabıllanadı.

Talabanlar hújjetlerdi rásmiylestiriw ushın ózleri jasap turǵan aymaqtaǵı qorǵanıw isleri boyınsha bólimlerge arza menen xabarlasıwı kerek.

Talabanlarǵa qoyılatuǵın talaplar:

Puqaralar ushın 17 jastan 23 jasqa shekem;
Áskeriy xızmetkerler (oficerler kirmeydi) hám áskeriy xızmetke májbúrler ushın 18 jastan 23 jasqa shekem;
boyı 170 santimetrden kem bolmaw kerek.

(Tolıq maǵlıwmat joqarıdaǵı 👆 faylda keltirilgen)

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması

👉 @Karakalpak24

2 months ago
***❓*****Кимлер министр фонды есабынан берилетуғын үстемеге …

Кимлер министр фонды есабынан берилетуғын үстемеге талабан бола алады?

Министр фондынан берилетуғын үстеме ямаса сыйлық пулларына мектеплерде искерлик жүргизип атырған маман педагог кадрлар ҳәм мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасында искерлик жүргизип атырған белсенди (жетекши) хызметкерлер талабан болыўы мүмкин.

Төмендегилер маман педагог кадрлар есапланады:

оқыўшылары жоқары оқыў орынларына ямаса Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге кириў имтиханларында ең жоқары нәтийже көрсеткен педагог кадрлар;

оқыўшылары халық аралық ямаса республика көлеминдеги жарыс ҳәм таңлаўларда жеңисли орынларды қолға киргизген педагог кадрлар.

Төмендегилер мектеп билимлендириў системасында искерлик жүргизип атырған белсенди (жетекши) хызметкерлер есапланады:

билимлендириў сапасын асырыўға өз үлесин қосқан басшы кадрлар, психолог ҳәм китапханашылар;

өз искерлигинде жоқары нәтийжелерге ерискен ямаса өз уқып мектебин шөлкемлестирген методистлер;

республика бойынша баслама көрсеткен, ислери республика ҳәм халық аралық көлемде кең тарқалған ямаса мектеп билимлендириў системасында нәтийжели искерлик жүргизип атырған педагог кадрлар.

👉 @Karakalpak24

2 months ago

Ҳүжжетлерди қәлбекилестириў жынаяты анықланды

Нөкис районы “Тақыркөл” АПЖда хәким жәрдемшиси Р.Н. ҳәм А.К. Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Ш.К. ҳәм Шымбай ройонында жасаўшы А.Ж.ны Нөкис районы “Тақыркөл” АПЖда жасайды деп көрсетип, 33 млн сўм жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратып мақсетсиз ислетиўине жол қойылғанлығы анықланған.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 228-статьясы 2-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

👉 @Karakalpak24

4 months, 1 week ago
***⚡️*****Күн жылытыўы менен газ қуйыў шақапшаларының …

⚡️Күн жылытыўы менен газ қуйыў шақапшаларының искерлиги қайтадан тиклениўи күтилмекте

Ҳәзирги ўақытта шеклеўлер киритилген Ташкент қаласы, Самарқанд, Ташкент, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларындағы АГТКШлардың искерлигин қысқа ўақыт ишинде қайтадан тиклеў мақсетинде таярлық жумыслары әмелге асырылып атыр — “Ҳудудгазтаъминот”.

👉 @Karakalpak24

4 months, 1 week ago
***❓*****Айлық алыў ўақты байрамға туўры келсе, …

Айлық алыў ўақты байрамға туўры келсе, айлық қашан төленеди?

Айлық (мийнет ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда мийнет ҳақы оннан алдынғы күнинде төленеди, яғный 1-сентябрьден алдын төлениўи керек.

Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта финанслаў ставкасының 10% муғдарында компенсация төленеди.

Орайлық банк ставкасы 14%, соннан келип шығатуғын болсақ айлыққа салыстырғанда 1,4 %те компенсация берилиўи керек.

👉 @Karakalpak24

4 months, 1 week ago
*****🔺***Доллар көтерилди: банклерде АҚШ долларының сатыў …

*🔺Доллар көтерилди: банклерде АҚШ долларының сатыў курсы 12 мың 430 сомға жетти
Ҳәзирги ўақытта ӨзСҚБ, Агробанк, МКБанк, Халық банки, БРБ, Ҳамкорбанк, Асакабанк, Жипек Жолы банки, Ипотека банк, Инфинбанк, ОФБ, Давр банк ҳәм Тенге банклер АҚШ долларын
12 мың 430 сомнан* сатып атыр.

Капиталбанк 12 мың 385 сомнан сатпақта. Гарант банк (12 мың 415 сом) ҳәм Өзмиллийбанк, Трасбанк ҳәм Алоқабанк 12 мың 420 сомнан сатып атыр.

👉 @Karakalpak24

4 months, 2 weeks ago
Bayram sovg‘alarini olish imkoniyatini qo‘ldan boy …

Bayram sovg‘alarini olish imkoniyatini qo‘ldan boy bermang!
Beeline Uzbekistan Yangi yil Yarmarkasiga hoziroq qo‘shiling.

Reklama

We recommend to visit

Қаракесек фан канал ; )

Админ: @KZmenenger

"Жүректер Алланы еске алумен тыныштық табады" 13:28

Инстаграм: eskertushii_
Ұсыныс/жарнама: @eskrtshi
Салауат каналы: @zikirayt
Каналды қолдау:
4400 4302 9763 0615

Last updated 3 days, 3 hours ago

Құран арқылы Әлемді таны🤍