@TayyorBiznesBot
Бизнес ва стартаплар
Тайёр бизнеслар
Тижорий объектлар
Бизнесингизни сотмоқчимисиз?
Ёки соф даромадда ишлаб турган бизнес сотиб олиш истагингиз борми?
@adm_tbizness
Last updated 1 week, 1 day ago
Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!
❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.
?Website: https://www.azattyq.org
?Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/
Last updated 1 month, 4 weeks ago
«ТАЛАНТЛЫЛАР МЕКТЕБИНЕ» КЕЛИҢ!
Әдиўли жас дөретиўшилер!
Сизлерди Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы биргеликте өткерип киятырған «Талантлылар мектеби» семинарына мирәт етемиз.
Семинарда белгили шайыр-жазыўшылар тәрепинен шеберлик сабақлары өтиледи. Жас қәлем ийелериниң дөретпелери тыңланып, жол-жоба бериледи.
Семинар 11-февраль күни саат 11:00де басланады.
Еслетпе: Әдебий семинар ҳәр айда бир мәрте Жаслар орайында болады.
Айбаты жоқ не көринген таўларға,
Сана кемис , ақыл еси саўларға…
Сөз демей-ақ сырын берген жаўларға,
Арысланның ақырғандай үни жоқ.
Сыбырласып сығалайды көзлери,
Ата душпан өзлерине өзлери,
Марапаттан исип кеткен жүзлери,
Батырлардың жүрегиниң түги жоқ…
Шайыры бар… дәўири жоқ көз илген
Шайыры бар… хәўири көп сөзинен
Талантсыздың көкрегине дизилген
Ялғаншы-ай, бирин тапсаң бири жоқ…!
С.Сырғабаева
Ҳәси кетпе!
Мәнгилик жоқ!- мына аспан астында,
Қәбириңе қойып қайтар достыңда.
Ҳеш кимге ийилмеген кербаз басың,
Ширип кетер қара жердиң астында…
Сен өлесең, өзгермейди дүньялар,
Туўысқаның журт көзинше қыйналар,
Ҳеш ким саған жолдас болып бармайды,
Топрағыңды сырт бетинен сыйпалар.
Әжел келсе алып қалар дейсеңбе?!
Қалып кетер, жаннан артық сүйсеңде.
Ақ таўарға оранып-ақ кетерсең,
Тириликте ең қымбатын кийсеңде.
Ҳәси кетпе!
С.Сырғабаева
Менде бир бийқайғы заман болмады
Әжинияз Қосыбай улы
“Ағам барда, арқам тамда” деген-ем,
Жаздырмады тобығымды шегеден.
Талант емес “блогер”лерди шақырған,
Кешир шайыр! Қутлы болсын мерекең.
С.Сырғабаева
Сен сағыныш нелигин билесеңбе?
Жүрегим шыдамай жүр гүресиўге.
Өзим жерде үнсиз турғаным менен,
Бир әрман бар руўхымның еңсесинде.
Ишимдеги қызғаныш от есиўде,
Өзимди де қыйнайман есесине.
Жас қызға тәғдир де салғанба қастын
Барлық жолым кетип жүр кесесине.
Мәйли, шырмалып турмыс тәшўишине
-,Сүйгениңнен тансаңда ел ишинде,
Сенсиз мухаббет сөз болған жерде,
Бахыт бола алмайман мен хешкимге.
Ешейин сезим берип елесиңе,
Бәрин салдым ўақыттың кемесине.
Өзиңнен өзгеге жибермей қойған,
Сол сағыныш нелигин билесеңбе?!
С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси
«Өлең құрау – ақындықтың көп қырының бір түрі.
Тек сол үшін оны ардақтау, жөнсіздеу хәм күлкілі.
М.Шаханов
@TayyorBiznesBot
Бизнес ва стартаплар
Тайёр бизнеслар
Тижорий объектлар
Бизнесингизни сотмоқчимисиз?
Ёки соф даромадда ишлаб турган бизнес сотиб олиш истагингиз борми?
@adm_tbizness
Last updated 1 week, 1 day ago
Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!
❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.
?Website: https://www.azattyq.org
?Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/
Last updated 1 month, 4 weeks ago