Халық айнасы

Description
18 + интернет журнал
Аллам ақ жүзимди жарық етсин! Ата-бабаларым руўхы қолласын! Алла билгиўшидир! Алладан ҳеш ким уллы емес! Дос-душпанға кулки қылмағайсаң мени жаратқан Аллахым.
Канал 26.05.2020
@XaLabbayBot
Advertising
We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 2 months ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 1 month, 3 weeks ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 3 weeks, 5 days ago

1 month, 2 weeks ago
Халық айнасы
1 month, 2 weeks ago
Халық айнасы
1 month, 2 weeks ago
Халық айнасы
1 month, 2 weeks ago

Мен көрген Қытай

Путин орысларды «Сизлер не Франциядағыдай жасаўды қәлейсиз бе?» деп қорқытқанындай, негедур мен де сизлерди Қытай менен қорқытқым келип қалды. Бастағы алты жылымыз бизлерди қонақ баллар деп еркелетип қойған екен. Стипендия бар, жатақ жай мут, коммунал хызметлер мут. Тек илимий жумыс ислеў талап етиледи. Ҳеш тәшўиш болмаған соң, бизлер де дым арқайын болып қалғанбыз. Ҳәргиз коммендантлар токты үнемлең деп туратуғыны болмаса, оннан басқа тәшўиш жоқ еди. Илимий жумысты тапсырыўға үлгермей қалған соң, алдынғы күнимиз өмирдиң рекламасы екенлигине исендим))) Жумыс питпеген соң, алдынғы тәмийнлеў жоқ, кампустан «сүргин» қылындық. Сонда ғана өзлеримизге ҳақыйқый Қытайды аштық. Квартплата, коммунал төлемлер, баллардың бағшасы, азық-аўқат ҳтб. Соңғы бир жыл ҳәммеси өз есабымыздан. Алдынғы хош көрмейтуғын коммендантларымыз арендаға бериўши апайдың қасында периштелер екен. Ток бойынша тез-тез үгит-нәсият жүритип турады. Ишимизден «токтың пулын төлесек болды емеспекен» десек, ондай емес екен. Бизге енди енгизилмекши болған система, оларда әллеқашан жумыс баслаған екен. Социаллық норма 300 киловат, бирақ соның өзи бизлерден 10 есе қымбат еди. Оннан көп ислетсек, тағы 2 есе қымбатлайды, апамыздың қабағы беттер үйиледи. Сонда көшедеги қымбат машында жүретуғын адамлар қалың одеялдың материалындай пижамада жүретуғынын түсингендей болдық. Оларға да билдиреди екен. Кондиционер не ушын арзан екенлиги де түсиникли болды. Көп зат түсиникли болды))) Қандай техника қанша киловатт ток жейтуғынлығы туўралы специалист болып кеттик, үйдеги техникалардың оптимизациясы басланды. Саатына 2 киловаттан жоқары затлар көзимизге бәледей көринип баслады. Пайдаланбай қойдық. Мао Цзедун басшылығында компартия урыстан соң Қытайды аяққа турғызатуғын ўақытта Орайлық Қытайдан Қублаға қарап кеткен тәреплеринде суўықтан адам өлмейди екен деп газ тартпаған екен. Соның ушын суўық ўақта ҳәм қатты ыссы ўақта тек ғана электр энергиясы арқалы жан сақлайды. Бирақ, қурғыр ол да ҳәммеге емес. Аренда 100 доллар болса, токқа үнемлемесең 200 доллар кетеди. Ең арзан жолы элетроодеяло деген шешимге келдик))) Көрпешениң астына салып қоямыз, жып-жыллы болады, қалады. Өтмиште де жасы үлкен ата-апаларымыздың гәпи бойынша, қара үйде жасаған ўақытлары ортада жанып туратуғын оттың үстинен үлкен көрпени жүргизип қыздырып, 5-6 баланы соның астына жатқызган десетуғын еди. Орыслардың «всё новое-это хорошо забытое старое» дегениндей көрдим. Суўықта ҳәммемиз Мавзолейдеги Ленин қандай жатырған болса, азанда да тап сол ҳалда турамыз. Бирақ буның да унамлы тәреплери көп болды. Ыссыдан суўыққа шығып грипп болыў деген затты умыттық, токтиң қәдирине жеттик, 5-6 жылдан берли келмей атырған илҳәм пәрийлери мени айландырып жүргендей болатуғын еди. Жумысларымды тезирек тамамлаўға күшли мотивация болды ҳәм де нийетиме де жеттим. Сондай екен, елимизде коммунал хызметлердиң қымбатлаўын да тек ғана жақсылыққа жорыймыз. Бәри бир Қытайдағыдай қымбатшылық емес я бирде сизлерде Қытайдағыдай жасаўды қәлейсиз бе?)))

P.S. Саатта 12-декабрьде 23-16 да жайдың иши +2 болып турған момент шүкирсиз бенделер ушын естеликке сүўретке алынған)))

Пиратдин Аллаяров

1 month, 3 weeks ago

Қара шай ишемиз бе?

Нөкис мәҳәллериндеги пуқаралардыңқыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў ушын ислеп атырған жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде, қаламыздағы "Темир жол" мәкан пуқаралар жыйынында болдық.

Хабарыңыз бар, "Темир жол" мәҳәллеси көп қабатлы турақ-жайлардан қуралған аймақлардың бири болып табылады.

Бурынлары "Дом"ларда жасаўшы пуқаралар подъездлер әтирапына гүллендирип қойғанларын талай көргенбиз. Арасында мийўе тереклери болмаса, палыз егинлери бар жер майданларды ушыратыў жоқтың есабы.

Бүгин заман талабы өзгерди. Бос жерлерге мийўе яки декоратив нәллерди өсириў, қоршаған орталықты таза ҳаўа менен тәмийинлеўи сондай-ақ, мийўе тереклери жемислери шаңараққа пайдасы бар екенлигин түсинген ҳалда, қыйтақ жерден пайдаланыў мәденияты әсте-әсте қәлиплесип атыр.
Қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланып атырған шаңарақлар өзлериниң "дом" әтирапындағы  жер майданына пияз, помидор, картошка, гешир ҳәм палыз егинлерин егип алмақта. 

Әсиресе, Азат аға Төрениязов шаңарағы ҳәўес етсе арзыйтуғын, адамлар оннан өрнек алатуғындай шаңарақ десем асыра айтқан болмаймыз.  Ол "дом" қапталындағы жер майданына палыз егинлерин, мийўе нәллери менен атыз, бағқа айланған.
Шаңарақ ийеси ҳүрметли  мийнет дем алыста болыўына қарамастан, мийнет етиўден ҳеш қашан жалықпайды.

Қыйтақ жерден пайдаланыў бойынша түсирген сюжетимизде екинши мәселелер көтерилди.
Бир кесе шайға мирәт еткен Азат аға менен ески қәдириятлар яки миллий дәстүрлеримизден болған қоңсының қара шайы темасы менен жуўмақланды.

Ең қызықлы сәўбетлерди еситиў ушын видео соңына дейин тамашалаўыңызды сорап қаламыз.

Лайк түймесин басыўды умытпаң,  👍  алдағы дөретиўшилик жумысларымызға және де илхам бағышлайды.

Каналға ағза болыў:https://t.me/nukuspress

1 month, 4 weeks ago
1 month, 4 weeks ago
1 month, 4 weeks ago

Тарийх дәлийлейди: Қарақалпаққа бүйири бурған Президент Шавкат Мирзиёев

2 months ago

Сонда жолбарыс ашыў менен сол үйдиң қорасында баққыда турған танасын дийўалдан сыртқа ылақтырып таслапты деген ǝңгимени еситип едим.
Оннан басқа жǝне бир гүрриңде сол аўылдың бир адамын жолбарыстың алып кеткенлиги ҳǝм уясына алып барып балаларының алдында жерге жатқарып, бетин жалай баслағанлығы, тилиниң болса адамның жүзин шеңгелдей тырнағанлығы айтылытағын еди. Жаны көзине көринген пақыр ақырғы шара усы болса керек деп үстинде турған жолбарыстың артқы аяқларының ортасына бар күши менен тепкен. Тепки ҳайўанның жан жерине анық тийген болса керек, жолбарыстың қулындағы даўысы шығып қапталға жығылады. Солай етип ол адам ǝжелден қутылған екен.
Мениң атам Нағмет(улла) аңшылық пенен шуғылланып келди. Оның баласы, яғный мениң ǝкем Абдулла, төмендеги ўақыяны айтып берип еди. Оның 6-7 жасар ўақытлары таңның алдында атамыз үйге келип, «Мен ҳǝзир ғана жолбарыс пенен ушырасып, қудай сақлап қутылып қалдым» дейди. Ол 1943-44-жыллары колхоздың егинлерин қараўыллап жүргенде таңның алдында жолбарысқа дус келеди. Астындағы аты бүктиң астында айдың жақтысында еки көзи жылтырап жатырған жыртқышты сезип тоқтап қалады. Атам да оны көргеннен соң үндеместен ҳǝм қыймылдамастан ҳайўанға карап турады, соңынан болса оң қолы менен аттың жамбасына ǝсте урады. Аты да ақыллы болғанлықтан бурылмастан артқа қарай шегинеди ҳǝм қǝўипли орыннан узақлайды. Жолбарыстың адамның арқа тǝрепинен ғана топылатуғынлығы көпшиликке белгили. Соның ушын Ҳиндистан тǝреплерде адамлар тоғайда жумыс ислеген ўақытлары ҳǝзирге шекем басының арқа тǝрепине жолбарыс ушырасып қалған ўақытлары адамллардың қайсы тǝрепи алды екенин билмегенликтен топылыўға жүрек етпеўи ушын маска тағып жүреди..
Атамлар «Жолбарыста қырқ жигиттиң күши бар, қасқырда қырқ жигиттиң жүреги бар» дейтуғын еди.
Жǝне бир ўақыя еле есимде. Аўылымыз Қызыл қумның етегинде жайласқан. Оның арқа тǝрепинде Қарақшы қум қойымшылығы болып, сол жерге жолбарыс келип түнейди деген гǝплер жүретуғын еди. 1978-79-жыллары болса керек, жазда далада уйықлаймыз. Бир күни азанда атам «Балам, түнде аўылдың сыртынан қойымшылыққа қарап жолбарыс өтти. Буны аңлағанымның себеби, дǝслеп қарақулақтың сести шыққан еди, сонда аўылдың ийтлериниң барлығы үрип шықты. Бираздан соң болса жолбарыстың ǝўпилдегени еситилди ҳǝм ийтлер тым-тырыс болып қалды» деди. Түске жақын мен атам силтеген тǝрепке барып қумнан из кеспекши болдым. Бирақ, ол жерлерден аўылдың пада-пада қой-ешкилери өтип кеткенликтен из кесиў қыйын екен, сонлықтан үйге қайтып кеттим.
Қаллибек Нагметов

We recommend to visit

📚Оқу - бiлiм қазығы, Адамның азығы. Оқу өмірдің сәні, Тіршіліктің шамы.

📒Бизнес кітаптар
📒Әлем мен Қазақ әдебиеті
📒Психология
📒Мотивация

Dalanews экосистемасына кіреді

Стоимость рекламного поста 25 000 тенге

📍Реклама @dalareklanabot

Last updated 2 months ago

🎓 “Нұр-Мубарак” түлегі
🕌 Қызылорда обл. Бас имамы

Last updated 1 month, 3 weeks ago

екінші арнамыз - @yuzarsifkz

Last updated 3 weeks, 5 days ago