@qaraqalpaq_tilim_qalqanim telegram kanalı menen @qara_qalpaq_tili toparınıń dawamı - @ana_tilim_qalqanim
Last updated 4 weeks ago
📌 axборот - málimleme, informaciya
📌 дәстүр (дастур) - baǵdarlama
📌 тәдбир (тадбир) - ilaj: ádebiy keshe, ushırasıw, ...
📌 садр етилген - júz bergen, bolǵan
📌 имза - qoltańba
📌 малака ошириш - mamanlıqtı arttırıw
📌 шикаят (шикоят) - arız
📌 танықлы - belgili, ataqlı
📌 тамарқа (томорқа) - móldek jer, qıytaq jer
📌 маблағ - ǵarejet, qarjı
📌 асас (асос) - tiykar
📌 ғурур - maqtanısh
📌 вақима - qorqınısh
═════❁✿❁═════
Kanallarımızǵa aǵza bolıń👇
📚 @qaraqalpaq_tilim_qalqanim 📚 @qara_qalpaq_tili 📚* @ana_tilim_qalqanim
#қарақалпақтили
✅ Ҳуқықый ҳүжжетлерде көп ушырасатуғын айырым өзбек тилиндеги терминлердиң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы○ Айбланувчи – Айыпланыўшы
○ Ахборот – Мәлимлеме, информация
○ Амалиёт - Тәжирийбе
○ Баённома - Баянлама, протокол
○ Банд - Бәнт
○ Ватанпарвар – Ўатан сүйиўшилик
○ Васийлик – Қәўендерлик
○ Гумон қилинувчи – Гүман етилиўши
○ Дастур – Бағдарлама
○ Дахлсизлик – Қол қатылмаслық
○ Далолатнома - Акт
○ Жиноят содир этиш – Жынаят ислеў
○ Жарима – Жәрийма
○ Зиддият - Қарама қарсылық
○ Ирода - Жигер
○ Идора - Кеңсе
○ Илова – Қосымша
○ Ихтиёрий – Ықтыярлы
○ Имзо – Қолы
○ Имтиёз – Жеңиллик
○ Йўллама - Жолланба
○ Кўриб чиқиш – Қарап шығыў
○ Қисм - Бөлим
○ Қонун – Нызам
○ Қонун устунлиги – Нызам үстемлиги
○ Қонунга ўзгартириш киритиш – Нызамға өзгерис киргизиў
○ Лойиҳа - Жойбар
○ Модда – Статья
○ Маъмурий – Ҳәкимшилик
○ Маҳаллий – Жергиликли
○ Мурожаат - Мүрәжат
○ Маънавий – Руўхый
○ Муносабат – Қатнасық
○ Мажбурият – Миннетлеме
○ Масъул – Жуўапкер
○ Муаммо - Машқала
○ Мукофот – Сыйлық
○ Мансабдор - Лаўазымлы, ҳәмелдар
○ Малака ошириш - Маманлықты арттырыў
○ Муассаса - Мәкеме
○ Нотурар жой - Турақ емес жай
○ Ноаниқлик - Анықсызлық
○ Низом – Реже
○ Низо – Келиспеўшилик, даў
○ Номзод – Талабан
○ Оммавий – Ғалабалық
○ Рағбатлантириш – Хошаметлеў
○ Рамз - Нышан
○ Таъминлаш - Тәмийинлеў
○ Тадбиркорлик - Исбилерменлик
○ Турар жой - Турақ жай
○ Тугатиш - Сапластырыў
○ Тақдим этиш - Усыныў, бериў
○ Тавсия - Усыныс
○ Тизим – Система
○ Умуминсоний – Улыўма инсаныйлық
○ Фоиз - Процент
○ Фармойиш – Бийлик
○ Фаровонлик – Абаданлық
○ Фаолият – Жумыс, искерлик, хызмет
○ Ходим - Хызметкер
○ Ҳамкорлик - Бирге ислесиў
○ Ҳавола – Силтеме
○ Хатбоши - Абзац
○ Ҳуқуқбузарлик – Ҳуқық бузыўшылық
○ Ҳудуд – Аймақ
○ Ҳомийлик – Әменгерлик
○ Хусусий – Меншик
○ Чора-тадбир – Ис-илаж
○ Шакллантириш - Қәлиплестириў
○ Шикоят - Шағым
○ Шахсий – Жеке
○ Ягона – Жалғыз, бирден бир
*☝️Тилимизге бийпарық болмайық!*
*🔔 Мағлыўматты ҳүжжетлер менен ислесиўши жақынларыңызға тарқатың.
👉@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар*
***<<ҚАРАҚАЛПАҚ КАЛЕНДАРЫ>>
Жыл 12 айға бөлинеди. Жылдың ҳәр бир айы ҳайўанның аты менен байланыслы.
1- орында жыл басы ТЫШҚАН турады. Тышқан жылы халыққа қолайлы келеди, жақсы жыл деп есапланады, жаўын көп жаўады, гүзде егинниң өними мол болады. Егинниң баҳасы арзанлайды, бирақ, усы жылы тышқан көп туўады, сонлықтан оның егинге зыяны болады. Тышқан жылы туўылғанлар ақыллы болады. Тышқан түркий календарьда жылдың ортасында туўылған адам өтирикши, қызғаншақ, бирақ келбети келискен болады десе, қытай календарында тил тапқыш, жағымлы, керек сөзди таўып билетуғын, қызық әңшимешил,, бирақ сықмар, властьты жақсы көретуғын болады.
2- орында СЫЙЫР келеди. Сыйыр жылы қыс суўық, қатты келеди, ҳайўанлар көп аўырады, егинниң өними төменлеп кетеди. Сыйыр жылы туўылғанлар талантлы, кеўилли, сөзшең, консерватив болады. Адамларға ҳақ нийет, ҳүрмет пенен қарайды. Сыйыр жылы [Қытайда Өгиз] түркий календарьда жақсы жыл. Усы жылы туўылған балалар ҳақ кеўил, ҳәрекетшең. Қытай календарында сыйыр жыды туўылғанлар мийнеткеш, жақсы, оның мийнети қуры кетпейди, жақсы жемис береди, ол өжет, қайтпас, оны өзгертиў қыйын, өзиниң алған бағытынан өлсе де қайтпайды.
3- орында БАРЫС турады. Барыс жылы қыс ерте түседи, суўық болады. Ден саўлығы нашар адамлар менен диний адамлар ортасында өлимшилик көп болады. Егинниң өними мол болады, бул жылы туўылғанлар сулыў, сымбатлы болып келеди. Барыс жылы туўылғанлар ҳақ кеўил, жумсақ характерли болып келеди. Олар жетилискен адам болады. Жылдың аяғында туўылғанлар қорқақ, бирақ, ақыллы болады. Қытайларда барыс [тигр] өз қызығы менен жасайды, басқаның пикири менен есапласпайды. Қыс қысқа, бирақ жүдә қатты суўық болады.
4- орында ҚОЯН турады. Қоян жылы қыс турақсыз, тез-тез өзгерип турады. Жыл тынышсыз болады, адамлар бири-бири менен урысады. Усы жылы туўылғанлардың көпшилиги атақлы адамлар болады. Қоян жылы туўылғанлар бай болады, өзлерине исенимли, минези жақсы болады. Жылдың аяғында туўылғанлар мийримсиз болады. Қытай календары бойынша, олар элегант адамлар, искусствоны жақсы көретуғын, әдебиятты, музыканы жақсы түсинеди. Бул жылы мийўе мол болады, қыс жумсақ, жыллы болады.
5- орында УЛЫЎ турады. Улыў жылы жаўын көп болады, егин өнимли болады. Усы жылы туўылғанлардың ден саўлығы күшли, беккем, өзлерин жақсы көреди, жәмийетте атақлы адам болыўды жақсы көреди.
6- орында ЖЫЛАН турады. Жылан жылы жүдә суўық келеди. Егинниң өними мол болады. Бул жылы туўылғанлар ақыллы, бир сөзли, алға қойған мақсетине жетиў ушын гүреседи, көп сөйлемейди, сумлықлы болады. Бул жылы адам жағдайды түсинип, дурыс шешим қабыллаўы керек, биринши орында адамның актив ҳәрекети емес, ойлаўы, дурыс жолды таңлаўы турады.
7- орында ЖЫЛҚЫ жылы турады. Жылқы жылы суўық болады. Егинниң өними аз болады, қариялар арасында өлим көп болады. Усы жылы туўылғанлар шыдамлы, қыйыншылыққа төзимли, кеўилли, ақыллы, талантлы болып келеди. Олар еркинликти, ҳеш кимнен ғәрезсиз болыўды жақсы көреди. Бул жылы адам шыдамлы болғаны жақсы.
8- орында ҚОЙ турады. Қой жылы қыс қатты келеди. Жыл табыслы, өнимдар болып келеди. Усы жылы туўылғанлар диншил болып келеди. Жалғызлықты жаман көреди, бурынғы өтмиштеги өмирин умытады, жақсы жолдас, психолог болады.
9- орында МАЙМЫЛ турады. Маймыл жылы жаўын және қурғақшылық болады. Бул жылы туўылғанлар турақсыз, қарама-қарсылықлы характерли болады, бирақ, ақыллы, тез уғып алғыш, творчестволық уқыбы күшли болады.***
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉**https://t.me/karanakilmakalhttps://t.me/karanakilmakal
? Ortak türk Alfabesi
Kanallarımızǵa mirát etemiz?
? @qaraqalpaq_tilim_qalqanim
? @ana_tilim_qalqanim
? @qara_qalpaq_tili
? Qaraqalpaq tilin izertlewge úles qosqan jigirma ilimpaz tuwralı maǵlıwmatlar qaraqalpaqsha Wikipediaǵa qosıldı. Endi olar tuwralı maǵlıwmattı internetten yamasa Kaa.wikipedia.org saytına latın háripleri menen qátesiz jazıw arqalı taba alasız.
Taǵı qarań: «Qaraqalpaq tiliniń imla sózligi» (2020)
☝️ Bul ele tilshiler tuwralı maqalalardıń baslaması bolıp, basqa tilshi-ilimpazlar haqqında maǵlıwmatlar aldaǵı waqıtlarda qosıladı.
*? Posttı joytıp almaw ushın saqlap qoyıń hám doslarıńız benen bólisiń.*
Kanallarımızǵa mirát etemiz?*
? @qaraqalpaq_tilim_qalqanim
? @ana_tilim_qalqanim ?* @qara_qalpaq_tili
Bala baslawısh mektepte barlıq pándi tek ana tilinde ǵana oqıwı kerek.
***Axmet Baytursın ulı
Qazaq alımı, jámiyetlik isker, tyurkolog
══════❁✿❁═════
Kanallarımızǵa aǵza bolıń!? ? @qaraqalpaq_tilim_qalqanim ? @qara_qalpaq_tili ?*** @ana_tilim_qalqanim
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim telegram kanalı menen @qara_qalpaq_tili toparınıń dawamı - @ana_tilim_qalqanim
Last updated 4 weeks ago