Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.
МЕНИҢ ΥЙИМ
Шөл ҳәм бостан мәңги өшлескен жерде,
Гүл ҳәм жуўсан қоңсы өскен өңирде,
Адам жатырқамас үйим бар мениң.
Ҳәмме жерди көриў кисиге мәр ме!
«Жердиң түбиғой» деп қыйналып жүрме,
Шақырып мазаңды алмайын сениң.
Бирақ адам менен адам дусласар,
Адам баспайман деген жерин үш басар,
Нағайбыл дуз тартып келсең булманға,
Есигимди қағып, тартынып турма.
Дүзеў нийет пенен еркин келе бер,
Кел, қонағым, есик қақпай кире бер!
Υйге шағырыўсыз қонақ келгени,
Бул ҳәм азаматлық абырайың сениң!
Шақырмай келгени –
Зейни илгени,
«Адам – адам ушын мийман» екенин…
Хош мийманым,
Келмекте бол бул үйге,
Кешеги қонағым –
Бүгинги достым.
Дос арттырыў – ең бир уллы ғәзийне,
Рахмет, ырысыма сен ырыс қостың.
Саў жүрсек, табарсаң бизди ҳәрдайым,
Усы шөл ҳәм бостан аралығынан,
Саған унайма деп сорап неғлайын,
Суўым да, қырым да өзиме дәрман.
Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса,
Бейиш қурып берсең де мен бармайман,
Гүл ҳәм жуўсан ийси аңқып турмаса,
Ол жерде мен қарақалпақ болмайман.
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ. 6 март, 1972 - жыл.
БЕРДАҚТЫҢ ДУЎТАРЫ
(Шайырдың дуўтарын шаўлығы музейге тапсырғанда)
Ҳаслың сениң ағаштандур,
Сөйле дуўтар, сөйле дуўтар!
Ҳаўазың толы әрмандур.
Дәртиң баян әйле дуўтар.
Уллы шайыр ийең болған,
Қулағыңа бүлбил қонған,
Талай тойларды атқарған,
Даңқың белли елге, дуўтар.
Гүмбирлеген сазға байсаң,
Дәртлеримди қозғағайсаң,
Гүңиренип неге жылайсаң?
Тилиң болса сөйле дуўтар!
Гөне заманның гүўасы,
Шарханаңда саз ағласы,
Бердақ бабамның муңласы,
Дәртиң баян әйле дуўтар.
Гүмбирлеген сазға байсаң,
Дәртлеримди қозғағайсаң,
Гүңиренип неге жылайсаң?
Тилиң болса сөйле дуўтар!
Ибрайым Юсупов. Май 1988жыл
«ЖАҚСЫ АДАМЛАР»
Жақсы адамларға жолыққан күни
Уйқың пүтин болар, ўақтың хош болар,
Кеўлиң көтериңки илҳам йош болар,
Жақсы адамларға жолыққан күни.
Сәлемлесип, басқыласып аларсаң,
Дүньяның кемлигин тез умытарсаң,
Өмирди соншелли сүйип қаларсаң,
Жақсы адамларға жолыққан күни.
Жақсы адамлар – бул дүньяның тиреги,
Ҳасла сен олардан бурма жүзиңди,
Ҳақ нийет, ҳадаллық толы жүреги,
Сен оларға қарап дүзе өзиңди.
Олар ҳеш ўақытта сени сатпайды,
Отырыспада орын алып ядлайды,
Толқында қайығың суўға батпайды,
Жақсы адамларға жолыққан күни.
Өмириң узақ болсын, ләззетли болсын,
Автобусты иркип азанда ҳәр күн.
«Жуўыр, жуўыр!» десип шақырып турсын,
Жақсы адамларға жолыққан күни.
Ибрайым Юсупов
Шайыр Ибрайым Юсуповты еслеп
Əлемди жаңлатып, естен тандырып,
Еситкен қулақтың қурышын қандырып,
Шайыр шǝкиртлерин илҳамландырып,
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
Айтқанда қосығыңды намаға салып,
Ҳаўада ушқан қус қанаты талып,
Сайрады бүлбиллер даўамын алып,
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
Шөллерден излетип кийик ылағын,
Кеўилге қондырдың меҳир булағын,
Бираз шайырлардың шымшып қулағын,
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
«Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың»,
Ашықтың жүрегинде отларды жақтың,
Жаўан, қыз жүзине жылўалар тақтың,
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
Елде ҳүрмет, мǝртебе, журтыма жаға,
Əжинияз, Бердақтан кейинги саға,
Тарға нама сазлап Нажиматдин аға,
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
Айтқан сөзлериң көзге келтирип жасты,
Толғанып айтқанда жыраў ҳǝм бақсы,
Қайта тирилтип Зийўар, Бердақты,
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
Устазлық етип шайыр Еркин Ваҳидке,
Устаз деп тǝн алды Абдулла Арип те,
Таўсылмас сөзлерим Сизге тǝрийпке.
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
Жаздың қосықлар не деген сырлар,
Оқыған ашықлар кеўилин муңлар,
Атыңды қалдырып ǝсирлер, жыллар,
Дүньяға бир келген Ибрайым аға.
Барлықбай Төреев
К Ө Р И Н Е Р Б О Л Ы Ң
Ис билгенге заман келди, жигитлер.
Етек-жеңди дурыслап түринер болың.
Сүрер болсан, дәўран келди, жигитлер.
Ел көзине түсип. көринер болың.
Жаслық қуўат берди, шағлап өтсин деп.
Ойға алған мақсетине жетсин деп.
Қарыўланып халыққа хызмег етсин деп.
Елден алғыс алып, сүйинер болың.
Истиң көзин билип ким етсе талап,
Дәўран атын минер жалларын тарап.
Жаслык ғайрат деген жемисли дарақ.
Мийўалаған сайын ийилер болың.
Ашык Аяз нәсияты сол болар:
Бийдәўлетлик жигит өмирин қор қылар.
Исбилермен болсаң, бахтың зор болар.
Қулдай ислеп, бегдей кийинер болың.
Ибрайым Юсупов
КЕЎИЛ КЕЎИЛДЕН СУЎ ИШЕР
Кийиклер суў ишер сайдан
Ғаз - үйрек көлден суў ишер.
Ал, адамның кеўли қайдан?
Кеўил кеўилдеп суў ишер.
Көрдим ақ қуў ойынларын,
Үйкелесип мойынларын...
Сағынғандай ашық ярын,
Кеўил кеўилден суў ишер.
Атлар гүлдир - гүлдир киснеп,
Шарқ урар үйирин излеп,
Қой маңырап, бота бозлап,
Кеўил кеўилден суў ишер.
Дәрьялар теңизге ашық,
Асығар мәўжирип тасып,
Жоллар жолларға уласып,
Кеўил кеўилден суў ишер.
Дослық, иззет - уллы дәўлет,
Жан азығы - жақсы сәўбет.
Шөлге - бәҳәр, гүлге - нәўбет,
Кеўил кеўилден суў ишер.
Аспанға сер салып бақсаң,
Жулдызлар сөйлесер ақшам.
Өзиң булақ болып ақсаң,
Кеўил кеўилден суў ишер.
Жүрек шәўкилдеп турсын дә!
Дүньяның қайсы буршында,
Жасап турсақ та, дурысында
Кеўил кеўилден суў ишер.
Алыстағы асқар таўлар
Бири - бирин көрмек болар.
Сол ушын да бийик олар,
Кеўил кеўилден суў ишер.
Серле, ҳәй, инсан баласы!
Жамандур кеўил аласы.
Адам адамның қуяшы,
Кеўил кеўилден суў ишер.
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ
МΥНӘЖАТ
Тәңирим, инсап бер ѳз бенделериңе,
Бул барыстан нешик замана болар?
Дәрт жамылып кеўиллердиң шерине,
Дәўир дағдарыстан аўара болар.
Ақыллар тубалап болып арсары,
Ким не айтса, аўып журттың аңсары.
Малын пуллап бийинсаплық базары,
Ҳәркимниң кеўлинде бир нама болар.
Кимлер ҳийле менен шалқып жатажақ,
Пулға ѳтсе жоқ ийманын сатажақ.
Мириўбет таңлары қашан атажақ,
Журттың бир әрманы сол ғана болажақ.
Тәкаббырлық иллетине шатылып,
Күшлилер әззиге дизе батырып.
Арзан сѳзлер қымбатына сатылып,
Бийдай нанның изи зағара болар.
Қырмызы қан ағып асқар таўларда,
Абыл – Қабыл питпес даўларға.
Аналар перзентин берип жаўларға,
Ботасыз бозлаған әрўана болар.
Тәңирим, сен билерсең заманның сырын,
Пейил азса, ығбал кетерлер қырын.
Кеўиллерге қуйып миреўбет нурын,
Инсан бир – бирине пәрўана болар.
Жүрек жанса, ышқы отында жансын,
Ашықлар уйқысын бузып оянсын.
Аналар, таянса бесик таянсын,
Балдақ таянғанлар бийшара болар.
Отлар жанса, ошақта жансын гүрлеп,
Атлар шабар болсын байраққа терлеп.
Ким қолын жылытса урыс отын урлеп,
Қарғысқа ушырап, гиряна болар.
Усласса, палўанлар, жаға услассын,
Тасласса, қошқарлар гелле таслассын.
Урысса, қоразлар ғана урыссын,
Адам урысқан жерлер ўайрана болар.
Ибрайым Юсупов. Октябрь 1992 жыл.
ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС
Тобынан айрылған торы - ала ғаздың,
Ғаңқылдысын айдын көллер аңламас,
Гүл ышқында күйген бүлбил наласын,
Бәҳәрде ашылған гүллер аңламас.
Биреўге айралық, биреўге сайран,
Дүньяның исине қаларсаң ҳайран.
Суў излеп ылақса жаралы жәйран,
Өзи суўсап атқан шөллер аңламас.
Қастың бардай сонша қыйнап жанымды,
Аяўсыз шертерсең кеўил тарымды,
Мениң сен деп шеккен азапларымды,
Қудаға мың шүкир еллер аңламас.
Гүл мәўсими өтер, бәҳәри - жазы,
Биймезгил урмағай қазан аязы,
Ашық Аяз сен деп питкен баязын,
Бийдәрт жанлар, алшақ диллер аңламас.
Ибрайым Юсупов.
ЖИГИТТИҢ СОНЫҢДАЙ БИР ДОСТЫ БОЛСЫН...
(И. Бабашқа арналған)
Өзи болған, ҳəй өзмəмбет жигитлер!
Сүриңлер дəўранды, ортаңыз толсын.
Ҳəзир қулақ сүймес пəнди-үгитлер.
Сонда да айтайын: досларың болсын.
Дослық гүлшəнине мегзес бул заман,
Кеўил кеўиллерден суў ишер мудам.
Өзиң дүзиў болсаң, көпдур дос-яран,
Досларың ишииде бир достың болсын.
Саған ҳəмдам болсын өзи жасынан,
Студентлик ўақтың зағарасынан.
«Жанымды берейин» демесин саған.
Берсе айтпай берер бир достың болсын.
Сыншыл дүнья қосып талай басларды,
Есап-шот қаққызып сынар досларды,
Айтқызар ҳəр турли жаңылтпашларды,
Сонда жаңылмастай бир достың болсын.
Суў бойында бир қос ҳаўалы терек,
Тамыры қосылған, шақасы бөлек,
Атларын суўғарсын жүректен жүрек,
Еки тор ала ғаз талпынар болсын.
Дүнья жолда жатқан түлкиге усар,
Күншиллик жибине билдирмей тусар.
Бир қыз болып еккиңизге көз қысар,
Сондайда зейини қыл қаўып турсын.
Хожалық машқала түскенде басқа,
Ҳəрким шырматылып бир қолаң шашқа,
«Доспыз» деген мəртлер кетер тум-тусқа,
Сондайда сыр бермес бир достың болсын.
Ақыл-парасатлы, ғошшақ азамат,
Болсын өзиңнен де бир қəдем зыят.
Ол ҳəм сеннен алсын йош пенен қуўат,
Асқар таў айбатың - бир достың болсын.
Сен деп қалсын журт көргенде төбесин,
Тартсын салдаўласып ақыл кемесин,
Сен не айтсаң бəрин«мақул» демесин,
Адассаң абайлап алдыңды шолсын.
Қайнап кетсең, тартып қойсын отыңды,
Шаршап қалсаң мешеўлесин атыңды,
Ақыл ойы асқатықтай тойымлы,
Жигиттиң жөн билер бир досты болсын.
Жүк артылып, кəрўан жүрип кеткенде,
Орныңа жас əўлад келип жеткенде,
«Сондай дослар болыпты - деп - өткенде»
Ийни келген жерде айтысып жүрсин.
Ибрайым Юсупов. Февраль, 1969 ж. Нөкис.
КЕГЕЙЛИ
Кеўлим кѳтериңки киргендей бағқа,
Толқынласып, ҳаллас урған Кегейли.
Айдыныңда шоршыған ақ шабаққа
Мен қызығып қарап турман, Кегейли.
Жағаң желкилдейди қамыс, урықтан,
Балалық гезимди ойлап турыппан...
Суўыңда шашылған уўылдырықтан
Өршиген бир шабағыңман Кегейли.
Жазда қайырыңда ойнап қырғалақ.
Қыста музларыңда тептик сырғанақ,
Кекили гүзелген, мойны ырғанақ
Қара бала ядыңда ма, Кегейли?
Бәлки шығып кеткенменди есиңнен,
Өйткени бир мен бе ѳршиген сеннен?
«Балалық ўақтында ѳтер ҳәр кимнен,
Бәри есте қала бермес» Кегейли.
Ышқының бәҳәри жетип маған да,
Жигитлик ҳәсери гезгенде қанда,
Балалығым ойнап қалды жағаңда,
Өмир ѳз жолынан ақты, Кегейли.
Биз кѳп шабақ едик ѳршиген бирге,
Υйретип анамыз, жүздирген ѳрге.
Хызметке жарадық туўылған елге,
Өмирдиң мақсети солдур, Кегейли.
Бәлент ырашыңа мен миндим тағы,
Қандай ысық туўған жердиң қушағы!
Мунарланған терек, мийўалы бағы,
Бахытлы аўылымның сәни Кегейли.
Күншығарың Тағжап, батысың Аршан,
Ақ алтын мәканы қай жерге барсаң.
Жүз жап, мың салмадан ҳағлап ағарсаң,
Сонда да тартылмас суўың, Кегейли.
Сендей нәўпир болып ақпаса шайыр,
Халықтың кеўлине жол таппаса шайыр,
Шайырман деп ширенгеннен не қайыр?
Ҳәзир соны ойлап турман, Кегейли...
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ. 1956 - жыл.
Қаракесек фан канал ; )
Админ: @KZmenenger
Құран арқылы Әлемді таны?
Ұстаз Ерлан Ақатаев уағыздар жинағы.