Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги

Description
ҚР Транспорт министрлигиниң рәсмий телеграм каналы
мәнзил: Нөкис қаласы, Төрткуль автомагистраль 1а-жай
Исеним телефон: +998 61 225-70-36
Facebook каналымыз: krmintrans
Веб сайт: qoraqalpoq.mintrans.uz
Advertising
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 5 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 1 week, 6 days ago

1 day, 8 hours ago
1 day, 9 hours ago
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги
1 day, 9 hours ago
[***#Бирге***](?q=%23%D0%91%D0%B8%D1%80%D0%B3%D0%B5) ***ислесиў***

#Бирге ислесиў

"Zhongtong Bus Holding Co, Ltd" автобус заводының рәсмий ўәкиллери Қарақалпақстанда

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң Транспорт тасыўларын муўапықластырыў бѳлим баслығы М.Утениязов "Zhongtong Bus Holding Co, Ltd" автобус заводының рәсмий ўәкиллери менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында бирге ислесиўдеги шерикликти кеңейттириў, жәмийетлик транспорт системасына инвестиция киргизиў мәселеси көрилди. Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февраль күнги "Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў ис-иләжлары ҳаққында"ғы ПҚ-59-санлы қарары бойынша айтып өтилди.

Яғный, Қарақалпақстан Республикасын жеткиликли дәрежедеги автобуслар менен тәмийинлеў, олардың талаплары бойынша толық түсиндирилди ҳәм алдағы ўақытларда бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди.

"Zhongtong Bus Holding Co, Ltd" автобус заводының ўәкиллериде ѳзлеринде ислеп шығарылған автобуслар бойынша айтып ѳтти. *📱 Instagram |🌐 sayt |✉️ telegram |📱 facebook|📱***twitter

1 week, 2 days ago
**Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары!**Бүгинги …

Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары!Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз.

Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз.

Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи.

Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз.

Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

**Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:** @joqargikenes

****Telegram *🌐Website📱Instagram📱Facebook📱***Twitter

1 week, 2 days ago
Бүгин халқымыз турмысында қутлы сәне **9- …

Бүгин халқымыз турмысында қутлы сәне 9- май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни.

Еслеў күни өткен ата-бабаларымыз, бүгинги тыныш ҳәм параўан күнлер ушын жанын пида еткен, мийнет ҳәм хызмет қылған инсанларды ядқа аламыз.

Оларға деген ҳүрмет итибарымыздың шексиз екенлигин билдиремиз.

Бүгинги байрам мүнәсибети менен гүллән халқымызды қутлықлаймыз.

Ҳәмийше аспанымыз ашық, елимиз тыныш болсын.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрилиги жәмәәти

1 week, 3 days ago

«9-май ─ Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни мүнәсибети менен республика аймағындағы еслеў орынлары ҳәм де қойымшылықларға алып барыўшы автомобиль жолында оӊлаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда,  Қоӊырат районы аймағындағы жергиликли әҳмийеттеги 4н77а автомобиль жолыныӊ 0—12-километр аралықлары яғный, «Пайғамбар қыз» ҳәм «Қарабас» қойымшылығына сондай-ақ, Тақыятас районы «Найман» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Кетменши баба»ға алып барыўшы автомобиль жолларында оӊлаў жумыслары алып барылмақта.

2 weeks, 1 day ago
2 weeks, 2 days ago
2 weeks, 2 days ago
3 weeks, 4 days ago
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 5 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 3 weeks ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 1 week, 6 days ago