Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН

Description
Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew
Advertising
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 21 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 day, 23 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 4 weeks ago

3 weeks, 6 days ago

**Бүгин Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры атақлы Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 95 жыл толды

СЕН ДЕГЕНДЕ...

Жулдызлардың ең жақтысын
Терип-терип алағойған.
Адамлардың ең жақсысы
Сол жақтыға барағойған.

Асқар таўдай адамлықты,
Ағын суўдай ҳадаллықты,
Уллылықты, еденликти
Көкирегиңе қуяғойған.

Сен туўарсаң ақылды да,
Сулыўды да, батырды да...
"Халық" деп сениң атынды да
Ким қойса да дана қойған...

Сен қуўансаң, кеўлим тасып,
Ай-жулдызды аралайман.
Сәл ынжылсаң, мазам қашып,
Саў жанымды жаралайман.

Базда өзим данадайман,
Базда исим шаладайман.
Сени көрсем, өз атама
Еркелеген баладайман.

Сен йош берсең, сөз табаман,
Бирди еки деп санамайман.
Сен буйырсаң, бассаламан,
Дуў-сыйына қарамайман.

Кеўлиңди табыўды ойлап,
Бир сөзди бир сөзге байлап,
Қара түнде қәлем шайнап,
Ақ қағазды қаралайман.

Әрманым сол турсам-жатсам:
Сөз қусын ушардан атсам,
Саған аз кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.

Каналымызға қосылың👇** @QARAQALPAQSHA

3 weeks, 6 days ago
***❗*****7-май күни Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, …

7-май күни Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласында "свет" өшеди

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тǝрепинен 2024-жылы жоқары кернеўли 110 кВлы “Орайлық” ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген.

Усы жумысларды өткериўге байланыслы 2024-жыл 7-май күни саат 8-00 ден 18-00 аралығында Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласы аймақларында электр энергиясы менен тǝмийнлеўде шеклеўлер болатуғынлығын билдиремиз.

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы

Каналға қосылың зор канал👇
https://t.me/+d3PJhAAgBoM1NTUy

4 weeks ago

#тәрбия **Ата-анаға жақсылық
қылыў перзент ушын саадат

  1. Ата-анасына жақсылық қылыў себепли перзенттиң басына түскен күлпетлер кетеди.

  2. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң несийбеси кең ҳәм өмири узын болыўына себеп болады.

  3. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң қылған жақсы әмеллери қабыл болыўына себеп болады.

Ата-анаға жақсылық қылыў төмендеги ислерде көринеди:

  1. Ата-анаға қалыс нийет пенен жақсылық қылыў;

  2. Ата-ананы жақсы көрип уллылаў;

  3. Ата-анаға ҳүрметли болыў;

  4. Ата-ана қуўанатуғын ислерди қылыў;

  5. Ата-анадан алдын аўқатланбаў;

  6. Ата-ана алдына кириўде, шығыўда сәлем бериў;

  7. Ата-ана алдында бәлент даўыста сөйлемеў;

  8. Ата-ана ушын мал-дүньясынана сарыплаў;

  9. Ата-ана жақсы көретуғын адамларды да ҳүрметлеў;

  10. Сапарға шыққанда ата-ана дуўасын алыў;

  11. Ата-ананың ашыўы келетуғын ислерди қылмаў;

  12. Ата-ананы аты менен шақырмаў

Каналға қосылың зор канал👇**@QARAQALPAQSHA

1 month ago
1 month ago

*⚡️9 ҳәм 11-класс оқыўшыларының имтиханлары ушын белгиленген пәнлер ҳәм имтиханлардың болып өтиў ТӘРТИБИ ҳәм СӘНЕЛЕРИ белгиленди*

Мектепге шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2023-2024-оқыў жылы бойынша жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация имтиханларын өткериў бойынша көрсетпе хаты жиберилди.

*🗂Көрсетпе хат менен жоқарыдағы файлда толық танысыўыңыз мүмкин.*
Дерек: НЕ ЖАҢАЛЫҚ

Каналға қосылың зор канал👇
https://t.me/+d3PJhAAgBoM1NTUy

1 month ago
1 month, 1 week ago

**Slim Body аздырыўшы ҳаяллар ушын.

Бул материал ҳаўа өткизетин ҳәм эластик полиестер ҳәм латекстен таярланған. Әжайып ийкемлесиўшеңлик қарынды қатты тегислеў .

Қарын бослығын тегислеў
Белди қысқартыў сулыў қәдди қаўметке келтиреди
Туўыўдан кейинде пайдалы.

Буны спорт залларында офислерде ҳәр түрли байрам жыйынларда пайдалансаңыз болады.
Ол кыйимның ишинен билинип қалмайды.☝️

⚡️ Хәзирде шегирме:
~~ Ески баҳасы: 129.000 сўм~~
💸 Акция баҳасы: 59 000 сўм

ТЕК ҒАНА 1 КҮН ШЕГИРМЕ

Төлемды өнимди қолыңызға алғанда қыласыз

🚚 Өзбекстан бойлап жеткизиў хызмети бар
Буйыртпа бериў ушын көк силтемени басын👇👇**https://100k.uz/oqim/372074https://100k.uz/oqim/372074https://100k.uz/oqim/372074

1 month, 1 week ago
**Ҳәрдайым китап оқыў ушын 5 себеп:

**Ҳәрдайым китап оқыў ушын 5 себеп:

•Оқыў сөз байлықты асырады;
•Адамлар менен сәўбетлесиўге жәрдем береди;
•Стрессти кемейтеди;
•Яд ҳәм ойлаўды раўажландырады;
•Уйқыны жақсылайд**ы.

Каналға қосылың зор канал👇
https://t.me/+d3PJhAAgBoM1NTUy

1 month, 1 week ago
***💡*** **Бүгин Нөкис қаласы ҳәм және …

💡 Бүгин Нөкис қаласы ҳәм және 6 районда гезекпе-гезек «свет» өшеди

Усы жылдың 21-апрель күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласы аймақларын электр энергиясы менен тәмийинлеўде шеклеўлер жүзеге келеди.

Себеби, Тақыятас ИЭСтен шығыўшы жоқары кернеўли 110 кВлы «Орайлық» ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумыслары алып барылыўы жобаластырылған.

Каналға қосылың зор канал👇
https://t.me/+d3PJhAAgBoM1NTUy

We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 21 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 day, 23 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 4 weeks ago