Unlock a World of Free Content: Books, Music, Videos & More Await!

Сахибжамал Сырғабаева

Description
📍АВТОРЛЫҚ ҚОСЫҚЛАР.
🚫Автор рухсатысыз қосықларды атқарыў қадаған.
🖇️2022-жыл Республикалық жас дөретиўшилер семинары қатнасыўшысы
Advertising
We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 1 month, 2 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 1 week, 4 days ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 4 weeks ago

4 days, 16 hours ago

Өз жүреги қоймастан дүрс-дүрс етип,
Өзгеникин қояды дүрсилдетип.
Қарекеңше қәлб берип сулыўға,
Жаратыпты туўма шайыр қыз етип.

Усындай қызларымыз бары қуўанышлы ҳәм мақтанышлы.
Сахыпжамал Сырғабаеваға талмас пәрўаз тилеймен.
Поэзияның шыңларында көрине бергей.

Ықласбенти Гүлхан Нурымбетова.
27-май. 2024-жыл.

4 days, 17 hours ago

Қәдирим билсин, билмесин,
Сынайман журттың мен несин?!
Басыңды тик тут Ар-Намыс,
Қой кеўил, ызаң келмесин.
"Сүйди", деп байрақ бермесин.
Айтың, мени де жерлесин!

Күн келип бул: "МӘРТЛИК! - десин,
Басқалар бизди еслесин...!

Бул қатарлар - шайыр қыз Саҳипжамал Сырғабаеваның жүрегиниң дүрсилдиси!

Бул қосық - Саҳиптиң өзи!
Шайырлық КОНЦЕПЦИЯСЫ!!!
👍👍👍👍👍🤝🤝🤝🤝🤝🌷🌸🌼🌹🌺

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ

1 week ago

Ең көп берилген сораў:
Китапты қай жерден аламыз?
Атыңыз неге өзгерген?

1)Китап еле сатылыўда жоқ. Қосымша хабарлаймыз.

2)Атым Сахибжамал ол дурыс, ҳүжетлерде де солай жазылған.
Сайыбжамал әдебий лақаб есабында алыўды мақул көрдик.

Барлық жыллы сөзлериңиз ушын рақмет🫂

3 months, 1 week ago

Уллы адамлар қай заманда-ҳәм тар заманға сыймаған,
Тар заманға сыймағанды кең заманлар сыйлаған!

Шаўдырбай Сейитов

@SSirgabaeva

3 months, 1 week ago

⚡️⚡️ПРЕМЬЕРА ⚡️⚡️
МАМАН БИЙ!!!
Жаңабаев Маманбий Нурмухаммедович деген кишкене баламызға арнап исленген буйыртпа қосық! Маманбийди атасы Жаңабай аға халқымыздың тарийхый тулғасы Маманбий бабамыздай батыр, елге пидайы азамат болсын деген үмит пенен атын қойыпты (бизде қосықты бала Маманбийге арнап, бабамыз Маманбий қандай инсан болғанын билдириўге хәрекет еттик) Маман бий баламыз бахытлы-дәулетли, бабамыздай ел перзенти болғай🤲

Сөзи: Сахибжамал Сырғабаева,
Намасы: Бахтияр Жуматаев
Аранжировка: Султан Зияев хәмде Арыслан Исмайлов.

Қосықты еситсеңиз пикириңизди қалдырың👇👇👇👇

https://t.me/baxtiyarjumataev

Каналға ағза болың.
Канал ҳаққында досларыңыз бенен бөлисиң.

Telegram📸Instagram 📹 YouTube

3 months, 2 weeks ago

М.Мақатаев

4 months, 3 weeks ago

“Дәў пери” қыз бенен сырласыў.

Нашар демей көргейсең бир улыңдай,
Шыбын жанын сен деп жаққан қызыңман.
Г.Дәўлетова

Ақшам аспанның жийегинен қулап,
Әттең-ай! бир жарық жулдызым сөнди.
Кел, жетим қалған жүрегимди жубат,
Поэия мениң анамсаң енди.

Қосықты қамаған бул қандай қәпес,
Еркелигим түўе еркинлик бермес.
Сатқынларға сасыған мына дәўир,
Өзимде сеземен меники емес!

Қүдирет поэзиям билсең еди,
Хәзир жеңил сөз ғана өлшенеди.
Әдебият қунын таппаған жерде,
Мен тирилей өлсем еди! Өлсем еди!

Мейли мени сөк, мейли урыс енди,
Кеўлим тек саған босап жибиседи.
Бурын есик тоздырып жүрмеген соң,
Алдыңа бармағаным дурыс еди.

Жаным күйип кетти жанын жақладым,
Нашар басым менен арын сақладым.
Қайда қарақалпақтың жигитлери,
Елден телпек кийген Аға таппадым!

О дүньяға кеткен анамды сорап,
Өпкеннен не пайда қабарған жерди
Кел, жетим қалған жүрегимди жубат,
Поэзия мениң анамсаң енди...

С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

4 months, 3 weeks ago
4 months, 3 weeks ago
6 months, 3 weeks ago

Отка минар булса узингникилар,
бир бирига мехир ота бошлайди.
Отлиқлар сафига узингникилар,
Узингникиларни торта бошлайди.

Аммо, куп утмай узингникилар,
Узингникиларга тош ота бошлайди.
Узингникиларга узингникилар,
Узингникларни сота бошлайди.

Хуллас, йул бошида узингникилар,
Узингникиларни ошим дейдилар.
Адоғида эса узингникилар,
Узингникиларни бошин ейдилар…

We recommend to visit

Отдел образования Караганды

Last updated 1 month, 2 weeks ago

Сизде Коррупция менен байланыслы мүрәжатлар болса (мүрәжатлар анық ҳәм тийкарлы жазылыўы керек) @QRKQGAK_bot силтемеси арқалы жазыўыңызға болады.

Last updated 1 week, 4 days ago

Тәуелсіз елге тәуелсіз ақпарат!

Radio Azattyq на русском
➡️ @radioazattyq

❗Телеграм-арнамыздағы материалдарды бөліскенде бізге сілтеме беруді сұраймыз.

📍Website: https://www.azattyq.org

📍Instagram: https://www.instagram.com/azattyq/

Last updated 1 month, 4 weeks ago