Ассалому Алайкум!
Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.
Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.
Реклама: @sifatliuzb
Last updated 2 days, 21 hours ago
Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша
Жарнама бойынша: @alimjanasqar
Баннан шығару: @kushimbaev
Last updated 1 day, 23 hours ago
Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.
Реклама ушын: @lidernew
Last updated 4 weeks ago
9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн
1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенин аңлатады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
https://telegra.ph/%D2%9Aara%D2%9Balpa%D2%9Bstanny%D2%A3-m%D3%99mleketlik-suvereniteti-ha%D2%9B%D2%9Bynda-tijkarynan-eki-pikir-boldy-11-14
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы
Канал👉 @shejireqr
Telegraph
Қарақалпақстанның мәмлекетлик суверенитети хаққында тийкарынан еки пикир болды.
БАРЛЫҚ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫҚЛАРДЫ 9-АПРЕЛЬ КОНСТИТУЦИЯ КҮНИ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАЙМАН! 1989-жылы биринши рет альтернативалық жағдайында өткерилген СССР халық депутатларының сайлаулары өтип, СССР халық депутатларының биринши съезди жумыс баслады. 1990-жыл март айында…
КАЛЕНДАРЬ
Ислам календары бойынша ҳәзир 1445-жылда жасап атырмыз. Ислам календары бир жылда 365 (366) күн емес, ал 354 (355) күннен ибарат. Айдың толыўы бойынша есапланады (лунный календарь). Сол ушында Рамазан (ораза) айы жылда 10-11 күнге жылжыйды.
JKR.
Канал👉 @shejireqr
Ертең - 8 март байрамы. Бул күнге дуньяның 28 елинде - рәсмий мәмлекетлик байрам статусы берилген. Олар-Балтық бойы еллеринен басқа бурынғы СССР республикаларынан барлығы, сондай-ақ Аўғаныстан, Ангола, Буркино-Фасо, Камбоджа, Қытай, Куба, Гвинея-Бисау, Эритрея, Лаос, Мадагаскар, Монголия, Непал, Уганда, Вьетнам, Замбия, Германия еллери. Сондай-ақ, бул күн - 30-дан аслам елде-дем алыс күни, ал он үш елде-байрам болғаны менен жумыс күни саналады.
Канал👉 @shejireqr
БАЙРАМ АНЕКДОТЫ
Гүлжан, 8-март байрамың ким ойлап тапқан?
Клара Цеткин ҳәм Роза Люксембург деген немис апайлар.
Оларға оның не кереги болған?
Мениңше, гүл сатыўшы қызлар болса керек...
***ӘЙТЕКЕ УРЫЎЫ
Әйтеке- қарақалпақ қытайларының қурамындағы 12 руўдың бири. Тәңке шал топарына киреди. Қытай әйтекелери- 8 тийреге бөлинеди. 1.Жәдик. 2.Ырсымбет. 3.Оразымбет.4. Тәңирқул. 5.Бектаў. 6.Бектес. 7.Бесли ҳәм 8.Үмбетей әйтекелери болып.
Әйтекелер Алтын Орда ханлығы, оннан кейинги заманларда да өз алдына руў түринде тарийхый дереклерде ушыраспайды. Бирақ, қазақ халқы тарийхында киши жуз қазақларынан шыққан деп есапланыўшы Әйтеке бий (1644-1700)жамбыллы Уллы жуз қазақларынан шыққан Төле бий (1657-1756) ҳәм Орта жүз қазақларынан шыққан Қазыбек бий (1694-1784) пенен бирге баслы үш бийиниң бири саналады. Әйтеке бий- бухаралы аштарханийлерден шыққан Абдуләзиз ханның заманында (1645-1685) Самарқанд қаласы әтирапында жасап өткен ҳәм төрт жыл даўамында (1665-1669) сол аймақта жасаўшы қарақалпақ, қазақ, өзбек халықларынын бас бийи болган. Соңынан Киши жүз қазақларына хан болып тайынланған. Усы дереклерге қарағанда Әйтеке бийдиң шығысы Жаңадәрья бойларынан барып, Бухара ханлығы (1500-1747) ҳәм ондағы шайбанийлер династиясына (1500-1598) тийкар салған тахтакөпирли Муҳаммед шайбаний ( шын аты- Бахыт султан Абылқайыр хан улы, 1451-1510) менен барып қалған елдиң соңғы заманлардағы урпақларынан болса керек.
Рус жылнамаларының 1740-жылдағы бетлеринде Сыр бойында жасаўшы қарақалпақ ханлығы қурамындағы 7 елдиң бири болған қытай қарақалпакларына- Султан бек бийдиң (қазаяқлы, қылмойын) басшылық еткени, ақсақаллары- Бектаў бий, Тоқымбет бий, Дәўлетбай бий, Молла Ғарры бий ҳәм Қырынбай (Қурбанбай) бий болғаны айтылады. Соннан Бектаў- ҳәзирги айтеке руўы тийрелеринен бирине қойылған ат. Бир ўақыттың өзинде Бектаў бийди анна қарақалпақлары өзлериниң түп-бабаларынан бири санайды.
Сондай-ақ, архив ҳүжжетлеринен россиялы изертлеўшилердиң анықлаўынша, Абдул Музаффар Вали Мансур Абулғазы хорезмшаҳтың (?) 1857-жылдағы Пәрманында әйтеке қытайларына ат шығарған азаматы Төралы баҳадыр менен оның әкеси Шүкирәлини бас бий етип тайынлағаны айтылады. Әйне, усы заманларда Хийўа ханлығы сарайында тахт алмасып, елде бурын көрилмеген ғалаўытлар ҳәм ашлық басланады. Рус жылнамаларында жазылыўынша, қарақалпақлардың көпшилик бөлеги Хийўа ханлығынан Бухараға ҳәм соннан 700 хожалық Сырдың төменги ағысына, патша Россиясы қарамағына көшип өтеди.
Тилекке карсы, сол заманлар туўралы биз, ҳәзирше-Ерназар Алакөз ўақыясынан басқа хеш нарсени билмеймиз. Солай оқытылғанбыз.
Аўызша дереклерде Хийўа ханлығы, патша Россиясы ҳәм совет дәўиринде жасап өткен әйтекелерден қырантаўлы Бектемир ахун, оның урпақларынан-Шымбайдағы Хан мешити имамы, Каабадагы уламалардың буйыртпасы менен биринши мәрте қарақалпақлар шежиресин ислеп шыққан ҳәм түп нусқасын араб тилинде уллы дәргайға табыс еткен Ҳажы ийшан (турмыста-Әбдижамил ийшан), оның улы- кегейлиши, «Жалпақ жап» аўылында жасап өткен- Мамытжан мақсым, оның улы, бизиң заманласымыз болған «физ.вос.» муғәллими, марқум Кәмилжан мақсым Әбдижамиловтиң атлары жийи тилге алынады. Совет дәўириниң соңғы заманларында қытай әйтекелеринен әкели-балалы мәмлекетлик искерлер, илим кандидатлары Қайратдин ҳәм Үснатдин Мәткаримов, педагогика илимлериниң докторы, профессор Өсербай Әлеўов ҳәм басқалар шыққан. Бәлки, жетискенликлериниң, елге хызметлериниң соңы да емес шығар!***
@Tariyxqa_nazer
Канал👉 @shejireqr
Ассалому Алайкум!
Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.
Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.
Реклама: @sifatliuzb
Last updated 2 days, 21 hours ago
Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша
Жарнама бойынша: @alimjanasqar
Баннан шығару: @kushimbaev
Last updated 1 day, 23 hours ago
Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.
Реклама ушын: @lidernew
Last updated 4 weeks ago