Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

ҚР Коррупцияға қарсы гүресиў Аймақлық Қеңеси

Description
Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 1 week ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 3 weeks, 3 days ago

1 week ago

Пара алыў жынаяты анықланды.
Ҳуқықты қорғаў уйым хызметкерлери тәрепинен 2024-жыл 17-апрель күни пуқара М.А.ның арзасына тийкар өткерилген оператив илаж даўамында, Бюджеттен тыскары пенсия қоры Хожели районы бөлими баслығы З.А. арза ийеси М.А.ға анасын пенсияға шығарып бериўди ўәде етип, буның есесине 1 млн. сўм пулларды алған ўақтында иркилген. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

1 week ago

Талан-тараж етиў жынаяты анықланды.
“A.V.” ЖШЖ лаўазымлы шахслары 2020-жыл сентябрь айында АК “Халық банк” ҚР филиалы тәрепинен нәсилли қара малларды сатып алыў ушын ажыратылған жәми 4 млрд. 583 млн. сўм кредит каржыларының 2 млрд. 500 млн. сўмын басқа мақсетлерге жумсап, талан-тараж еткенлиги анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими “а”-бәнти, 184-статьясы 3-бөлими ҳәм 205-статьясы 2-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

1 week ago

Хәкимият яки лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў жынаяты анықланды.
2017-жыл январь айында Елликқала районы ҳәкимлиги лаўазымлы шахслары өз лаўазым ўәкиллигинен пайдаланып, Елликқала районы аймағында жайласкан “Ж.Мангуберди” атындағы демалыў бағының 0,70 га жер майданын “B.I.A” мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемине нызамсыз түрде ажыратып берип, мәмлекет ҳәм жәмийетке жүда көп муғдарда зыян жеткергенлиги анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 205-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

2 months, 1 week ago

Ҳүжжетлерди қәлбекилестириў жынаяты анықланды.

Нөкис районы “Тақыркөл” АПЖда хәким жәрдемшиси Р.Н. ҳәм А.К. Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Ш.К. ҳәм Шымбай ройонында жасаўшы А.Ж.ны Нөкис районы “Тақыркөл” АПЖда жасайды деп көрсетип, 33 млн. сўм жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратып мақсетсиз ислетиўине жол қойылғанлығы анықланған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 228-статьясы 2-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

2 months, 1 week ago

Алдаўшылық жынаяты анықланды.
2024-жыл 14-январь күни Шымбай районында жасаўшы пуқара Қ.Б. пуқара Г.А.ның исенимине кирип, Бердақ атындағы ҚМУне оқытыўшы лаўазымына жумысқа өткерип беремен деп, есесине 1000 АҚШ долларын талап етип, 3600000 сўм пулларды алдаўшылық жолы менен алған. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими “б”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

2 months, 1 week ago

«HET» AJ Qoraqalpog‘iston hududiy filiali tarkibiga kiruvchi mehnat jamoalarida muntazam o‘tkazib kelinayotgan tadbirlar fikrimiz isboti bo‘la oladi. Shunday uchrashuvlarning navbatdagisi Nukus tumani elektr ta'minotida bo‘lib o‘tdi. Unda so‘zga chiqqan «Hududiy elektr tarmoqlari» AJ Qoraqalpog‘iston hududiy filialining Korrupsiyaga qarshi kurashish va komplaens nazorat bo‘limi boshlig‘i I.Mahmudov, Nukus tumani pokurorining yordamchisi I.Jienbaev, Nukus tuman IIB boshlig‘i o‘rinbosari J.Reyimov va boshqalar korrupsiyaga qarshi kurashishning muhim mexanizmi nafaqat korrupsiya oqibatlariga qarshi kurashish, balki korrupsiyaning namoyon bo‘lishiga olib keladigan omillarni bartaraf etish ekanligini e'tirof etishdi. Shuningdek, bugungi kunda bu borada juda ulkan ishlar amalga oshirilayotganiga qaramasdan, tizimimizda korrupsiya bilan bog‘liq holatlar haliyam sodir etilayotgani, buning uchun esa jazo muqarrarligi qayd qilindi. Uchrashuv ishtirokchilari o‘zlarini qiziqtirgan savollarga javob oldilar.
«HET» AJ Qoraqalpog‘iston hududiy filiali matbuot xizmati

2 months, 2 weeks ago

Пара бериў жынаяты анықланды.
Ҳуқықты қорғаў уйым хызметкерлери тәрепинен 2024-жыл 9-февраль күни ИИМ ЖПХ отряды инспекторы Х.Х.ның билдиргисине тийкар өткерилген оператив илаж даўамында, Елликқала районы аймағында хызмет алып барып атырған ўақтында, усы районда жасаўшы пуқара О.А. пуқара У.И.ға тийисли болған автомашинасын тийисли ҳүжжетлерсиз ҳәм спиртли ишимлик ишкен мәс жағдайда басқарып киятырғанлығы анықланып, ЖПХ хызметкери тәрепинен пуқара О.А.ның қарсысына ҳәкимшилик баяннама рәсмийлестирилгенлиги бойынша пуқара О.А. өзиниң қарсысына топланған ҳүжжетлерди судқа жибермей жоқ қылып жибериў есесине 100 АҚШ долларын, 6.000 Россия рублин ҳәм 3.510.000 сўм пулларды пара сыпатында берген ўақтында иркилген. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

2 months, 2 weeks ago

Алдаўшылық жынаяты анықланды.
Ҳуқықты қорғаў уйым хызметкерлери тәрепинен 2024-жыл 4-февраль күни пуқара К.Б.ның арзасына тийкар өткерилген оператив илаж даўамында, Нөкис қаласында жасаўшы пуқара А.У. арза ийеси К.Б.ның исенимине кирип, Нөкис қаласы аймағында жайласқан мәмлекет резервиндеги 8 соток жер майданын 50 млн. сўмға сатыўын ҳәм кадастр бөлиминде танысы арқалы ҳүжжетлестирип бериўин айтып, усы пулларды алдаўшылық жолы менен алған ўақтында иркилген. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 2-бөлими «а»-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

2 months, 2 weeks ago

"Коррупциясыз жәмийет"ке ҳәр бир пуқара жуўапкер!

Миллет ҳәлсиреўи есапланыўшы коррупция ҳәр заманда да жәмийет түбирине балта урыўшы иллет ретинде қараланып келинген.
Бүгин бажыхана шөлкемлеринде де хызметкерлер арасында дәмегөйлик, парахорлық жынаятларына қол урылмаслығын тәмийинлеў мақсетинде жеке қурам менен турақлы түрде профилактикалық ушырасыўлар өткерилип барылыўы жолға қойылған.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында жеке қурам ортасында коррупцияға жол қоймаў және оның алдын алыў бойынша өткерилген ушырасыў да профилактикалық сәўбет формасында әмелге асырылды. Онда сөзге шыққан басқарма баслығы орынбасары О.Кадыров бүгин мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бажыхана системасына қаратылып атырған итибар ҳәм билдирилип атырған исенимди ақлап, пүткил күш-ғайраты менен ҳадал хизмет етиў зәрүрлигин атап өтти.
Илажда мәмлекетимиз экспорт потенциалын асырыў, мәмлекет бюджетине бажыхана төлемлериниң толық ҳәм туўры өндирилиўин тәмийинлеў сыяқлы жуўапкерли ўазыйпалар атқарылыўын шын кеўилден орынлаў ҳәр бир бажыханашының функционал ўазыйпасы есапланыўы, ҳәм ҳеш бир бажыханашының бажыханашы антына қыянат етип, материаллық мәпдар болыўға ҳаққы жоқ екенлиги уқтырылды.

Атап өтиў керек, басқарма ҳәм барлық бажыхана постларында хызметтиң туўры шөлкемлестирилиўи, хызметкерлер тәрепинен товар ҳәм транспорт қураллары, пуқаралар ҳәм де оларға тийисли болған багаж ҳәм қол жүклерин бажыхана қадағалаўынан толық өткерилиўи ҳәм де атқарыў ынтызамына толық әмел етилиўи, усының менен бирге, хызметкерлердиң абайлылығын асырыў мақсетинде 2024 жыл январ айы даўамында 3 мәрте қупыя тәрзде тексериў жумыслары алып барылды. Хызмет ўазыйпаларына жүзеки қарап, функционал ўазыйпаларын толық атқармай атырған хызметкерлерге қарата ынтызамий жаза шаралары қолланылды.
Коррупцияға қарсы гүреске жәмийеттииң ҳәр бир ўәкили жуўапкер болып табылады. Сондай екен, егерде Сиз бажыхана хызметкерлериниң нызамға қарсы коррупциялық характердеги ис-ҳәрекетлериниң гуўасы болсаңыз, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының +99861 224-90 -86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиўиңизди сораймыз.

2 months, 3 weeks ago

Алдаўшылық жынаяты анықланды.
Ҳуқықты қорғаў уйым хызметкерлери тәрепинен 2024-жыл 31-январь күни пуқара Р.Д.ның арзасына тийкар өткерилген оператив илаж даўамында, Қоӊырат районында жасаўшы пуқара Б.К. арза ийеси Р.Д.ның исенимине кирип, 4 пуқараны айдаўшылық гуўалығын алыў ушын болатуғын имтиханнан таныслары арқалы өткерип бериўди ўәде етип, есесине ҳәр биринен 500 АҚШ доллардан жәми 2000 АҚШ долларды талап етип, 24 млн. 700 мың сўм пулларды алған ўақтында иркилген. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 1-бөлими ҳәм 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 2 months ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 1 week ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 3 weeks, 3 days ago