ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ

Description
Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Администратор:
@Allamuratova1512
We recommend to visit

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Администратор:
@Allamuratova1512

Last updated 4 weeks ago

#Пословицы и #поговорки на #казахском
#Қазақша #Мақал - #мәтелдер #жинағы
#Казакша #макал - #мателдер #жинагы
#Qazaqsha #Maqal - #mátelder #jınaǵy

Бұл арнаны достарыңызға ұсыныңыз.

Google Play App: bit.ly/maqal

Last updated 1 month ago

4 weeks, 1 day ago
1 month ago

#қарақалпақ_ырғақлары
#play_list_ушын

🎼Сен Ўатан бул!
🎤Жолдас Аманиязов ҳәм "Әзиз" топары.
*Тәй-тәй басып босағаңды атласам,
Ашылады сеннен баслап кең жәҳән,
Жырақ кетсем әлем бойлап шарықлап,
Бетке тутар айтып жүрер урансаң.

Нақыраты:

Сен Ўатан бул әлпешлеген алақан,
Сен Ўатан бул бесигимсең шайқаған,
Сен Ўатан бул басқалардан айырмам,
Сен Ўатан(3) бул көкиректеги тумарсаң.

Сағынғанда сүрме болар көзиме,
Орнағансаң мына жүрек төрине,
Жети ықлым аржағында жүрсемде,
Саған жетип жығылғайман сүрине.

Ўатан деген сезим онда бар болса,
Сол перзентиң халықтың жырын жырласа,
Алмастырмай жәннетке де бул жерди,
Туўған жердиң бәрҳа арын арласа*.

Mp3 қосық ушын Азамат, Жаңабай Анетеев ҳәм Айдос Раметуллаевларға алғыс билдиремен. Рахмет жигитлер!!👍****

канал: Қарақалпақ Байтереклери

1 month ago
2 months, 3 weeks ago
**ӘЖЕМНИҢ АЙТҚАНЫ:

**ӘЖЕМНИҢ АЙТҚАНЫ:

Әжем келинине [мениң анама]: ~"Қарағым, қоңсының жаңа шаңарақ қурған жасларын үйге шақырғайсаң",--дегенде анам:---"Ене, олар менен биз жөнли қатнаспаймыз ғой",--деди.
       Әжем:--"Қарағым, қазақтың әлмисақтан киятырған жазылмаған  салт-дәстүри  бар. "Бериў керек" деген. Жаңа қоңсыға~ериўлик, жас үйленгенлерди~отқа шақырыў, үлкенге~сәлем, қуўантқанға~сүйинши, соғымнан~сыбаға, егиннен~кеўсен, малдан~көгенлик, балаға~базарлық, кийимге~пайғазы, нәрестеге~көримлик, төркинлеген қызға~қәлеўин, досқа~естелик, жетимлерге~қайыр-сақаўат, мүсәпирге~садақа, байлықтан~шүлен үлестириў, тойға~сыяпат, қуўанышқа~шашыў, жас босанған анаға~қалжа, сағынғанға~сәлемлеме. Бүгинги күни қазақ қазақ болыўдан қалып баратыр ғой',---деди әжем өкиниш пенен өзеги өртене.

Қазақ тилинен аўдарған:
Shahzoda Allamuratova.

P.S:  Бул айтылған үрп-әдет, дәстүрлер толығы менен бизиң қарақалпақ халқында да бар.**t.me/shahzoda_allamuratova

2 months, 3 weeks ago
<<Әжемниң айтқаны>>

<<Әжемниң айтқаны>>

t.me/shahzoda_allamuratova

3 months ago

***ШҮЛЕН ТАРҚАТЫЎ.

ШҮЛЕН ТАРҚАТЫЎ~дәстүр. Бардамлы бай адамлар, улама ҳәм тағы басқа өзине тоқ шаңарақлар аш кәмбағалларға үлкен шүлен қазанда гөже, жарма писирип тарқатқан. Мине сол себептен "шүлен тарқатыў" деп аталған. Шүлен тарқатыў сақыйлық ҳәм жомартлық белгиси болып байлар тәрепинен аш, кәмбағалларға берилетуғын жәрдем ҳәм ғамхорлықтың түри болып, адамлардың бир-бирине мийримлилиги, адамгершилик үлгилери болып есапланады.
ШҮЛЕН ТАРҚАТЫЎ~тек аш, кәмбағалларды тойдырыў менен шекленбестен саўып ишиўи ушын саўын мал, ақша, буйымларды да берип отырған. Бундай сақыйлықты пайда көриў ушын емес, көпшиликтиң алғысын алып, саўап ушын ислеген. Бул дәстүр ҳеш қандай садақа, ўәжиб ямаса  закат та  емес, ал, жоқ-жуқа адамлар ушын бийпул, бийминнет көрсетилетуғын хызмет.

ШҮЛЕН~атлық. Мерекелерде көпшиликке асылатуғын үлкен, нәҳән қазан. Мысалы: Баланы үлкен, шүлен қазанның астына таслады да, жасырып алып қалды. [К.Султанов]. [Түсиндирме сөзликтен, 433-бет, 7-том]. Шүлен--үлкен, нәҳән қазанды билдирип, халық арасында бундай үлкен қазанларды "тай қазан" деп те атайды.

Қарақалпақ халқының тарийхында ҳәр дәўирде жаўгершилик, тәбийий апатлар, суўсызлық себепли ашлықлар болып турған. Сол ўақытларда қудирети жеткен бай адамлар, уламалар ҳәм басқа да халықтың бардамлы топарлары аш, кәмбағалларға шүлен қазанға жарма, гөжелер писирип берип, сол қыйыншылықлы ўақыттан аман есен өтиўине көп жәрдемин тийгизген. Халық аўзында усындай сақый, жомарт байлардың, уламалардың мырзалығы ҳаққында гүрриңлер  бар. Бул гүрриңлерде айтылыўынша бундай мәрт, сақый адамлар халықты тек аўқат пенен тойдырып қоймастан ақшалай, затлай ямаса саўын есабында мал бергенлери ҳаққында сөз етиледи. Ата-бабалардан усындай жағдайларға байланыслы мынадай сөзлер де ўәсият болып қалған:
          "Байлар~жарлылардың ырысқы-несийбеси, дәрўишлердиң~ қазнасы, қәлендерлердиң баспанасы, жолаўшылардың~мәнзилханасы.        "Байлардың сарқыты~жетим менен жесирлерге, ғәрип пенен қәсерлерге, алыс пенен жақынларына~ырысқы болады. Себеби, байлардың малы~закаты (төлеген салығы) менен ҳадал, кийимлери~таза, ҳүжданлары бийғубар, кеўиллери рәўшан",--делинеди.

Өзимизге жақын дәўир тарийхын парақлағанымызда бундайсақый, жомарт адамлардың бир қаншасының аты көзге тасланады, бирнешеўин мысал келтирип өтиўге болады.

ҚУЛЕН БОЛЫС [1838-1910 жж], есап-сансыз байлыққа ийе, сақыйлығы менен аты шыққан, адамгершиликли, кәмбағалларға ғамхор, болыслыққа бирнеше жыллар қатарына сайланған бул адамның ҳәўлисинде азанлы кеш шүлен қазан асыўлы болып, оннан аш-кәмбағаллар келип ишип, тамағын тойдырған. Қулен болыстың есап, сансыз байлығы, сақыйлығы ҳаққында Бердақ шайыр өзиниң "Қулен болыс" поэмасында кең түрде баян етеди:

Муўәззиниң айтар азанын,
Жайысаң молла, хожаның,
Тәрк болмас шүлен қазаның,
Күнделикли, Қулен болыс.

Жазыўшы, драматург Қыпшақбай Мәтмуратовтың <<Тербенбес>> романында сөз етилетуғын ЛЕПЕС болыс та [1874-1938 ? жж] усындай қайыр-сақаўатлы, жомарт адам сыптында сүўретленеди. Ол өзиниң қол астында ислейтуғын жалшыларын барлық керек нәрселер менен тәмийинлеп отырған. Керек жеринде қарыз берип, жыл ақырында айырым жағдайы көтермейтуғын адамлардың қарызларын кешип жиберген, өзи жасап атырған аўылындағы кәмбағал хожалықларға бир шырўаннан ақша үлестирип, аш-әптада хожалықларға саўып ишиў ушын бир-бирден саўын сыйыр берип отырған. Бул кисиниң де ҳәўлисинде аш-кәмбағаллар ушын шүлен қазан азанлы-кеш қайнап турған.

Ҳәзирги Нөкис районының аймағына қараслы <<Жүзим бағ>> деген жерде жасаған ШЫНЫҚУЛ ҚАЛЕК УЛЫның да [1883~1935 жж]  атағы сақыйлығы, қайыр-сақаўатлығы менен елге таралған. Бул киси тарийхый тулғалар АСҚАР ҚАЗЫ, ХАЛМУРАТ БАЙ, АСҚАР БАЙлар менен заманлас болып, бәри бирликте  1916-жылғы ашаршылықта халыққа  Россиядан "ақ қапшықлы" ун алып келип таратып, халықты ашаршылықтан сақлап қалған. Бул атлары аталған тулғалардың ҳәр бириниң ҳәўлисинде шүлен қазанларда аўқат асылып, аш-әптада халықты ашаршылықтан аман есен алып шыққан.***

7 months, 1 week ago
7 months, 3 weeks ago
8 months ago
8 months, 2 weeks ago

**Патшахан апа да "Қаҳарман ана" ҳүрметли атағына миясар болып, ўақтында ҳүкиметимиз тәрепинен "Москвич" жеңил автомашинасы менен сыйлықланған еди.
Әбдимурат ағаның мийнетлерин ҳүкиметимиз жоқары баҳалап, 1960-жылы болып өткен Қарақалпақстан муғаллимлериниң 1-съездинде <<Қарақалпақстанға мийнети сиңген муғаллим>> ҳүрметли атағы берилген болса, буннан соң да <<Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы>> ҳәм <<Ҳүрмет жарлық>>лары менен сыйлықланды.

Shahzoda Allamuratova.

Бул очерк Нөкис районлық <<Коммунизм байрағы>> [ҳәзирги <<Ақмаңғыт таңы>>] газетасының Қарақалпақстан АССР ының дүзилгенине 60 жыл толыў мерекеси алдынан 1983-жылы шөлкемлестирген <<Қарақалпақстан-гүлленген үлке>> конкурсында 2-орынға ийе болды.**

t.me/shahzoda_allamuratova

We recommend to visit

Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Администратор:
@Allamuratova1512

Last updated 4 weeks ago

#Пословицы и #поговорки на #казахском
#Қазақша #Мақал - #мәтелдер #жинағы
#Казакша #макал - #мателдер #жинагы
#Qazaqsha #Maqal - #mátelder #jınaǵy

Бұл арнаны достарыңызға ұсыныңыз.

Google Play App: bit.ly/maqal

Last updated 1 month ago