KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 1 month, 2 weeks ago
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 3 months, 1 week ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!?
#travelslocation ?
?Связь: @travelmanager
Last updated 3 months, 2 weeks ago
Әзиз Әдебият шайдалары!
Сизди Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Бахтыяр Генжемуратовтың «Абыржы» (қосықлар ҳәм поэма) китабының презентациясына мирәт етемиз.
Кеше 2025-жыл 22-февраль күни саат 15:00 де Университеттиң руўхыйлық мәжилислер залында болып өтеди.
*💎@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал
Және бир фраза тарийхы: Халқымызда "Қойсаң-ә, сол Ғурбаныйдың ғобызын" деген гәп бар.
Хийўа ханы мерез (сифилис) кеселлигине шатылады. Оған тәўиплер "40 жас қыз бенен қосылсаң, аўрыўыңнан айығасаң" деп ҳайўанларша (ҳайўан да олардан жақсырақ) ем буйырады.
Хийўа ханының қатынек (ханның ҳаялларының хызметиндеги пиштирилген еркек) жәрдемшиси Ғурбаный қолына ғобыз алып, аўылларды аралайды екен. Халық ол ўақта ханның қыз салығынан хабар таўып қызларын үйинде көрсетпей сақлайды.
12-13 жасар қызлар еле бала ғой, көшеде ғобыздың сестин естип, қызығып қорадан бойын созып қарайды. Сол ўақта Ғурбаный кимниң үйинде қыз бар екенлигин билип, белгилеп алады екен. Кейиннен хан сол үйге шабарманларын жиберетуғын екен.
Хожелидеги қыз салығы менен байланыслы аса қайғылы ўақыяларға да сол Ғурбаный себеп болған болса керек.
Есимқан Қанаатов
Мағлыўмат автордың фейсбук бетинен алынды.
*💎@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал
*📢*🔊 ДЫҚҚАТ, ДАҒАЗА!!!**
⚡️ Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған Қарақалпақстан «Бердақ» жәмәәт фонды тәрепинен әмелге асырылып атырған «Қарақалпақ этно аўылы» атамасындағы грант жойбары тийкарында баспадан шыққан «Қарақалпақ халқыныӊ кәсип түрлери. Ақ отаў» атамасындағы китаптыӊ презентациясына бәршеӊизди МИРӘТ ЕТЕМИЗ!
Өткерилиў ўақты ҳәм орны:
✅ 2025-жыл 21-февраль күни саат 11:00
Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи
*💎@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 32 жыл толды
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы 1992-жыл 14-декабрьде «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенинде тастыйықланған.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағы аспан көк, тоқ сары ҳәм жасыл реңдеги үш горизонтал сызықтан ибарат туўры мүйешли формаға ийе. Тоқ сары сызық ақ ҳәм қызыл реңлердиң шегаралары менен ажыратылған.
Tолық оқыў ушын ? https://karinform.uz/kk/article/12764
*?@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал
ТЕБЕРИК ҚОЛЖАЗБАЛАР
Асан Бегимов қарақалпақ әдебиятында роман жанрының биринши баслаўшысы болып табылады. Оқыўшы гезлеримизде оның "Балықшының қызы" романын дәслеп сабақлықларда, соң китап ҳалында сүйип оқығанбыз. Ол соның менен бирге қарақалпақ жазба әдебиятының қәлиплесиўинде ҳәм раўажланыўында белсене ат салысқан азамат еди. Асан Бегимов Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы болып ислеген, сол гездеги пүткил аўқамлық жазыўшылардың биринши съездине делегат болып қатнасқан.
Жазыўшының баласы Полат Бегимов Нөкис телеорайында операторлардың басшысы болып ислейтуғын еди. 1984-жылы ол әкеси ҳаққында бир гәп қозғалғанда "үйде мениң әкемниң он алты томлық қолжазба ҳәм ҳүжжетлер папкасы бар, лекин ағам оны "ҳеш кимге берме ҳәм көрсетпе" деп ўәсият етип кетти" деген еди. Асан аға Сталинлик дәўирдиң қысымынан қорқып, балаларыма зыяны тийип жүреме, деген ой менен солай ўәсият еткен шығар-аў, деп ойлайман өзимше. Бүгин сол қолжазбаларды яки ҳүжжетлерди жүзеге шығарғанда, бир әжайып болар еди.
Жолмурза Аймурзаев китап оқыўшылар менен ушырасыўға барғанда ҳәрдайым:
— Үйде мениң 25 томлық қолжазбаларым турыпты. Олардың ишинде жарияланғанлары да, жәрияланбағанлары да бар, — деген гәпти көп айтатуғын еди.
Тоқсаныншы жыллары Аббаз Дабыловтың үй музейин шөлкемлестириў мәселеси сөз болғанда мен ол ақсақалдың үйине бир-еки мәртебе барғанман. Сонда оның үй архивинде өзи жазған арабша қолжазбалар, ҳүкимет тәрепинен берилген ҳәр қыйлы сыйлықлардың ҳүжжетлерин көрдим. Ўақыттың өтиўи менен бул ҳүжжетлерден нусқа да табылмай қалыўы мүмкин. Соның ушын Асан Бегимовтың, Жолмурза Аймурзаевтың, Аббаз Дабыловтың қолжазбаларын үлке таныў музейине қойғанда көп адамлар танысып, кеўли толған болар еди.
Төлепберген аға Қайыпбергенов өмириниң ақырына дейин ҳәр күни күнделик жазыў менен шуғылланды. Оның өзи бир неше мәрте телевизордан шығып сөйлегенде:
— Мениң бул күнделиклерим өзим өлгеннен кейин жигирма бес жылдан соң жәрияланыўы керек, — деп айтар еди.
Өмириниң ақырғы күнлеринде "күнделигим 28 том болды" дегенин анық еслеймен.
Не ушын оны жигирма бес жылдан кейин жәриялаў керек деди екен, онысын билмеймен. Бирақ, бир нәрсе мени ойлантырады: — жигирма бес жылдан кейин ол қолжазбаларды ҳеш ким сорамай қалса, яки ҳеш кимге қызығы болмай қалса не болады?
© Муратбай Нызанов
Көширген: Баҳадыр Байназаров
Муратбай Нызановтың "Қойын дәптерге қайым гәплер" китабынан.
*?@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал
«ҚАСҚЫРЛАР ХАҚҚЫНДА»*
Пүткил тутас тәбият жаратылысы - адамлар, ҳайўанат дүньясы, өсимликлер дүньясы булардың барлығы жер бетиниң бир пүтин балансын сақлап турыўшы тиришилик әлеми. Сол тутас әлемниң бир бөлеги-қасқырлар әлеми.
Қарақалпақстан аймағының шарўашылық хожалығы жайласқан районларында қасқырла еле де көплеп ушырасады, олардың тиришилик әлемине терең нәзер салып қарасақ, көп нәрсени билиўге болады:
1.Қасқыр адам қурған қақпанға түссе, тек қолға түспеў ушын, өзиниң аяғын шайнап, босанып шығып кетеди. Бул жерде оның "душпан" қолына түсип қор болып өлгеннен, бир аяқсыз еркинликте жасаўды жоқары қойыў, еркинликти сүйиў, қуллыққа қарсылық сезимлери бар. Сол ушында, жабайы ҳайўанлар ишинде қасқыр циркте болсын ямаса басқаша жағдайда қолға үйретилмейди, үйренбейди де.
Қасқыр баласын қолда сақласаңда, күнниң күни келгенде тоғайына қарап қашып кетеди. «Бөрини қанша сақласаңда, тоғайға қарап улыйды»,--деген сөз усыннан келип шыққан.
Және бир мысалы: қазақ жазыўшысы Мухтар Әўезовтың «Көксерек» шығармасындағы қолға үйретилген қасқыр баласы Көксерек пенен бала Қурмаштың трагедиялық ўақыялары.
Бунда, қасқырдың қай ўақытта да «өз нызамлылықларына бағынатуғынын» көриўге болады.
2.Қасқыр ҳәр исин ақыл менен ислейди. Дурыс, ҳайўанат дүньясының да, жәнликлердиң де өзине ылайық ақыл өлшеми бар, солайда, қасқырдың балалайтуғын ўақытта инлерин аўылларға жақын әтирапқа қурыўы, өз инине жақын аўылдың малына шаппаўы, ондағы садықлық, өз балаларын жаўыз күшлерден қорғаў сыяқлы түсиниклердиң бар екенлигин билдиреди.
3.Қасқырлар нызамлылықларындағы атап көрсететуғын характерли белгилердиң түрлерине: оның шаңарағына садықлығы, өзлеринен күшли зүррияд қалдырыў түсиниклери, ар-намысты жоқары қойыў сезимлери бар. Атап айтсақ: а) өмириниң ақырына дейин бир жупты менен жасаўы, егер де жуптысы өлсе, жалғыз жасаўы, ямаса қайғыдан набыт болыўы;
б) балаларын тәрбиялаўда қатаңлық пенен жуўапкершиликти баслы орынға қойыўы: олжаны балаларының ортасына әкелип таслап, сырттан бақлап, қайсысы күшли екенлигин, келешек тода баслығын солайынша белгилеў;
в) қолға түсип қалғанда өз жыныс ағзасын шайнап таслаўынан, оның ар-намысты жоқары қойып, жыныс ағзасын басқаларға көрсетпеўи сыяқлы аршыллық турады.
4. Қасқыр баласын урлаған, алған адамнан өш алмай қоймайды. Буның мысалы: қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың «Әжел дастығы» («Плаха») романындағы жупты қасқырлар Тасшайнар ҳәм Ақбараның басынан өткен ўақыялар, қасқыр балаларын урлаған Базарбай мәскүнем бир достының үйине қонып кетеди. Бирақ, Ақбара балаларын сол жерде деп ойлап, сол үйдиң жалғыз нәрестесин урлап қашады. Баланың әкеси қасқырды атқан ўақытта, оқ қасқырдың да, баланың да жүрегин тесип өтеди. Жалғыз баласынан айрылған әке бет алды ылағып кетеди, ал Тасшайнар, Ақбараның әўлады соның менен тамам болады. Себеби, қасқыр өмиринде тек бир рет балалайды(3 тен 12 ге дейин).
Бундай ўақыяларға қарап отырып, ҳәр жер, ҳәр жерден Мауглилердиң шығып туратуғыны өз-өзинен болған ҳәдийсе деп қараўға болмайды.
5. «Қасқыр арқан атламайды» деген сөз де бар, бул да қасқыр нызамлылықларына киретуғын сыпатлы белгилердиң бири.
Қасқыр менен түлки қар жаўған ўақыттағы аң аўлаў «Қансонар» ўақтында жатқан орнынан қозғалмай жатады,--делинеди. Мүмкин, бул сақлық болар.
6. Қасқырдың және бир қәсийети: ерлик, өзи менен күши тең болмаған, ямаса ҳәлсизлик жағдайында қалған адамға тийиспеўи: және Ш.Айтматов романынан: роман қаҳарманы Абдий Калистратовты нашақорлар тодасы терекке аяғынан асып кеткенде, қасқыр келеди, бирақ, тийиспейди, көмеклесиў мүмкинлиги де жоқ еди, себеби, қасқырдың өзине жақсылық ислеген адамға жәрдем бериў де қәсийетлери бар.
Соны да айтып өтиўимиз керек, гейпара ўақытларда адамлардың минез-қулқын, ерлигин «қасқырдай» деп баҳалап сөйлеймиз.
Тәбияттағы барлық элементлердиң адам денесинде бар екенлигин есапқа алсақ, қасқырдың минезиниң де адамда болыўы таң қаларлық қубылыс емес.
Қасқыр ҳаққында буннан да көп нәрселер айта бериўимиз мүмкин, қалай дегенде де, ол тәбиятымыздың байлығы, өз алдына бир дүньясы*.
Таярлаған: Shahzoda Allamuratova
*?@Merwert_uz *Әдебий информациялық канал
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Last updated 1 month, 2 weeks ago
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg
Last updated 3 months, 1 week ago
#Travel ✈️
Путешествуйте по миру с каждым постом!?
#travelslocation ?
?Связь: @travelmanager
Last updated 3 months, 2 weeks ago