ҚР ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙ ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ

Description
Билимлендириўге байланыслы Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды, мағлыўматларды турақлы түрде @malakanews телеграм каналы арқалы бақлап барың.
Advertising
We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago

1 month, 3 weeks ago
[#Қутлықлаў](?q=%23%D2%9A%D1%83%D1%82%D0%BB%D1%8B%D2%9B%D0%BB%D0%B0%D1%9E)

#Қутлықлаў

Ҳүрметли Матекеев Сейтжан Тажетдинович!

Сизди Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы администрациясы ҳәм барлық профессор-оқытыўшылар жәмәәти бүгинги туўылған күниңиз бенен шын жүректен қутлыклайды!

Сизге беккем ден-саўлық, шаңарағыңызға аманлық, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз. 

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы администрациясы.

Каналға ағза болың
https://t.me/malakanews

1 month, 4 weeks ago
1 month, 4 weeks ago
1 month, 4 weeks ago
ҚР ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙ ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ
1 month, 4 weeks ago

Өзбекстан Республикасы Президентининг "8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында"ғы Пәрманы менен төмендегилер сыйлықланды.

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен:

Аннакличева Гулистан Ахмедовна - «Қарақалпақ әдебияты» газетасы бас редакторы

«Дўстлик» ордени менен:

Аймуратова Лиза Айтмуратовна - «Қуўаныш жарма» ирригация системасы басқармасы инженер-гидротехниги

«Шуҳрат» медалы менен:

Аметова Гаўхар Гулмуратовна - «Тақыятас ыссылық электр станциясы» АЖ бөлим қәнигеси

Жуманазарова Гулчехра Жумахметовна - Кегейли районы «Халқабад» мәҳәлле пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси

Каримбердиева Дилбар Зиятдиновна - Төрткүл районындағы «Аяз юрт» шаңарақлық туризм кәрханасы директоры

«Меҳнат шуҳрати» ордени билан

Аннакличева Гулистан Ахмедовна - «Қорақалпоқ адабиёти» газетаси бош муҳаррири

«Дўстлик» ордени билан

Аймуратова Лиза Айтмуратовна - «Қуўаныш жарма» ирригация тизими бошқармаси муҳандис-гидротехниги

«Шуҳрат» медали билан

Аметова Гаухар Гулмуратовна - «Тахиатош иссиқлик электр станцияси» акциядорлик жамиятининг бўлим муҳандиси

Жуманазарова Гулчехра Жумахметовна - Кегейли тумани «Халқобод» маҳалла фуқаролар йиғинидаги ҳоким ёрдамчиси

Каримбердиева Дилбар Зиятдиновна - Тўрткўл туманидаги «Аяз юрт» оилавий туризм корхонаси директориКаналға ағза болыў: @joqargikenes

*Telegram 🌐Website📱Instagram📱Facebook📱***Twitter

2 months ago

#Onlayn

📣DIQQAT

Informatika hám informaciyalıq texnologiyaları páninen 5-8 klass oqıwshıları arasında eki basqıshlı tańlawdıń QARAQALPAQSTAN basqıshına START BERILDI!

⚡️ Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarı Keńesi tárepinen 2024-jıl  18-yanvarda tastıyıqlanǵan “Jol kartasın” da belgilengen wazıypalardı ámelge asırıw maqsetinde  “Tańlaw” shólkemlestirilmekte.

📌 “Tańlaw” dıń tiykarǵı maqseti:

Oqıwshılardıń intellektual dóretiwshilik qábiletlerin anıqlaw hám rawajlandırıw;

Íntalı oqıwshılardı qollap-quwatlaw, ilimiy bilimlerdi jaslar arasında tarqatıw ushın zárúr shárt-sharayatlardı jaratıw;

Oqıwshılardı informatika hám informaciyalıq texnologiyalar tarawında kompetenciyaların rawajlandırıw;

Íntalı oqıwshılardı saralap 2026-jıl Ózbekstan Respublikasında bolıp ótetuǵın abıraylı xalıqaralıq olimpiadasına tayarlaw bolıp tabıladı.

📌 Esletip ótemiz:
Tańlawdıń birinshi basqıshı usı jıldıń 17-fevral kúni ótkerilgen.

❗️Ilaj onlayn baqlap barsańız boladı.https://www.youtube.com/live/05qcJf5UlS4?si=nHzRxHUT-eZgNpEO

🌐 Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:|Web| Instagram | Facebook |Telegram | Youtube

3 months, 4 weeks ago

ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙДЫӉ ЖЫЛ ЖУЎМАҒЫ ҲӘМ АЛДАҒЫ ИСЛЕНИЎИ ТИЙИС ЖУМЫСЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

❇️ Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында гезектеги илимий-методикалық кеңес мәжилиси өткерилди.

❇️Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы директоры, илимий кеңес баслығы Б.Диланов ашып берди ҳәм басқарып барды.

❇️Онда Педагогикалық орай тәрепинен өткен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумысларды додалаў ҳәм 2024-жылдағы режелерин белгилеп алыў мәселелери көрилди.

❇️ Илажда кафедра ҳәм бөлим баслықлары күн тәртибиндеги мәселелер бойынша шығып сѳйлеп, 2022-2023-жылларда әмелге асырған жумыслары туўралы кең түрде мағлыўмат берди. Сондай-ақ, өз бетинше излениўшилердиң есабаты тыңланып, профессор-оқытыўшылар тәрепинен додаланды.

❇️Мәжилисте жол қойылған айырым кемшиликлер де атап өтилип, сынға алынды. Атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў, әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Каналға ағза болың:👇
https://t.me/malakanews

Telegram

ҚР ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙ ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ

Билимлендириўге байланыслы Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды, мағлыўматларды турақлы түрде @malakanews телеграм каналы арқалы бақлап барың.

ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙДЫӉ ЖЫЛ ЖУЎМАҒЫ ҲӘМ АЛДАҒЫ ИСЛЕНИЎИ ТИЙИС ЖУМЫСЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ
3 months, 4 weeks ago
ҚР ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙ ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ
3 months, 4 weeks ago
ҚР ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ОРАЙ ЖАҢАЛЫҚЛАРЫ
4 months ago

Жаңа жыл байрамы!

30-декабрь күни кешки саат 19:00 де Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы жанында "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтеди.

Концерт 19:00 ден 24:00 ге шекем даўам етеди.

Онда Мақсет Өтемуратов, Алишер Алламбергенов,  Шыраз Нуратдинов, Байрам Пердебаев, Гүлнара Мүнтеева, Сарбиназ Аннақулова, Гүлназ Утепова, Бахадыр Разымбетов, Саламат Қәллибеков, Арысланбек Асқаров сыяқлы елимиз сүйген қосықшылар ҳәм жас талант ийелери хызметиңизде болады.

Жаңа жыл байрамы тамашаларына мирәт етемиз.

Жаңа жыл шыршасы жанында халқымызға жоқары кейпият инәм етиў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызметиКаналға ағза болыў: @joqargikenes

*Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱***Twitter

We recommend to visit

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Last updated 1 month, 1 week ago

#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!🌎
#travelslocation 💙

📲Связь: @travelmanager

Last updated 2 months, 1 week ago

KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Last updated 4 days ago