Dive into the Ultimate Free Library: Your One-Stop Hub for Entertainment!

Qaraqalpaqstan Qizi⚡️

Description
Advertising
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 6 days, 15 hours ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 2 weeks ago

1 month ago
Qaraqalpaqstan Qizi⚡️
1 month ago
Qaraqalpaqstan Qizi⚡️
2 months, 1 week ago

⚡️Тайынлаў

Романов Тажибай Ниетуллаевич
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы етип тайынланды.

Тайынлаўға шекем Т. Н. Романов "Юксалиш" ҳәрекетиниң Қарақалпақстан аймақлық бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.

@qaraqalpaqstanqizi

3 months, 1 week ago
Өзбекстанда ***депутатлар сайлаўы ендиликте мажоритар ҳәм …

Өзбекстанда депутатлар сайлаўы ендиликте мажоритар ҳәм пропорционал системасы тийкарында өткериледи.

Ҳәр еки система өзгешеликлери ҳаққында #инфографикада таныстырамыз.

📌Мағлыўмат ушын, халық аралық тәжирийбеде сайлаў системасының мажоритар, пропорционал ҳәм аралас түрлери бар.

Усы күнге шекем Өзбекстанда сайлаў процесслери мажоритар сайлаў системасында өткерилген.

@qaraqalpaqstanqizi

3 months, 1 week ago

Ишки ислер министрлиги тәрепинен Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша қарар жойбары regulation.gov.uz платформасына жайластырылды.
Жойбарда қандай әҳмийетли өзгерислер нәзерде тутылмақта?

Толық 👉 видеода@qaraqalpaqstanqizi

3 months, 1 week ago
**Соңғы үш жылда Өзбекстанда электромобильлер сатыўы …

Соңғы үш жылда Өзбекстанда электромобильлер сатыўы 10 есеге көбейген.

2023-жылдың өзинде алып кирилген автомобильлердиң 35 % и электромобиль ҳәм гибридлер болып табылады.

Мәмлекетимизде өткен жылдың басында электромобильлер саны 6 414 дананы, оларды қуўатлаў станциялары саны болса 79 болған болса, ҳәзирге келип электромобильлер 4,5 есеге, қуўатлаў станциялары болса 5 есеге көбейген.

Ҳәзирги ўақытта усыған байланыслығы зәрүр инфраструктура жағдайы қандай?

Арнаўлы қосымшалар ҳәм карталар мағлыўматларына таянылса, республика бойлап 377 электромобильлерди қуўатлантырыў станциялары орнатылған.

(7-февраль жағдайына).@qaraqalpaqstanqizi

5 months ago
“Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети социаллық-экономикалық басламалар …

“Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети социаллық-экономикалық басламалар институты менен биргеликте ҳәм де регион экспертлери жәрдеминде дәслепки рет “Орайлық Азияның жетекши ҳаял-қызлары” рейтингин дүзди.
Рейтингке киритилген ҳаял-қызлар регионда түрли тараўларға, атап айтқанда сиясат, бизнес, билимлендириў, пән, көркем өнер ҳәм социаллық мәселелерге унамлы тәсир көрсеткен.

Регион экспертлери кандидатларды ҳәм математикалық, ҳәм эмпирик методларға таянған ҳалда саралады.

Толық: https://yumh.uz/uz/news_detail/635

@qaraqalpaqstanqizi

5 months, 1 week ago
**Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине …

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 31 жыл толды

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы аспан көк, тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып, ортасындағы сары реңли бөлек ақ ҳәм қызыл сызықлар арқалы ажыралып турады

@qaraqalpaqstanqizi

5 months, 2 weeks ago
Qaraqalpaqstan Qizi⚡️
7 months, 2 weeks ago
*****⚡️******⚡️******⚡️******⚡️***Тайынлаў

*⚡️*⚡️⚡️⚡️Тайынлаў

Кожабаева Гулистан Таласбаевна**
- Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри ўазыйпасын атқарыўшысы етип тайынланды.

@qaraqalpaqstanqizi

We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months, 3 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 6 days, 15 hours ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 2 weeks ago