ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Description
Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!!

28.01.2023 жыл
саат 19:00 де
канал ашылды

Инстаграм канал
instagram.com/tariyxqa_nazer
Ютуб канал
https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413
We recommend to visit

Чат - https://t.me/+ZJrFp1cguag0OTBi

Last updated 1 year, 2 months ago

В крэ долбоёбы в пять раз опаснее террористов!
бот: @ONLYCre_bot

Last updated 2 months ago

Админ: @UB_ADMINUZ

Last updated 2 months, 3 weeks ago

1 month, 2 weeks ago

Қарақалпақлардың Хийўа ханлығындағы өмиринен.

Бул дәўирде бий болыў ушын биринши гезекте басқа қарақалпақ бийлери ханға мүрәжәтнама жиберип, жағдайды түсиндирип, талабанды көрсетиўи керек еди, ҳәм хан "бийлик жарлы"ғын бергеннен соң бийлик лаўазымына тастыйықланған, ҳәтте талабан маҳрум бийдиң улы яки иниси болған тәғдирде де усы тәртип әмел еткен, бул деген бийлик лаўазымы барқулла атадан балаға өтпегенин аңлатады.

Сондай жағдайлардың бири:
Қыпшақ қәўиминиң басқарыўшылары ханнан саңмурын урыўына Ҳал Мухаммедбийдиң инилериниң бирин тайынлаўды сорады. Басқа талабан Төлепбий еди, бул жақтың сөзине көре Хал Мухаммедбийдиң инилери жарлы жасағаны ушын бийлик лаўазымға мүнәсип емес екен.

Мухаммед Аминханның жарлығында қарақалпақ бийлерине жүклетилген тийкарғы ўазийпалар:

• Хийўа ҳәмелдарлары тәрепинен берилген ҳәр қандай хызметти орынлаў.
• Салық төлеў ҳәм ўазийпаларды орынлаў.
• Саўаш майданында ҳәм кеңесте ҳүрмет иззет көрсетиў.

Қарақалпақ Улысында бийлерден жоқары ҳәр арысқа бир беглербеги лаўазымы ендирилген ўақытта да, беглербегиликке усынысты жергиликли бийлер көрсеткен хан оны тастыйықлаған, базы ўақытлары беглербеги таңлаўда бәсекилер келип шыққан.
Солардың бири: Сахибназар беглербегиниң орнына 1866-жылы Он төрт урыў арысына беглербеги тайынлаўда, еки арыстан да болған абыройлы алты бий марҳум Сахибназардың киши улы Халықназарды усыныс еткен. Будан басқа маңғыт қәўиминиң жети бийи болса Сахибназардың иниси Қудайназарбийди яки молла Сейдназарбекти усыныс еткен.

Дерек: документы архивы хивинских ханов по истории этнографии каракалпаков Москва, 1967.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

1 month, 2 weeks ago

Қарақалпақлардың Хийўа ханлығындағы өмиринен.

Мырза Абдурахманның естеликлериндеги жазбалар.

"قره قلپاق ايکی مينک نوکر ه‍ر نو کرغه اوج قازوچی بيرورلار آلتی مينک بولور شول قازوچیلارنيک حمل آینيک اونيده چيقيب بر ايکی آیده صاف بولور"
Транскрипциясы:
"Қарақалпақ эки миң нүкәр, ҳәр нүкәрға үж қазыўчи бирурләр, әлти миң булур, шул қазыўчиләрниң ҳамал әйниң онинда чиқиб бир эки әйда саф булур"

Дерек: Документы архивы хивинских ханов по истории этнографии каракалпаков. Москва, 1967.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

1 month, 3 weeks ago

Пугачёв көтерилиси.

Россия Империясындағы ири көтерилислердиң бири 1773-1775-жыллардағы Пугачёв ҳәрекети еди. Бул ўақыя туўралы мағлыўматлар көп олардың ишинде бизди қызықтырғаны Мухаммед Нажат Эфендиниң "Қырым тарийхы" мийнетиндеги мағлыўматлар, онда былай делингенген:

Бул Буғачур (Пугачёв) казак (орыс казаклары) елинен болған князлардан. Әўел ол Сибирдиң шетки бир қаласына қамалған еди, бирақ ол қандайдур жоллар менен азатлыққа шықты ҳәм қарақалпақ, қумық татарларынан ҳәм басқа аймақлардан әскери жийнап Россия ўалаятларына келди. Буғачур Қазан тусына келип қазан мырзалары хат жоллады, хатында "Москвалылар маған қарсы сизден әскер сораса бермеңиз, мен Қазанды алсам сизлерге еркинлик беремен, ислам мәмлекети боламыз, бирақ оларға әскер берсеңиз, мен сизлерди жоқ етемен"

Бирақ гәўир басшылығындағы әскерлер Қазанда пайда болды, ол жерден мәжбүрий түрде әскер жийып Буғачурге қарсы шықты, саўашта москвалылар жеңилип қашып кетти, Буғачур Қазанды ийеледи, көплеген мырзаларды өлтирип үйлерине от қойды...

Дерек: Е. В. Бахревский, И. А. Свистунова. Образ России в Турции. Историческое развитие и современное состояние. Москва, 2019

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

3 months, 1 week ago

Видеоның МП3 түри

https://t.me/Tariyxqa_nazer

3 months, 2 weeks ago

#Қарақалпақ_саз_өнери_тарийхындағы_уллы_тулғалар

АҚЫМБЕТ БАҚСЫ (АҲМУҲАММЕД)
(1820-1895)

Қарақалпақ халқының көркем өнери ишинде бақсышылық жолы сөз етилер екен, биз сөз басымызды Ақымбет бақсыдан баслаймыз. Ҳақыйқый аты Аҳмуҳаммед болып, бирақ Ақымбет болып айтылып кеткен. Ақымбет бақсы биринши бақсылар мектебин жаратып, халық намаларымыздың дөретиўшиси, күшли сәзенде, жағымлы ырғаққа бай ҳаўаз ийеси, алғыр бақсы деп тән алынған. Себеби, пүткил Туран ойпатлығына белгили, даңқылы бақсы болған. ( Мен бул мағлыўматты өткен 2015-жылы «Мәденият ҳәм спорт» газетасында «Қарақалпақ бақсыларының уллы устазы» атамасындағы тема менен халыққа жәрияладым.)
Әлбетте, Ақымбеттен де бурын талай устазлардың өткенлиги туўралы аңызлар бар. Бирақ оны избе-из көрсететуғын анық дәлиллер жетерли емес. Мәселен, Абдулла ханның заманында (XVII әсир) Бухарада жасаған атақлы қарақалпақ бақсысы Ананас Сақы, Айтуған Сақы, оннан кейинги Маңғытлар бийлиги тусындағы Жасыбай бақсы, Байтурсын бақсы, Байыр бақсылар да өз заманында атақлы бақсылар болған. Ал Ақымбет болса Үргениш журтындағы қарақалпақ бақсыларының ең ири ўәкили.
Ақымбет бақсы Шымбай районының арқа тәрепиндеги бурынғы «Аққала»ның «Торғай тереги», ҳәзирги «Ақ алтын» хожалығындағы «Қос терек» деген жерде шама менен 1820-жылы Досымбет (Досмуҳаммед) жағалтай қыпшақтың шаңарағында дүньяға келеди. Ақымбеттен соң иниси Бекимбет туўылып, ол тәўипштлик пенен шуғылланған ҳәм шанышпай деген ат алып өткен.
Ақымбет балалығынан бақсыларды көп еситип, оларға ҳәўес етип, сазға қумарлығы, елеклеў арқалы бақсышылығы басланған болыўы мүмкин. Себеби талант еликлеўден басланады. Устаздан тәрбия алғанлығы анық. Егер де шала бақсы болғанда яки дуўтарын шала ойнағанда, буншелли аты-ҳаўазасы әлемге тарамаған болар еди. Бирақ, тилекке қарсы устазы ким екенлиги де белгисиз, бул туўралы мағлыўмат қалмаған. Қандай болғанда да бақсышылық жолын терең меңгерген ҳәм көплеген намалар дөреткен бақсы. Қарақалпақта устаз-шәкирт жолы жақсы ҳәм сәтли раўажланған. Ақымбет бақсының тәрбиясын алып өз алдыларына жетик бақсы болып шыққан шәкиртлери оғада көп болған. Устаз шәкиртлерине оғада қатты қол болып, оларды тежеп туратуғын болған екен. Бир наманы толық үйретпей турып екинши бир наманы басламаған. Аяққа турып киятырған бақсы шәкиртлерин изине ертип, өзи халықтың алдына шығарда, шәкиртлери дуўтарды жанапайға шертип отыратуғын болған екен. Намаларды толық атқарып үйренип китырған шәкиртлерине, бақсылар атқаратуғын ашықлық дәстанларынан үзиндилер берип тыңлап барған. Сол үзиндилерди ядлап болғанларын, халықтың алдына шығарып, сыннан өткерип туратуғын, шалаларын еринбестен ислетип, толықтырып отырған. Шәкиртлери бирдейине устаздың үйинде болып, белгили ўақытқа шекем бирге жасаған. Еки, үш дәстанды толық дәрежеде ядлап ҳәм шебер атқара алатуғын болғанда, Ақымбет халықты жыйнап, шәкиртлерин тыңлатып, соңынан пәтиясын берип, шәкиртлерине ҳақ жол тилеп қалады екен. Сонлықтан да Ақымбет бақсыдан аты шыққан атақлы бақсылар тәрбияланып шығады. Олардан Муўса, Сүйеў, Еденбай, Байнияз, Хожа бала, Есназар солақай, Есемурат, Серик ҳ.т.б. Бул бақсылардың ҳәр қайсысының атқарыў жоллары ҳәр қыйлы болғаны менен түп тийкарғы билимди Ақымбеттен алады. Соның ишинде Муўса бақсы нағыз Ақымбет жолында айтатуғын болып шығады. Шәкиртлерине пәтия берерде Ақымбет бақсы Муўса бақсыға нәўбет келгенде:
— Шәкиртим Муўса, қай тәрепке барсаң да сени тыңламайтуғын халықтың өзи болмайды, — деп исеним билдирген екен. Ақымбеттиң изин даўам еткен, нағыз қарақалпақ намаларын дөреткен Муўса бақсы болады.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Педагогика факультетиниң «Музыкалық билим» кафедрасы тәрепинен «Қарақалпақ бақсышылық мектебиниң бүгинги машқалалары» атамасындағы болып өткен илимий-әмелий конференциясында, белгили бақсы ҳәм сазенде Қ.Тныбаев өз сөзинде илимпазлардың бақсышылық мектебин Муўса ҳәм Сүйеў бақсы деп екиге бөлиўи Муўса бақсы өзиниң устазы Ақымбет бақсы жолын, ал Сүйеў бақсы устазы Ғәрипнияз баслаған жолды жоқары басқышқа көтерип, бақсышылық өнерин,

3 months, 3 weeks ago
6 months ago
6 months, 1 week ago
6 months, 2 weeks ago

#Билип_қойған_жақсы Қарақалпақша жыл, ай, ҳәпте күнлериниң атларын билип алың. Жыл атлары: 1. Тышқан 2. Сыйыр 3. Барыс 4. Қоян 5. Улыў 6. Жылан 7. Жылқы 8. Қой 9. Мешин 10. Таўық 11. Ийт 12. Қара кийик Ай атлары: 1. Январь - Дәлиў 2.…

9 months ago

#Тарийхый_тулғалар

ҚАРАӨЗЕК ПАЛЎАНЛАРЫ

Қараөзек районы ҳәзирги «Сабыр Камалов» АПЖ аймағының батыс тәрепинде «Көкийрим» деген жер бар. Бул ойпаттың дөгереги кишкене қумлық пенен қоршалып дөгерегинде халық жасаўға қолайлы шарўашылық, дийқаншылық жерлер бар. «Көкийрим» көлинен балық аўлап тиришилик етиўге қолайлы болғанлықтан усы жерди халық жасаў ушын таңлаўда Әбдикамал ийшан, Әбдиғаний ийшан, Палўанияз бийлер көрсеткен. Бул жердиң халқы қурғын жасаған. Палўанияз бий халықтың сатылатуғын малына, гөш дүкәнда сатылатуғын гөшке қаўын-ғарбыз, мийўе-шийўеге дурыс баҳа қойып берген. Бул қойып берген баҳа сатыўшыға да, алыўшыға да туўры келетуғын баҳа болып халық наразы болмаған. Бул жыллар шама менен 1915-жылларға туўры келеди. Палўанияз бийдиң баласы Төренияз 1905-жылы гүз айларында «Көкийрим»де дүньяға келген. Камал ийшан менен Әбдиғаний ийшанның баласы Сыдық, оның баласы Қайратдийин, Әбдикамал ийшан баласы Палўанатдийин усы елатта жасайды. Аўыл хожалығында мийнет етип екеўи де ҳәзир напақада. Сол ўақытлары Қарақалпақта жасаған бий, болыс, жүзбасы, мыңбасы, дийўанбеги, шорағасылар халқымыз ушын ҳадал хызмет еткен. Бул адамлар қарақалпақ халқының қайсы тәрепинде жасасада бир-биреўин таныған, бир-биринен хабары болған. Бир-биреўиниң мерекелерине қатнасқан. Сол заманлары «Шаббаз»да жасаған «Көклен» маманның баласы Қошан батыр да усы Шымбай, Тахта елатында жасаған. Қараөзектен Ерназар шойыншы, Өтемурат палўан ҳәм Ерсай шабандозлар менен қатнаста болған. Сол ўақытлары қарақалпақ бийлери ҳәм болыслар: Темирхан болыс, Хожамет болыс, Арзымбет қазы, Турым бий Қазақстандағы Қызыл Орда тәрептеги Жетес бий менен қатнаста болған. Қазақстаннан келген бийлер Жетес бий менен бирге келген. Қарақалпақта қонақта болып азанғы аўқатқа отырғанда қазақстанлы бий ортадағы табақтан палаўды асаған ўақытлары бийди жөтел қысып аўзынан палаўдың 1 дәни ушып барып қарақалпақ бийиниң аўзына түседи. Қарақалпақ бийи орнынан турып 3 мәрте отырып турады. Қуллық тақсыр дейди. Сөйтип, Шүкир Аллаға алыстағы аз несийбеден қутылдым. Егер усы 1 дана гүриш сизден келип мениң аўзыма түспегенде мен аз несийбе ушын сизиң елатқа барып қайтар едим, деп қазақстанлы бийге миннетдаршылық билдиреди. Бул бийлердиң бир-бирине болған иззет-ҳүрметин билдиреди. Бийлер арасында өз ара ҳәзиллер де, бир-биреўин сынаўлар болып турған. Мен шабандоз ҳәм палўанларды алып 1996-жылы июнь айының 4-сәнесинде ҳәзирги Қазақстан Республикасы қараслы «Нисан» деген жерге тойға бардым. Сайланды 10 ат, сайланды 10 шабандоз ҳәм Зарапатдийин палўанды алып бардым. Ертесине ылақ шабыспа басланды. Қазақстанның «Қызылқум» хожалығынан күшли шабандозлар келеди. Қазақстанлы шабандозлар менен бизиң шабандозлар шабысты, олардан басым келди. Байраққа қойылған бас байрақ — түйени қарақалпақстанлы шабандозлар алды. Гүрес ушын Зарапатдийин палўан ортаға шыққанда қазақстанлы палўанлар буған тәўекел ете алмады. Себеби, күшли палўанлар бир-бирин қайерде болса да биледи екен. Палўан байрақты да алдық. Бизлерди камаз автомашинасы шафёры Татар жигит Камил Сайфулин тойға алып келди. Тойға қумар жигит еди. Жас жигит шабандоз ҳәм палўанларды ҳүрмет етеди. Қайжерде той болса да тамашаға барады. Тойдың қонағында отырсақ бизлерге той тоғашысы ҳәм бир-еки жасы үлкенлери келди. Үлкен гүрриңлесиў басланды. — «Рахмет сизлерге. Сизлерди усы тойға келеди деп басшыңыз Минажатдийин мақсымға хабар жибердик деди. Ишиңиздеги сол мақсым ким? — » деп меннен сорады. Сол киси мен деп орнымнан турып Шалмантаз деген жасы үлкенди қушақладым. Бул аўылдың бийлериниң ҳәм тоғашы Шалмантаздың маған деген иззет-ҳүрметине қайыл қалып көзимнен жас шығып кетти. Булардың иззет-ҳүрметине ҳәммемиз ыразы болдық. Шалмантаз деген мен. Тойларда тоғашылық қыламан. Усы елаттың жасы үлкени мен деп өзин таныстырды. Сизиң атыңызды еситкенмен, шабандоз болғансыз. «Батырдың кейини дийўана» дегендей шабандозлықты қойғаннан кейин шабандозларға тоғашылық етип басшылық етеди екенсиз деп гәпиниң арасына нақылларды да қосып қойды. Мине, бүгин дийдар несип етип көристик. «Таў менен таў көриспеседи» нәсип етип адам менен адам көрисер екен.

We recommend to visit

Чат - https://t.me/+ZJrFp1cguag0OTBi

Last updated 1 year, 2 months ago

В крэ долбоёбы в пять раз опаснее террористов!
бот: @ONLYCre_bot

Last updated 2 months ago

Админ: @UB_ADMINUZ

Last updated 2 months, 3 weeks ago