Infinite Entertainment, Zero Cost: Get Your Free Books, Music, and Videos Today!

QR Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı basqarması

Description
Rásmiy sayt https://qqses.uz
Facebook fb.me/qqses.uz
Youtube: youtube.com/@qqses_uz
Intagram: instagram.com/qqses.uz
Múrájátlar ushın бот @qrses_bot
Baylanıs ushın telefon +998612248820
Advertising
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 5 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 6 days, 2 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 1 week ago

1 month, 2 weeks ago

📹Taxtakópir rayonı Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı bólimi epidemiolog vrachı M.Tawjanova Jaslar telekanalı “Shıpaker” kórsetiwinde shıǵıp “Tuberkulez” keselligi haqqında xalıqqa keńnen maǵlıwmat berdi. ▶️@qqses

1 month, 2 weeks ago

📚Usı jıldıń 11-14 mart kúnleri basqarmanıń “Tekseriwlerdi muwapıqlastırıw hám hákimshilik ámeliyatı bólimi tárepinen, Nókis qalalıq Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı bólimi Sanitariya gigiena bóliminiń qánigelerine Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Isbilermenlik subiektlerinde tekseriwler ótkiziwdi muwapıqlastırıw tártibin rawajlandırıw is-ilajları haqqında”ǵı qararınıń mánis-mazmunın túsindiriw hámde 2023-jıl dawamında ótkerilgen tekseriwler hám qollanılǵan hákimshilik járiymalardı úyrenip, anıqlanǵan kemshiliklerdi saplastırıw boyınsha seminar ótkerildi.
▶️ @qqses

1 month, 2 weeks ago

🗞Qaraózek rayonı Sanitariya- epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı bólimi sanitariya vrachı M.Iqlasova tárepinen “Awqattan záhárleniwden saqlanayıq” hám vrach epidemiolog X.Karimullaeva tárepinen “Qutırıw emi joq kesellik” atamasındaǵı maqalaları rayonlıq “Miynet bayraǵı” gazetasında baspadan shıqtı. 📝@qqses

1 month, 2 weeks ago
QR Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı …
1 month, 2 weeks ago
QR Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı …
1 month, 2 weeks ago
QR Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı …
1 month, 3 weeks ago

🎤Qaraqalpaqstan Respublikası Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı basqarmasınıń Ǵalaba xabar quralları hám jámiyetshilik penen islesiw bólimi epidemiolog vrachı J.Jiemuratova hám Awqatlanıw gigienası bólimi sanitariya vrachı X.Joldasov qatnasında tuwrıdan-tuwrı radio efiri.

▶️ @qqses

1 month, 3 weeks ago

Аяпберген Оспанов 1932 жыл Мойнақ районыныӊ Ақбеткей аўылында туўылды. Нөкистеги медицина училешесин тамамлап, мийнет жолын 1959 жылы Нөкис қаласындағы Республикалық мийнет пенен емлеўши «Қызкеткен» туберкулезга қарсы гүрес санаториясында фельдшер лаўазымында ислеўден баслады. Аяпберген Оспановтыӊ 1961 жылы орта мектепти ҳәм медицина училишесин «айрықша» бахалар менен тамамлағаны инабатқа алынып Самарқанд медицина институты студентлери қатарына оқыўға қабылланды ҳәм ол 1967 жылы усы институттыӊ толық курсын «айрықша» бахалар, «қызыл диплом» менен табыслы тамамлаўга мияссар болды. Жас жигиттиӊ билимге, илимге болған куштарлығы ҳәм талантын тән алған институт басшылары оны институтқа асситент – оқытыўшы сыпатында алып қалыўға уйғарғанлықтан, ол сол жерде жасларға өзи жақсы ийгерген медицина илиминиӊ сырларынан сабақ берди.
Бирақ Қарақалпақастан Республикасыныӊ әмелий медицинасында сол жыллардағы қәнигели, билимли кадрлардыӊ жетиспеўшилигине байланыслы ҚР ден саўлықты сақлаў министрлигиниӊ шақыртыўы менен Аяпберген Оспанов 1970 жылы Қарақалпақстанға қайтып келди ҳәм халық ден саўлығын көзге «көринбес жаў» болған жуқпалы кеселликлерден қорғаўда ҳәм барлық профилактикалық иләжларды шөлкемлеситириўде орайлық бас мәкеме болған Республикалық санитария эпидемиология станциясында бөлим баслығы, ҚР Бас Санитария врачыныӊ орынбасары лаўазымларында ислеп халықтыӊ саламатлығын қоршап турған орталықтыӊ кери тәсирлеринен сақлаўда, олардыӊ жасаў, жумыс ислеў, оқыў, дем алыў орынларындағы шараятларын қолайластырыўда аянбай хызмет етти.
Ҳәр тәреплеме билимли, тәжирийбели қәниге болғанлықтан 1987-1989 жыллары ҚР Министрлер Кеӊесиниӊ «Мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм социал–тәмийнат» бөлиминиӊ баслығы, 1989-1990 жыллары Нөкис қалалық СЭС бас шыпакери, 1991- 1992 жыллары Нөкис қалалық ден саўлықты сақлаў бөлиминиӊ баслығы, 1993 жылы Республикалық қан қуйыў станциясы бас шыпакери болып ислеп, 2000 жылдан баслап ҳүрметли дем алысқа шықты.
Аяпберген Оспанов озиниӊ қырық жылдан аслам өмирин әдиўли устазлыққа, елимиздеги ден саўлық системасын шөлкемлестирип оны буннан былайда раўажландырыўға, халық арасында санитария-эпидемиологиялық тынышлықты сақлаўға арнаған инсан.
Соныӊ ушында оныӊ жарқын бейнеси ул-қызлары, туўысқан туўғанлары, ҚР денсаўлықты, санитария-эпидемиологиялык тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығын сақлаў басқармасы хызметкерлери ҳәм елимиздиӊ кеӊ жәмийетшилиги арасында узақ ўақыт сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы!

1 month, 3 weeks ago
1 month, 4 weeks ago
QR Sanitariya-epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı …
We recommend to visit

Ассалому Алайкум!

Сиз «Тезкор Хабарлар» (@tezkorxabarlar) расмий каналидасиз.

Каналимизда юртимиз ва дунёда рўй бераётган энг сўнгги янгиликлардан ва ибратли маърузалардан хабардор бўлинг.

Реклама: @sifatliuzb

Last updated 2 days, 5 hours ago

Қарақалпақстан бойынша ең сапалы биринши кеўилашар канал
Каналымызда ҳәммеси бар: қызықлы видео, музыка, жаңалық ҳәм тағы басқа да сизиң кеўлиңизден шығатуғын мағлыўматлар салынып барылады.

Реклама ушын: @lidernew

Last updated 6 days, 2 hours ago

Футбол жайлы ақпарат таратын үздік парақша

Жарнама бойынша: @alimjanasqar

Баннан шығару: @kushimbaev

Last updated 1 month, 1 week ago