Why Pay for Entertainment? Access Thousands of Free Downloads Now!

Қарақалпақ Әдебияты

Description
Сиз күткен канал ✅
Ҳеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске түсиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.
Advertising
We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 1 month, 2 weeks ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 1 month ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 1 week, 3 days ago

3 недели, 6 дней назад

ҚАРЫЗЫМ КӨП

Устаз Ибрайым Юсупов Жерге берилген күни  жазылған қосық ямаса достым Қуўанышбай Оразымбетов пенен сырласыў

Бир Алладан бийжуўап жақсы қосық жазылмайды.
Деми таўсылмағанша бендеге Жай қазылмайды.
Жүректен жақсы қосық жан менен бирге шығады.
Ол – тәнге жанды жетелеген Тәңримниң сазындайды…

Бахтыярда қосық жоқ. Қарақалпақтан жыр кетти…
"Тирилер"ден түңилип, бул дүньядан Тири кетти.
Енди ғана ер жеткен Поэзия жетим қалды.
Шайырларды жылатып Уллы Ибрайым пийрим кетти…

Ўаҳ!.. Жоражан, қәйтейин жүрегим музлап атыр.
Әлле нәрсе сызлатып ҳәм тилкимлеп дузлап атыр…
Өзим ғана аңлайтуғын, өзим ғана түсинген,
Асқар таўын жоғалтқан бир әлем бозлап атыр…

Сум әжел, бул қара жер жақсыларға тоймады бир.
Адамлар Сорша көксин ойғанын ҳеш қоймады бир.
Жүреклердиң төрлеринен орын алған Ағамлар,
Ўаҳ!.. Жоражан! Кең дүньяға неге,неге сыймады бир?!.

Мен бүгин бул Соршада бир кәрамат – Сезим көрдим.
Ағамның Жер Жайында Ҳақыйқаттың Көзин көрдим.
Аршы Әлем Ағласына Периштелер алып ушты,
Пийримди қушағына қолым менен өзим бердим…

Бул дүньяға, жоражан, айтатуғын арызым көп.
Өзим билген ҳәм билмеген өтеўим шәрт парызым көп.
Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар:
Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп…

© Автор Бахтыяр Генжемуратов

Нөкис. Сорша. 2008-жыл, 27-июль

@b_genjemuratov
@Merwert_uz

@ADEBIYAT_QR

3 недели, 6 дней назад

Ашық Аяз - Ибрайым туўылған жерде.
(Ибрайымның жолына)

Шүкиранаға толы кеўил ханамыз,
Созсақ қолды космосқа ҳәм барамыз,
Гүўлеген жабайы самаллар еспес,
Кирге қарсы Тумариса анамыз,
Белин батырларша буўынған жерде.

Сезип жүрмен бул жердиң бар кийеси,
Саҳрайы ҳақ кеўил халық ийеси,
Умыт болды тар жол тайғақ кешиўлер,
Сулайман атамыздың минген түйеси...
Шөгип мен жеттим деп бақырған жерде.

"Қой үстинен бүгин торғай жумалар",
Шағала шарқылдап, шөлди суў алар,
Бердақ руўхлары Жайхундай тасып,
Әпши қуўырылған халқым қуўанар,
Шайыр жалаң аяқ жуўырған жерде.

Шығып қарар болсаң Үстирт үстинен,
Жулдыз жымыңлайды бәлент көшкиден,
Бағынан зағ ушып, бүлбил сайрайды,
Ишлери кир душпанлардың дәстинен,
Әжинияз наҳақтан қуўылған жерде.

Зиялы болған соң сырттан сатылып,
Қасым, Избасарлар иске шатылып,
Кеткен менен олар умыт болмайды,
Келгиндилер тәрепинен атылып,
Қанлары жамғырға жуўылған жерде.

Ҳақкеўил халықпыз еңсемиз бийик,
Түркий халықларға беремиз кейип,
Шегарам бар, ана тилим сөйлеп тур,
Аллаярым: "Хош қал Бозатаў" дейип,
Шыбын жаны наҳақ қыйылған жерде,

Булақты бағдарлап жолға салады,
Билим дәрьясынан шөлиң қанады,
Елде уллы алым Әл Берунийдиң,
Даңқлы жулдызлары парлап жанады,
Илим көкирегине қуйылған жерде.

Бәс байлассаң шақыраўық ғазым бар,
Қус салмаға келсең алғыр базым бар,
Жыраўларым дәстан дизип айтқанда,
Бабалардан мийрас қобыз сазым бар,
Қорқыт бабасына сыйынған жерде.

Билимсиздиң сөзи қырға қайырлар,
Ябыға жол бермес қарабайырлар,
Ушығаның қыйқымындай қәстерли,
Сөз патшасы Ибрайымдай шайырлар,
Киндик қаны тамып туўылған жерде.

Ийнимизге қумай қусы қонып тур,
Бахыт шарабына кесең толып тур,
Туристке қонақ жай қара үйлериң,
Аспан астындағы музей болып тур,
Дузлы шаңғытларды суўырған жерде.

Мың шүкир ел болдық жәннет дегендей,
Елге бир, жерге бир нәўбет дегендей,
Нәжиматдин, Абадан сазгерлерим бар,
Халқыма таланттан әўмет келгендей,
Дузлы суўдан аўзы уўылған жерде.

"Қара жорға" аттың шабысларындай,
Зада қыздың уғрын бағысларындай,
Халқымның көксинде мухаббат болып,
Әмиўдиң талўаслы ағысларындай,
Ибрайым мәңги жасар туўылған жерде.

© Автор Гүлистан Дәўлетова
30.04.2018

@ADEBIYAT_QR

1 месяц, 1 неделя назад

Өтирик болды.

Ҳәзир болды жалатайдың заманы,
Тили палдай, қәлби патас жаманы,
Рентгенде де көринбес иш таманы,
Луконинниң* көргени өтирик болды.

Мектеплер көп, бирақ берер билим жоқ,
Докторлар көп, бирақ өсер илим жоқ,
Репетиторсыз оқыўға кирер күним жоқ,
"Китап билим булағы"- өтирик болды.

Дәргайлар да "онлайн" деп оқытты,
Диплом берди, жүреклерди шоршытты,
Саўаты жоқ маман шығып қорқытты,
Енди раўажланыў өтирик болды.

Жоқ демеймиз билимлилер шығады,
Бирақ оны коррупционер жығады,
Пара алып тек танысын тығады,
Кәсип маманлығы өтирик болды.

Бабаларым көп еллерди жаўлады,
Едигемиз князьларды таўлады,
Арал тасып, атам балық аўлады,
Булардың да барлығы өтирик болды.

  • "Бир халық көрдим, жүреги, Көринер қабырғасынан".
    (Михаил Луконин).
    И.Юсуповтың "Қарақалпақты көп мақтама көзимше" қосығынан.

© Автор Турғанбай Қарлыбаев 17.01.2024

Дерек: @TurganQarli

@ADEBIYAT_QR

2 месяца, 3 недели назад

Ассалаўма Әлейкум Мениң жақын Қəдирданларым! Алла Таалаға жақын болатуғын ай Рамазан айы кирип келди. Сизлерди шын жүрегимнен қутлықлайман!
Ойлаған нийетлериңиз, дуўаларыңыз, услап атырған Оразаларыңыз, қылып атырған саҳаўатлы ислериңиз Алла дәргайында қабыл болсын! Қəдирданларым Сизлерге ең биринши нəўбетте терең Ден-Саўлық, шаңарағынызға Аманлық, Қут-Берекет, Тынышлық, ийгиликли ислериңизге Əўмет, ойлаған нийетлериңизге жетисиўиңизди тилеп қаламан!
Барыңызға Шүкир!
Алла разы болсын Сизлерден!
Тағы бир мəрте кирип келген Рамазан айы қутлы болсын! Ҳүрмет пенен @ADEBIYAT_QR каналы администрациясы.

2 месяца, 3 недели назад
2 месяца, 3 недели назад

**🌈*💐🌈💐🌈💐🌈💐🌈💐АНАЛАР, АПАЛАР, ЖЕНГЕЛЕР, ҚАРЫНДАСЛАР БАЙРАМЫҢ МЕНЕН!
🌹*💐🥀🌷🌺🌸🌹💐🥀🌺🌸

Ойларға қаншама талғаным менен,
Теңеўди айлардан алғаным менен,
Тәрийпке тил жетпес периште инсан,
Аналар бүгинги байрамың менен.

Алыстан асығып сағынып келген,
Төркинде қызбан деп малынып келген,
Жездемниң жақсысын асырып келген,
Апалар бүгинги байрамың менен.

Аға деп ийбеси меҳири басым,
Көрсетпес жыласа көзинде жасын,
Түскен жериңизге батқай тасларың,
Байрам қутлы болсын қарындасларым.

Тойларда қашанда ошақ басында,
Ерген етегине иним қасында,
Ағамның бахыты қонған басына,
Жеңгелер бүгинги байрамың менен.

Ҳәммениң де, анасы бар жүректе,
Ҳәр бир ана перзент ушын тилекте,
Тапқың келсе өз балаңнан ҳүрметти,
Балаң көрсин өз анаңды ҳүрметле.

Жаңабай Анетеев
🎤 Гулчехра Аблакимова**

@ADEBIYAT_QR

5 месяцев назад
ЖЫЛГА ТАЛАСЫЎ

ЖЫЛГА ТАЛАСЫЎ

Бурынғы өткен заманда жаңа жыл жақынлапты.Барлық хайуанлар жыйналып, жыл көрмекши болыпты. Хәммеси жыл көретуғын жаққа қарап жуýырыпты да, түйе өз орнынан қозғалмапты. Қоян туйениң қасынан жуýырып өтип баратырып:
-Хау, сен еле турсаң ғой, жылдан бос қаласан ғой - депти. Сонда түйе
- Сизлер бара бериң, мениң бойым узын, усы кәрада-ақ көремен - депти. Туйе өзинин
бийиклигине исенип (мактанып) орнынан қозғалмапты. Тышқан ҳәммесинин кейнинде киятыр екен, дәрриý туйениң ýстине өрмелеп, қулагына минипти де алыпты. Сөйтип тышқан жылды ҳәммесинен бурын көрипти, жыл басы тышқан болыпты.
Сойтип тышқан, сыйыр, барыс, қоян, улыý, жылан, жылқы, қой, мешин, таýық, ийт, доңыз жылға илинипти. Өзиниң бийиклигине марапатланған туйе жылдан бос қалыпты.

© 《 Қарақалпақ аңыз апсаналары》
Автор: С. Бахадирова. ( Филология илимлериның докторы) хəмде Қ. Мəмбетназаров ( Филология илимлериның кандидаты)

Дерек: @kanall_13‌‌

@ADEBIYAT_QR

5 месяцев, 1 неделя назад

Баратырсыз инилерим қай тәреп?

Бир мектепте 11-класс оқыўшыларына сабақ өткенимде мынадай қызық, туўрырағы аянышлы жағдайға дус болдым. Үп-үлкен, жасы он сегизди толтырған ул-қызлар биргеликте Қарақалпақстан Республикасының гимнин айтқанда биринши шуўмақты атқарып, екиншиге келгенде биразы тутлыға баслады. Үшинши шуўмақта болса дерлик пүткил класс аўзына қум қуйғандай үнсиз қалды…

Баратырсыз инилерим қай тәреп?
Ким излейди бизди кетсек бийдәрек?
Қуўрамағай қанша әсир өтсе де,
«Жәйҳун жағасында өскен байтерек».

Түбимиз бир, мыңнан үмит шақамыз,
Минус еки бәриңизге баҳаңыз,
Алыс әўладларға арқа сүйеген,
Гөринде тик турар бүгин атаңыз.

Үш шуўмақты ядқа билмес қай баллар,
Үш шуўмақты ядқа билмес ҳайўанлар!
«Қаракесек»ти «ишип» қара суўдай,
Гимнин есинен шығарып қойғанлар.

Қурасыз ба сизлер айдын келешек,
Қоймасаңыз мәңгүрликке еле шек,
«Қарақалпақстан деген атыңды
Әдиўлеймиз мәңгиликке» демесек.

Бийик минберлерден жаңламай-ақ қойсын,
Мейли, дүнья қунт етип тыңламай-ақ қойсын,
Ел қосығын еске алмас ессизлер,
Анасының қарнынан туўмай-ақ қойсын!

© Автор Аллаяр Дарменов
23.04.2020

ДЕРЕК: @Allayar_Darmenov

@ADEBIYAT_QR

5 месяцев, 1 неделя назад

**ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам 1993-жыл 24-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХIV сессиясында қабыл етилди.

И. Юсупов сөзи
Н. Мухаммеддинов намасы

Жәйҳун жағасында өскен байтерек,
Түби бир, шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм мийрибан,
Еркин жайнап-жаснап, мәңги бол аман.

Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.**@ADEBIYAT_QR

6 месяцев, 3 недели назад
+998 91 872 31 31

+998 91 872 31 31
Руслан

We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 1 month, 2 weeks ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 1 month ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 1 week, 3 days ago