Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Description
Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512
Advertising
We recommend to visit

Телеграм канал журналиста Рамины Эсхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 1 month, 3 weeks ago

🥧Татар һәм рус телендәге рецептлар (рецепты)
📌файдалы киңәшләр (полезные советы)
✍️язмалар (истории)
📜шигырьләр (стихи)

📢реклама

Сораулар яки реклама буенча (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 week ago

2 weeks, 2 days ago

Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары ;

“Қарақалпақстан Республикасы халық артисти” ҳүрметли атағы менен:
Мамбетмуратов
Далибай Жумағалиевич сыйлыклансын.

3 weeks, 4 days ago

Әдебий БлоGнот:
🎉Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 31 жыл толдыҚарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

*👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
каналында*

БАХЫТЫМЫЗ АЙНАСЫ

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына

*Аңсат жеткен емес халқым бул күнге,
Теңлик таппай түсти талай сүргинге,
Қуллыққа мой бермей көшип жүргенде,
Көп болды жаныма ҳазарым мениң.

Жердиң, суўдың даўы, салықтың даўы,
Тартса зорлық етти аз журттың жаўы,
Адымын аштырмай салған тусаўы,
Жүрмеге тар болған гүзарым мениң.

Әййемги Бабилдеги Хамураппийдиң,
Нызам кестелерин оқып бас ийдим.
Бизде қазы-кәлан ҳәм мурап, бийдиң,
Заңлары кем болды, жазарым мениң.

Еңсемди көтерип еркинлик жели,
Еншиме мол тийген бабалар жери.
Дуз болса атамның төгилген тери,
Сода болар сорлақ қозағым мениң.

Көкте қуяш күлген елиң сеники,
Ексең алтын өнген жериң сеники.
Аспаның, топырағың, көлиң сеники,
Барсакелмес киби узағым мениң!

Қаҳарман дийқансаң , даңқың аспанда,
«Ең жақсы фермер»  сен – Өзбекстанда.
Мәрт майданда белли – жолға қосқанда,
Қарабайыр аттай қызарым мениң.

Аман бол қос арыс, полат жолларым,
Сен барда арқам кең, узын қолларым.
«Жипек жолы» бойлап шықса кәрўаным,
Жақын болар алыс базарым мениң.

Өмиримниң ҳәзи – Үстирттиң гази,
Қыраўлы қыс күним Ташкенттиң жазы.
Қаратаў мәрмәри, алтынның тажы,
Байлық бәйгисинде озарым мениң.

Елим Байрағың бар бәлентте тутқан,
Гербиң, Гимниң бар пәтиўа тапқан.
Бәрше табысыңа қуўан, йош, мақтан,
Саў болсын Тийкарғы нызамым мениң!*

Жуманияз ӨТЕНИЯЗОВ
http://t.me/a_blognot

ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ

(1993-жыл 9-апрель Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн)

*Тарийхта жазылған халқымның аты,
Ҳақ кеўил, мәртлиги қәдир-қымбаты,
Бүгин суверенли ел салтанаты,
Гербине мөрленген Қарақалпақтың.

Салы масақлары қуяш нурындай,
Ақ пахта, ақ кеўли сулыўлығындай,
Дәрья, теңиз Әмиў, Арал суўындай,
Гербине жарасқан Қарақалпақтың.

Сегиз қырлы сүўрет, бирликтен нышан,
Ярым ай ҳәм жулдыз, халқым мусылман,
Сақыйлықтан дәрек берер ҳәр қашан,
Гербинде Қумай қус Қарақалпақтың.

Өтмиштен сөз ашар «Шылпық» қорғаны,
Сәният, кеўилде алтын шуғлалы,
Суверенли ел атағын алғаны,
Гербине жазылған Қарақалпақтың.
Раўаж ОТАРБАЕВ*
http://t.me/a_blognot

Telegram

Әдебий БлоGнот

Бул каналда қарақалпақ әдебияты ҳәм жәҳән әдебияты шығармаларынан оқып барасыз.

Әдебий БлоGнот:
3 weeks, 4 days ago
Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты
2 months, 1 week ago

Ана тилим-дара тилим!

Мақтанды
Биреў...
Баламның
Тили шыққан
Орысшада
Базы биреўлердиң
Кытайшада
Биреў айтты,
Инглизше
Әне қалас ...

Ойдан-ой жүйрик
Кеттим тереңге
Бабам не деген
Көреген,
Билеген еди...
Сонша көшиўлерде
Жалаң аяқ
Суў кешиўлерде,
Ойларда,
қырларда
Небир шөллерде
Халық даналығын
Алып өткен
Қәлиблерде
Кеўиллерде
Тиллерде,
Дәстанларын
Айтысларын
Жаңылтпашын
Жумбақларын,
Хәййиўлерин
Термелерин,
Толғаўларын,
Жырғаўларын
Санасына
Қуйып жеткен,
Гуңиренткен ,
Қобызларын
Көк титиреткен
Жаўынлатқан,
Даўыллатқан
Шыңқобызын
Шырылдатқан
Шыңғырлатқан
Қыз әрманын,
Сыңғырлатқан
Сөйткен бабам
Дана еди,
Намыс-арын
Алып өлген
Дара еди.

Тилим қайдасаң?
Арым қайдасаң
Ҳәййиў қайдасаң
Бир әжеп жайдасаң
Айтыс қайдасаң
Шертис қайдасаң?
Зым-зым...
,,Арқадан келген арқар
Жақсы адам менен сөйлессең
Қумарың тарқар"
Қайдасаң?
Сөйлеспес ҳешким,
Гүм-гүм...
Жумбақ қайдасаң,
Шешим қайдасаң?
Жым-жым...
Дың-дың...
,,Сайрайды да,йошады"
Тилим қайдасаң?!
Жаңылтпаш қайдасаң?
,,Ядлап тақмақ
Ядқа айтсақ
Ядқа тақмақ
Ядла тақ-тақ"
Сөйтип тилим
Шықпадыма
Тутлықпадық...
Гуң-гуң...
Әкемниң дизесине қонып
Еситер едим әжеп қосық
,,Қыран қустың баласы
Қыяда болар уясы
Қыяға қарай сел барса
Қыйналып желер анасы
Ҳәңңай ҳәңңай ҳәңңай-ә-ңай..."
Атамның жырғаўы
Басын ырғаўы
Еле көз алдымда
Еле ядымда...
"Алашартақ
Қырман ортақ
Қырманыңнан бермесең
Қыран шатақ!"
Кемпир апамның
Мехрибанымның
Мийиме қуйғанлары,
Жаңлап тур,
Бир өмир
Мәңгиге
Сабақ болажақ,
Кеуиллеримде
Сайрап тур.
"Бир- бас бармақ
Еки-балан үйрек,
Үш-ортан терек,
Төрт-шүлдир шүмек,
Бес-кишкентай бөбек!
Бас бармақ-малға барар,
Балан үйрек-аңға барар,
Ортан терек-отынға барар,
Кишкентай бөбек-үйге қарар!"
Мойынға алғанбыз,
Жаслайымыздан,
Үкиден ойып,
Суўды алғанбыз.
Жүнди түтип,
Кийиз басқанбыз.
Бас бармақ атанып,
Оңға,
Қырға,
Шапқанбыз...

Әкемниң халалайы
Әкемниң булалайы
Дәўлет басы едим
Ата-анамның
Қызалақ болсамда
Артық көрер еди
Журттың алпыс
Улынан.
,,Алағат булт ай болмас
Алаң кеулим жай болмас,
Алты улыстың баласы
Алпағыма сай болмас
Ҳәңңай, ҳәңңай, ҳәң-ә-ай..."

Анам берген
ақ сүтин
Ақлай алдымба
Жүзин жарқын етип,
Қыз сақлаған,
Ғәрип анама
Ел-халқымның,
Ата-енемниң
Алтын қудағай
Тажын
Кийдире алдымба?
Ақ бесикке таянып
Анам ҳәййиў айтқан,
Қолым анам сийнесинде
Кеўилим балқып
Уйықлап кетер едим
Ҳәййиў мәргиясында
,,Аллай-аллай алтыным-ай,
Алтыннанда артығым-ай
Айналайын гүмисим-ай,
Айында писер жемисим -ай ,
Ҳәллай-ҳәллай,ҳәллалай"
Ҳәййиў, ҳәййиў, ҳәййиў,
Жигер берген еди
Журек берген еди
Сезим берген еди
Төзим берген еди
Әкем түйе болған
Бизлер
Мине-мине
Жаўыр болған...

,,-Әнекей сыйыр.
-Мө-өө!,-дейди
-Минекей,түйе.
-Бө-өө!-дейди"
Мәспиз....
Әкем нағыз
түйе еди,
Төрт қыз,
Төрт ул
Есапсыз ақлық
Ата түйеге
Әке түйеге
Минген едик
Шын мәнисинде

Устазым оқытқан
Тоқытқан
Ядлатқан
Келешекти
Аңлатқан
Қолға китап
Услатқан
Бир өмир
Қарыздарман
Дегенмен сонда
Ҳәм бүгин
Ертең...
Көзим ашық
Кеўлим сергек
Қәлбим ояў
Таза
Гириштей аппақ
Онда бабамнан қалған
Битиклер
Сиңдирилген еди...
,,Жел-жел есер,жел есер
Егизлей берсе,төл өсер,
Еңбеклей берсе,төл өсер,
Сағасы булақ суў тасар
Тәрбия менен гүл өсер,
Сөйлеў менен тил өсер"
Ах,нетейин,нетейин,
Басымды алып
Кетейин
Бүгин тилди умытсақ
Кеширер мекен қара жер
Кеширер мекен Ана-Жер!
Кеширерме екен бабалар
Кеширерме екен даналар!
Ана- тилим
Байлығым
Суў астында
Маржаным
Қәлбиме сақлап кетермен.
Бир сөзине қыянет
Бир сөзине өзгерис
Ете көрме!
Сап ҳалында
Урпаққа
Жеткер,
Өткер,
Адамзат!

Оралхан Сапарова
Нөкис қаласы 34-санлы орта мектеп директоры

t.me/kketnografiya

Telegram

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

Ана тилим-дара тилим!
2 months, 1 week ago

**«Қарақалпақстанның 40 жыллығы» хожалығынан Сәбит сейистиң сары аты бас бәйгини жеңип алды. Қуўанғанынан жерлеслеримиз басындағы телпеклерин аспанға ылақтырды. Айтсақ лап болып керинеди. Сары ат бәйгиден атлаған ўакытта аламанға аттың мойыны қуўдың мойнына уқсап созылып кеткендей сезилди.
Қаҳарман шайырымыз, әдиўли сөз зергери Ибрайым аға да:

Ал енди уллы той күни шаў-шуўлы
Бәйги ҳәм ылаққа шапқанда сизлер,
Адам намысы ушын қәйтип шабыўды,
Ат намысы менен көрсетесизлер...

— деп бийкар тәрийиплемеген-аў!... деймен. Сәбит сейистиң өзи қуўанғаны соншелли атының мойнынан қушақлап жылап жиберди. Солай етип, сары аттың туягының жеңисине бир түйе, бир егиз» бир гилем, және қосымша мың сом пул инам етилди. «Аттың сыры ийесине мәлимди»—деп малыңа ҳәншелли исенсең де, мәрреге ерискенше қыялың алғаў-далғау болып» көкирегиң дүбирлеп турады. Ҳадал жеңиске мал емес, жан тигилсе арзыйды.
Аттыңда, сейистиңде ҳадалы болсын! Оның үстине бул жердеги ат шабыс биздегиден кескин парқ қылады. Таўлы жер болғанлықтан шаўып баратырған аттың туяғынан от шашырайды.
Бул тойда бәйгиге ат қостырған Қарақалпақстанлы шабандозлардан Қайыр Мақсым, Ералы шабандоз, Берик сейислердиңде атлары төрт сыйлы орынды алып, Сәбиттиң сары атының жеңисин және де толықтырды. Ҳақыйқатында да ҳақыйқый жеңис усындай қыян-кески бәйгиде мәлим болады, Болмаса» усы сапары бәйгиде Хорезмнен, Түркменстан менен Қырғызстаннан келген не бир шапқыр атлар табан жолға тарыспады дейсиз?!
Әсиресе Ералы сейистиң алаяқ торы төбелиниң бәйгде де төртинши болып киятырғанында ол аяғының нәли қопарылып кетип, бирден тоқтап қалғаны жүдә қызық ҳәдийсе болды. Сонда микро­фоннан сөйлеп турған той төре ағасы бирден «Аттың баллоны жарылды!»—деп бақырып жиберди. Сонда да торы төбелдиң «Еңбегин еш қылмай» төртинши қapaғa тигилген қашарды инам етти.
1996-жылы 13—15 сентябрь күнлери «Узын қудық»—деген жерде атақлы улама Қанарбай атаның тууылғанына 150 жыл толыў ҳүрметине бағышланып ас берилди. (Бул киси қазақтың
«Бар-шар»—деген руўынан). Бул мерекеде Қазақстанлы шабандоз­лар бираз басым келди. Деген менен қарақалпақстанлы шабандозларда ири баслы сыйлықлардан бийнесип қалмады.
1996-жылы «Шуқыр қақ»та Сыран Шабандоздың (ҳақыйқый исми Сражатдийин) әкеси Қазыйдың ҳүрметине ас берилип, бәйгиге ат жиберилип, көкпар ойналды. Мерекеге узақ жақыннан мийманлар шақырылып «Мақта арал», «Жети сай» тәреплерден де шабан­дозлар қатнасты. Бул сапары да Қазақстанлы шабандозлар басым келип, жеңис туўын қолдан жаздырмады. Қарақалпақстаннан ақ маңғытлы атақлы шабандоз Зарапатдийин «Көк суўын» лақаплы аты менен салымға қойылған. Қой менен гилемди жеңип алды. Сондай-ақ Минажатдийин Мақсым Бухара уәлаятының «Кенимех» районындағы туўысқанымыз — Төкпе шайыр Айтоты апамыздың пайғамбар жасына шыққан мүшели тойына да қатнасып той бәнеси менен «Кенимехли» ханаласларымыз бененде дийдарласып
қайтты.

Минажатдийин мақсым туўралы сөз еткенде және де айта кететуғын ең баслы нәрсе оның ат спортына, әсиресе «Ылақ ойыны»на
ышқыпазлығы соншелли өз үйиндеги той-мерекелердиң ҳеш бирин, ат шабыссыз, «Ылақ ойыны»сыз өткерген емес. Ол 2001-жылы 6- сентябрьде —туңғышы Инятдийинниң үйлениў тойында бәйгиге бир түйе, Ылақ ойынына бир түйе байрақ қойды. Бәйгиге қойылған
түйени «ҚЫЗЫЛ қала» дан келген мийман Тайыр Мақсымның торы аты, «Ылақ ойыны»на тигилген түйени «Қаршығалы» хожалығынан Амангелди Шабандоз жеңип алды. Сол тойда өзи менен бирге зәңгилесип ат шапқан ветеран Шабандозларға (ғарры десек кеуиллерине мәлел келиўи мүмкин) өз алдына «Ылақ ойыны»н шөлкемлестирип, оларға да байраққа бир гилем қойдырды.
Ветеранлардың «Ылақ ойыны»нда жасы алпыстан өткен кексе, Рамет Шабандоз (Кудияр Кәлдиң баласы) жеңип алыўға миясар болды.
Сондай-ақ тойдан алдын «кеңес той» күни ямаса бала шабан­дозлар ушын өз алдына көкпар шаптырылып, байраққа еки гилем**

2 months, 1 week ago

***Сол балалығындағы дөретиўшилиги Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетиниң студентине айландырды.
Малика төрт имтиханнан да «4» баҳасы менен өтти. Имтиханның төртиншиси француз тилинен еди. Бул тилде мектепте 2-5-классқа шекем қәнигелескен бағдарда оқыды. Малика апа 1973-1978-жылларды университеттиң жақсы студенти болып оқыды.

Белгили инсанлардан, профессор-оқытыўшылардан билим алды. Оқыўға кетеринде белгили шайыр, сол ўақыттағы Жазыўшылар аўқамының баслығы И.Юсуповтан исеним хат алып кеткен еди. Оның берген исенимине ылайық болыўға тырысты. Ол 2-курсын тамамлап, Қоңыратбай Алланиязов пенен турмыс қурды. Келин болса да 5-курсқа шекем оқыўын даўам еттирди. Әлбетте, бунда ата-енеси, өмирлик жолдасының да орны гиреўли болды. Дөретиўшиликке жақын инсан болмаса да Қоңыратбай «Қаўынды егип көрмесек те мазасын билемиз» дер еди. Малика Жумамуратованың жазған қосықларының биринши еситиўшиси болып, пикирлер билдириўден шаршамады. Қоңыратбай аға менен Камила, Бердақ, Темурсултан, Айзадаларды тәрбиялап, оқытты. Бәри де өз қызығыўшылығына бола бакалавр, магистр бағдарында билим алып, бүгинлиги өз жолларын тапты. Қоңыратбай аға менен мазмунлы турмыс кеширди.

Бүгинги күни ақлықларының қуўанышларын да Малика апа көрип атыр. Және жыллар дизбегин «сөйлетип», өтмишке қарай шегинис жасаймыз. Малика апа университетти питкерип, 1978-жылы «Жеткиншек» газетасына жумысқа кирди. Буннан соң университеттеги илимий бөлимниң редакциялық баспа бөлимине киши редактор болып жумысқа өтти. Ол жерден үлкен театрға «әдебий бөлим баслығы» болып кетти. Және университетке келди. 1986-жылы аспирантураға кирди. «Халық шайырлары дөретиўшилигинде миллийлик, интернационаллық» деген темада өз жумысын қорғады.
Ол бүгинлиги филология илимлериниң кандидаты, доцент, илимий, оқыў-методикалық мийнетлердиң, көркем-әдебий публицистикалық дөретпелердиң авторы.

Малика Жумамуратова 1957-жылы Нөкис қаласында туўылып, есин билиўден дөретиўшиликке, илимге араласқан болса, бүгинги күни бир саат тыншып отыратуғын адам емес. Жайдары минези менен күлимсиреп, аспай-саспай, күйип-писпей жүрип-ақ көп ислердиң басына үлкен «арқан» тағып, оны «жылаўлап» алған. Мысалды алыстан излемей-ақ жақын жылларға нәзер тасласақ, М.Жумамуратова Малайзия, Грузия, Россия, Қазақстан, Белоруссия, Қырғызстан ҳәм басқа да мәмлекетлердеги халықаралық форум ҳәм конференцияларға қатнасып қайтты. Грузияда DАТА FEST мағлыўматлар журналистика бойынша халықаралық форумда баянат жасады. 2019-жылы Татарстанда болып келди. Шет еллердиң жергиликли газеталарында мақалаларын жәриялады, телевидение арқалы интервью берди.

«Халықаралық дослық байланысларын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» мазмунындағы Киев миллий университети «Подяка», Белоруссия, Қазақстан Республикасы университети, Казань федеральлық университети, Россия ИА Казань филиалы тәрепинен сетификатлар берилди. Сондай-ақ, ол 2017-жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары оқыў орнының ең жақсы педагогы» сыйлығына миясар болды. «Истеъдод» фонды тәрепинен усынылған таңлаў жеңимпазы сыпатында белгили сертификат тийкарында «Ашық хабар системаларында информациялық- психологиялық қәўипсизлик» пәнинен университетте бүгинги күни гуманитар факультетлерде лекция ҳәм семинар сабақларын өтеди.

Қырғызыстан Республикасының Ош мәмлекетлик университети тәрепинен «Мийман лекция»ға шақырылды. Оған сол жердеги журналистика қәнигелигиниң профессор-оқытыўшылары, студентлери, усы қәнигеликке қызығыўшылар қатнасып, унамлы пикирлерге ийе болды.
Малика апа университетте оқып жүргенде бизлерге сабақ берди. Журналистика кафедрасын басқарды. Мениң «Қарақалпақстан баспасөзинде ҳаял-қызлар темасы» деген диплом жумысыма басшылық етти.
Ол устазларымыздың да устазы. Ҳәтте, перзентлеримизди де оқытты. Оның ақлық шәкиртлери де көп.Байрам себепли М.Жумамуратова ҳаққында жазаман деп ойлаған едим. Ең қызығы, устазым менен жүзбе-жүз сәўбетлесе алмадым. Польшаға кетемен-деп виза таярлаў ушын Ташкент қаласында жүр екен. Телефон арқалы узақ сәўбет қурдық. Бирақ, Малика апаның сөзлери таўсылар емес.***

4 months, 2 weeks ago

***<<Ағайин татыў болса ат көп болады, абысын татыў болса ас көп болады>>---деген сөздиң буннан басқа да мәнилери болып, бул да абысын-ажынлардың татыўлығының бир көриниси болып табылады. Бурынлары алыстағы той-мерекелерге көбинесе ер адамлар кетип, ҳаяллар үйде балаларына, хожалығына қарап үйде қалатуғын болған. Сол ўақытлары ер адамлардың жоқлығынан пайдаланып, абысын-ажынлардың бириниң үйинде тамақ писирилип, сол жерде ойын-заўық, қосық айтыў, шер тарқатысыў болып турған, буны "абысын асы", "абысын шай",---деп атаған. Әлбетте, бундай бас қосыўлар да татыўлыққа, аўыз биршиликке себебин тийгизген.

Уўайым қуртты-аў диңкемди,
Қайғы басты-аў еңсемди,
Қалай таслап кетемен,
Абысын-ажын, ел сени.
[Өсербай Хожаниязов]

Shahzoda Allamuratova***t.me/shahzoda_allamuratova

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***&lt;&lt;Ағайин татыў болса ат көп болады, абысын татыў болса ас көп болады&gt;&gt;---деген сөздиң буннан басқа да мәнилери болып, бул да …
4 months, 2 weeks ago

***АБЫСЫН ТАТЫЎ БОЛСА....

Халқымыздың этномәдениятындағы туўысқанлық атамалардың бири "абысын" этноними. Шаңарақтағы ағайинли жигитлердиң ҳаяллары бир--бирине абысын болады, яғный, келинлердиң үлкени өзинен кейинги киши келинлерге абысын болып есапланады. Бизиң халқымызда абысынды киши келинлер "шеше", "апа",---деп атаў басым. Себеби, абысын~ шаңарақтың үлкен анасы~Енеден кейинги тулға, яғный, енеге жәрдемши, шаңарақтың жанашыры, рети келгенде өзинен кейинги киши келинлерге енениң орнында ақылшы, басшы бола алатуғын адам.

Тилимизде "абысын~ажын" деген сөз де "абысын" сөзи менен теңдей қолланысқа ийе. Буның мәнисин бирме-бир таллап түсиндиретуғын болсақ, абысын--бир үйдеги туўысқан жигитлердиң ҳаялларының жасы үлкенине айтылса, аталас, руўлас, аўыллас адамлардың ҳаяллары көплик мәниде "абысын-ажын" деп аталады.

Абысынлы-келинлилердиң, абысын-ажынлардың өз-ара бир-бири менен қарым-қатнасында қәлиплескен этикалық нормалары, этномәденияты бар. Келин өз қайнағаларын қалай сыйлап, ҳүрмет көрсетсе, олардың ҳаялларын да сондай етип, сыйлап, ҳүрмет, иззет көрсетеди. Булардың сыйласығы, ҳүрмети, бир-бирине деген меҳирбанлығы туўысқан жигитлердиң татыўлығына, қарым-қатнасының жақсы болыўына тәсирин тийгизеди. Ҳәттеки, бир аўыллас, руўлас, аталас ағайинлердиң өз-ара татыўлығы, аўыз биршиликлиги де усы аўылдағы "абысын-ажын" деп аталыўшы ҳаял затының аўыз биршилиги, татыўлығынан келип шығады.

Абысын шаңарақта өзинен кейин келген келинлерди тәрбиялап, жас шаңырақтың аяққа турып кетиўине ене менен теңдей ат салысады, жас келинлер босанғанда да оның бала тәрбиясы жумысларына көмеклеседи,: баласын шомылдырыў, бесикке салыў, оны қалай услап-тутыў ҳәм т.б жумысларын өз қадағалаўына алып, көмегин берип отырады. Олардың балаларын да өз баласындай көрип мийримлилик көрсетеди.

Той-мерекелерде басшылық етип, тойдың барысындағы ҳәр бир нәрсениң дәстүрге сай орынланып отырыўына басшылық етеди, қадағалайды.

Шаңырақтағы абысынлардың татыўлығы сол үйдеги ата-енениң шаңырақты дурыс басқарыўына, балаларын, олардың өмирлик жолдасларын теңдей көрип, алалап қарамай, бәрине әдиллик пенен қарым-қатнаста болыўына байланыслы. Бул материаллық ҳәм моральлық көз--қарастан олардың арасындағы теңбе-теңлик ата-енениң де балалары, келинлери алдындағы абыройын көтереди. Егерде теңбе-теңлик сақланбай, бирин екиншисинен артық көриў, екиншисиниң өзин кемситилгендей, хорланғандай сезиниўи жағдайында абысынлар арасында урыс-керис, көре алмаўшылық, қызғаныўшылық, душпанлық, өш алыў көз-қараслары келип шығып, ақыбети питиспес үлкен даў-жәнжелге әкелиўи мүмкин. Бул даў-жәнжеллерлиң нәтийжесинде туўысқан жигитлердиң де бир-бирине деген мийримлилиги жоғалып, душпанға айланыўы келип шығады, бир-бирин көрместей аўҳалға келип қалады.

Даў-жәнжеллердиң унамлы шешим таппаўы ағайинлердиң, ҳәттеки, аўыллас, аталас туўысқанлардың ортасында аразласыў, көриспей, қатнаспай қалыў жағдайларына алып келеди.

Абысын менен келин ортасында орнына қарай жақсы сыйласық, ҳүрмет, иззет болыўы мүмкин, бирақ, "сырлас, жақыным",--деп дым еркинсип, бар сырыңызды ақтарып салмай, тилге ықтыят болыў, ойланыңқырап сөйлеў керек.
Биреўди биреўге шағыстырыў, қатын-қалаш ортасындағы гүманлы, гүмилжи, "өсек"ке уқсаған гәплерди күйеўиңе жеткериў де аўыз биршиликке, татыўлыққа нуқсан келтирип, күйеўиңниң кеўлине туўысқанларына деген суўықлық түсириўден басқа ҳеш нәрсе емес.
Өсек~бир үйде жасап атырған туўысқанлар, абысынның сыртынан басқаларға болар-болмас әңгимелерди жеткериў. Бир күни болмаса бир күни өзи ҳаққында өсекти биреўден сениң айтқаныңды билсе, ортада өкпе, гийне, аразлық келип шығады. Сондайдан үлкен даў-жәнжеллер келип шығады.

Абысынлар ортасында аразлықты келтирип шығарыўшы факторлардың бири--баланың арасына түсиў. Ол балалар бири менен бири түби бир туўысқан, урысады, таласады, қайта жарасады. Бири бирине үстемлик етип, араласпаўға болмайтуғын ҳалларда әдил, ортақ пикир менен ғана араласып, алдастырып, жарастырған дурыс.***

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***АБЫСЫН ТАТЫЎ БОЛСА....
4 months, 2 weeks ago

#Қарақалпақ_қандай_халық**?

2012-жылы бир ўақыттың өзинде Лондон (Уллы Британия), Мюнхен (Германия), Нью-Йорк (АҚШ) қалаларында англичан тилинде жарық көрген «Арал теңизи дельтасындағы қарақалпақлар» атлы бул китап тек Европада емес, пүткил дүнья жүзиндеги баспадан шыққан китаплардың ең салмақлыларынан есапланады. Ол туўра мәнисинде де жүдә салмақлы болып, аўырлығы шама менен 5 килограмм. Китап бир неше бөлек китапшалардан ибарат болып, улыўма көлеми 500 бет. Ондағы ҳәр бир бап ямаса китап ҳәр қыйлы мәселелерге арналған. Атап айтқанда, әййемги дәўирден ҳәзирги күнге шекемги қарақалпақлардың келип шығыўы ҳәм тарийхы ҳаққында, қарақалпақ гилемлери ҳәм тоқымашылығы ҳаққында, қарақалпақлардың миллий кийимлери ҳәм безениў буйымлары ҳаққында, қарақалпақлардың дәстүрий турақ жайлары (қара үй) ҳәм оның буйымы және безелиўи ҳаққында. Китап қара, ақ ҳәм иреңли сүўретлер менен көркемлик жақтан безелген. Китапты жазыўда тийкарғы дәрек болып хызмет еткен илимий мийнетлердиң авторларының да фотосүўретлери бар. (С.П. Толстов, А.Жданко, Қ.Айымбетов, М.К.Нурмухаммедов, С.К.Камалов, А.Алламуратов, Х.Есбергенов).
Көлеми жағынан үлкен болған, орта әсирдеги аўыр қолжазбаларды еслетиўшы бул китаптың авторлары 1997-жылдан бери Қарақалпақстанда ўақты-ўақты болған ерли-зайыплы Дэвид ҳәм Сюзен Ричардсонлар. Бул авторлар қарақалпақ халық әмелий көркем өнерине жүдә қызыққан ҳәм олар бул қызығыўшылығы менен көп жыллар өтип профессионал эксперт дәрежесине шекем жетип қалған.
Биз қарақалпақлар жайлы дүнья көлеминде көп ғана көркем, илимий мийнетлер исленген. Тилекке қарсы, сол БИЗ ҚАРАҚАЛПАҚЛАР буннан бийхабармыз. Жоқарыдағы ҳәм сол сыяқлы мийнетлерди өз Ана тилимизге аўдарыў ўақты әллеқашан жеткен. (Айтпақшы, Америка индеецлери ҳәм қарақалпақлардың жақынлығы ҳаққындағы бир китап аўдарма исленбекте. Несип етсе, кейин толық мағлыўмат жайлаймыз).

Китап ҳаққындағы мағлыўматлар "Кегейли турмысы" газетасынан алынды.

Таярлаған: А.Дарменов
Канал:** @Allayar_Darmenov

4 months, 2 weeks ago

#Аудиоертек

Жақында жазған Қара қалпақлы дәў ҳаққында ертегимизди талантлы, шайыр тәбиятлы достымыз Нурсултан Төлегенов пенен бирге аудио форматқа да көширдик.

Байланыс: @AllayarDarmen
Канал: @Allayar_Darmenov

We recommend to visit

Телеграм канал журналиста Рамины Эсхакзай.
Мій Instagram : https://www.instagram.com/raminalalala
Резерв: https://instagram.com/raminalalala_here
FACEBOOK: https://www.facebook.com/ramina.eskhakzaj
Реклама: @coop_ramina
PR: @kateryna_khotieieva

Last updated 1 month, 3 weeks ago

🥧Татар һәм рус телендәге рецептлар (рецепты)
📌файдалы киңәшләр (полезные советы)
✍️язмалар (истории)
📜шигырьләр (стихи)

📢реклама

Сораулар яки реклама буенча (сотрудничество) - @elvira_admin

Отзывы: https://t.me/kirakle_torkem_otzivi

Last updated 1 week ago