Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Description
Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Администратор:
@Allamuratova1512
Advertising
We recommend to visit

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Администратор:
@Allamuratova1512

Last updated 1 month, 3 weeks ago

1 month, 3 weeks ago

***<<ҚАРАҚАЛПАҚ ТАҚЫЯЛАРЫ>>

Тақыя қарақалпақ халқының миллий бас кийимлериниң бири болып оның бир неше түри болады:

Кишкене қызлар хәм ер балалар тақыясы;
Ержеткен қызлар хәм келиншеклер тақыясы;
Кәйуана жасындағы хаяллар тақыясы;
Ер адамлар тақыясы;
Уламалар кийетуғын тақыя.

Усы аты аталған тақыялардың бәри төбеси дөңгелек, қыр әтирапы енсиз етип тигиледи, шетлери арнаўлы түрде жийекленеди. Тақыя тиккенде оны арнаўлы қәлипке салып көринисин шығарады хәм айрым ўақытлары  майдалап сырыйды.

Кишкене қызлардың тақыясы майда гезлеме қыйындыларынан қурап тигиледи, төбесине жиңишке қыйындылардан пөпек исленеди. Қыр дөгереги енсиз етип қызыл гезлеме менен жийекленеди. Кишкене ер балалардың тақыясы көбинесе сарғышлау реңли бөзден тигиледи, төбесине кишкене ғана пөпек салынады, шетлери енлилеў етип жийекленеди. Айырым жағдайларда еки шетине де пөпек тағады. Ержеткен қызлардың тақыясы қызыл реңли ушыға ямаса мақпалдан нағыслап тигиледи, төбесине ҳәм қыр дөгерегине реңли жипек сабақлар менен нағыс кестелейди, оң тәрепине реңли сабақлардан пөпек тағылады.  [Қарақалпақ халқында турмысқа шықпаған қызды оң жақта отырған қыз"деп айтатуғын болған]  Қызлар турмысқа шығып келиншек атын алған соң тақыясының пөпегин шеп тәрепке қаратып кийген. Кәйуана жасына барған ҳаяллар көбинесе нағыссыз тақыяны бас ораўдың ишинен кийген. Бул бас ораўдың беккем болыўына ҳәм жарасықлы етип айналдырып ораўына қолайлы болған. Улама ийшанлар, молла, мақсым ҳәм суупылар тек ақ реңли нағыссыз тақыяны сәллениң ишинен  кийген. Сәллени шешип қойған ўақтында да тақыя кийип отырған, улыўма жалаңбас отырмаған. Бул мениң жасы үлкенлерден еситиўим бойынша жазғаным, усы мағлыўматларды еле де толықтырып билгениңизди жазсаңыз жүдә жақсы болар еди.

Текстти таярлаған-- Савицкий музейи этнография бөлими баслығы:
Айгүл Пирназарова.
90 724 98 72.
15.01.2024ж.***https://t.me/shahzoda_allamuratova

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***&lt;&lt;ҚАРАҚАЛПАҚ ТАҚЫЯЛАРЫ&gt;&gt;
1 month, 3 weeks ago
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
1 month, 3 weeks ago
&lt;&lt;Қарақалпақ тақыялары&gt;&gt;

<<Қарақалпақ тақыялары>>

t.me/shahzoda_allamuratova

3 months, 3 weeks ago

***Бас кийим жөниндеги пикирлеримизди жуўмақластыра келгенде: Далбай~ерте дәўирлерден бери түрки халықларда бас кийим сыпатында қолланылады. Аңшылық кәсибиндеги адамлар бул бас кийимнен ҳәм қусты қолға үйретиў буйымынан жийи пайдаланады. Әскерий шлем, ямаса бас кийим түринде ертеде қолланылған. Ҳәзирги ўақытларда да шарўалар, аңшылар ҳәм басқа да кәсип ийелери қалың ҳәм жуқа түрлерин пайдаланады.

  1. Далбай~аўыспалы мәнисинде. Қарақалпақ тилинде "далбай" сөзи аўыспалы мәниде де қолланылады. Аўыспалы мәниси "далбай былғаў", "далбай қағыў" түринде қолланылып:---орынсыз, дәлилсиз, себеп, сылтаўсыз тақыр жерден шаң шығарыў, жәнжел шығарыў мәнисин билдиреди.
    "Нуржамал ериниң гейде далбай қағып кететуғын минезин биледи" [К.Султанов. "Әжинияз" романынан.]

~Далбайлап, бостан-босқа шаба берме,--деген сөзлер де күнделикли сөйлеў тилимизде қолланылып, орынсыз ис ҳәрекет мәнисин билдиреди.

Shahzoda Allamuratova***https://t.me/shahzoda_allamuratova

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***Бас кийим жөниндеги пикирлеримизди жуўмақластыра келгенде: Далбай~ерте дәўирлерден бери түрки халықларда бас кийим сыпатында қолланылады. Аңшылық кәсибиндеги адамлар бул бас …
3 months, 3 weeks ago

***<<ДАЛБАЙ>>

"Далбай былғап шақырсам,
Суңқарым, сен қолға кел"
[Қарақалпақ халық қосығы]

ДАЛБАЙ~түрки тиллес халықлардың биразында [қарақалпақ, қазақ, өзбек, қырғыз ҳәм т.б] ҳәр түрли мәниде қолланылатуғын сөз.
Усы сөздиң бир қанша мәнилерине тоқтап өтемиз.

ДАЛБАЙ~ат. 1. Қусларды қолға үйретиў, аң аўлаўға үйретиў ушын қуслардың терилериниң тулыбы, түлкиниң қуйрығы, тулыбы, қоянның терилери сыяқлы затлардан тулып жасап исленетуғын, аңшылық кәсибинде қолланылатуғын буйым. Аң, қус терисинен тулып ислегенде иши алынып тасланып, кептириледи ҳәм ишине сабан тығылып, терини бүрип тигип тулып исленеди, оған жиңишке арқаннан узын баў тағылады. Бул далбайды былғаў, ямаса қусты шақырып болып сүйретип қашқанда қолайлы болыўы ушын тағылады. Қусты қызылға үйретип, күнине белгили мөлшерде шийки гөш берилип үйретиледи, соң далбай былғап шақырып, қус келип далбайды бүрип услағанда астына бир бөлек гөш тасланады. Усылай етип үйретиў арқалы далбай былғап шақырғанда қустың аңсат қолға келиўине ерисиледи. Бул қуста --"өзим услап алдым",--деген өктемлик пайда етеди. Аңшылықта "далбай"--сөзи, бул-- аң аўлаўда, қусларды үйретиўде қолланылатуғын усыл, тәсил, әдис мәнилерин билдиреди. Далбайдың ҳәр түрли халықларда аңшылықта қолланылыў мәнисин аңлататуғынын төмендеги мысаллардан көриўге болады:

"Далбай былғап Хумайды,
Қасыңа шақыр енди"
[Низамийден. С.Ибрагимов аўдармасы]

"Биймәкан, ҳаўайы, еркин кеўлимниң қусын аўлап,
Дабыл урып, далбай қағып, қондырайын деппе едиң"
[Машраб. М.Қарабаев аўдармасы]

"Далбай былғап шақырар кимлер,
Туғырымды ҳәр дайым ойлап"
[Абатбай Крамов. "Бүркитпен"]

"Алдыңа далбай таслап шырғаладым,
Шабытқа келе алмасаң, қылғаның қас"
[Ақан сери Қорамса улы]

Бул келтирилген мысалларда қосықтың көркемлиги ушын образлы мәниде "далбай былғаў" сөзин алып отыр, яғный тийкарғы мәниге теңеў, салыстырыў арқалы кеўил кеширмелерин сүўретлеген. Және бул мысаллар азербайжан, өзбек, қазақ, қарақалпақ тиллеринде бул сөзлердиң бар екенлигине силтеме есабында берилип отыр.

Русша ҳәм басқа тилдеги сөзликлерде далбай еки-үш түрли мәнилери бериледи. Мәселен: II. 1. далбай ~муляж для тренировки ловчих птиц. 2. приручат ловчих к приманке.

II. воилочный колпак, который одевался поверх головного убора для защиты от снега, дождя.

Бул жерде "далбай" бас кийим ретинде қолланылатуғын 2-мәниси де берилген.

Қарақалпақ тили сөзлигинде бул сөздиң еки-үш түрли мәнилери бар. 1. Аңшылық кәсибиндеги усыл, әдис, тәсил түрлерин билдирсе; 2. "далбай"-"далбағай" деп алынып, далбағай--адамның бетин жаўын-шашыннан, самалдан, шаңнан ҳәм т.б.дан сақлаў ушын кийилетуғын бас кийим--деп берилген. 3. Аўыспалы мәнилери: ҳәрекет, минез қулық мәнисинде.

  1. Аңшылық қуралы, буйымы, усылы, әдиси жөнинде жоқарыда айтып өттик.
  2. Далбай, kk.~бас кийим. Бул бас кийим түри ерте дәўирлерден бери Шаш [Ташкент], Түркистан әтирапында, Сырдәрьч, Әмиўдәрья бойында жасаўшы "Сахатиграхауда халқында болғанлығын шежиреши илимпаз Жубатқан Муратбаев өзиниң "Адам атадан өзиңе шекем" деген китабында төмендегише көрсетип өткен:

"Сахатиграхауда" атамасы шошақ төбели бас кийим кийгенлер дегенди аңлатады. Бул бас кийим жүдә тығыз етип басылған кийизден тигиледи. Буны "тымақ, үш қулақ, шүберектен тигилген далбай, күнқағар" деп атаған. Бундай бас кийимди усы күнге шекем көбинесе қазақ, қарақалпақларда ушырастырыўға болады".
Геродот өзиниң Дарий патшаға салық төлейтуғын халықлардың дизиминде сахатиграхаудаларды корнбактинг (грекшеден аўдарғанда "дүзиў бас кийимлилер") деп көрсетеди."
[Сонда, 15-16-бетлер]

Далбайға бас кийим есабында үш түрли сыпатлама бериледи:
1.. күн өтпеў, пешше, сона шақпаў ушын кийилетуғын тымақ тәризли, жеңил, жуқа бас кийим.
2. түлки терисинен тигилген үлкен тымақ
3. Ишин сымнан тоқып ислеген батырлардың бас кийими.***

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***&lt;&lt;ДАЛБАЙ&gt;&gt;
3 months, 4 weeks ago

**1930-жылы Қарақалпақстан комсомолының дүзилгенине 12 толыў мерекесине қызғын таярлық көриў бойынша қызғын жумыслар алып барылды. Ол сол ўақытта Қарақалпақстан обкомының ҳаял-қызлар бойынша инструкторы еди.

Мырзагүл Досымбетованың басшылығында Қарақалпақстан қызларының әскерий спорт ойыны атлы жүриси шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан амазонкалары Гүлайым сулыў ҳәм Сәрбиназ батырдың әўладлары <<Қырық қыз>> атлы жүрисин баслады. Олар Шымбай, Халқабад, Қызыл қум, Төрткүл маршрутында 200 км жол жүрди. Келгеннен соң қатнасыўшы қызлар ҚҚАССР <<Ҳүрмет грамотасы>> менен сыйлықланды.

Усыннан кейин Досымбетованың абырайы ҳәм даңқы республикамызға кең тарап, <<Досымбетова>> атындағы пионерлер шөлкеми дүзилди.
Сол 30-50-жыллардағы репрессия жалыны Мырзагүлди де шарпып өтти, қуўдалаўға ушырап, қамаққа алынды. Ол 50-жыллардың орталарында ақланып, ҳүрметли дем алысқа шыққанша ҳүкиметлик лаўазымлы жумысларда иследи.

ЖУМАГҮЛ СЕЙТОВА~[1905-1995]~халқымызға белгили жәмийетлик искер. Мийнет ветераны, өз дәўириниң билимли, алдыңғы белсендилери менен Қарақалпақстанды раўажландырыўға үлесин қосқан мәрт қарақалпақ қызы.
1932-1941-жыллары ол республиканың бир қатар мәмлекетлик уйымларында суд, партия, кәсиплик аўқам шөлкемлеринде басшы лаўазымларда иследи. 1932-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы етип тайынланды.
1941-жылы Жумагүл Сейтова Қарақалпақстан Республикасы Социальлық тәмийнат комиссары болып, бул лаўазымда сегиз жыл минсиз хызмет ислейди. Екинши жер жүзилик урыста халықтың жасаў жағдайын жақсылаўда үлкен хызмет көрсетти. Оның тиккелец басламасы менен урыс жылларында самолётлердиң қурылыўы ушын ҳәм қамалдағы Ленинград қаласына бир неше тонналаған азық-аўқат өнимлери жеткерилди.
1948-жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Советиниң социальлық мәселелер бойынша орынбасары лаўазымына таярланды. Мәмлекет тәрепинен көплеген ҳүкиметлик наградалар менен сыйлықланды.

ҚУРБАНГҮЛ НАЎЫРЫЗБАЕВА~[1924-1996], --қарақалпақ қызларынан шыққан биринши тракторшы.
Ер минезли қыз ең дәслепкилерден болып, қысқа тракторшылар таярлаў курсында билим алып, техниканың дәслепки әлипбесин үйренеди.
Урыс басланған жыллары 17 жасына енди толған Қурбангүл ер азаматлардың орнын билдирмей, тылда көзге көринбес қаҳарманлықлар ислеп, күни-түни аянбай мийнет ислейди. Трактор рулине отырып, өз мийнети менен фронттағы жаўынгерлердиң жеңиске жетиўи ушын үлесин қосады. Ол ўақыттағы темир тисли тракторларды басқарыў қызлар түўе ер азаматлар қыйын еди. Оннан қалса, сол тракторларды түнде айдағанда, алдында бир адам фаныс жағып, жақты түсирип жүрер еди.

Жеңис күни жетти, Қурбангүл сол өзиниң сүйикли кәсиби тракторшылықты даўам етти. Ол <<Қарақалпақстан АССРына мийнети сиңгег механизатор атағын алады, <<Москвич>> жеңил автомобили менен ҳәм бирнеше ҳүкиметлик орден, медальлар, Ҳүрмет грамоталары менен сыйлықланады.
1994-жылы <<Шухрат>> медалын алады.

Булардың қатарына өткен әсирдиң 40-50-жылларында усы ҳаял-қызларымыздай мийнет еткен колхозшы, "Стахановшы"лар ГҮЛЗИЙРА АРТЫҚОВА, БИЙБИЗАДА ҚОСБЕРГЕНОВА, ГҮЛЖАН ОРАЗЫМБЕТОВА лардың атларын қосыўымызға болады.

ШӘРИГҮЛ ЮСУПБАЕВА~ қарақалпақтың биринши десантшы қызы. Ол 1959-жылы мектепти гүмис медаль менен питкерип, Ташкент аўыл хожалығы институтының экономика ҳәм бухгалтериялық есап факультетине оқыўға кирген. Сол жерде оқып жүрип ДОСААФ шөлкеминдеги парашют пенен секириў дөгерегине жазылады.
1961-жылы 12-март күни АН-2 самолётынан 800 метр бийикликтен секиреди. Сол ўақытта <<Ўзбекистон хотин-қизлари>> журналынан фотограф М.Розенкранц келип сүўретке түсиреди ҳәм көп узамай усы журналда Шәригүл ҳаққында <<Қарақалпақ қызы>> деген көлемли мақаласын сүўрети менен бирликте жәриялайды. Әпиўайы қарақалпақ қызы пүткил Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға танылады.

Оқыўын питкерип келгеннен соң Нөкис районы <<Шортанбай>>да ["ВЛКСМ ның 50 жыллығы совхозы] экономист, кадрлар бөлими баслығы, 1975-жылы аўыллық кеңес хаткери, кәсиплик аўқамы комитетлери басшысы болып ислейди.**

4 months ago

***<<ҚАЎЫННАН ТАЯРЛАНАТУҒЫН ТАҒАМ ТҮРЛЕРИ>>

Қарақалпақ қаўынларының өзине тән түрлери көп, олар ЕРТЕ ПИСЕР, ОРТА ПИСЕР, КЕШ ПИСЕР деп үш түрге бөлинеди.

ЕРТЕ ПИСЕРлери ЖАЗҒЫ қаўынлар болып жеўге жумсақ, ширели ҳәм жуқа қабық болып, узақ сақлаўға, қаўын өнимлерин ислеўге жарамсыз болады. Қаўынның бундай түрлерине: тәрнек, жамбылшадан баслап бийшектиң ерте писер түрлери, ала гүрбек, жийде жапырақ, көк гүрбек, ғарбыз қаўын, қытай қаўынлар киреди. Жаз писер қаўынлар мазалылығы, суўлылығы жағынан гүзги ҳәм қысқы қаўынлардан артықмашлықларға ийе болып, гүздиң орталарына шекем пайдаланылады.
Бул қаўынлар узақ ўақыт сақлаўға, транспорт пенен алысларға жибериўге жарамсыз болады. Суўлылығы басым болғанлықтан, қайнатылған ўақытта қойыўланыў барысы көп ўақытты талап етеди. Тек қаўын ақсаўлақ писириўге ҳәм қайнатылған вареньесин дәстүрханға қойыўға пайдаланыўға болады.

ОРТА ПИСЕР қаўынларға ГҮЗГИ ҚАЎЫНЛАР КИРЕДИ. Гүзги қаўынлар~қабығы қатты, етли болып, 2-3 ай көлеминде [январьға дейин] сақлап жеўге жарамлы болады.

Гүзги қаўынларға: бийшектиң гүз писер түри, ғарры қыз, гүз писер гүлабы, секерпара, сыяқлы қаўынлар кирип, қаўын ақсаўлақ, қаўын қурт, қаўын қақ ҳәм қайнатпа [варенье] таярлаўға болады.

КЕШ ПИСЕР~бул қаўынлар қабығы қалың қатты, етли [5-6 см қалыңлықта] болып, сақлаўға жарамлы, транспорт пенен алысларға жибериўге шыдамлы, қаўыннан исленетуғын өнимлердиң барлығын ислеўге жарамлы болып, май айына шекем сақлаўға ҳәм экспорт қылыўға болатуғын қаўынлар. Булар ҚЫСҚЫ ҚАЎЫНЛАР деп аталып: торнабат бийшек, хийўа бийшек, шайы қаўын, набат бийшек, қара қас, қара қотыр, қара, қызыл, көк гүлабылар, қара қаўынларды өз ишине алады.

Қаўынлардан төмендеги тағамлар таярланып, қарақалпақ асханасының мазмунын байытып турады:

  1. ҚАЎЫН АҚСАЎЛАҚ~таярлаў ушын ашытылмаған қамыр жуқа етип жайылып, қазанға қатырылып, ақсаўлақ таярланады. Қаўын өз алдына қойыўланып, ашық қоңыр түске енгенше қайнатылады. Қаўын қайнатпа таяр болғанда оған қатық араластырылып, ақсаўлақ туўрап салып, тартылады. Жеўге сиңимли ҳәм мазалылығы күшли.

2 ҚАЎЫН ҚУРТ~қаўын сүзбе я қатық қосып қайнатылып, әбден қойыўланып, суўығаннан соң, қысымлап қурт исленеди. Шийдектиң үстине жайып сорықтырып, кептирип алып, соң шай ишкенде пайдаланыўға болады.

  1. ҚАЙНАТЫЛҒАН ҚАЎЫН [ВАРЕНЬЕСИ]~ қабығы қатты, ети қалың гүзги ҳәм қысқы қаўынлардан қайнатылады. Буны шийринлик есабында дәстүрханға қойыў, гейде қатық араластырып қойыў арқалы дәстүрхан мазмунын байытады. Қаўын ақсаўлақ тағамын да усы қайнатпа арқалы таярлайды.

  2. ҚАЎЫН ҚАҚ~Қаўын қақ ислеўде қатты қабық, сақлаўға шыдамлы: торнабат, шайы қаўын, набат бийшек, қарақас сыяқлы қаўын түрлеринен пайдаланады. Буның ушын қаўынның сыртқы қабығын алып, сырыққа қыстырыўға қайым етип тиликленеди. Таярланған тиликлер ғарбыз суўына жуўылып, таярланған сырыққа илдирип шығылады. Қаўын тиликлери самал қағып, сорығып қақланады. Әбден қақланған ўақытта түри қызғылт, қоңыр түске енип, тийкарғы ети бослаў болады. Таяр болғаннан кейин айқастырып, өрип алып қояды.
    Қаўын қақты сөк пенен қосып түйип, жент ислеўге де болады.

  3. ШОПАҚ МАЙЫ~ қаўынның шопағы жыйнап қойылады ҳәм суўға жуўылып, бириктириўши талшықларын айырып алады. Соң шопақты кептирип, азлап қуўырып алады да, келиге салып түйеди. Самалға суўырылып, майда қабықларынан айырып, қазанға салып қайнатып, майын алады. Шопақ майының түри сарғыш, шимишке майға уқсаңқырайды. Оны тамақ писириў ушын ҳәм гейпара аўырыўларға ем ретинде ишиўге буйырылады.

<<Қаўын бейиш асы>>~дейди, қаўынның өзи ҳәм оннан исленетуғын азық-аўқатлық өнимлериниң адамның ден саўлығына келтирер пайдасы мол: қаўын ишки қурылысты тазалайды, артық салмақтан қутылыўға көмек береди, баўырдың жумысын жақсылайды, бүйректеги қум менен тасты шығарады, қандағы гемоглабин мөлшерин көбейтеди, иммунитетти күшейтеди, жүрек-қан тамырлары аўырыўларының алдын алады, жүйкени тынышландырады, жазда шөлди басады.

Қаўынның адам ушын пайдалы тәреплери ҳәм азықлық қәсийети көп.

Shahzoda Allamuratova***https://t.me/shahzoda_allamuratova

Telegram

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512

***&lt;&lt;ҚАЎЫННАН ТАЯРЛАНАТУҒЫН ТАҒАМ ТҮРЛЕРИ&gt;&gt;
4 months ago
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
4 months ago
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
4 months, 1 week ago
We recommend to visit

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Администратор:
@Allamuratova1512

Last updated 1 month, 3 weeks ago