НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Description
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
We recommend to visit

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Last updated 2 weeks, 3 days ago

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов

Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup

Last updated 1 month ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]

? Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
?Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

Last updated 4 months, 1 week ago

2 weeks, 4 days ago
**Өзбек тили пәни бойынша сабақ бериўши …

Өзбек тили пәни бойынша сабақ бериўши педагогларға 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди

Президент пәрманы менен 2025-жыл 1-февральдан баслап улыўма орта билим бериў мәкемелеринде өзбек тили (мәмлекетлик тил) пәни бойынша сабақ бериўши ҳәмде Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги өзбек тили ҳәм әдебияты сертификатына ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

*👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
каналында*

2 weeks, 4 days ago
**Бийдәрек жоғалған шахс изленбекте**

Бийдәрек жоғалған шахс изленбекте

2024-жылдың июль айында Шымбай районы Кеңес АПЖ аймағында жасаўшы, 1984-жылы туўылған пуқара Убайдуллаев Омар Сапарбаевич өзиниң жасаў мәнзилинен белгисиз тәрепке шығып кетип қайтып келмеген. Усы пуқараны көрген билгенлер болса 614442797, 951198383, 913773048 сондай-ақ 102-қысқа номерлерине хабар бериўиңизди соранамыз

Хабар берген пуқараға тийисли мағлыўматлар сыр сақланады

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

*👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
каналында*

2 weeks, 4 days ago
***❗️*****ҲҮРМЕТЛИ АВТОТРАНСПОРТ БАСҚАРЫЎШЫЛАРЫ!**

❗️ҲҮРМЕТЛИ АВТОТРАНСПОРТ БАСҚАРЫЎШЫЛАРЫ!
Ҳәзирги ўақытта республикамызда ҳаўа райы өзгерип, қар жаўып, жерлер тоңлаўына байланыслы жолларда тезликти асырмаў, жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол ҳәрекети ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде ҳәрекет қәўипсизлигине қатаң әмел етиўиңизди сорап қаламыз.

*👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
каналында*

3 months ago
***❗️*****Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллик …

❗️Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллик пенен қабыл етиледи
«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарарына бола, төмендегилер әмелге асырылады:

2025-жыл 1-январьдан баслап кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллик пенен қабыл етиледи;

2025/2026-оқыў жылынан баслап, кәмбағал шаңарақ перзентлериниң мәмлекетлик ЖООлардағы турақ жайларда жасаў қәрежетлери Мәмлекет бюджеты есабынан қаплап бериледи;

2025-жылдан «Эл-юрт умиди» фонды тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын өз алдына квоталар ажыратылады.

Сондай-ақ, АК «Халық банки», «Микрокредитбанк» АКБ бириктирилген басшылардың жуўмағы тийкарында:

кәмбағал шаңарақларға ноутбук сатып алыў ушын 5 жыл мүддетке 2 жыл жеңиллетилген дәўир менен гиреўсиз ҳәм процентсиз қарыз ажыратылады;

исбилерменлик хизметин баслаў ушын баҳасы 30 млн сумға шекем болған киши ислеп шығарыў үскенелери, көшпели дүканлар (Food truck), мотороллер, скутер ҳәм сол сыяқлы басқа тийкарғы қуралларды сатып алыў ушын 5 жыл мүддетке бөлип төлеў шәрти менен гиреўсиз ҳәм процентсиз қарыз ажыратылады.

*? Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ
? каналында*

3 months ago
**Бир шахс өзиниң атына неше банк …

Бир шахс өзиниң атына неше банк пластик картасын ашыўы мүмкин?

Орайлық банк бир пайдаланыўшыға рәсмийлестирилетуғын банк карталарының санын шеклеўди режелестирмекте. Бул ҳаққында Орайлық банк баслығының орынбасары Беҳзод Ҳамраев мәлим етти.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда пуқаралар бир паспортқа ашыўы мүмкин болған банк карталарының саны нызамлы тәртипке салынбаған. Нәтийжеде, айырымларының жүзден аслам карталары бар.

Бундай карталардан кейинги ўақытлары алдаўшылар пул қаржыларын өзлестириў схемаларында пайдаланбақта.

Беҳзод Ҳамраев қандай шеклеў орнатыў усыныс етилип атырғаны ҳаққындағы сораўға жуўап бермеген.

*? Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ
? каналында*

3 months ago
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
3 months, 1 week ago
**Трендтеги «жүзим» қәўипли ме?**

Трендтеги «жүзим» қәўипли ме?

Социаллық тармақларда атаққа ерискен «шайн мускат» үлкен көлеми, сулыў көриниси ҳәм туқымсызлығы себепли адамлардың итибарын тартты.

Қазақстан Аўыл хожалығы министрлиги оның қәўипсизлик дәрежесин тексерип көрди.

«Лаборатория тексериўи даўамында жүзимде зыянлы микроорганизмлер анықланбады, нитратлар концентрациясы да нормада - кг ушын 13,7 мкг» делинеди Қазақстан Аўыл хожалығы министрлигиниң хабарында.

*? Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
каналында*

3 months, 1 week ago
Pulmakon «CLEVER» микрокредит шөлкеми

Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

?МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

?10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз

Мәселен той бериуге яки Машина алыуға ҳәмде басқада жетпей турған қәлеген мүтәжиңизге алсаңызда болады
Оны 10 күнде яки 1 айда кайтарсаңызда болады тек алган күниңиз ге пайыз қосылады

? 6 айдан 1жыл 1,5 ҳәм де 3-жыл мүддетке.

? Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

?Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

?????

3 months, 1 week ago
**Сырт елдеги жерлеслеримиз ушын «Ватандош» картасы …

Сырт елдеги жерлеслеримиз ушын «Ватандош» картасы енгизилди

5 жыллық «Ватандош» картасына ийе болған жерлеслеримизге төмендеги ҳуқықлар бериледи:

Өзбекстан аймағына визасыз кириў ҳәм шығыў;
Өзбекстан аймағында көшпес мүлк сатып алғанда сырт ел пуқараларына белгиленген көшпес мүлк муғдарлары қолланылмайды ҳәм Өзбекстанда жасаў гүўалығы талап етилмейди;
сырт ел пуқарасына мийнетке болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз мийнет пенен шуғылланыў ҳуқықы бериледи;
Өзбекстан пуқаралары ушын белгиленген шәртлерде медициналық, билимлендириў ҳәм басқа да мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ҳуқуқы бериледи;
Сондай-ақ, карта ийелериниң шаңарақ ағзаларына да бир қанша жеңилликлер бериледи.

*? Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
каналында*

3 months, 2 weeks ago

Алимент алмасам баламды көрсетпеўим мүмкин бе?

«Маман адвокат»тың мәлим етиўинше, баланы көрсетиў яки көрсетпеў алимент алыў/алмаўға байланыслы емес. Баланы көриў тәреплердиң өз ҳуқықы есапланады.

*? Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
каналында*

We recommend to visit

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Last updated 2 weeks, 3 days ago

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов

Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup

Last updated 1 month ago

Алкеев Шыңғыстың авторлық ютуб арнасының телеграм арнасы

Сұрақтар мен ұсыныстар бойынша:
[email protected]

? Youtube: https://www.youtube.com/abaibol
?Instagram: https://instagram.com/shyngys.kz

Last updated 4 months, 1 week ago